Joqarǵi keńes.uz
40K subscribers
19.2K photos
1.44K videos
10 files
8K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президентимиздиң тапсырмасы менен Кегейли районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тиккелей басламасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша Кегейли районы аймағында жәми 924 үй белгилеп алынып, соннан 920 жайдың төбесин шиферлаў, 4 турақ жай болса жарамсыз ҳәм қайта қурыўға мүтәж деп табылған. Буның ушын Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен жәми 13,2 млрд сум қаржы ажыратылды.

Ҳәзирги ўақытта турақ жайлардың төбесин шиферлап бериў жумыслары даўам еттирилип атыр.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы бойынша исбилерменлик ушын 1511 жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды
e-auksion.uz

🔷Нөкис қаласы 7 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 30 (
көриў)
🔷Беруний районы 69 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 70 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 113 (
көриў)
🔷Кегейли районы 130 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 263 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 60 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 95
(көриў)
🔷Нөкис районы 94 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 47 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 91 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 126 (
көриў)
🔷Хожели районы 136 (
көриў)
🔷Шымбай районы 88 (
көриў)
🔷Шоманай районы 48 (
көриў)
🔷Елликқала районы 44 (
көриў)


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Uzbekistan Airways авиакомпаниясы Қурбан ҳайыт байрамы мүнәсибети менен жергиликли жөнелислерге шегирме жәриялады

Uzbekistan Airways авиакомпаниясы тәрепинен Қурбан ҳайыт байрамы күнлери, яғный усы жылдың 28-июнь сәнесинен баслап 2-июль сәнесине шекем әмелге асырылатуғын барлық рейслердиң авиабилетлерине 50% шегирме қолланылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔰Нызамшылыққа бола, Математика пәнин билиў дәрежесин баҳалаў бойынша миллий сертификатлаў системасы енгизиледи

☑️ Миллий сертификатлаў системасы шеңберинде:

🔹 математиканы билиў дәрежесин баҳалаў ҳәм бул ҳаққында миллий қәнигелик сертификатын бериў орнатылған тәртипте Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады;

🔹 жеңиллик берилетуғын дәрежедеги миллий сертификатқа ийе абитуриент мәмлекетлик Жоқары оқыў орынларына кириўде математика пәнинен тест сынағын тапсырыўдан азат етиледи ҳәм оған математика пәни ушын белгиленген максимал балл бериледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Абитуриентлер жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў ушын қанша пул төлейди?

◼️ Абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының 50 проценти муғдарында төлемди әмелге асырады. Май айынан баслап БЕМ 330 мың сум етип белгиленген ҳәм абитуриентлер усы сумманың 50 проценти165 мың сум муғдарында пул төлейди.

❗️Мәлим етилиўинше, ҳәмме абитуриентлер де тестте қатнасыў ушын төлем әмелге асырмайды. Атап айтқанда:

оқыўды тест өткерилип атырған жылы тамамлаған питкериўшилер;
майыплығы болған шахслар;
меҳрийбанлық үйлери балалары;
балалар қалашасының питкериўшилери;
«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери;
«Жаслар дәптери»нде дизимде турған жаслар кириў имтиханларында қатнасыў ушын төлем әмелге асырмайды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында Тақыятас районының шетки аймақларынада таза жоллар салынбақта

Қарар тийкарында мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў бағдарында ишки хожалық жолларын оңлаў, топырақ жолларды қум-щебень (ЩПС) араласпалы жолларға айландырыў бойынша да бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған.

Бүгинги күнде Тақыятас районының шетки аймақларының бири болған «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 8 км ишки хожалық жолларына қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары қызғын пәтлер менен даўам етпекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Нөкисте халқаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди

9, 10-июнь
күнлери Нөкис инновациялық институтында халқаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди.

Онда Германия, Уллы Британия, Россия мәмлекетлеринен, сондай-ақ, БМШның билимлендириў сапасы бойынша ўәкили, Германияның DAAD шөлкеми рәсмий болмаған басшысы, Европа Аўқамының Еrasmus+NEO, British Council ҳәм Россияның ProQuest-Еline шөлкемлеринен ҳәм республикамыздағы илим ҳәм инновация экспертлери қатнасады.

Халқаралық конференция еки күн даўамында “Илим, пән ҳәм сапалы билимлендириў: актуал машқалалар, жетискенликлер ҳәм инновацион технологиялар” темасында болып өтеди.

Жоқары оқыў орынлары системасында болып атырған реформалар, инновациялар, системадағы бар машқала ҳәм кемшиликлерге бийпарық болмаған илимий қәниге, докторант, магистр, студентлер ҳәм олардың ата-аналарын  конференцияға қатнасыўға шақырамыз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Қарақалпақ тилиндеги мақалалар да «Google Scholar» базасы тәрепинен индекслене баслады

Усы жылдың 29-31-май күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Заманагөй талаплар шараятында педагогикалық билимлендириў сапасы» атамасындағы «ИФТЕ-2023: Узбекистан» халықаралық конференциясы болып өткен еди.

Конференция материаллары «CENTER FOR ADVANCED STUDIES» жәмийетиниң https://uzresearchers.com/index.php/IFTE23 веб-сайтында жәрияланды ҳәм «Google Scholar» базасы тәрепинен индекслене баслады.

Әҳмийетлиси, «Google Scholar» базасы тәрепинен индексленип атырған мақалалар арасында тек ғана инглис, рус, өзбек ҳәм қазақ тиллери емес, соның менен бирге, қарақалпақ тилиндеги мақалалар да орын алған.

Еслетип өтемиз, конференция жуўмақлары бойынша «DOI», «Google Scholar», «OPEN AIRE» базасындағы электрон журналда 296 мақала, Жоқары аттестациялық комиссиясы қурамына киретуғын «Илим ҳәм жәмийет» журналында 30 мақала, сондай-ақ, «Web of Science» қурамына киретуғын Болгария журналында 100 ден аслам мақалалар жәрияланбақта.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Күн_фотосы

Бахытлы заманның бахытлы балалығы


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Италия Республикаси Президенти Сержо Маттарелланинг таклифига биноан расмий ташриф билан ушбу мамлакатга жўнаб кетди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланың усынысы менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Президента Итальянской Республики Серджо Маттареллы отбыл в эту страну с официальным визитом.

#Mirziyoyev #tashrif #Italiya #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Пуқаралардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бойынша барлық илажлар көрилип атыр

2023-жыл 29-январь күни Нөкис қаласындағы «Темир жол» МПЖ аймағындағы көп қабатлы үйде газ шақнаўы себепли жарылыў жүз берген еди. Айрықша жағдайдан жәбир көрген шаңарақлар итибардан шетте қалдырылмай Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қайырқомлығына ҳәм қадағалаўына алынды. 

Бүгинги күнде ҳәдийсе себепли жәбир көрген хожалықларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша барлық илажлар көрилип, жаңадан турақ жайлар алып берилди, сондай-ақ, айырым хожалықлардың өз қәлеўшилигине бола турақ жайларының пуллары төлеп берилди.

Усылар қатарында Бекнияз Абдикамаловтың шаңарағы ҳәм Жанар Абуованың шаңарағына да жаңадан турақ жай алыў ушын қаржы ажыратып берилди.

Олар бүгинги елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында ҳәр бир пуқараға ғамхорлық көрсетиў, олардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бойынша барлық илажлар көрилип атырғанлығынан миннетдар.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Барлығы инсан қәдири ушын

Беруний районы Хорезм мәҳәллеси турғыны Ибрагимова Набира бүгин Президентимизге шексиз миннетдар. Себеби, оның турақ жайы Президентимиздиң тиккелей басламасы менен қабыл етилген 52-санлы қарар тийкарында бузып, жаңадан қурып берилмекте.

Халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың абаданлығы жолында барлық илажларды көриў бүгинги күнниң әдиўли ўазыйпаларынан саналады ҳәм бул жолда еле талай ийгиликли жумыслар әмелге асырылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәллелердеги әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәллелердеги әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Мажилисте ҳаял-қызлар мәселесинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жол қойылып атырған кемшиликлер атап өтилди.
 
Атап айтқанда, быйылғы жылы жәми 62 ҳаял-қыз турақ-жай менен тәмийинленбеген. Әмиўдәрья, Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Тақыятас районларында мүтәж болған ҳаял-қызларды турақ-жай менен тәмийинлеў илажлары көрилмеген. Буннан тысқары, 2021-2022-жылларда 15 млрд.сум қаржы бюджеттен ажыратылған болса да, бүгинги күнге шекем Хожели районында социаллық үй-жайлар ҳаял-қызларға елеге шекем тапсырылмаған.

Белгиленген илажларды дурыс шөлкемлестирмей атырғанлығы себепли айырым мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларының рейтинг нәтийжелери төмен дәрежеде болмақта. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары да қанаатландырарсыз дәрежеде.

Мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын Нөкис қаласындағы “Жаңабазар” ҳәм “Қурылысшы” мәҳәллелери, Беруний районындағы “Алтынсай” ҳәм “Шимом” мәҳәллелери, Қоңырат районындағы “Қырыққыз” ҳәм “Көкдәрья” мәҳәллелери, Әмиўдәрья районындағы “Бостан” мәҳәллеси ҳаял-қызлар белсендилерине  интизамий жаза шарасы қолланылды.

Сондай-ақ, өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қарағаны, көрсеткишлери басқа районларға қарағанда салыстырмалы түрде жоқары болғанлығы ҳәм жумысларын нәтийжели шөлкемлестиргени ушын Нөкис районы, Шымбай ҳәм Мойнақ районы ҳәкиминиң  орынбасары — Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслықларын хошаметлеў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тақыятас районы медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлиминдеги унамсыз жағдай бойынша 5 лаўазымлы шахсқа интизамый жаза шарасы қолланылды

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәллелердеги бар болған системалы машқалаларды анықлаў, халықтың кеўил-кейпиятына тиккелей унамсыз тәсирин тийгизип турған мәселелерди белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ушырасыўлар өткерген еди.

Тақыятас районы мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен болып өткен ушырасыўда көше бийлери тәрепинен Тақыятас районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлими хызметкерлериниң унамсыз ис-ҳәрекетлери ҳәмде нәрестелер арасында өлимшилик жағдайлары көбейиўи бойынша мүрәжат билдирилди. Бул унамсыз жағдай бойынша тийисли тараў басшылары қурамындағы исши топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, туўыў бөлиминде бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы анықланды.

Анықланған жағдайлар Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде додаланып, қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ушын Тақыятас районы медицина бирлеспесиндеги 5 лаўазымлы шахсқа нызамшылықта белгиленген тәртипте интизамий жаза шаралары қолланылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM