Қашқадәрьяда болып өтетуғын II Халық аралық жаслар қурылтайында Қарақалпақстаннан 50 жас қатнасады
7-11 август күнлери Қашқадәрья ўәлаяты, Шахрисабз районындағы “Лочин” балалар саўалландырыў лагеринде “Жаслар туризми” II Халық аралық қурылтайы болып өтеди.
Илажда Өзбекстан Республикасыныӊ бир қатар ўәлаятлары, Қарақалпақстан Республикасы, соныӊ менен бирге Тәжикстан, Қырғызстан, Туркия мәмлекетлеринен жаслардыӊ қатнасыўы күтилмекте.
Қурылтайдыӊ салтанатлы ашылыў мәресими 8-август күни Шахрисабз қаласыныӊ Ақсарай комплексинде өткериледи.
Халық аралық қурылтайға елимиздиӊ ҳәр бир аймағынан 50 ден аслам талантлы, социаллық қорғаўға мүтәж, солар қатарында, имкәнияты шекленген жаслар ҳәмде “Жаслар дәптери”не киргизилген оқыўшы ҳәм студентлер қатнасады.
Бес күн даўамында мийманларды бири-биринен қызықлы болған илажлар күтпекте. Таӊлаў, жарыс, презентация, ушырасыў, акция, жойбар ҳәмде китапқумарлық күни, миллий ҳәм этноспорт түрлери бойынша спорт жарыслары, мәдений-кеўилашар илажлар, жаслар ушын бизнести шөлкемлестириў, өнерментшилик өнимлерин таярлаў бойынша дөгерек сәўбетлери, жаслар менен атақлы театр ҳәм кино дөретиўшилериниӊ сәўбети, соныӊ менен бирге Өзбекстанныӊ дипломатиялық миссия ўәкиллери менен қатнасыўшылардыӊ ушырасыўлары сыяқлы бир қатар илажлар өткерилиўи режелестирилген.
Соны да атап өтиў керек, илаж мәмлекетимиз басшысыныӊ “Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы ҳәмде “Республикамыздыӊ туризм потенциалын жедел раўажландырыў ҳәмде жергиликли ҳәм сырт елли туристлер санын еле де арттырыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы қарарларыныӊ орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде өткерилмекте.
Соныӊ менен бирге II Халықаралық жаслар қурылтайыныӊ ҳәр бир қатнасыўшысына Туризм комитетиниӊ арнаўлы сертификаты тапсырылады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Shavkat Mirziyoyev_press-service
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Ўзбекистон, Тожикистон ва Туркманистон давлат раҳбарларининг уч томонлама учрашувида иштирок этди.
—
Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев принял участие в трехсторонней встрече глав государств Узбекистана, Таджикистана и Туркменистана.
#Mirziyoyev #sammit #Tojikiston #Turkmaniston
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайлары жаңадан қурып берилмекте
Мойнақ районындағы Марва Жубандыкова бүгин Президентимизден, мәмлекетимизде алып барылып атырған әдил сиясаттан, инсанға деген үлкен итибар ҳәм ғамқорлықтан миннетдар. Себеби, оның авариялық жағдайдағы турақ жайы жаңадан қурып берилмекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-қарарына тийкар Мойнақ районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Мойнақ районындағы Марва Жубандыкова бүгин Президентимизден, мәмлекетимизде алып барылып атырған әдил сиясаттан, инсанға деген үлкен итибар ҳәм ғамқорлықтан миннетдар. Себеби, оның авариялық жағдайдағы турақ жайы жаңадан қурып берилмекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-қарарына тийкар Мойнақ районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президентимиз тәрепинен үй-жайға мүтәжлиги бар шаңарақлардың турақ-жай сатып алыўы ушын шараят жаратыў бойынша қабыл етилген қарары тийкарында шаңарақларға субсидиялар ажыратылып берилмекте.
Бундай жеңилликлерден пайдаланып атырған заманласларымыз арамызда көплеп ушырасады.
Мәселен, Гүлжамал Ембергенова, Гүлжамийла Уснатдинова ҳәм Полат Гайповлар Нөкис қаласы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан бой тиклеген көп қабатлы турақ-жайдан субсидия тийкарында өзлери қәлеген үйди алып, бүгин шаңарақ ағзалары менен жаңа ўатан қурды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Бундай жеңилликлерден пайдаланып атырған заманласларымыз арамызда көплеп ушырасады.
Мәселен, Гүлжамал Ембергенова, Гүлжамийла Уснатдинова ҳәм Полат Гайповлар Нөкис қаласы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан бой тиклеген көп қабатлы турақ-жайдан субсидия тийкарында өзлери қәлеген үйди алып, бүгин шаңарақ ағзалары менен жаңа ўатан қурды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Адвокатлық жумысы менен шуғылланыў қәлеўшилиги болған талабанлардан соралатуғын кеминде еки жыллық мийнет стажына ийе болыў талабы бийкар етилмекте
Усы Нызам мәнис-мазмунына бола инсан ҳуқықларын исенимли тәмийинлеўге хызмет етеди. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәжирийбели қорғаўда адвокатураның орны оғада үлкен.
Жақында сенаторларымыз «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы Нызамды мақуллады ҳәм ол сентябрь айынан күшке кириўи белгиленди.
Бул нызам көбирек халықтың жәрдемге мүтәж қатламына тәжирийбели юридикалық жәрдем көрсетилиўин кепиллейди. Усы Нызам толық ислеўи ушын болса биринши нәўбетте тәжирийбели адвокатлар керек.
Буннан тысқары, елимизде исбилерменлер саны күн сайын артып бармақта. Тәбийий түрде, экономикалық-шәртнамалық мүнәсибетлер де жеделлеспекте. Бундай шараятта тәжирийбели ҳуқықый хызметлерге болған мүтәжлик тек артып барады.
Бирақ, соның менен бирге адвокатура институты жәмийетимизде өзиниң мүнәсип орнына ийе болыўы жолында еле талай машқалаларымыз бар.
«Адвокатура ҳаққында»ғы Нызамға киргизилип атырған өзгерислердиң әҳмийетлилиги де сонда. Әпиўайы етип айтқанда, үлкен тосықлардан бири алып тасланбақта.
Жуўапкер министрлик, мәкемелер, биринши нәўбетте Әдиллик министрлиги усы норма күтилген нәтийжени бериўи ушын зәрүр дәрежеде ҳәрекет етеди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Усы Нызам мәнис-мазмунына бола инсан ҳуқықларын исенимли тәмийинлеўге хызмет етеди. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәжирийбели қорғаўда адвокатураның орны оғада үлкен.
Жақында сенаторларымыз «Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы Нызамды мақуллады ҳәм ол сентябрь айынан күшке кириўи белгиленди.
Бул нызам көбирек халықтың жәрдемге мүтәж қатламына тәжирийбели юридикалық жәрдем көрсетилиўин кепиллейди. Усы Нызам толық ислеўи ушын болса биринши нәўбетте тәжирийбели адвокатлар керек.
Буннан тысқары, елимизде исбилерменлер саны күн сайын артып бармақта. Тәбийий түрде, экономикалық-шәртнамалық мүнәсибетлер де жеделлеспекте. Бундай шараятта тәжирийбели ҳуқықый хызметлерге болған мүтәжлик тек артып барады.
Бирақ, соның менен бирге адвокатура институты жәмийетимизде өзиниң мүнәсип орнына ийе болыўы жолында еле талай машқалаларымыз бар.
«Адвокатура ҳаққында»ғы Нызамға киргизилип атырған өзгерислердиң әҳмийетлилиги де сонда. Әпиўайы етип айтқанда, үлкен тосықлардан бири алып тасланбақта.
Жуўапкер министрлик, мәкемелер, биринши нәўбетте Әдиллик министрлиги усы норма күтилген нәтийжени бериўи ушын зәрүр дәрежеде ҳәрекет етеди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанлы спортшы қыз Жәҳән чемпионаты беллесиўлеринде жеңимпазлар қатарынан орын алды
Усы жылдың 31-июль 6-август күнлери аралығында спорттың еркин гүрес түри бойынша Туркия мәмлекети, Истанбул қаласында U-17 жас категориясы бойынша Жәҳән чемпионаты беллесиўлери өткерилди.
Онда 53 кг салмақ категориясында Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Есбосынова Сахибжамал сыйлы III орынды ийелеп, қола медалын қолға киргизди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Усы жылдың 31-июль 6-август күнлери аралығында спорттың еркин гүрес түри бойынша Туркия мәмлекети, Истанбул қаласында U-17 жас категориясы бойынша Жәҳән чемпионаты беллесиўлери өткерилди.
Онда 53 кг салмақ категориясында Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Есбосынова Сахибжамал сыйлы III орынды ийелеп, қола медалын қолға киргизди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Ҳаяллар дәптерине қандай категориядағы ҳаяллар киргизиледи?
📃 Ҳүкиметтиң 31.03.2022-жылдағы 145-санлы қарары менен тасыйықланған нызамға бола, «Ҳаяллар дәптери»не 30 жастан асқан төмендеги ҳаял-қызлар киргизиледи:
🟢 Социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар;
🟢 Исбилерменлик пенен шуғылланыў қәлеўшилиги болған мүтәж ҳаял-қызлар;
🟢 Бағыўшысы болмаған мүтәж ҳаял-қызлар;
🟢 Социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған, тез медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар;
🟢 Үй-жайға мүтәж ҳаял-қызлар;
🟢 Қарамағында майыплығы болған перзентлери бар мүтәж ҳаял-қызлар.

❗️Шаңарақлық исбилерменлик ушын пуқараларға 14 процентлик кредитлер бериледи
📃 ПҚ-55-санлы Президент қарарына тийкар, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер жыллық 14 процент ставкада төмендегилер ушын ажыратылады:
🟢 шаңарақлық исбилерменлик, дәрамат табыў ҳәм жумысын кеңейтиў ушын пуқаралар ҳәм исбилерменлерге – 3 айдан 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен 3 жылға шекем;
🟢 шарўашылық, балықшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик, түйетаўықшылық ҳәм қусшылық, биогумус ислеп шығарыў, «дала дүканлары»н қурыў ҳәм көшпели музлатқышларды орнатыў ушын – 1 жылға шекемги жеңилликли дәўир менен 3 жылға шекем;
🟢 бағшылық, жүзимшилик ҳәм лимоншылық, ыссыхана қурыў, аўыл хожалығы техникасы ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын, артезиан қудықларын қазыў ушын – 3 жылға шекемги жеңилликли дәўир менен 7 жылға шекем;
🟢 шаңарақлық мийман үйлери, хостеллар, қара үй лагерлари комплекси, автокемпинглер, экоүйлер комплекси, контейнер қалашалар ҳәм шадырлы лагерлер шөлкемлестириў ҳәм оларды оңлаў ушын – 1 жылға шекемги жеңилликли дәўир менен 5 жылға шекем;
🟢 “Өнермент” шөлкеми ағзаларына әсбап-үскене, аўысық бөлеклер ҳәм шийки зат материалларын сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги мүддетке ҳәмде айланба қаржыларын толтырыў ушын 18 айға шекем.
❗️Усы кредитлер “Агробанк” АКБ, АК “Халқ банки” ҳәм “Микрокредитбанк” арқалы ажыратылады.