Joqarǵı keńes.uz
39.4K subscribers
21.1K photos
1.66K videos
11 files
8.89K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
#Тайынлаў

Қабылбек Айтбаев Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министри лаўазымына тайынланды

Қабылбек Айтбаев усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Капитал қурылыс ҳәм коммуникация мәселелери бойынша секретариатының баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

#Тайинлов

Қабылбек Айтбаев Қорақалпоғистон Республикаси Қурилиш ва уй-жой хўжалиги вазири лавозимига тайинланди

Қабылбек Айтбаев бугунги кунга қадар Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгашининг Капитал қурилиш ва коммуникация масалалари бўйича котибиятининг раҳбари лавозимида фаолият олиб борган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент қарары менен Қоңырат ҳәм Шымбай районлары абаданластырылады

23-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги ис-иләжлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

Қарар менен төмендегилер тастыйықланды:

—2025-жылдың 1-январынан баслап кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңилликли түрде қабыл етиледи;

—2025/2026-оқыў жылынан кәмбағал шаңарақ перзентлериниң мәмлекетлик ЖОО студентлер жатақханаларындағы жасаў қәрежетлери Мәмлекет бюджети есабынан қаплап бериледи;

—2025-жылдан баслап "Эл-юрт умиди" фонды тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын өз алдына квоталар ажыратылады.

—Кәмбағал шаңарақларға ноутбук сатып алыў ушын 5 жыл мүддетке 2 жыл жеңилликли дәўир менен гиреўсиз ҳәм пайызсыз қарыз ажыратылады.

Соның менен бирге усы қарар менен ең аўыр мәҳәллелерде Электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, мәҳәллени район орайы менен байланыстырыў, автобус ҳәм таксилер жумысын жолға қойыў ҳәм ишки жолларды оңлаў, таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, электр үнемлеўши жақтыландырыўшы үскенелер қурыў иләжларын көриў белгиленген.

Қарар шеңберинде 2024/2025-жылларда жедел комплекс раўажландырыў режелестирилген районлар қатарына Қарақалпақстанның Қоңырат ҳәм Шымбай районларыда киргизилген.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Кеўил билдириў

Усы жылдың 25-сентябрь күни Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Ешимбетова Турсын Алламбергеновна 84 жасында дүньядан өтти.

Турсын Ешимбетова 1940-жылы Қазақстан Республикасында дүньяға келди. 1962-жылы Ташкент политехника институтын табыслы тамамлағаннан соң дәслепки мийнет жолын әпиўайы инженер-сантехник болып ислеўден баслады. Ол қандай жуўапкерли лаўазымда жумыс ислесе де өзиниң билими, талапшаңлығы, жуўапкершилиги ҳәм шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы менен ажыралып турды. Оның Өзбекстан Жаслар комитетине, Хожели районы ҳәм Нөкис қаласына басшылық еткен дәўиринде ерискен нәтийжелерин халқымыз жоқары баҳалайды.

Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының Баслығы, Жоқарғы Кеңес Баслығы, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы ҳәм басқа да бир қатар жуўапкерли лаўазымларда табыслы мийнет етип, өзин халқымызға, ана Ўатанымызға садық перзент сыпатында таныта алды ҳәм жоқары ҳүрметке еристи.

Бирнеше мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланып, халқымыз билдирген жоқары исенимди ақлап, республикамыздың раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосты.

Турсын Ешимбетованың көп жыллық хызметлери ылайықлы баҳаланып, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы ҳәм бир қатар орден, медальлар менен сыйлықланыў бахтына миясар болды.

Бүгинги күнде оның көплеген шәкиртлери елимиздиң барлық орынларында, түрли тараўларда Ўатанымыздың еле де гүллеп-раўажланыўы жолында табыслы мийнет етпекте.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, өз өмирин елимиздиң раўажланыўына бағышлаған ҳақыйқый ўатансүйгиш инсан сыпатында Турсын Ешимбетованың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ, Қоңырат, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларындағы исбилерменлер менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Қанлыкөл районында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Толық оқыў

Жўқорғи Кенгес Раиси Мўйноқ, Қўнғирот, Шуманай ва Қонликўл туманларидаги тадбиркорлар билан учрашди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев раҳбарлигида Қонликўл туманида тадбиркорлик лойиҳаларини қўллаб-қувватлаш ва янги лойиҳаларни ишга туширишда учраётган муаммоларни аниқлаш ва уларни бартараф этиш бўйича тадбиркорлар билан учрашув бўлиб ўтди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Осиё инфратузилмавий инвестициялар банки Бошқарувчилари кенгашининг тўққизинчи йиллик йиғилишидаги нутқи

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылары кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Осиё инфратузилмавий инвестициялар банки Бошқарувчилар кенгашининг Самарқанд шаҳрида ўтаётган IX йиллик йиғилиши очилиш сессиясида иштирок этди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылары кеңесиниң Самарқанд қаласында өткерилип атырған IX жыллық мәжилиси ашылыў сессиясында қатнасты.

#Mirziyoyev #sammit #OIIB #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Өзгерип атырған Қарақалпақстан" фильм

Қарақалпақ халқының жыллар даўамында күткен реформаларының нәтийжеси, келешеги ушын бүгиннен ҳәрекет ете баслаған инсанлардың турмысы ҳаққында сөз етиўши фильм.

👉Фильмди көриў

"Ўзгараётган Қорақалпоғистон" фильм

Қорақалпоқ элининг йиллар давомида кутган ислоҳотлари натижаси, келажаги учун бугундан ҳаракат қилишни бошлаган инсонларнинг ҳаёти ҳақида сўзловчи фильм.

👉Фильмни кўриш

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Ҳүрметли Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери!

Сизлерди, 26-сентябрь – Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлаймыз.

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Жаңа Өзбекстанды қурыў, елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, мәмлекетимиз қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм миллий мәплеримизди қорғаў бағдарында алып барылып атырған ийгиликли жумысларда сиз тараў пидайыларының үлесиңиз салмақлы.

Ҳүрметли тараў пидәйылары!

Сизлерди және бир мәрте Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қутлықлап, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Ташкентте Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған көргизбе ашылды

Усы жылдың 24-сентябрь күни Өзбекстан Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залында атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы, өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған китаплар, сүўретлеў өнери шығармалары ҳәм халық әмелий өнери үлгилериниң көргизбеси ашылды.

Толық оқыў

Тошкентда Ажиниёз Қўсибой ўғлининг ҳаёти ва ижодига бағишланган кўргазма очилди

Шу йилнинг 24 сентябрь куни Ўзбекистон Бадиий академиясининг Марказий кўргазмалар залида атоқли қорақалпоқ шоири ва мутафаккири Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллиги, ҳаёти ва ижодига бағишланган китоблар, тасвирий санъат асарлари ва халқ амалий санъати намуналари кўргазмаси очилди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube