Joqarǵı keńes.uz
40.3K subscribers
21.3K photos
1.71K videos
13 files
9.02K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Оқытыўшы ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында"ғы Пәрманы

«Дўстлик» ордени менен

Абипова Замира Максетбаевна
 -
Нөкис қаласындағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң биология пәни муғаллими

Камалов Амангелди Базарбаевич - Нөкис мәмлекетлик педагогика институтының физика оқытыў методикасы кафедрасы баслығы

II даражали «Соғлом авлод учун» ордени менен

Тажимова Мухаббат Абдукадировна
 - Беруний районындағы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми баслығы

Тлеуова Дилбар Абдурахмановна - Мойнақ районындағы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни муғаллими

«Соғлом турмуш» медалы менен

Гаржиев Илмурат Халмухамметович
 - Төрткүл районындағы 38-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дене тәрбия пәни муғаллими

«Шуҳрат» медалы менен
Абдрасулиева Арзайим Сабирбаевна
 - Қанлыкөл районындағы 18-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң химия пәни муғаллими


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!

Ең дәслеп, сиз әзизлерди, тәлим-тәрбия тараўының барлық жанкүйер хызметкерлерин улыўмахалықлық байрам – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Уллы әййямда сиз, мийнеткеш устазларға кеўлимизде, жүрегимизде болған жоқары ҳүрмет-иззет ҳәм жақсы тилеклерди тилеп қаламыз.

Сизлер дүньядағы ең бийбаҳа байлық ҳәм мәңги мийрасты жаратыў, оны халқымызға, өнип-өсип киятырған жас әўладымызға минсиз жеткериў жолында ҳақыйқый пидайылық көрсетип мийнет етип атырған уллы инсанларсыз. 

Сизге алғысларымыз көп, пүткил ел-халқымыздың ҳүрмети ҳәм иззети шексиз.

Әзиз ўатанласлар!

Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында илим ҳәм тәлим-тәрбия тараўын мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айландырыўға қаратылған, шаңарақта перзент туўылғанынан баслап камалға келгенине шекем оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, өмирде мүнәсип орын табыўына хызмет ететуғын тутас ҳәм үзликсиз система жаратылмақта.

Мәмлекетимизде жаңа түрдеги ҳәм жаңа сапа басқышындағы билимлендириў дәргайлары, атап айтқанда, Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплер жумыс алып бармақта.
Буннан тысқары, жоқары билимлендириў тараўында да исенимли реформалар әмелге асырылмақта.

Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!

Елимизде сизлердиң ҳүрмет-иззетиңизди арттырыў, муғәллим ҳәм устазлардың қәдири, абырайы ҳәм мәртебесин тиклеў, машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетин материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.

Сиз, әзизлерди қутлы байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, бахыт-ығбал, ийгиликли жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары тайынланды

Айбек Оразымбетов — Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

Ол тайынлаўға шекем Хожели районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс ислеген.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығындағы реформалар нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 27 проценттен 72 процентке, жоқары билимлендириўде болса 9 проценттен 42 процентке, жоқары оқыў орынларының санын 77 ден 212 ге жеткериўге ерисилди.

Усы ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында соңғы бес жыл ишинде Қарақалпақстанда да мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны 318 ден 1654 ке, балаларды бақшаларға қамтып алыў дәрежеси 27,6 проценттен 80 процентке жеткерилди, мектеплердиң саны 706 дан 722 ге, жоқары оқыў орынларының саны 6 дан 12 ге кѳбейди. Мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши 14,2 проценттен 41,8 процентке ѳсти. Қәбилетли жасларымызды оқытыў системасын жəне де жетилистириў мақсетинде қала ҳəм районларымызда 18 қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлары ашылды. Барлық билим ҳәм тәрбия мәсканларының материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр.

Буннан соң Президентимиз тəрепинен сыйлықланғанларға орден-медаллар, Жоқарғы Кеңес тəрепинен берилип атырған ҳүрметли атақлар менен көкирек белгилери, «Миннетдаршылық» ҳəм хошаметлеў сыйлықлары өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.
Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Давлати Амири шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийнинг таклифига биноан 1 октябрь куни давлат ташрифи билан ушбу мамлакатга жўнаб кетди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Эмира Государства Катар шейха Тамима бин Хамада Аль Тани 1 октября отбыл в эту страну с государственным визитом.

#Mirziyoyev #tashrif #Qatar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қанлыкөл районындағы атыз майданларында пахта машиналары «ақ мамық» теримин баслап жиберди

Президентимиздиң арнаўлы қарарына тийкар 2023–2026-жылларда мәмлекетимиздиң барлық аймақларында пахта өнимин жыйнап алыўды механизациялаўды жеделлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

Усыған тийкар республикамызға пахта териў машиналары алып келинип, атызларда жумыс баслап жиберилди.

Хазирги ўақытта Қанлыкөл районы аймағында да «CE-220» маркасындағы пахта машинасы теримди баслады.

Айтып өтиў керек, жаңадан алып келинген техникалардың жәрдеминде жумыс өнимдарлығы артып, бир неше жүз қол мийнети менен исленетуғын жумыс бир техника жәрдеминде әмелге асыралады.

Пахта териў машиналарының сатып алыныўы теримде қол мийнетин кемейтиў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға жәрдем береди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Давлати Амири шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийнинг таклифига биноан давлат ташрифи билан Доҳа шаҳрига келди. Давлатимиз раҳбарини Қатар Бош вазири - ташқи ишлар вазири шайх Муҳаммад бин Абдураҳмон Ол Соний кутиб олди.

По приглашению Эмира Государства Катар шейха Тамима бин Хамада Аль Тани Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев прибыл в город Доху с государственным визитом. Главу нашего государства встретил Премьер-министр – министр иностранных дел Катара шейх Мухаммад бин Абдурахман Аль Тани.

#Mirziyoyev #tashrif #Qatar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter