Joqarǵi keńes.uz
43.2K subscribers
19.4K photos
1.47K videos
10 files
8.12K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Ҳақиқий ватанпарвар, халқимизнинг ҳимоячиси эди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқарғи Кенгеси Раиси, Ўзбекистон Қаҳрамони, ҳамиша самимий ва меҳрибон инсон Муса Тажетдинович Ерниязовнинг вафоти ҳақидаги машъум хабарни эшитиб, қаттиқ қайғуга ботдим.

У фан ва таълим соҳасини алоҳида қадрларди, фаолияти давомида Ўзбекистон ва Қорақалпоғистоннинг илму-фани тараққиётига муносиб ҳисса қўшди.

Мен бу инсонни ҳақиқий ватанпарвар, ўзбек ва қорақалпоқ халқининг ҳимоячиси, деб билганман.

Бутун Қорақалпоғистон зиёлиларига таъзия изҳор этаман.

Академик Азимбой Саъдуллаев
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
МУСА ЕРНИЯЗОВ СОҢҒЫ МӘНЗИЛГЕ ШЫҒАРЫП САЛЫНДЫ
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязов 73 жасында дүньядан өтти. Бул ўақыя пүткил Өзбекстан халқы ҳәм қарақалпақ дияры ушын үлкен жоғалтыў болды, пүткил халқымызды аўыр қайғыға салды. Қарақалпақстанның ҳәр тәреплеме раўажланыўында салмақлы үлес қосқан жәмийетлик искер Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын келбети, ҳалқымыз алдындағы мийнетлери қәлбимизде мәңги сақланып қалады.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хизметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы жәмәәти пүткил халқымызға, марҳумның жақынлары ҳәм шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хизметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ɵзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық артисти Ёдгор Саъдиев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўына байланыслы кеўил билдиреди👆

@QresMinistrlerKenesi
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ БАСЛЫҒЫ, ӨЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы жәмәәти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен республика парламенти ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына ҳәм пүткил Қарақалпақстан халқына терең қайғырыў менен кеўил айтады.

Елимизде жүз берген жаңаланыўлар менен алға илгерилеўлер тиккелей Муса Ерниязов аты менен байланыслы.

Муса Ерниязов жыллар даўамында қайсы лаўазымда жумыс алып барса да, елимиз абаданлығы, пәраўанлығы, халқымыздың тыныш-татыў турмыс кешириўи ушын аянбай мийнет етти. Сол қатары, Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының раўажланыўына айрықша итибар қаратты. Әсиресе, тәлим-тәрбия, информациялық-телекоммуникациялық технологиялар сыяқлы салалардың жоқары басқышларға шығыўы ушын кең имканиятлар жаратты.

Республикамызға жоқары мағлыўматлы илимий-педагог кадрларды таярлаўға баслы итибар қаратып, республикамыздыӊ барлық жоқары оқыў орынларыныӊ нәтийжели жумыс алып барыўында, олардыӊ материаллық-техникалық базаларыныӊ жақсыланыўы бойынша нәтийжели жумысларды әмелге асырып кетти.

Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары марҳумның шаңарақ ағзаларына, туўған-туўысқанларына, пүткил халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтып, республикамыздыӊ жоқары билимлендириў системасының раўажланыўына айрықша үлес қосқан уллы инсанды ҳеш қашан умытпайды!

Өмириниң соңғы демлерине шекем, елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген әжайып инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

Муҳаммед аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы жәмәәти
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў.

Белгили жәмийетлик искер, ҳақыйқый ел перзенти, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязов өмирден көз жумды.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги басшылары ҳәмде жеке қурамы марҳумның барлық жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм халқымызға терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың мәмлекетимиз раўажланыўы жолында ислеген хызметлери халқымыз ядында мәнгиге сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги
​​Ўзбекистон халқи учун оғир жудолик


Атоқли давлат ва жамоат арбоби, Қорақалпоғистон Жўқорғи Кенгеси раиси – Ўзбекистон Республикаси Сенати Раисининг ўринбосари, Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Тажетдинович Ерниязовнинг вафоти ҳақидаги хабар Ўзбекистон Экологик партияси аъзоларини чуқур қайғуга солди.

Муса Тажетдинович Ерниязов 1947 йил 20 декабрь куни Қорақалпоғистон Республикаси Кегейли туманида туғилди.

Ўрта мактабни тугатиб, 1971 йилда Тошкент қишлоқ хўжалигини ирригациялаш ва механизациялаш муҳандислари институтини, 1986 йили Тошкент Олий партия мактабини тамомлади.

Меҳнат фаолиятини қурилиш муҳандиси лавозимидан бошлаб, кейинчалик Қорақалпоғистон Республикасининг Вазирлар Кенгашида катта референт, бошқарма бошлиғи, ишлар бошқарувчиси бўлиб ишлади. 1983-1989 йилларда Қорақалпоғистон Республикаси Уй-жой коммунал хўжалиги вазири, Вазирлар Кенгаши Раисининг ўринбосари – Давлат мулкини бошқариш ва тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш давлат қўмитаси раиси, Чимбой тумани ҳокими лавозимларида самарали фаолият кўрсатди.

2002 йилдан ҳозирги вақтда қадар Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси – Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенати Раисининг ўринбосари лавозимида ишлади.

Муса Тажетдинович Ерниязов ўзининг улкан раҳбарлик салоҳияти, бой билим ва тажрибаси, маънавий фазилатлари билан, Ватанимизга беқиёс муҳаббати ва садоқати билан ҳақли равишда халқимизнинг қалбидан чуқур жой олган улуғ инсон эди.

Унинг бевосита раҳбарлигида Қорақалпоғистон Республикасини иқтисодий-ижтимоий ривожлантириш, Орол фожиаси оқибатларини юмшатиш, Орол бўйидаги экологик вазиятни яхшилаш, аҳолининг турмуш даражасини ошириш бўйича улкан бунёдкорлик ва ободончилик ишлари амалга оширилди.

Ўзбекистон Экологик партияси аъзолари Қорақалпоғистон Республикаси ва Ўзбекистоннинг кўп миллатли халқи билан биргаликда чуқур қайғуга тушиб, Муса Тажетдинович Ерниязовнинг оила-аъзоларига ва яқинларига чуқур таъзия изҳор этади.

Халқимизнинг улуғ фарзанди, атоқли давлат ва жамоат арбоби, самимий ва фидойи инсон Муса Тажетдинович Ерниязовнинг хотираси қалбларимизда доимо сақланиб қолади.


Ўзбекистон Экологик партияси Марказий Кенгаши Ижроия қўмитаси
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўына байланыслы Қарақалпақстан Республикасы бойынша Қазнашылық баскармасы жәмәәти атынан марҳумның жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм Қарақалпақ халқына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың мәмлекетимиз раўажланыўы жолында ислеген хызметлери халқымыз ядында мәнгиге сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша Қазнашылық баскармасы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Белгили жәмийетлик искер, хақыйқый ел перзенти, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов өмирден көз жумды.

«Тақыятас жыллылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң администрациясы ҳәм мийнет жәмәәти атынан марҳумның шаңарағына, жақын ағайин-туўысқанларына ҳәм пүткил халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Муса Тажетдинович Ерниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы ўазыйпасында ислеген дәўиринде Тақыятас жыллылық электр станциясын модернизациялаў ҳәм жаңа технологиялардың алып келиниўине өзиниң салмақлы үлесин қосты. Станциямызда өз шешимин күтип турған айырым машқалаларды өз ўақтында, унамлы шешиўде талапшаң хәм пидайы басшы сыпатында бизиң ядымызда сақланып қалады.

Қарақалпақстан халқының әжайып ел перзенти ҳәм ҳүрметли ақсақалымыз М.Т.Ерниязовтың жарқын келбети ҳәм ислеген қайырлы ислери бизиң қәлбимизде мәңги жасайды.


«Тақыятас жыллылық электр станциясы» акционерлик жәмийети
Кеўил билдириў
Қǝлбимизге мɵрленип қаласыз!
Белгили мәмлекетлик ғайраткер, атақлы жәмийетлик искер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов дүньядан кɵз жумды. Бизлер ушын жүдǝ қǝдирли болған ел ағамызды соӊғы сапарға гүзетиў пүткил халқымыз ушын тереӊ қайғы, аўыр мүсийбет болды. Кɵзлер емес кеўиллер жылады. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нɵкис филиалы жәмәәти, профессор-оқытыўшылар ҳǝмде студент-жаслар терең қайғырыў менен марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм пүткил қарақалпақ халқына кеўил билдиреди. Ел басшымыздыӊ артында қылған ийгиликли ислери, ɵшпес яды қалды. Бул инсаныӊ ɵмир жолы жаслар ушын шын мǝнисте үлги болып қалады. Дүньяда мәңгилик адам жоқ, бирақ мǝӊгилик яд бар. Ел басшымыздыӊ аты мудам қǝлбимизде мɵрленип қалады.

Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нɵкис филиалы
МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫӮЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕӮИЛ АЙТЫӮ

Халқымыз ушын аўыр жоғалтыў болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов қайтыс болыўы мүнәсибети менен марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, ағайин-туўысқанларына, халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Муса Тажетдинович пидайы ҳәм үлгили басшы болыў менен бирге меҳрибан ата ҳәм устаз еди. Пүткил өмирин Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға бағышлаған, билим ҳәм тәжрийбесин, пидайылығын усы жолда жумсаған ҳақыйқый мәрт, қаҳарман инсан. Халқымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен халқымыздың қәлбинен терең орын алған уллы инсан еди. Оның қәдири бәлент, яды ҳәмийше жүреклеримизде сақланады. Муса Тәжетдиновичтың жарқын келбети, халқымыздың бүгини ҳәм келешеги ушын ислеген ийгиликли ислери ҳеш қашан умытылмайды.

Қарақалпақстан Республикасы "Тоза ҳудуд" мәмлекетлик унитар
кәрханасы жәмәәти!
«ҚАҲАРМАН ХАЛЫҚТЫӉ ҚАҲАРМАН БАСШЫСЫ ЕДИ»
Усы жылдыӊ 31-июль күниниӊ екинши ярымында республика халқын, пүткил елимизди шоршындырған суӯық хабар желдей тарады: бул 18 жылдан аслам ӯақыттан берли Қарақалпақстанға минсиз басшылық етип киятырған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы—Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығыныӊ орынбасары, «Өзбекстан Қаҳарманы» Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ қазаланғаны ҳаққындағы сум хабар еди. Өлим—ҳақ. Оннан Адам бендеси ертели-кеш қашып қутыла алмаған. Лекин бундай уллы, халқыныӊ кеӯлинен тереӊ орын алып, әзийз, сүйикли болып кеткен Инсанныӊ қазасы бәрибир адамды ләрзеге салады екен.
Еле есимизде, өткен әсирдиӊ кейинги ҳәм усы әсиримиздиӊ дәслепки еки жылы, әсиресе қарақалпақ халқы ушын аӯыр өтти. Анамыз— Әмиӯ Дәрьямыздан суӯ ақпай, асты шаӊғытып, батыл бола баслады. Суӯсызлық себепли дийханшылық етиӯ жар жағасына келип қалды. Атлар, маллар өкирисип, туяқлары менен жер қазып, тепсинди. Адамлардыӊ жасаӯ шараятлары бирден төменлеп кетти. Үйинде бийдай нан жегенлер шүкирлик етип, қуӯанды. Жарлы-жақыбайлар мәкке зағара жеди. Той-мерекеге биринши барғанлар мерекениӊ нанынан жеп, кейинлеӯ келгенлерге аӯыспай қалған жағдайлар да болғанлығын бизиӊ заманласлар жақсы еслейди. Өзим сол ӯақытта «Әмиӯдәрья» журналыныӊ бас редакторы сыпатында республиканыӊ көпшилик районларында болып, халықтыӊ қыйын жағдайларын көзим менен көргенмен. Суӯсызлықтан ҳаӯа райы, экология бузылды. Күнде дузлы шаӊ даӯылы көтерилип, адамлардыӊ көзлерин аштырмады. Жерлеримиздиӊ үсти бир-еки ели дуз бенен қапланып, жаздыӊ күни де қар жаӯғандай аппақ көрпеге оранып жатар еди. Шорланған топырақ өним бермейди…Кеселлик көбейди. Балалар өлимшилиги, майып болып туӯылыӯ өсти… Нәтийжеде халық арасында Қарақалпақстанныӊ келешеги жоқ, деп жаппай көшиӯшилик ҳәӯиж алды. Ким Қазақстан, Ким Волгоград, ким Ташкент, Шыршық,..асты. Халыққа басыӯ айтып, мәдет бериӯге, сабырлылықты сақлаӯға шақырған И.Юсуповтыӊ атақлы «Бул жер еле зор болады» қосығыныӊ дөреп жүргени де усы дәӯирлер еди.
Усы ӯақта—2002-жылдыӊ апрель айыныӊ ақыры—майдыӊ басында «Ал-ҳа, Қарақалпақстанға биринши басшы болып алдын Шымбай районы ҳәкими, ҳәзир Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары болып ислеп атырған Муса Тажетдинович Ерниязов сайланады екен» деген хош хабар жылдырымдай тарқап, «халық айтса, қалп айтпайды» дегендей, расында да 2-май күни «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине 44-Қыпшақ сайлаӯ округинен депутат Ерниязов Муса Тажетдинович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығы етип сайлансын», деген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниӊ қарары Баслық орынбасары А.Ибрагимовтыӊ имзасы менен қабыл етилди. М.Т.Ерниязов қарақалпаққа басшы болып сайланды да, қудайдыӊ кәраматы тиришилик тийкары болған суӯ келди, әлбетте әкелди. Мине соннан баслап суӯдыӊ там-тарыс болып қалғанын ҳеш ким билмейди. Сонда халық арасында «Қутлы басшы екен. Атына сай пайғамбар испет яшуллы екен» деген унамлы гәплер жасындай тарап, халық оған исенип, изине ере баслады.

1948-жылы 20-декабрьде Кегейли районында туӯылып, Ташкент аӯыл хожалығын ирригациялаӯ ҳәм механизациялаӯ инженерлери институтын, Ташкент Жоқары партия мектебин питкерген, маман инженер-электрик, сиясатшы М.Т.Ерниязов бул лаӯазымға шекем де бир қанша жуӯапкерли лаӯазымларды атқарып, мол кәсиплик, шөлкемлестириӯ-басшылық ҳәм турмыслық тәжирийбе топлаған еди. Оныӊ республикаға басшылық дәӯири қыйын шараятларға туӯра келсе де ақсақалымыз өз көшин ылайықлы тартып, Республиканы экономикалық-социаллық жақтан ҳәр тәреплеме раӯажланған елатлар қатарына шығарыӯға муӯапық болды. 2000-жыллар басы менен бүгинги халқымыздыӊ абадан, пәраӯан турмыс, жасаӯ жағдайын салыстыра отырып, ҳүрметли басшымыз, ел ақсақалы деген халықтыӊ үлкен мәртебесине ерискен М.Т.Ерниязовтыӊ хызметлериниӊ қаншелли уллы болғанын көремиз. Ақсақалымыздың пүткил өмири даӯамындағы дерлик ярым әсирлик, ал тиккелей республиканы басқарған 18 жылдан аслам ӯақытта көп өзгерислер жүз бергенин, барлық тараӯларда алға нық қәдемлер тасланып, айрықша өсиӯшилик болғанын, улыӯма атқарған сан мыӊ көлемли мийнетлерин айтып отырыӯ өз алдына
үлкен дәстан, және буны 70 жастан 7 жасқа шекемги ҳәр бир қарақалпақстанлы жақсы биледи. Сонлықтан оған тоқтап отырмаймыз. Оныӊ да бир мәӯрити келер. Бир сөз бенен айтқанда, М.Т.Ерниязовтыӊ Қарақалпақстанды жақсы, әдил басқарғанын, искер, саӯатлы, саӯлатлы, салдаманлы, сабырлы, омыраӯлы, кеӊпейил, меҳрибан,..басшы, тек қарақалпақ емес, пүткил қарақалпақстанлылардыӊ сүйикли, ғамхор атасындай болып қалғанын, үлкен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер болғанын ҳәмме биледи, мойынлайды. Адамға буннан артық-халықтыӊ баҳасынан зыят бахыт та, баҳа да болмаса керек.
Республика басшысын халқымыз жақсы көргенликтен, оған исенгенликтен ол басшылық ете береди, тура береди, деп ойлаған едик…Бул, бәлким, жақсы адамды өлимге қыймағанлықтан шығар. Не шара, «Қудайға да жақсы керек» дегендей ҳәммениӊ жүреклерин суӯлатып, музлатып, ағамызды қайтпас сапарға 1-август күни көзимизде жас пенен, жүрегимиз де жылап, баӯырымыз күйип, узатып салдық. Президентимиз басшылығында ӯәлаят ҳәкимлеринен, министрлеринен тартып, мәмлекеттиӊ жуӯапкерли басшылары соӊғы сапарға қыймай узатып салды… Елимиз басшысы марҳум ақсақалымызға «Муса Ерниязов —Қаҳарман халықтыӊ Қаҳарман Басшысы еди» деп жоқары тәрийп берди. Ҳүрмет-иззетин орнына қойды. Ҳеш қашан жүреклеримизден өшпейди, деди.
Бизде жақсы адамныӊ ғайы болады дейди. Ақсақалымыз өлиминен алдын, жазда сийрек гезлесетуғын даӯыл турып, изи нөсер жаӯынға айланды ма дейсеӊ, кеште басланып, түни менен шелеклеп қуйды. Тап усы жағдай 2008жылдыӊ 26-июлинде атақлы шайырымыз И.Юсупов әлемнен өткенде де жүз берген еди. Жақсыға жақсы күни өлиӯ де буйырады, демекши Муса ағамыздыӊ қазасыныӊ дини мусылманныӊ уллы байрамы— Қурбан ҳайтына ҳәм қәсийетли жума күнине сәйкес келиӯи де жақсылықтыӊ нышаны—Қудайталамыздыӊ жарылқаӯы десек қәте болмас.
Қаза қайырлы болсын деймиз. Халқымызға, шаӊарақ ағзаларына, туӯған-туӯысқанларына тереӊ қайғырыӯда екенлигимизди билдиремиз. Оларға сабыр-тақаат тилеймиз. Илайым, марҳумныӊ арғы дүньясы, ақырети абат, жайыныӊ Жәннеттен болыӯын қүдирети күшли Алладан сорап қаламыз.
Биз ойлаймыз, бизикиндей ийги қайғы-кеширмелер ҳәр бир ӯатанласымыздыӊ кеӯиллеринен өтип атса әжеп емес.
Алланазар Әбдиев,
Қарақалпақстан Республикасы Халық жазыӯшысы, илимпаз, журналист. «Қарақалпақстан спорты» газетасыныӊ бас редакторы.
Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ қайтыс болыўы мүнәсибети менен Республикамыз Парламенти ҳәм Ҳүкиметине, пүткил халқына, марҳумныӊ шаӊарақ ағзаларына, ағайын-туўысқанларына тереӊ қайғырыў менен кеўил айтады.
Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ республика басшысы сыпатында мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы айрықша хызметлери, елимиздиӊ социаллық-экономикалық раўажланыўына, әсиресе шет ел инвестицияларын тартыўға, сыртқы саўда байланысларды кеӊейттириўге, халықтыӊ турмыс дәрежесин асырыўға болған үлкен итибары қәлбимизде мәнги сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў.

2020-жыл 31-июль күни халқымыз аўыр жоғалтыўға ушырады. Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында дүньядан өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги марҳумның барлық жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм халқымызға терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың мәмлекетимиз раўажланыўы жолында ислеген хызметлери халқымыз ядында мәңгиге сақланып қалары сөзсиз.

Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги
ХОТИРАСИ МАНГУ ЯШАЙДИ

Шу кунларда, Қорақалпоғистон учун ҳаммамиз учун энг оғир ва синовли кунлар бўлмоқда. Юртимиз раҳбари, қорақалпоқ миллатининг катта жонкуяри, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгес раиси, Ўзбекистон Олий Мажлиси Сенати раисининг ўринбосари, давлат ва жамоат арбоби, Ўзбекистонда хизмат кўрсатган қурувчи, Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Ерниязовни сўнгги йўлга кузатар эканмиз кўз олдимизда янгиланган озод ва обод Қорақалпоғистон гавдаланади.
Муса ака жуда инсонпарвар киши эди. Кам гапирар лекин тинимсиз ишлар эди. Биз ҳеч қачон унинг меҳнат таътилига чиққанини ёки қаергадир дам олишга кетганини эшитган эмасмиз. У ҳамиша юрт тақдири, халқининг омонлиги тўла тўкис фаровон тинч осойишта ҳаётини ўйлаб яшади.
Ҳар қандай вазиятда ҳам у қорақалпоқ халқининг ҳаётини яхшилаш Қорақалпоғистонни янада равнақ топтириш аҳоли фаровонлигини ошириш ҳар инсоннинг тинч ва осойишта бекаму-кўст яшаши йўлида барча имкониятлардан фойдаланар эди.
У Қорақалпоғистон ҳаётини бутунлай янгилади. Пойтахтимиз Нукуснинг кўчаларидан бир ўтган киши бу шаҳар қорақалпоқ халқининг ойдин келажагига катта йўл эканлгини албатта англаб етади.
Ўзбекистон давлатининг раҳбари Муса Ерниязовни жуда қадрлар эди. Уларнинг оға-инилик дўстлиги туфайли муҳтарам Президентимиз қорақалпоқ халқинингг дўсти ғамхўри бўлиб келмоқда. Муҳтарам Президентимиз Ш.Мирзиёев Қорақалпоғистон бўйича чиқарган ҳар бир фармон, қарор ёки дастур бўлсин М.Ерниязовга катта таянч, амалга ошириладиган ишларга очилган йўл, катта дастуриламал бўлиб хизмат қилди.
Қорақалпоғистонда энг колок соҳа қишлоқ хўжалиги гуркираб ривожланди, бирорта корхонаси йўқ юртимиз катта саноат майдонига айланди. Йирик завод ва фабрикалар фаолияти, инвестицияларнинг кириб келиши туфайли очилган, ер ости ер усти бойликларининг халқимиз турмуш фаровонлиги учун хизмат қилаётганлиги айни ҳақиқатдир.
Орол кетиб юртимиз экологиясининг бузилиши оқибатлари, бу инқирозларнинг олдини олиш Устюрт, Мўйноқ ҳаётини янгилашда М.Ерниязов Президентимиз Ш.Мирзиёевга елкадош бўлиб бутун дунё эътиборини Орол инқирози оқибатларини бартараф қилишга қаратдилар.
Бугунги кунда биргина Мўйноқдаги оламшумул янгиланишлар нафақат юртдошларимизни балки бутун дунё аҳлини ҳайратга солмоқда.
Ерниязов бағри кенг миллатпарвар, маънавият, маданият, адабиёт, санъат ривожланишига ҳам катта йўллар очиб бергани ҳеч кимга сир эмас.
Қорақалпоқ санъати жаҳон саҳналарига чиқди. Янги опералар, бадиий фильмлар яратилди. Қорақалпоқ халқи тарихининг янги саҳифаларини излаш янгилаш, шу юртнинг қадим қаҳрамонларини излаб топиш сингари олийжаноб ишларга бош қош бўлди.
Кеча Президентимиз мотам маросимида “М.Ерниязов сингари халқ қаҳрамонлари ҳеч қачон ўлмайди унинг иккинчи ҳаёти бошланаяпти” деганида катта ҳақиқат бор.
Яқинда “Қорақалпоғистон” нашриётида “Янгиланган қорақалпоқ диёрим” деб номланган китобим нашрдан чиқди. Бу қасида Давлатимиз раҳбари Ш.Мирзиёев ва қорақалпоқ элининг раҳбари М.Ерниязовларнинг 30 ва кейинги 3 йил давомидаги ишларга бағишланади. Мен бу қасидани яратиб қорақалпоқ халқи олдида фарзандлик бурчимни адо этганимга қувонаман. Бу қасидада Президентимиз М.Ерниязовга Ўзбекистон Қаҳрамони олтин юлдузини тақар экан унинг М.Ерниязовга қорақалпоқ халқига ҳурмат билан айтган қуйидаги сўзлари бор.

“Шундай эл, шундай халқ раҳбари учун
Катта мукофотлар рағбати керак
Бундай қатьиятли меҳнаткаш инсон
Халқини энг оғир синовларда ҳеч
Ташлаб қўймаган
Биз бирга бўлганмиз Мўйноқдан тортиб
Шу юртнинг энг узоқ қишлоқларида
Уйларда, далада, ўтлоқларида.
Ерниязов қилган фидоий меҳнат
Рағбатга лойиқ
Қаҳрамон бир халқнинг Қаҳрамон раҳбари
Деб ҳурматлаб юрсин халойиқ”
Президентимиз куни кеча Нукусда ўтган мотам маросимида ҳам айнан шу сўзларни келтириб ўтди. Буларнинг ҳаммаси давлатимиз раҳбарининг, бутун Ўзбекистон аҳлининг Қорақалпоғистон юртига унинг Қаҳрамон раҳбарига бўлган чексиз ҳурматидир.
Мен бугун чуқур қайғу билан шу нарсани айтмоқчиманки,М.Ерниязов ўзи яратган янги кўркам кенг кўчалардан яйраб яшнаб ўта олмади, вақти йўқ эди. Ўзи обод қилган овулларнинг тўйларига бориб меҳмон бўлиб юролмади. Лекин, барибир юрагимда бир катта умид бор. Бу кўчалардан келажак ёш авлод юриб ўтади.
Ер устида яратилган барча бунёдкорликлар янги авлодни ўзининг кўркам кўринишлари билан тарбиялайди. Ёшлар янги қорақалпоқ тарихини ўрганганда бу қадим юртни янгилаб яшнатиб кетган М.Ерниязов эканлигини билиб оладилар. Демак, М.Ерниязовнинг ҳар бир меҳнати келажак авлод учун катта ҳаёт ва тажриба мактабидир.
Мен бугун қорақалпоқ халқининг ҳақиқий қаҳрамони М.Ерниязовнинг яқин дўсти ҳамдарди, елкадоши — умр йўлдоши бўлган Омонгулга, фарзандларига, Муса акани билган ва уни қадрлаган барча инсонларга чуқур қайғу билан ҳамдардлик билдираман. М.Т.Ерниязовнинг ёрқин хотираси ҳамиша қалбимизда яшайди.

Г.А.АННАҚИЛИЧЕВА,
“Қорақалпоқ адабиёти” газетаси Бош муҳаррири.
Олий Мажлис Сенати аъзоси.
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы жәмәәти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен республика парламенти ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына ҳәм пүткил Қарақалпақстан халқына терең қайғырыў менен кеўил айтады.
Елимизде жүз берген жаңаланыўлар менен алға илгерилеўлер тиккелей Муса Ерниязов аты менен байланыслы.
Муса Ерниязов жыллар даўамында қайсы лаўазымда жумыс алып барса да, аймағымыздың абаданлығы, пәраўанлығы, халқымыздың тыныш-татыў турмыс кешириўи ушын аянбай мийнет етти. Сол қатары, аўыл хожалық тараўынын раўажланыўына айрықша итибар қаратты.
Өмириниң соңғы демлерине шекем, елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген әжайып инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.