Joqarǵi keńes.uz
39.2K subscribers
20.2K photos
1.54K videos
11 files
8.51K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Усы жылдың 16-октябрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола әмелий сапар менен усы мәмлекетте болған еди.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы Қытай Халық Республикасы басшысы менен әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиў жойбарларын биргеликтеги "жол карта"лары тийкарында әмелге асырыўды келисип алған еди.

Усы "жол карта"ларда келисилген мәселелердиң орынланыўы бойынша Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегацияның Қытай Халық Республикасындағы сапары даўам етип атыр.

Делегация ағзалары Пекин қаласындағы Өзбекстан Республикасы елшиханасында "Қарақалпақстан-Қытай бизнес форум" шеңберинде инвестиция ҳәм туризм тараўын раўажландырыў форумына қатнасты.

Форум шеңберинде делегация ағзалары Қытайдың бир қатар ири компаниялары менен В2В ҳәм G2B форматында ушырасыўлар өткерди.

Атап айтқанда "Ji An Tai Technologies"компаниясы менен мраморды қайта ислеў ҳәм алтынды флотация усылында қайта ислеўди шөлкемлестириў, "Norinco International" компаниясы менен жолаўшы тасыўшы транспортларды жеткерип бериў, "Liaoning Lide Investment Holdings Group Pte. Ltd" компаниясы менен қайта тиклениўши энергия дереклери үскенелерин ислеп шығарыў ҳәм "Guangdong Urban & Rural Planning and Design Institute Co., LTD" компаниясы менен Қарақалпақстанда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бағдарламаны ислеп шығыў ҳаққында дәслепки келисимлерге ерисилди.

Буннан тысқары Қытай Халық Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде баҳасы 1,4 млн. долларға тең импорт шәртнамаларыда дүзилди.

Делегацияның Қытай Халық Республикасына сапары даўам етпекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Машқалаларға шешим табылып, пуқараларды қыйнап келген мәселелер сапластырылып атыр

Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги 500-санлы қарарына тийкар Бозатаў районындағы бир қатар аўыл көшелеринде ишки жолларды қумлы-тас араласпалы қапламаға өткериў жумыслары алып барылмақта.

Қарар шеңберинде усы жылда 1 млрд 215 млн сум болған жәми 6 км ишки топырақ жолларды, соннан, “Көк-суў” АПЖ аймағында “Мақсым” аўылы, “Бағлы ел” аўылы, “Қақлықум” аўылы ишки көшелерин қум-тас араласпалы қапламаға өткериў жумыслары режелестирилген. Бүгинги күнде “Көк-суў” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Билим алыў ушын бағдарланған қаржылар дәрамат салығына тартылмайды

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конститутциясын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги ис-илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманына тийкар 2023-жыл 1-августтан салық төлеўшилер тәрепинен жасына қарамастан перзентлериниң Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелеринде билим алыўы ушын бағдарланатуғын төлемлер салық салынбайтуғын дәраматлар категориясына киргизилиўи белгиленген.

Усы тәртип билимлендириўдиң барлық басқышлары - мектепке шекемги, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў системаларына енгизиледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев банк тизимида трансформация ва хусусийлаштириш жараёнлари муҳокамаси бўйича йиғилиш ўтказди.

Президент Шавкат Мирзиёев провел совещание по обсуждению процессов трансформации и приватизации в банковской системе.

#Mirziyoyev #yigilish #bank #transformatsiya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Өзбекстан Президентиниң «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» арнаўлы резолюциясын қабыллаў басламасы халықаралық майданда тән алынбақта

Толық оқыў

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қытайдың Hichain компаниясы Өзбекстанда логистикалық орайларын жаратыўды мақсет етти

Транспорт Министрлигиниң мәлимлеме хызмети берген мағлыўматқа бола, Қытайдың Hichain компаниясы Өзбекстанда үш логистикалық орай ашылыўын айтып өтти. Компания инфраструктуралық объектлерди Қарақалпақстан, Әндижан ҳәм Наўайыда жаратады.

Гуанчжоу қаласында болып өткен соңғы Өзбекстан - Қытай бизнес форумында Транспорт министриниӊ биринши орынбасары Маманбий Омаров Қытайдың "Hichain Supply Chain" компаниясы президенти менен республикадағы қоспа жойбарларды талқылады.

Тәреплер, соның менен бирге, транспорт тараўында шерикликти жеделлестириў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша меморандумға қол қойды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Хабар бергенимиздей Қарақалпақстан делегациясы усы күнлери әмелий сапар менен Қытай Халық Республикасында болып турыпты.

Сапар бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм делегация ағзалары Цзянсу провинциясында болып, провинция партия комитети секретары Син Чансинь менен рәсмий ушырасыў өткерди.

Цзянсу провинциясы партия комитети секретары Син Чансинь ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев арасындағы сәўбетлесиўде Қарақалпақстан Республикасы делегациясының сапары аймақлар арасындағы бирге ислесиўди еле де беккемлеў ҳәм раўажландырыўға хызмет ететуғыны, өз-ара дослық ҳәм шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығатуғыны атап өтилди.

Тәреплер өз сөзлеринде еки мәмлекет басшылары тәрепинен жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитар тараўларда бирге ислесиўди жәнеде раўажландырыўға қаратып атырған әмелий ислери ҳаққында атап өтти.

Соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде соңғы жылларда қабыл етилген бир қатар қарар ҳәм пәрманлары менен Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығы артқаны ҳәм исбилерменлерге жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында кеңнен тоқталып өтти.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегация ағзалары Чженьцзянь қаласындағы “World Group” аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў компаниясына барып, кәрхана тәрепинен ислеп шығарылған аўыл хожалығы ушын мөлшерленген трактор ҳәм тиркемелер көргизбеси павильонында болды.

Буннан соң компания бас директоры Чжу Линьцзуан менен ушырасыў болып өтти. Онда елимизде аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў санаатын раўажландырыў, халықты жергиликли ислеп шығарылған техникалар менен тәмийинлеў, аграр секторды аймақлардың климат ҳәм топырақ шараятларына сәйкес келетуғын заманагөй ҳәм арзан аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў мақсетинде компанияның рәсмий аўыл хожалығы техникаларын жыйнаў ҳәм сервис хызметин көрсетиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймағында жаңа кәрхана шөлкемлестириў бойынша дәслепки келисимге ерисилди.

Соның менен бирге Қытайдың “Jiansu Tiansheng Pharmaceutical co., LTD” директорлар кеңеси баслығы Цзи Хао менен де ушырасыў шөлкемлестирилди. Кәрхана баслығы өз сөзинде 2018-жылда 5 млн.доллар инвестиция киргизип, Нөкис районында қоспа кәрхана шөлкемлестирилгенин, ҳәзирги ўақытта дерлик 150 адам жумыс пенен тәмийинленип, боян тамыр экстратын сырт мәмлекетлерге экспорт қылып киятырғанын атап өтип, бул бағдардағы жумысларды еле де даўам еттириў ҳәм кәрхананың жумысын кеңейтиў мақсетинде 2024-жылдың биринши шерегинде Қарақалпақстанға баратуғынын ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асыратуғынын атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан делегациясы Қытайдың бир неше ири исбилерменлери менен G2B ҳәм B2B форматында ушырасыўлар өткерди. Болып өткен ушырасыўларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басшылығындағы делегация Қытайдың бир қатар ири компаниялары менен шәртнамаларға қол қойды.

Атап айтқанда Қараөзек районында жайласқан «KARAKALPAK SEMENT» ЖШШ ҳәмде “SHAH POLAN” ЖШШ тәрепинен Қытайдың жетекши кәрханалары менен улыўма баҳасы 135,3 млн. долларға тең төрт инвестициялық келисимлерге ерисилди.

Олар, Sinoma–Liyang Heavy Machinery Co., LТD кәрханасы менен цемент ислеп шығарыўды кеңейтиў нәтийжесинде күнине 3200 тонна қуўатлылыққа ийе клинкер ислеп шығарыў. Жойбар баҳасы 100 млн. доллар.

Nanjing Henghui Building Materials Technology Co., LT кәрханасы менен автоклав газобетон ислеп шығарыў, жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 200 000 м3. Жойбар баҳасы 13,3  млн. доллар.

Nanjing Henghui Building Materials Technology Co., LT кәрханасы менен ҳақ ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, күнлик ислеп шығарыў қуўатлылығы 400 тонна. Жойбар баҳасы 7,13 млн. доллар.

Nanjing Bai Sheng Glass Technology Co., LtD кәрханасы менен шише кристалл ислеп шығарыўды шөлкемлестириў. Жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 200 000 м2. Жойбар баҳасы. 14.9 млн. доллар.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM