Joqarǵi keńes.uz
39.4K subscribers
20.1K photos
1.54K videos
11 files
8.49K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Бугун давлатимиз раҳбари Шавкат Мирзиёев Самарқандга ташриф буюриб, Биринчи Президентимиз Ислом Каримовни хотирлаш маросимида иштирок этади.

Сегодня глава нашего государства Шавкат Мирзиёев посетит Самарканд и примет участие в церемонии почтения памяти Первого Президента Ислама Каримова.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд шаҳридаги Ҳазрати Хизр мажмуасига ташриф буюриб, Ислом Каримов мақбарасини зиёрат қилди. Қабр пойига гул қўйиб, Биринчи Президентимиз хотирасига ҳурмат бажо келтирди.

Президент Шавкат Мирзиёев посетил мавзолей Ислама Каримова в комплексе Хазрати Хизр в Самарканде и отдал дань уважения памяти Первого Президента, возложив цветы к его могиле.

#Mirziyoyev #marosim #xotira #BirinchiPrezident

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен Ибратлы ҳаял» көкирек белгиси шөлкемлестирилди

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў, жәмийетимизде руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, перзент тәрбиясы ҳәм шаңарақ беккемлигинде де айрықша үлги көрсетип, халық арасында ҳүрмет-иззетке бөленип киятырған, жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында саламат ҳәм бәркәмал етип тәрбиялаўға мүнәсип үлес қосып атырған белсенди ҳаял-қызларды сыйлықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен «Ибратлы ҳаял» көкирек белгиси шөлкемлестирилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларын жаңа оқыў жылы менен қутлықлады

Бүгин республикамыздың барлық орынларындағы мектеплерде жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен байрам илажлары өткерилмекте.
Нөкис қаласындағы 1-cанлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыӯма орта билим бериӯ мектебинде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, жыйналғанларды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам – Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллығы, сондай-ақ, бүгинги умытылмас күн – жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды озық ойлы, физикалық жақтан шыныққан ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип камалға келтириў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Усы тийкарда билим мәскани есапланған мектеплердиң материаллық-техникалық базасы беккемленип, жаңа, заманагөй, бүгинги дәўир талапларына сәйкес билим бериўди еле де жетилистириў бойынша көплеген әмелий илажлар даўам еттирилип атыр.

Өткерилген илажда биринши қоңыраў қағылды.

Буннан соң, өсип киятырған жас әўладты тәрбиялаўда ҳәм оларға билим бериўде жемисли мийнет етип атырған бир қатар устаз-педагогларға Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, мектеп жәмәәти ушын баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж даўамында 1-классқа қәдем қойып атырған оқыўшыларға “Президент саўға”лары берилди.

Жоқарғы Кеңес баслығы сондай-ақ, мектепте оқыўшы-жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM