Жаңа Өзбекстан – Жасыл мəканда бирге жасайық!
Қарақалпақстан Республикасы мәҳәлле белсендилери, нураныйлары, зыялылар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниӊ халқымызға
ҮНДЕЎИ
Толық мағлыўмат
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент қарары тийкарында Тахтакөпир районындағы бир қатар мәҳәллелердеги машқалалар өз шешимин тапты
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги ПҚ-408-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы аймағында халықтың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде 2022-2023-жылларда бир қатар қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Атап айтқанда, ишки хожалық жолларын қум-щебень араласпалы жолға айландырыў бойынша:
«Атакөл» АПЖ аймағында 2,2 км;
- «Дәўир» МПЖ аймағында 1,6 км;
- «Айдын жол» МПЖ аймағында 5,86 км жәми 9,7 км ишки жоллар оңланды.
Ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў бойынша:
- «Дәўқара» АПЖ аймағында 1,8 км;
- «Мүлик» АПЖ аймағында 1,6 км;
- «Даўыт сай» МПЖ аймағында 1,4 км;
- «Қоңыраткөл» АПЖ аймағында 7,9 км;
- «А.Адилов» аймағында 3,3 км суў тармақларын тартыў;
- «Атакөл» АПЖ аймағында суўды душшыландырыўшы станциясын жаңадан қурыў;
- «Қоңыраткөл» АПЖ аймағында суўды душшыландырыўшы станциясын реконструкциялаў;
Жәми 12,7 км ишимлик суў тармағын тартыў ҳәм 2 объектте қурылыс жумыслары жуўмақланыўы менен 400 ге шамалас шаңарақтың ишимлик суў жеткерип берилиўи жақсыланды.
Көпир қурылысы бойынша;
- «А.Адилов» АПЖ аймағындағы «Жылўан жап» каналындағы көпирди қайта қурыў жумыслары толығы менен жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Президент қарары тийкарында райондағы мәҳәллелердеги бир қатар машқалалар өз шешимин тапты.

Президент қарары менен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар жеңилликлер берилген
Усы жылдың 8-август күни Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы пәрманы қабыл етилген еди.
Пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 млн. АҚШ доллары ажыратылды. Усы қаржылар шеңберинде:
Коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылды. Бунда коммерциялық банктиң маржасы сырт ел валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленди.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмағына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылыўы белгиленди.
Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын еле де жақсылаў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәмде айланба қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи.
Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди.
Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.
2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы саўда, улыўмалық аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобильлерге жанылғы қуйыў ҳәм электр қуўатландырыў шақапшалары жумысын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылып атырған кредитлерге белгиленген муғдар ҳәм шәртлер шеңберинде компенсация усынылады.
Орайлық банк тәрепинен 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн. сум қаржылары ажыратылады.
- Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген, есап бетинде қаржы жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, қаржылық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги болған муғдарда;
- жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде ислеп шығарыў процесиндеги кәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардың сырт мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўы системасы енгизиледи.
Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи.
Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан 2023-2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қаржылары ажыратылады.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бир қатар қарақалпақстанлы жаслар ушын Президентимиз тәрепинен үлкен имканият берилди
Президентимиздиң тапсырмасы менен сырт елде төлемли-контракт тийкарында оқып атырған бир қатар қарақалпақстанлы студентлер республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўын имтихансыз көшириўине имканият берилди. Ең баслысы, барлық студентлер енди өз оқыўын мәмлекетлик грант тийкарында даўам еттирмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Президентимиздиң тапсырмасы менен сырт елде төлемли-контракт тийкарында оқып атырған бир қатар қарақалпақстанлы студентлер республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўын имтихансыз көшириўине имканият берилди. Ең баслысы, барлық студентлер енди өз оқыўын мәмлекетлик грант тийкарында даўам еттирмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
“New Uzbekistan” халықаралық жарысы жуўмақланды
Усы жылдың 17-19-октябрь күнлери пайтахтымыз Нөкис қаласында спорттың грек-рим, еркин гүрес ҳәм ҳаяллар гүреси түрлеринен биринши мәрте “New Uzbekistan” халықаралық жарысы өткерилди.
Спорт жарысларында Беларусь, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның барлық аймақларынан 200 ден аслам спортшылар қатнасып, өз-ара беллести.
Жуўмағына жеткен спорт жарысларында өз шеберлигин көрсеткен спортшы жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Дыққат хабарландырыў!
2023-жыл 22-октябрь күни, саат 11:00 де Қанлыкөл районы Мәденият сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтеди.
Республикамыздың басқада аймақларының исбилерменлери ушын қабыллаў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи.
Еслетпе!
22-октябрь күни болып өтетуғын қабыллаўда исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады. Ал, пуқаралардың жеке мүрәжатлары өз алдына өткерилиўи режелестирилген Жоқарғы Кеңес Баслығының көшпели кабыллаўларында көрип шығылатуғынлығын мәлим етемиз.
Сондай-ақ, суд ҳуқық мәселеси менен байланыслы мүрәжатлар көрип шығылмайды.

Ҳурматли юртдошлар!
Санитария ва экология соҳасидаги қоидабузарликлар, жумладан, чиқиндилар тақиқланган жойга ташланганлиги ҳақидаги мурожаатларни Ўзбекистон Республикаси Санитария-эпидемиологик осойишталик ва жамоат саломатлиги қўмитаси Call-марказининг 1354 қисқа рақами орқали қолдиришингиз мумкин.
1354 рақамига қўнғироқлар узлуксиз қабул қилинади!
Умумий уйимиз бўлган Ватанимизда тозалик тарафдоримиз, биз билан бирга бўлинг!
———
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Санитария ҳәм экология тараўындағы ҳуқықбузарлықлар, соннан, шығындылардың қадаған етилген орынларға тасланғанлығы ҳаққындағы мүрәжатларды Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети Call-орайының 1354 номери арқалы қалдырыўыңыз мүмкин.
1354 номерине қоңыраўлар үзликсиз қабыл етиледи!
Улыўмалық үйимиз болған Ўатанымызда тазалық тәрепдарымыз, биз бенен бирге болың!
———
Уважаемые соотечественники!
Сообщить о нарушении в сфере санитарии и экологии, например, о выбросе мусора в неположенном месте, вы можете по короткому номеру Call-центра Службы санитарно-эпидемиологического благополучия и общественного здоровья Республики Узбекистан 1354.
Обращения на 1354 принимаются круглосуточно!
Мы - за чистоту в нашем общем доме, будьте с нами!

Нөкис қаласында жаңа имараттың ирге тасы қойылды
Пуқараларымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў сыяқлы әдиўли ўазыйпаларды атқарыўда Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң орны айрықша.
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарлары тийкарында ишки ислер уйымларының материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылысының ирге тасы қойылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 26-апрельдеги 222-санлы қарары менен «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 40 млрд 300 млн сум қаржы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылыўы белгиленген.
Бул админстративлик имарат қурып питкерилиўи менен онда Ишки ислер тараўындағы бир қатар мәкемелердиң жайластырылыўы режелестирилмекте.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәр бир мәҳәллеге ажыратылған 500 миллион сумға Қоӊырат районы «Түркистан» мәкан пуқаралар жыйынында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
Бул ҳаққында көше бийи, «Дослық» ордени ийеси Жарылқап Турсынбеков сөз етеди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Бул ҳаққында көше бийи, «Дослық» ордени ийеси Жарылқап Турсынбеков сөз етеди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия
⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.
▫️ Шымбай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Тѳрткүл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Тақыятас районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Нѳкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Қоңырат районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Қараѳзек районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Қанлыкѳл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Кегейли районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Әмиўдәрья районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;
▫️ Нѳкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы.
❗️Aрзалар 25.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Тайынлаў
Розумов Уктамбой Рейимбаевич – Елликқала районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.
У.Розумов усы күнге шекем Елликқала районы “Пахтаарна-Найман” ирригация системасы басқармасы магистрал канал баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 21-октябрь Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик тилимизге болған ҳүрмет – бул көп миллетли халқымыздың руўхый дүньясын және де байытыўға, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаўға ҳәмде оларды улуғлаўға деген ғамхорлықтың көриниси саналады.
Соңғы жыллары елимизде өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырай-мәртебесин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, бул бағдарда ана тилимизди терең үйрениў, оны илимий тийкарларда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў илажларының жаңа басқышларға көтерилгени – бул елимизде мәмлекетлик тилге болған айрықша итибардың көриниси саналады.
Сондай-ақ, бул бағдарда энциклопедия ҳəм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислер де əмелге асырылмақта.
Əлбетте, бул өз гезегинде мәмлекетлик тилимиздиң халықаралық майдандағы абырайын жәнеде арттырыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Соны умытпаўымыз тийис, мәмлекетлик тилдиң таза сақланыўы – бул елимиздиң раўажланыўын ҳәмде халқымыздың келешегин белгилейди.
Ол өсип киятырған жасларды ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Байрам мүнәсибети менен Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары тийкарында бир топар өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғәллимлери Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.