Joqarǵi keńes.uz
42K subscribers
19.5K photos
1.47K videos
10 files
8.17K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Таҳлилларга кўра, тирбандликлар ҳам ҳавонинг тозалигига салбий таъсир кўрсатаяпти.

Чунки, ҳаракатдаги автомобилга қараганда
тирбандликда турганлари ҳавони кўпроқ ифлослантиради.

Шу сабабли, жамоат транспортини ривожлантириш борасидаги ишлар янада жадаллаштирилади.

Эндиликда автобуслар харид қилишда уларнинг йўловчи сиғимига кўпроқ эътибор қаратиш кераклиги таъкидланди. Шунингдек, метро вагонлари сонини ошириш бўйича амалий чораларни ҳам тезлаштириш лозим.

Анализлерге бола, тығылыслықлар да ҳаўаның тазалығына унамсыз тәсир көрсетип атыр.

Себеби, ҳәрекетдеги автомобилге қарағанда тығылыслықта турғанлары ҳаўаны көбирек патаслайды.

Сол себепли, жәмийетлик транспортты раўажландырыў бағдарындағы жумыслар және де жеделлестириледи.

Эндигиден былай автобусларды сатып алыўда олардың жолаўшы сыйымлығына көбирек итибар қаратыў керек екенлиги атап өтилди. Соның менен бирге, метро вагонларының санын арттырыў бойынша әмелий илажларды да тезлестириў керек.

Facebook|Instagram|X
"Яшил энергетика”ни қўллаб-қувватлаш, экологик муаммоларнинг олдини олиш ва зарарли оқибатларни камайтириш мақсадида аҳолини электромобилларга ўтишини рағбатлантириш тизими жорий қилинади.

"Жасыл энергетика"ны қоллап-қуўатлаў, экологиялық машқалалардың алдын алыў ҳәм зыянлы ақыбетлерди кемейтиў мақсетинде адамлардың электромобиллерге өтиўин хошаметлеў системасы енгизиледи.

Facebook|Instagram|X
Йиғилишда кун тартибидаги асосий масалалардан ташқари вилоят ҳокимлари бошчилигида ташкил этилган фармацевтика кенгашлари фаолияти кўриб чиқилди.

Ҳали бирорта ҳудудда ушбу кенгашлар амалий ишларни бошламагани қайд этилди.

Маҳаллий дориларни рўйхатга олиш жараёнида бюрократик тўсиқларни тугатиш, соҳада коррупция ва ноқонуний дори айланмасига қарши курашиш зарурлиги қатъий кўрсатиб ўтилди.

Яқинда фармацевтика соҳасида қабул қилинган 1,9 миллиард долларлик лойиҳалар дастури бўйича амалий ишларни тезроқ бошлаш зарурлиги таъкидланди.

Йиғилишда муҳокама қилинган масалалар юзасидан мутасадди раҳбарларнинг ахбороти тингланди.

Мәжилисте күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерден тысқары ўәлаят ҳәкимлери басшылығында шөлкемлестирилген фармацевтика кеңеслери жумысы көрип шығылды.

Еле бирде-бир аймақта усы кеңеслер әмелий жумысларды басламағаны атап өтилди.

Жергиликли дәрилерди дизимге алыў процесинде бюрократиялық тосықларды сапластырыў, тараўда коррупция ҳәм нызамсыз дәри айланбасына қарсы гүресиў зәрүрлиги қатаң көрсетип өтилди.

Жақында фармацевтика тараўында қабыл етилген 1,9 миллиард долларлық жойбарлар бағдарламасы бойынша әмелий жумысларды тезирек баслаў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте талқыланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың мәлимлемелери тыңланды.

Facebook|Instagram|X
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
НМПИ студенти Улзада Жолдасбаева: Президентимиздиң қарақалпақстанлы жасларға болған итибары бизлер ушын үлкен мотивация болды

Президентимиздиң пәрманы тийкарында қарақалпақстанлы жаслар ушын жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында ҳәм төлемли контракт тийкарында қосымша орынлар ажыратылған еди.

Улзада Жолдасбаева Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 1-курсына төлемли контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген болса, мәмлекетимиз басшысының тарийхый пәрманы менен оқыўын мәмлекетлик грант тийкарында даўам еттирмекте.

НДПИ талабаси Улзада Жолдасбаева: Президентимизнинг қорақалпоғистонлик ёшларга бўлган эътибори биз учун улкан мотивация бўлди

Президентимизнинг фармони асосида қорақалпоғистонлик ёшлар учун олий таълим муассасаларига давлат гранти асосида ва тўлов-контракт асосида қўшимча ўринлар ажратилган эди.

Улзада Жолдасбаева Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтининг 1-курсига тўлов-контракт асосида ўқишга тавсия этилган бўлса, давлатимиз раҳбарининг тарихий фармони билан ўқишини давлат гранти асосида давом эттирмоқда. 

– Президентимизнинг қорақалпоғистонлик ёшларга бўлган эътибори биз учун улкан мотивация бўлди, – дейди У.Жолдасбаева.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқары оқыў орынларына студент болған жаслардың Президентимизге деген алғысы шексиз

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2022-жыл 31-август күни қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен қарақалпақстанлы жаслар ушын жоқары оқыў орнына кириўге мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында қосымша квота ажыратылды.

Бүгинги күнге келип, усы пәрман тийкарында бир қатар жасларымыз жоқары оқыў орынларында студент болыў бахтына миясар болды.

Олий таълим муассасаларига талаба бўлган ёшларнинг Президентимизга миннатдорчилиги чексиз

Ҳурматли Президентимиз томонидан 2022 йил 31 август куни қабул қилинган 213-сонли тарихий фармони билан қорақалпоғистонлик ёшлар учун олий таълим муассасаларига киришга давлат гранти ва тўлов-контракт асосида қўшимча квота ажратилди.

Бугунги кунга келиб, ушбу фармон асосида қатор ёшларимиз олий таълим муассасаларида талаба бўлиш бахтига сазовор бўлди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстандағы айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен (ӨРН-845, 12.06.2023 ж.) айырым нызам ҳүжжетлерине Қарақалпақстан Республикасында инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған қосымшалар киргизилген.

Салық кодексине киргизилген өзгерислерге бола, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәмде усы аймақта жумысын әмелге асырып атырған исбилерменлер (бунда ири салық төлеўшилер, турақлы мәкемелер, бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик кәрханалары, устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 пайыз муғдарында ҳәм оннан артық болған юридикалық шахслар, устав фондының 50 пайызы ҳәм оннан артығы устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 пайыз муғдарында ҳәм оннан артық болған юридикалық шахсқа тийисли юридикалық шахслар буған кирмейди) 2028-жыл 1-январьға шекем:

Пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, юридикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығын белгиленген салық ставкаларына қарата 50 пайызға кемейтилген салық ставкалары бойынша төлейди;

Социаллық салықты 1 пайыз муғдарындағы салық ставкасы бойынша, Жеке тәртиптеги исбилерменлер болса, жылына БЕМның бир есеси (340 мың сум) муғдарында төлейди.

Егер салық төлеўши усы жеңилликлер менен бир қатарда бир ўақыттың өзинде басқа тийкарлар бойынша салық жеңилликлерине тийисли ҳуқыққа ийе болса, бундай салық төлеўши өз ықтыярына бола ең қолайлы салық жеңиллигин таңлаўға ҳақлы болады.

Алдын бундай жеңиллик жоқ еди.

Ўзб


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев Тошкент шаҳрида Ислом Каримов ҳайкали пойига гулчамбар қўйди.

Президент Шавкат Мирзиёев Тaшкент қаласында Ислам Каримов естелигине гүлшеңбер қойды.

#Mirziyoyev #marosim #BirinchiPrezident #xotira

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Шымбай районындағы мектепке қосымша имарат қурылды

Елимизде балаларға заман талабына сәйкес билим бериў ушын шараят жаратыў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы жумысларды турмысқа енгизиўде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкар болып хызмет етпекте.  

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги 465-санлы қарары тийкарында Шымбай районындағы «Оржап» МПЖдағы 32-санлы мектепке қосымша жаңа имарат қурып питкерилди.

4 млрд. 92 млн. сум қаржы тийкарында барлық қурылыс жумыслары сапалы етип жуўмағына жеткерилди.

Чимбой туманидаги мактабга қўшимча иморат қурилди

Мамлакатимизда болаларга замон талабига мос таълим бериш учун шароит яратиш бўйича кенг кўламли ишлар амалга оширилмоқда. Бу борадаги ишларни ҳаётга татбиқ этишда ҳурматли Президентимиз томонидан қабул қилинган фармон ва қарорлар асос бўлиб хизмат қилмоқда.

Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2022 йил 30-декабрдаги 465-сонли қарори асосида Чимбой туманидаги «Оржап» МФЙда жойлашган 32-сонли умумтаълим мактабига қўшимча иморат қуриш ишлари якунланди.

4 млрд. 92 млн. сўм маблағ асосида қурилиш ишлари сифатли якунига етказилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
“Тараққиёт стратегияси” орайы «Өзбекстан–2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы жойбары кең жәмийетшилик додалаўына қойылғанын жәриялады.

Мәмлекетлик бағдарламада «Өзбекстан-2030» стратегиясының 5 бағдары бойынша 2024-жылда әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳәм ислеп шығылыўы керек болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими белгиленбекте.

Ҳүжжет жойбарында жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў, социаллық-экономикалық, экология, мәмлекетлик басқарыўы, суд-ҳуқық, қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарларында 2024-жылға арналған реформалар нәзерде тутылмақта.

2024-жылғы Мәмлекетлик бағдарламасы додалаўында белсенди қатнасыў қәлеўшилиги болған пуқаралар өз усынысларын Орайдың арнаўлы uzbekistan2030.uz онлайн порталы арқалы билдириўи мүмкин.

Додалаўлар усы жылдың 9-февраль күнине шекем даўам етеди.

“Тараққиёт стратегияси” маркази “Ўзбекистон–2030” стратегиясини “Ёшлар ва бизнесни қўллаб-қувватлаш йили”да амалга оширишга оид давлат дастури тўғрисидаги Ўзбекистон Республикаси Президенти Фармони лойиҳаси кенг жамоатчилик муҳокамасига қўйилганини эълон қилади.

Давлат дастури лойиҳасида “Ўзбекистон – 2030” стратегиясининг 5 та йўналиши бўйича 2024 йилда амалга ошириладиган чора-тадбирлар ва ишлаб чиқилиши лозим бўлган норматив-ҳуқуқий ҳужжатлар рўйхатлари белгиланмоқда.

Ҳужжат лойиҳасида ёшлар ва бизнесни қўллаб-қувватлаш, ижтимоий-иқтисодий, экология, давлат бошқаруви, суд-ҳуқуқ, хавфсизлик ва ташқи сиёсат йўналишларида 2024 йилга мўлжалланган ислоҳотлар назарда тутилмоқда.

2024 йилги Давлат дастури лойиҳаси муҳокамасида фаол иштирок этиш истагида бўлган фуқаролар ўз таклифларини Марказнинг махсус uzbekistan2030.uz онлайн портали орқали билдиришлари мумкин.

Муҳокамалар жорий йилнинг 9 февраль кунига қадар давом этади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайының қурылысы басланды

Президентимиздиң ПҚ-449-санлы қарарында Нөкис қаласы, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайларын қурыў белгиленген.

Усы қарарға тийкар Нөкис қаласы «Темир жол» МПЖ аймағында жаңадан Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайының қурылыс жумыслары басланды.

Қурылыс жумысларын алып барыў ушын 75 млрд. 315 млн. сум қаржы ажыратылған болып, пайдаланыўға тапсырылғаннан соң гимнастика спорт түрлерин раўажландырыўда оғада әҳмийетли объект болыўы күтилмекте.

Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаслардың озық-ойлы, физикалық жақтан шыныққан, наўқыран әўлад болып камалға келиўине, әсиресе, олар арасынан елимиз байрағын дүньяға танытатуғын спортшылардың жетилисип шығыўына үлкен итибар қаратылып атыр. Жаңа объект қурылысының басланыўы мине усы бағдардағы жумыслардың әмелий көриниси есапланады.

Қорақалпоғистонда гимнастика спорт турларига тайёрлаш марказининг қурилиши бошланди

Президентимизнинг ПҚ-449-сонли қарорида Нукус шаҳри, Самарқанд ва Фарғона вилоятларида Гимнастика спорт турларига тайёрлаш марказларини қуриш белгиланган.

Ушбу қарорга асос Нукус шаҳри «Темир жол» МФЙ ҳудудида янгидан Гимнастика спорт турларига тайёрлаш марказининг қурилиш ишлари бошланди.

Қурилиш ишларини олиб бориш учун 75 млрд. 315 млн. сўм маблағ ажратилган бўлиб, фойдаланишга топширилгандан кейин гимнастика спорт турларини ривожлантиришда улкан аҳамиятга эга иншоот бўлиши кутилмоқда.

Айтиш жоизки, сўнги йилларда Президентимиз томонидан ёшларнинг соғлом фикрли, жисмоний чиниққан, баркамол авлод бўлиб камолга келишига, айниқса, улар орасидан юртимиз байроғини дунёга танитадиган спортчиларнинг етишиб чиқишига улкан эътибор қаратилмоқда. Янги иншоот қурилишининг бошланиши ушбу йўналишдаги ишларнинг амалий кўриниши ҳисобланади.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстандағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине қудық қазыўы ушын 17 млн сумға шекем субсидия бериледи

Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-августтағы 378-санлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер майданларын суўғарыў ушын тереңлиги 5 метрден артық болған ҳәр бир вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске түсириў менен байланыслы қәрежетлерин қаплаўға қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан бирақ, көби менен БЕМның 50 есесине (17 млн сумға) шекемги муғдарда субсидия бериледи.

Субсидия Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фондының қаржылары есабынан ажыратылады.

Қорақалпоғистондаги деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгаларига қудуқ қазиши учун 17 млн. сўмгача субсидия берилади

Вазирлар Маҳкамасининг 2023 йил 14-августдаги 378-сонли қарорига асос, Қорақалпоғистон Республикасидаги деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгаларининг ер майдонларини суғориш учун чуқурлиги 5 метрдан ортиқ бўлган ҳар бир вертикал суғориш қудуғини бурғилаш ва ишга тушириш билан боғлиқ харажатларини қоплашга қудуқнинг ҳар бир метр чуқурлиги учун 100 минг сўмдан лекин, кўпи билан БҲМнинг 50 баробаригача (17 млн. сўмга) миқдорда субсидия берилади.  

Субсидия Ўзбекистон фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгалари кенгаши ёнидаги фермер, деҳқон хўжаликлари ва томорқа ер эгаларини қўллаб-қувватлаш фондининг маблағлари ҳисобидан ажратилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Елимиз жасларының жаратылып берилген имканиятлар ушын миннетдаршылығы шексиз

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында қарақалпақстанлы жаслар ушын жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында қосымша квота ажыратылған еди.

Муратбаев Атабек ҳәм Тажимуратова Гүлзадалар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына төлемли контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген болса, бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысының тарийхый 213-санлы Пәрманы менен оқыўын мәмлекетлик грант тийкарында даўам еттирмекте.

Ең баслысы, жаслардың жаратылып берилген имканияттан миннетдаршылығы шексиз.

Юртимиз ёшларининг яратилиб берилган имкониятлардан миннатдорчилиги чексиз

Ўзбекистон Республикаси Президентининг фармони асосида қорақалпоғистонлик ёшлар учун олий таълим муассасаларига давлат гранти ва тўлов-контракт асосида қўшимча квота ажратилган эди.

Муратбаев Атабек ва Тажимуратова Гүлзадалар Ўзбекистон давлат санъат ва маданият институти Нукус филиалига тўлов-контракт асосида ўқишга тавсия этилган бўлса, бугунги кунда давлатимиз раҳбарининг тарихий 213-сонли Фармони билан ўқишини давлат гранти асосида давом эттирмоқда.

Энг асосийси, ёшларнинг яратилиб берилган имкониятдан миннатдорчилиги чексиз.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM