Joqarǵi keńes.uz
39.6K subscribers
19.8K photos
1.5K videos
10 files
8.31K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды камбағаллықтан шығарыў, Сайхунабад тәжирийбесин енгизиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин асырыў бойынша 2024-жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшыларының есабатлары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1-сектор басшысы Ф.Эрманов баянат жасады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Буннан соң әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, 2-сектор басшысы Э.Таджиев баянат жасады.

Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға сүрилген «Инсан қәдири ушын» нормалары ҳәм нызам үстемлигин әмелде тәмийинлеў бойынша бир қатар салмақлы жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Б.Торебеков баянат жасады.

Республиканың 3-секторына Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў ҳәм Кегейли районлары бириктирилген болып, усы жылда 3-сектор аймағындағы 5 районда мийнет базарына кирип келиўши жәми 22 мың 122 пуқара бәнтлиги тәмийинлениўи лазым болған пуқаралар болып, соннан улыўма билим бериў мектебиниң 2 мың 918 питкериўшилери, 9 мың 816 мигрaциядан қайтып келетуғынлар, 9 мың 388 жумыссыз шахсларды қурайды. 

Өткен 1-шерек даўамында 3 мыӊ 467 жаңа жумыс орынлары жаратылып, белгиленген реже 136,9 % орынланды.

Халықты исбилерменликке қамтыў, бәнтилигин тәмийинлеў ҳәм кәсипке оқытыў мақсетинде де бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Президентимиздиң басламасы менен «Абат шаңарақ, абат көше, абат маҳәлле» бағдарламасы тийкарында да салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, аймақларда жасаўшы аўыр жағдайға түсип қалған шаңаракларды қоллап-куўатлаў бойынша да жумыслар даўам еттирилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы баслығы, 4-сектор басшысы Х.Бекчанов баянат жасады.

Айтып өтиў орынлы, Президентимиздиң басламасы менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларына шешим табыў ҳәмде оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Республиканың 4-секторына Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары бириктирилген.

Салық уйымлары тәрепинен «мәҳәлле жетилиги» жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәллеге 220 салық хызметкери бириктирилип, жумыслар системалы даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди. 

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов баянат жасады.

Бүгинги күнге шекем Президент Виртуал ҳәмде Халық қабыллаўханаларына пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги өзиниң унамлы шешимин таўып атыр.

Бунда мүрәжатлардың унамлы шешилиў дәрежесиниң көтерилиўиниң тийкарғы себеплериниң бири Жоқарғы Кеңесте шөлкемлестирилген мүрәжатлар платформасы, Министрлер Кеңесиндеги Арнаўлы штаб жумысы, соның менен бир қатарда, министрликлер ҳәмде сектор басшылары тәрепинен орынларда пуқаралар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерилип атырғанлығы себепли, көпшилик мүрәжатлар өзиниң унамлы шешимин таппақта.

Күн тәртибиндеги мәселе депутатлар тәрепинен толық қарап шығылды ҳәм арнаўлы қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибинде және бир әҳмийетли болған Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа қурамын дүзиў туўралы мәселе қарап шығылды.

«Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 12-статьясына муўапық Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына 21 адам қурамында талабанлар усынылды ҳәм депутатлар тәрепинен мақулланды.

Депутатлар тәрепинен бул мәселе бойынша да арнаўлы қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Сессияның күн тәртибиндеги соңғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз елиўинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда мийманхана хызметлерин раўажландырыў бойынша әҳмийетли қарар қабыл етилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин раўажландырыў ҳәмде қолайлы шараятлар жаратыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 287-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстанда үш жулдызлыға айландырылатуғын бар болған мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Реже менен, Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў фонды Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған, жулдыз категориясына ийе болмаған бар болған мийманханаларды үш жулдызлыға айландырыў мақсетинде исбилерменлик субъектине мийманхана ханаларын үскенелеў ушын жумсалған қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў ушын субсидия бериледи.

Субсидия Мәмлекетлик хызметлер орайы яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер Порталы арқалы ажыратылады.

Субсидия Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған ҳәм катеорияға ийе болмаған мийманхана белгиленген тәртипте үш жулдызлығы ийе болғанда ажыратылады.

Исбилерменге үш жулдызлы категорияға айландырылатуғын бар болған мийманханалардың ҳәр бир ханасына 20 млн. сумнан субсидия бериледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Туризм тараўын раўажландырыў бағдарында «Миздакхан комплекси» дирекциясы шөлкемлестирилди

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен туризм тараўын раўажландырыў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилген болып, соңғы жыллары усы тийкарда бир қатар унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта.

Әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңестиң арнаўлы Президиум қарары қабыл етилип, Хожели районы «Сарышүнгил» пуқаралар жыйыны аймағындағы «Миздакхан» тарийхый-археологиялық комплексиниң имканиятларынан еледе кеңирек пайдаланыў мақсетинде Хожели районы ҳәкимлиги жанында «Миздакхан комплекси» дирекциясы шөлкемлестирилди.

Дирекцияның тийкарғы ўазыйпасы «Мыздакхан» тарийхый-археологиялық комплексиндеги мәдений мийрас объектлери ҳәм зыяратлаў орынлары менен сырт елли ҳәм жергиликли туристлерди таныстырыў, соның менен бирге, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартыўдан ибарат болып, туристлерге еледе қолайлық жаратыў мақсетинде аймақ инфраструктурасы жақсыланады жәмийетлик аўқатланыў орынлары ҳәм басқа да зәрүр объектлер қурылыўы белгиленбекте.

Ўзб


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM