Joqarǵi keńes.uz
41.8K subscribers
19.5K photos
1.48K videos
10 files
8.17K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы Министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы Министри Қ.Айтбаев баянат жасады.

Қарақалпақстанда 2024-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың рейтинг баҳалаў көрсеткишлери, әмелий режелери ҳәмде бул бағдарда анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Министрлик, оның қала ҳәм районлық бөлимлери, министрлик қурамындағы кәрханалар тәрепинен 2024-2025-жыллар даўамында көп квартиралы үй-жай фондын сақлаў, олардың техникалық жағдайларын монторинг етиў, соның ишинде, үй-жай фондын ири ҳәм жеңил оңлаў, үй-жайларды басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў, ыссылық тәмийнаты системаларын раўажландырыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Республикамыздың қала ҳәм районлары аймақларында жәми 1634 көп квартиралы турақ жайлар бар болып, соннан, 1156 жайға 31 басқарыў шөлкемлери ҳәм 91 жайға 10 турақ-жай ийелери шерикликлери хызмет көрсетип келмекте.

Усы жыл даўамында көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетиўши басқарыў шөлкемлериниң 931,3 млн. сумлық мәжбүрий төлемлери есабынан 86 көп квартиралы турақ жайларға жеңил оңлаў жумыслары әмелге асырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бүгинги күнде басқарыў шөлкемлерине бириктирилген көп квартиралы турақ жай мүлкдарлары менен шәртнама дүзиў жумыслары 96 пайызға орынланды ҳәм шәртнама дүзиў жумыслары даўам етпекте. Басқарыў шөлкемлериниң усы күнге дейин жәми 5,9 млрд. сумлық мәжбүрий төлемлери өндирилди.

Республикамыз аймағында жайласқан 1634 көп квартиралы турақ жайлардан 18344 квартиралы 541 турақ жай орайласқан ыссылық тәмийнаты ҳәм еки контурлы заманагөй қазанлар менен тәмийинленген. Қалған 15306 квартиралы 427 көп квартиралы турақ жайлар заманагөй еки контурлы ысытыў қазанларынан пайдаланып келмекте.

Сессияда бүгинги күнде республикамыз аймағында 27,2 км. ыссылық тармақларынан ибарат саз жағдайдағы 3 қазанхана халыққа хызмет көрсетип атырғаны атап өтилди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша 2024-жыл даўамында әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша басқарма баслығы Г.Изентаева баянат жасады.

2021-жылы аймақта 27 жайластырыў орны, 44 туроператор жумыс алып барған болса, бүгинги күнге келип 111 жайластырыў орны, 74 туроператорлық субъекти, арнаўлы транспортлар жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге хызмет көрсетпекте.

Соңғы жылларда елимизге келип атырған сырт елли туристлердиң жоқары өсиў динамикасы бақланбақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстанға 2021-жылы 287 мың жергиликли, 24 мың сырт елли туристлер келген болса, 2024-жыл басынан берли 1 млн. 914 мың жергиликли ҳәм 190 мыңға жақын сырт елли туристлер келди. Өткен 9 ай жуўмағы бойынша туризм хызметлери экспорты көлеми 27,53 млн. АҚШ долларды қурады.

2024-жылы Қарақалпақстанда туризм тараўы бойынша улыўма муғдары 149,3 млрд. сўмлық 36 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген болып, буның нәтийжесинде 209 жаңа жумыс орнының жаратылыўы нәзерде тутылған.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, туризм тараўын раўажландырыў, тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў ҳәм аймақтың туристлик потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде «DMO Karakalpakstan» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм Туризм комитети жанындағы «Milliy PR» МУКтың Қарақалпақстан Республикасы филиалы шөлкемлестирилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Президентимиздиң халқымызға деген айрықша ғамхорлығы нәтийжесинде быйылғы жылы тараўда тарийхый ўақыялар жүз берди.

Атап айтқанда, тараўды раўажландырыў бағдарында бир қатар жеңилликлер берилди. «Нөкис–Мойнақ–Нөкис» бағдары бойынша ишки авиарейслер, «Нөкис–Алматы–Нөкис», «Нөкис–Стамбул–Нөкис» жөнелиси бойынша халықаралық авиарейслер, сондай-ақ, Қазақстан Республикасының Маңғыстаў ўәлаяты, Ақтаў қаласына «Нөкис– Маңғыстаў–Нөкис» жөнелисинде жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды.

Сессияда, усы жылдың жуўмағына аймағымызға ишки туристлер санын 2 млн.ға, сырт елли туристлер санын 200 мыңға, туризм экспорты көлеми 30 миллион долларға ҳәмде жайластырыў орынларын 113 ке жеткериў режелестирилгени атап өтилди.

Депутатлар тәрепинен бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша аўыл хожалығы тараўында дийқан ҳәм фермерлер ушын барлық қолайлы шәраятлар жаратыў, олардың материаллық техникалық базасын жылдан-жылға жақсылап барыў, ушырасып атырған машқалаларын шешиўде басшы кадрлардың орны әҳмийетли екенлиги атап өтилди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Тешаев Шуҳрат Жўрақулович тайынланды.

Ш.Тешаев буннан алдын Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған. Сондай-ақ, мийнет жолы даўамында Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң агротехнология мәселелери бойынша биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министри сыяқлы сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларды табыслы атқарған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған Кайпов Дарьябай Жаксыбаевич Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри лаўазымына тайынланғаны атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қозон шаҳридаги БРИКС саммитида иштирок этаётган делегациялар раҳбарларини қутлаш маросимида қатнашди. Давлатимиз раҳбарини Россия Федерацияси Президенти Владимир Путин кутиб олди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Казан қаласындағы БРИКС саммитинде қатнасып атырған делегациялар басшыларын қутлықлаў мәресиминде қатнасты. Мәмлекетимиз басшысын Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин күтип алды.

#Mirziyoyev #sammit #BRIKS #marosim

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қозон шаҳрига ташриф доирасида Татаристон Раиси Рустам Минниханов билан учрашув ўтказди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Казан қаласына сапары шеңберинде Татарстан Басшысы Рустам Минниханов пенен ушырасыў өткерди.


#Mirziyoyev #uchrashuv #Tatariston #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевни Татаристон Республикасининг давлат мукофоти – "Дўстлик" ордени билан тақдирлаш маросими бўлиб ўтди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Татарстан Республикасының мәмлекетлик сыйлығы - "Дўстлик" ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

#Mirziyoyev #marosim #Tatariston #orden

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президентимиз Татаристон Раиси Рустам Минниханов билан учрашув ўтказди ҳамда "Дўстлик" ордени билан тақдирланди

Президентимиз Татарстан басшысы Рустам Минниханов пенен ушырасыў өткерди ҳәм "Дўстлик" ордени менен сыйлықланды.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Президентининг Қозонга амалий ташрифининг биринчи куни самарали учрашувларга бой бўлди

Өзбекстан Президентиниң Казанға әмелий сапарының биринши күни нәтийжели ушырасыўларға бай болды

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Президент Шавкат Мирзиёев Қозон шаҳрида “БРИКС плюс” саммитининг ялпи мажлисида иштирок этмоқда

Президент Шавкат Мирзиёев Казан қаласында "БРИКС плюс" саммитиниң жалпы мәжилисинде қатнаспақта

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X