Joqarǵı Keńes.uz
47K subscribers
21.8K photos
1.83K videos
13 files
9.29K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси салтанатлы түрде болып өтти
Толық оқыў👉 https://kegeyli.uz/3216.html

@kegeylirkuzofficial
Алдын хабар бергенимиздей Өзбекстан Республикасы Президентиниң 4889-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Олий Мажлиси Сенаты ағзалары республикамыздың барлық аймақларында үйрениў жумысларын алып бармақта. Сол қатары бир неше күннен берли районымызда ҳәр бир тараўдағы машқалаларға шешим табыў ушын үйрениў жумысларын алып барып атырған сенатор ҳәм депутатларымыз Кегейли районындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимленедириў шөлкеминде болды.
Толық оқыў👉 https://kegeyli.uz/3200.html
Ўзбекистонда илк бора «Ёшлар дафтари – имкониятлар дафтари» ёшлар фестивали Қорақалпоғистонда ўтказилди👇

👉 Батафсил: https://bit.ly/3mdzIJH

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Аташов Ерназар Хожаназарович тайынланды.
Халық депутатлары Бозатаў районлық кеңесиниң он төртинши сессиясы болып өтти
Сессия жумысына райондағы сектор басшылары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Сессия күн тәртибинде районда карантин дәўиринде “Темир дәптери”не киритилген камбағал шаңарақлардың мийнетке жарамлы ағзаларын дизимнен шығарыў бойынша 4 сектор аймағында әмелге асырылып атырған жумыслары, район жергиликли бюджетиниң 2020-жыл 3-шерек дәраматларының режеден артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылары, жергиликли бюджет параметрлериниң 2020 жыл үшинши шерегинде орынланыўы ҳәм районда мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемлериндеги тәрбияланыўшылардың ата-аналарынан алынған социаллық сораўнамалардың нәтийжелери ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниӊ пикир ҳәм усынысларын билдирди ҳәм қарар жойбарлары тастыйықланды.
Бозатаў районы ҳәкимлигиниӊ Мәлимлеме хызмети