Joqarǵi keńes.uz
39.7K subscribers
19.3K photos
1.47K videos
10 files
8.1K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёевнинг хорижий давлатлар ва мамлакатимиз ҳудудларига ташрифлар, турли тадбир ва воқеаларга ниҳоятда бой бўлган 2023 йилги фаолияти факт ва рақамларда

Президент Шавкат Мирзиёевтиң сырт еллер ҳәм мәмлекетимиз аймақларына сапарлары, түрли илаж ҳәм ўақыяларға оғада бай болған 2023-жылғы искерлиги факт ҳәм санларда

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида шу йилнинг декабрь ойида ўтган асосий тадбир ва воқеалар

Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўында усы жылдың декабрь айында болып өткен тийкарғы илаж ҳәм ўақыялар

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон халқига Янги йил табриги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы халқына Жаңа жыл қутлықлаўы

Новогоднее поздравление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева народу Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Халқымызға Жаңа жыл қутлықлаўы!

Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!


Ең дәслеп, бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеп, халқымызды және де үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман. Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта. Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен ѳткен бир жылдың ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға, соның ишинде жасларымызға, исбилерменлеримизге бурын болмаған имканиятлар жаратылғанлығы, мәҳәллелерде кең кѳлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Атап айтқанда, жуўмақланып атырған жылда 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сўм қосымша қаржы берилгенин, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумысларының жолға қойылғанын, қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде 640 км.ге жақын топырақлы жолларға 55 миллиард 678 миллион сумлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылғанын, Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, бул фондқа 20 миллиард сум қаржы ажыратылғанын, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғанын, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятының жолға қойылғанын, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылып, олардың экономикалық жақтан беккемлениўине тийкар жаратылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен айтып ѳтсек болады.

Сондай-ақ, халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келди. Сѳзимизге мысал ретинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 699 объектте 1,6 триллион сумлық қурылыс ҳәм реконстукция жумыслары алып барылғаны, соның ишинде Инвестиция бағдарламасы тийкарында 58 объектте 547,9 миллиард сумлық, мәҳәллелерде 286 объектте 238 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғаны, буннан тысқары, 33 көп қабатлы турақ жайлар жаңадан курылып, 69 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў жумыслары алып барылғаны турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.

Соның менен бирге жуўмақланған жылда Қытай мәмлекети менен 432,7 миллион долларлық 17 инвестициялық жойбар, 27 миллион долларлық 32 экспорт ҳәм импорт шәртнамалары бойынша, сондай-ақ, Татарстан Республикасы менен 58 миллион долларлық 23 экспорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилгени елимиз экономикасын және де беккемлеўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын тутады.

Буннан тысқары, аймақлық инвестиция бағдарламалары тийкарында 3,1 триллион сумлық 1434 инвестиция жойбары иске түсип, 10256 жаңа жумыс орны жаратылды. Әлбетте, булардың барлығы елимизде “Инсан қәдири ушын” деген идея астында алып барылып атырған ийгиликли ислердиң әмелий кѳриниси саналады.

Кирип киятырған Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып қала береди.

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!

Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!

Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!

Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Қанлыкөл районында жаңа мектеп имараты қурып питкерилди

Мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде оларға заман талабына сәйкес билим бериў, талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ең баслысы, жасларға болған итибар бүгин мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.

Ҳүрметли Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен Қанлыкөл районында «Жаңа Өзбекстан» массиви қурылысы басланған еди. Жаңа турақ-жайлар менен бирге массивти толық инфраструктура менен тәмийинлеў, социаллық объектлерди қурыў да режеде белгиленген.

Пәрман орынланыўын тәмийинлеў бағдарында 15 млр. 177 млн. сум қаржы ажыратылып, жаңа массивте 330 орынлы жаңа мектеп имараты, спорт зал, универсал спорт майданшасы қурып питкерилди. Мектеп имаратында балалардың заманагөй билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

Ең баслысы, Президентимиз итибары менен балалар ушын және бир заманагөй билим дәргайы бой тикледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев раислигида мудофаа қурилиши ва Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучларини ривожлантириш масалаларига бағишланган йиғилиш бўлиб ўтди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында қорғаныў қурылысы ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлерин раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис болып өтти.


#Mirziyoyev #yigilish #mudofaa #QurolliKuchlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Жаңа бақша имараты бой тикледи

Соңғы жыллары билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар нәтийжесинде билимлендириў мәкемелери, соннан, мектеп, бақша сыяқлы қатар мәсканларда балаларға заман талабына сәйкес билим бериў ушын шараят жаратыў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкар болып атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-465-санлы қарары тийкарында Қанлыкөл районындағы «Жаңа Өзбекстан» массивинде жаңа бақша қурып питкерилди.

7 млрд. 742 млн. сум қаржы тийкарында барлық қурылыс жумыслары сапалы етип жуўмағына жеткерилди.

Янги боғча иморати қад кўтарди

Сўнги йилларда таълим соҳасига қаратилаётган эътибор натижасида таълим муассасалари, шундан, мактаб, боғча каби қатор масканларда болаларга замон талабига мос таълим бериш учун шароит яратиш бўйича кенг кўламли ишлар амалга оширилмоқда. Бу борадаги ишларни амалга оширишда муҳтарам Президентимиз томонидан қабул қилинган фармон ва қарорлар асос бўлиб хизмат қилмоқда.

Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2022 йил 30 декабрдаги «2023-2025 йилларда Ўзбекистон Республикасининг ижтимоий ва ишлаб чиқариш инфратузилмасини ривожлантириш чора-тадбирлари тўғрисида»ги ПҚ-465 сон қарори асосида Қонликўл туманидаги «Янги Ўзбекистон» массивида янги боғча қурилиши якунланди.

7 млрд. 742 млн. сўм маблағ асосида қурилиш ишлари сифатли қуриб якунига етказилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис халықаралық аэропортында Tax Free офиси ашылды

2024-жыл 1-январьдан баслап сырт ел пуқаралары Өзбекстанда усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланатуғын исбилерменлерден айырым түрдеги товарларды сатып алыўда олар тәрепинен төленетуғын ҚҚС суммаларын қайтарыў бойынша тәжирийбе тийкарында “Tax Free” системасы енгизилди.

Бүгин Нөкис халықаралық аэропортында хызмет көрсетиў пунктиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Tax Free - Сырт ел пуқаралары Өзбекстан аймағынан шығып баратырғанда аэропортларда операторларға мүрәжат етиў арқалы ҚҚС суммасын қайтарып алыўы мүмкин.

Нукус халқаро аэропортида Tax Free офиси очилди

2024 йил 1-январдан бошлаб чет эл фуқаролари Ўзбекистонда чакана савдо билан шуғулланувчи тадбиркорлардан айрим турдаги товарларни сотиб олишда улар томонидан тўланадиган ҚҚС суммаларини қайтариш бўйича наъмуна сифатида “Tax Free” тизими жорий этилди.

Бүгун Нукус халқаро аэропортида хизмат кўрсатиш пунктининг очилиш маросими бўлиб ўтди.

Tax Free - Чет эл фуқаролари Ўзбекистон ҳудудидан чиқиб кетаётганда аэропортларда операторларга мурожаат этиш орқали ҚҚС суммасини қайтариб олиши мумкин.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилген Киши ҳәм Жаслар санаат зоналарында өз исбилерменлигин баслаў нийети бар басламашыларға бир қатар жеңилликлер берилген

Соннан:

- киши санаат зонасының бѳлиниў шегарасына шекем коммуникация тармақлары менен тәмийнлеп бериледи;

- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-август күнги 129-санлы
пәрманына тийкар киши ҳәм жаслар санаат зоналарынан алынған жер майданлары ҳәм имаратлар инвестициялық миннетлемелерди орынлаған исбилерменлерге меншиклестирилип бериледи;

- 5 жыл жеңилликли дәўир менен 10 жылға жеңиллетилген кредит бериледи;

- Керекли үскенелерди алып келиўде бажыхана женилликлери қолланылады;

- аукционнан сатып алынған жер майданларына болған тѳлемлерди
24 ай даўамында бѳлип тѳлеў имканияты қолланылады.


Айтып өтиў керек, Нөкис қаласы ҳәм районларда 234,6 гектар жер майданларында 31 киши санаат зоналары шөлкемлестирилген болып, олар 807 лотларға ажыратылған.

Соннан, жер майданы 103,8 га болған 310 лот исбилерменлик субъектлерине ажыратылған. Қалған 72,5 га жер майданындағы 496 лоттан 61,8 га жер майданындағы 447 лот Электрон онлайн-аукционға шығарылып, бүгинги күнде жер майданы 38,6 га болған 223 лот саўдада.

Сондай-ақ, республикамызда улыўма майданы 41,7 гектар болған 17 Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары шөлкемлестирилген болып, олар 484 лотқа
ажыратылған.

Соннан, жер майданы 1,82 га болған 24 лот исбилерменлик субъектлерине ажыратылған, қалған 23,9 га жер майданындағы 460 лоттан 20,65 га майдандағы 383 лот электрон онлайн-аукционға шығарылып, бүгинги күнде 12,7 га жер майданындағы 230 лот саўдада.

Өз жойбарын әмелге асырыў нийети бар басламашылар атап өтилген жеңилликлерден пайдаланып, исбилерменлигин баслаўына имканият бар.

Ўзб


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев қишлоқ хўжалигида сув ресурсларидан фойдаланиш самарадорлигини оширишга қаратилган таклифлар тақдимоти билан танишди.

Президент Шавкат Мирзиёев аўыл хожалығында суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслар презентациясы менен танысты.

#Mirziyoyev #taqdimot #suv #qishloqxujaligi

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter