Joqarǵi keńes.uz
39.3K subscribers
19.9K photos
1.5K videos
10 files
8.35K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы “Бизнести раўажландырыў” ЖШЖ атқарыўшы директоры ЖП Тиўаржи, Технологияны коммерцияластырыў директоры Моҳаммад Ифтекҳар Ансари, компанияның техникалық хызметлери менеджери Биржукумар Мистри менен ушырасты.

Ушырасыўда Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы тәрепинен республикамыздағы Үстирт тегислигинде қурылыўы режелестирилген самал электр станциясы жойбарын әмелге асырыў, бул бағдарда бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, станция қурыўдан алдын компания тәрепинен Үстирт тегислигиниң самалдан энергия алыў мүмкиншиликлерин, инфраструктурасын, ҳайўанат дүньясын үйрениў бағдарындағы алып барып атырған изленислери ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Онда сондай-ақ, самал электр станциясын қурыў ушын Қарақалпақстан Республикасының қолайлықлары, алдағы ўақытта бул тараўды раўажландырыў бойынша және қандай илажларды әмелге асырыў мүмкиншиликлери бар екенлиги, бирге ислесиўди еле де беккемлеў ҳәм кеңейтиў илажлары ҳаққында кең түрде пикирлесилди.

Соңғы жыллары қайта тиклениўши энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыўға айрықша итибар қаратылып атырған болып, бул бағдарда республика көлеминде бир қатар жойбарлар әмелге асырылып атыр.

Соның ишинде, «ACWA Power» компаниясы тәрепинен Қарақалпақстанда 1500 МВт болған самал электр станциясын қурыў жойбары шеңберинде әмелий жумыслар баслап жиберилген.

Ушырасыў соңында Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары ҳәр қандай инвестор республика басшылары тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынлығын ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириўге қаратылған илажларға барлық мүмкиншиликлер жаратып берилетуғынлығын атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ 2023-2024-оқыў жылы ушын 1 018 007 абитуриент дизимнен өтти

2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим жөнелислерине абитуриентлерди онлайн дизимге алыў жуўмақланды.

👨🏻‍🎓 Қабыллаў жуўмағына бола онлайн дизимнен өткен ҳәм тәлим бағдарларын таңлаған абитуриентлер саны 1 018 007 ни қурады.

📚 Абитуриентлердиң тәлим тили бойынша бөлистирилиўи:

Өзбек тили — 890 304;
Рус тили
95 456;
Қарақалпақ
тили — 29 917;
Басқа тиллер2 330.

👨🏻‍💻Абитуриентлердиң тәлим формалары бойынша бөлистирилиўи (биринши тәлим бағдарына қарап):

🔹 Күндизги тәлим формасы — 577 096;
🔹 Кешки тәлим формасы — 24 802;
🔹 Сыртқы тәлим формасы — 407 945;
🔹 Аралықтан тәлим формасы — 8 164.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🤩Компьютер сатып алыў ушын пайызсыз кредит алың!

🏆 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-октябрьдеги  Социаллық қорғаўға мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы 617-санлы қарарына муўапық “One Million Uzbek Coders” жойбарының даўамы есапланған, Халықаралық Coursera IT курсларын питкерген жасларға пайызсыз кредит алыў имканияты бериледи.

🤓Оның ушын не қылыў керек?
▫️ “Coursera” платформасындағы курсларды тамамлап IT сертификатына ийе болыўыңыз;
▫️ Мәмлекетлик хызметлер орайына байланысып ямаса онлайн тәризде дизимнен өтиўге болады:
▫️ Төмендеги банклерге байлансыў: Алоқабанк, Микрокредитбанк ҳәм Халық Банк.

☑️ Кредит 2 жылға бериледи және оның проценти Жаслар ислери Агентлиги тәрепинен қапланады. Тийкарғы қарыз, қарыз алыўшы тәрепинен төленеди.

📲Coursera платформасына дизимнен өтиў ушын төмендеги силтемеге басың: https://uzbekcoders.uz


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан делегациясының Францияға сапары шеңберинде еки мәмлекет арасында бирге ислесиўди еле де раўажландырыў мәселелери талқыланды

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы усы күнлери рәсмий сапар менен Францияда болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Сапар шеңберинде бир қатар ушырасыўлар өткерилди. Ушырасыўлар даўамында Өзбекстан-Франция арасындағы саўда-экономикалық байланыслар, социаллық, мәдений-гуманитар, парламентлер аралық бирге ислесиў мәселелерине итибар қаратылды.
Атап айтқанда, “Rothschild&Co” Бақлаў кеңеси ағзасы A.Ротшилд пенен сәўбет даўамында тәреплер халық аралық инвестициялар тараўындағы бүгинги тенденцияларды, оларды әмелге асырыў перспективаларын, соннан, Өзбекстан Республикасының тийкарғы активлерин меншиклестириў бағдарламаларын әмелге асырыўда компанияның тәжирийбесин нәтийжели қоллаўды талқылады.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен 2022-2026-жыллар ушын қабыл етилген “Раўажланыў стратегиясы”нда энергетика системасын раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылғанлығы, қайта тиклениўши энергия дереклери бойынша жойбарларды әмелге асырыў бағдарында Қарақалпақстанның потенциалын үйрениў усынысы билдирилди.
Франция Раўажланыў Агентлигиниң бас директорының орынбасары Б.Валькенар менен болған ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Арал теңизи бассейниндеги деградацияға ушыраған жерлерди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ирригация системаларын тиклеўди қаржыландырыў бойынша Европа инвестиция банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша өз миннетдаршылығын билдирди.

Айтып өтиў орынлы, Франция мәмлекетине болған сапар даўамында қарақалпақ миллий саз әсбабы Ғобыз ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизилип атырғанлығы айрықша тилге алынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тайынлаў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен Нурымбетов Қуанышбай Бисенбаевич - Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри лаўазымына тайынланды.

Қуанышбай Нурымбетов  усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы лаўазымында жумыс алып барған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Колледж ҳәм техникумда 5 тараў бойынша оқымақшы болған ҳаял-қызлар грант тийкарында тәлим алыўы бойынша қарар жойбары жәрияланды

Министрлер Кабинетиниң "Колледж ҳәм техникумларда кәсип ҳәм қәнигелик ийелеў қәлеўшилиги болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарар жойбары жәрияланды.

Белгилениўинше, 2023/2024-оқыў жылынан баслап колледж ҳәм техникумларда қурылыс, коммунал, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы кәсип ҳәм қәнигеликлерде оқыў қәлеўшилиги болған ҳаял-қызлар толық мәмлекетлик гранты тийкарында билим алады ҳәмде олардың қәрежетлери толық мәмлекет бюджети қаржылары есабынан қапланады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Әмиўдәрьяның жоқары ҳәм орта ағысларында суў көлеми көбейип, қатты ағыўы бақланбақта

Памир таўларында жоқары температура фоны ҳәм бунда таў төбесиндеги музлықлардың жедел пәтте ериўи Әмиўдәрьяның тийкарғы тармағы Панжда да суў ағымының көбейиўине алып келген.

Әмиўдәрьяның жоқары ағысы Тәжикстан ҳәм Аўғанстан аймақларында дәрьяда толы суў дәўири бақланбақта. 22-27-июль күнлери Орайлық Азияда жоқары даўамлы ыссылық фоны таў музлықларының еле де жедел пәтте ериўин тәмийинлейди.

Бул суў сақлағышлар менен "буўылмаған" Панж дәрьясында гляциал суў тасқынларын келтирип шығарыўы мүмкин.

Өзгидомет 24-27-июль күнлери республика аймақларында жоқары температура болыўы ҳаққында ескертиў жәриялады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия

🔹 Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы:

▫️ Канцелярия ҳәм архив бөлими баслығы;

🔹 Суў хожалығы министрлиги жанындағы мелиоратив экспедиция басқармасы:

▫️ Қанлыкөл районы Бас шеп жағалаў мелиоратив системасы инженер мелиоратор;

🔷 Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️Беруний районлық бөлими: Техника жағдайын қадағалаў бойынша бас қәңиге.

❗️Aрзалар 24.07.2023-жыл саат 23:59ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия

🔷 Хожели районы ҳәкимлиги:

▫️ “Мәденият” МПЖда ҳәким жәрдемшиси;

▫️ Экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша бас қәниге.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Хожели районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы баслығы;

▫️ Хожели районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы жетекши қәнигеси;

▫️ Қараөзек районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы бас қәнигеси.

🔹Төрткүл районы ҳәкимлиги:

▫️ “Кўна Тўрткўл” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

❗️Aрзалар 25.07.2023-жыл саат 23:59ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Парламент ойынлары» спорт жарысларының жеңимпазлары анықланды

Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (Манеж) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы кубоги ушын «Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң арнаўлы қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары «Парламент ойынлары» спорт жарысларында спорттың мини футбол, волейбол, стол тенниси ҳәмде бадминтон сыяқлы түрлери бойынша беллести.

Жарыстың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи ҳәм спорттың саламат турмыс тәризин қәлиплестириўдеги әҳмийети ҳаққында айрықша атап өтти.

Буннан соң мини-футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм бадминтон бойынша беллесиўлер басланды.

Жоқары дәрежеде көтериңки рухта өткерилген жарыста Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары ҳәм Жаслар Парламенти ағзалары, Жоқарғы Кеңес аппараты хызметкерлери өзлериниң белсендилигин көрсетти.

Спорт түрлери бойынша өткерилген жарысларда жеңимпазлар анықланып, Хорезм ўәлаяты менен болып өтетуғын аймақлық басқышқа жолламаға ийе болды.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM