Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Машқалаларды шешиў ушын ҳәр бир мәҳәллеге 500 млн сумнан қаржы ажыратылды
Мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўы ҳәмде бар болған машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин қаржылық жақтан тәмийинлеў мақсетинде Хожели районындағы 28 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылды.
Бул ажыратылып атырған қаржылар мәҳәлле белсендилери менен көше бийлериниң қадағалаўында аймақта жасаўшы пуқаралардың усыныслары тийкарында жумсалады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Shavkat Mirziyoyev_press-service
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Тожикистон Республикаси Президенти Эмомали Раҳмоннинг таклифига биноан амалий ташриф билан ушбу мамлакатга жўнаб кетди.
—
Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Президента Республики Таджикистан Эмомали Рахмона отбыл в эту страну с рабочим визитом.
#Mirziyoyev #tashrif #Tojikiston #sammit
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
—
Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Президента Республики Таджикистан Эмомали Рахмона отбыл в эту страну с рабочим визитом.
#Mirziyoyev #tashrif #Tojikiston #sammit
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Shavkat Mirziyoyev_press-service
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Тожикистон Республикаси Президенти Эмомали Раҳмоннинг таклифига биноан Душанбе шаҳрига келди.
—
Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Президента Республики Таджикистан Эмомали Рахмона прибыл в город Душанбе.
#Mirziyoyev #tashrif #Tojikiston #sammit
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
—
Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Президента Республики Таджикистан Эмомали Рахмона прибыл в город Душанбе.
#Mirziyoyev #tashrif #Tojikiston #sammit
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Мәҳәллелердеги жол менен байланыслы машқалалар өз шешимин таўып атыр
Орынлардағы машқалаларды шешиў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, пуқараларды қыйнап келген мәселелерди сапластырыў бойынша жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары қабыл етилген еди. Қарар бойынша Кегейли районында жәми 29 млрд 742 млн. сум қаржы тийкарында қурылыс-оӊлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Бүгинги күнде режеде белгиленген жумыслар даўам етпекте.
Атап айтқанда, «Қуяшлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Миймандос көшесине жаңадан асфальт қапламасын төсеў жумыслары алып барылып атыр.
Ең баслысы, пуқараларға қыйыншылық туўдырып келген және бир машқала өз шешимин таппақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Орынлардағы машқалаларды шешиў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, пуқараларды қыйнап келген мәселелерди сапластырыў бойынша жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары қабыл етилген еди. Қарар бойынша Кегейли районында жәми 29 млрд 742 млн. сум қаржы тийкарында қурылыс-оӊлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Бүгинги күнде режеде белгиленген жумыслар даўам етпекте.
Атап айтқанда, «Қуяшлы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Миймандос көшесине жаңадан асфальт қапламасын төсеў жумыслары алып барылып атыр.
Ең баслысы, пуқараларға қыйыншылық туўдырып келген және бир машқала өз шешимин таппақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Шымбай, Тахтакөпир, Кегейли ҳәм Бозатаў районларындағы көп қабатлы турақ жайлар ҳәм олардың әтирапларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылады
Ҳүрметли Президентимиздиң 5152-санлы қарарына тийкар республикамыз аймағындағы көп қабатлы турақ жайларды оңлаў ҳәм әтирапын абаданластырыў ушын жәми 45,7 млрд сум қаржы ажыратылды. Усы ажыратылған қаржылар тийкарында орынлардағы көп қабатлы турақ жайлардың төбесин, фасадларын, кириў орынларын оңлаў, коммуникация тармақларын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар зәрүрли жумысларды әмелге асырыў белгиленген.
Усы тийкарда Шымбай, Тахтакөпир, Кегейли ҳәм Бозатаў районлары аймағында да 2 млрд 703 млн сум қаржы тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.
Ҳүрметли пуқаралар ҳәм көше бийлери!
Усы ажыратылған қаржылар тийкарында көп қабатлы турақ жайлар ҳәм әтирапында әмелге асырылатуғын қурылыс жумысларының сапалы дәрежеде алып барылыўын ҳәм қаржылардың нәтийжели жумсалыўын қадағалап барыўда белсендилик көрсетиўиңизди сораймыз.
Қурылыс жумыслары әмелге асырылатуғын объектлер ҳәм қурылыс кәрханалары кестеде көрсетилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Ҳүрметли Президентимиздиң 5152-санлы қарарына тийкар республикамыз аймағындағы көп қабатлы турақ жайларды оңлаў ҳәм әтирапын абаданластырыў ушын жәми 45,7 млрд сум қаржы ажыратылды. Усы ажыратылған қаржылар тийкарында орынлардағы көп қабатлы турақ жайлардың төбесин, фасадларын, кириў орынларын оңлаў, коммуникация тармақларын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар зәрүрли жумысларды әмелге асырыў белгиленген.
Усы тийкарда Шымбай, Тахтакөпир, Кегейли ҳәм Бозатаў районлары аймағында да 2 млрд 703 млн сум қаржы тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.
Ҳүрметли пуқаралар ҳәм көше бийлери!
Усы ажыратылған қаржылар тийкарында көп қабатлы турақ жайлар ҳәм әтирапында әмелге асырылатуғын қурылыс жумысларының сапалы дәрежеде алып барылыўын ҳәм қаржылардың нәтийжели жумсалыўын қадағалап барыўда белсендилик көрсетиўиңизди сораймыз.
Қурылыс жумыслары әмелге асырылатуғын объектлер ҳәм қурылыс кәрханалары кестеде көрсетилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары студент-жаслар менен ушырасты
Усы жылдың 12-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Өзбекстан мәмлекетлик көркем онер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары менен ушырасты.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм жаңа окыў жылының басланыўы менен қутлықлады. Сондай-ақ, елимиздиң социаллық-экономикалық турмысының барлық тараўлары менен бирге билимлендириў системасында алып барылып атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди айрықша атап өтти.
Илажда атап өтилгениндей, елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар әсиресе, билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар нәтийжесинде соңғы жыллары жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны артып, қабыллаў квоталары ҳәр жыл сайын көбеймекте. Жасларға сапалы билим бериўди тәмийинлеў бағдарында профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақысы дерлик 3,5 есеге арттырылды. Усы тийкарда көплеген жасларымыз өзлериниң жоқары билими, зийреклиги ҳәм айрықша қәбилети менен жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.
Ушырасыў даўамында 2023-2024-оқыў жылында қабыл етилген студентлерге “Студентлик гүўалығы” тапсырылып, илаж студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.