Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Быйыл қабыллаў қашаннан басланады?
✅ Быйыл қабыллаў ушын абитуриентлердиң ҳүжжет тапсырыў процеси 20-июннан 20-июльға шекем даўам етеди. Шет тилинен кәсиплик дөретиўшилик имтихан тапсырыўшы абитуриентлер болса, 10-июльға шекем ҳүжжетин тапсырып болыўы керек.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы «Наўқанбағ» мәҳәллеси белсендилери менен ушырасты
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы «Наўқанбағ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, депутатлар ҳәм көше бийлери менен ушырасты.
Ушырасыўда мәҳәлледе әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары, пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли ислер ҳаққында сөз етилди. Соның менен бирге, пуқаралардың машқалаларын шешиў жолында және қандай илажларды әмелге асырыў кереклиги бойынша ашық-айдын пикирлесилди.
Өз нәўбетинде пуқаралар да соңғы жыллары мәҳәллени абат етиў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылғаны, көшелер оңланып, инфраструктура объектлери жақсыланғанлығын атап өтти.
Ушырасыўда мәҳәлле белсендилери тәрепинен бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.
Айтып өтиў орынлы, бир ғана өткен жылдың өзинде мәҳәлледеги басым көпшилик жоллар оңланып, жазда қум-шаңғытлы, ығаллы күнлерде ылай көшелер оңланды. Быйылғы жылда да Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 408-санлы қарар шеңберинде мәҳәлледеги 2,6 км узынлықтағы 3 көшеге асфальтобетон қапламасы төселиўи режелестирилген. Буннан тысқары Айрықша жағдайлар министрлигиниң жол кәрханасы тәрепинен де 880 м узынлықтағы Күншығар көшеси жаңадан асфальтланады.
Мәҳәлле көшелерине асфальт төсеў жумыслары бүгинниң өзинде баслап жиберилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Жалғыз ҳаяллардың перзентлери бақшаларға жеңиллик пенен қабыл етиледи
Министрлер Кабинетиниң 2021-жылдағы 319-санлы қарарына тийкар;
«Ҳаяллар дәптери»не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың балалары мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллик пенен қабыл етилиў ҳуқықына ийе.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Министрлер Кабинетиниң 2021-жылдағы 319-санлы қарарына тийкар;
«Ҳаяллар дәптери»не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың балалары мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллик пенен қабыл етилиў ҳуқықына ийе.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қыйтақ жер участкасы майданы кеминде 0,04 гектар болыўы кереклиги ҳаққындағы талап шығарылып тасланбақта
Әмелдеги нызамшылықта жеке қыйтақ жер участкасында бәнт болған жер участкасы ийеси яки оның шаңарақ ағзаларына мийнет стажы есаплап шығарылмаған.
Салық кодексине киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшаларға бола, енди, жеке қыйтақ жер участкасында бәнт болған жер участкасы ийеси яки оның шаңарақ ағзаларына мийнет стажы есаплап шығарылады. Буның ушын олар тәрепинен жылына базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есеси муғдарында салық төлеп барылады.
Буннан тысқары, «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамның 11-статьясынан қыйтақ жер участкасы майданы кеминде 0,04 гектар болыўы кереклиги ҳаққындағы талап шығарылып тасланбақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Әмелдеги нызамшылықта жеке қыйтақ жер участкасында бәнт болған жер участкасы ийеси яки оның шаңарақ ағзаларына мийнет стажы есаплап шығарылмаған.
Салық кодексине киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшаларға бола, енди, жеке қыйтақ жер участкасында бәнт болған жер участкасы ийеси яки оның шаңарақ ағзаларына мийнет стажы есаплап шығарылады. Буның ушын олар тәрепинен жылына базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есеси муғдарында салық төлеп барылады.
Буннан тысқары, «Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамның 11-статьясынан қыйтақ жер участкасы майданы кеминде 0,04 гектар болыўы кереклиги ҳаққындағы талап шығарылып тасланбақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📅 Қарақалпақстанлы спортшы қызлар Азия ҳәм Океания чемпионатында сыйлы орынларды ийеледи
🏆 Филиппин мәмлекетиниң Манлила қаласында 2023-жылдың 31-май 3-июнь сәнелери аралығында өткерилип атырған Азия ҳәм Океания чемпионатында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студентлери Ибрагимова Шахноза ҳәм Джуманиязова Наргиза қатнаспақта.
📌 Усы жарыста қарақалпақстанлы спортшылар нәтийжели қатнасып, командалық беллесиўлерде 1-орынды, көпгүресли беллесиўлерде 2-орынды ийеледи.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
🏆 Филиппин мәмлекетиниң Манлила қаласында 2023-жылдың 31-май 3-июнь сәнелери аралығында өткерилип атырған Азия ҳәм Океания чемпионатында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студентлери Ибрагимова Шахноза ҳәм Джуманиязова Наргиза қатнаспақта.
📌 Усы жарыста қарақалпақстанлы спортшылар нәтийжели қатнасып, командалық беллесиўлерде 1-орынды, көпгүресли беллесиўлерде 2-орынды ийеледи.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Туркия Республикаси Президенти Режеп Таййип Эрдоғаннинг таклифига биноан Анқара шаҳрига жўнаб кетди.
—
Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Президента Турецкой Республики Реджепа Тайипа Эрдогана отбыл в город Анкару.
#Mirziyoyev #tashrif #Turkiya #hamkorlik
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

🔷Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
▫️ Халықаралық бирге ислесиў секторы бас қәнигеси;
▫️ Медициналық жәрдемди шөлкемлестириў бөлими бас қәнигеси;
▫️ Медициналық жәрдемди шөлкемлестириў бөлими жетекши қәнигеси;

▫️ Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў секторы бас қәнигеси.
🔹Жаслар ислери агентлиги Бозатаў районлық бөлими:
▫️ “Қусқанатаў” АПЖда жаслар жетекшиси;
🔹Хожели районы ҳәкимлиги:
▫️ Хожели районы ҳәкиминиң экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша бас қәнигеси;
▫️ Хожели районы ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў мәселелери бойынша сектор баслығы;
▫️ Хожели районы ҳәкиминиң санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менежери;
▫️ “Мәденият” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.
❗️Aрзалар 07.06.2023-жыл саат 23:59ға шекем қабыл етиледи.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бозатаў районына Ферғана ўәлаятынан қурылыс материаллары жүкленген автомашиналар кәрўаны жетип келди
Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги “Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары тийкарында бүгинги күнде Бозатаў районында жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли үй-жайлардың төбесин шиферлап бериў, зәрүрлерин қайтадан қурыў бойынша бир қатар жумыслар ислениўи белгиленген.
Қарар бойынша Бозатаў районы аймағында 1159 үй белгилеп алынып, 1110 үй төбесин шиферлаў, 49 турақ жай болса жарамсыз ҳәм қайта қурыўға мүтәж деп табылған. Буның ушын Ферғана ўалаяты бюджетинен жәми 16,3 млрд сум қаржы жумсалыўы режелестирилген.
Бул жумысларды әмелге асырыў бойынша Бозатаў районына бүгин ўәлаят ҳәкимлиги тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли үй-жайлардың төбесин шиферлап бериў мақсетинде қурылыс материаллары жүкленген автомашиналар кәрўаны жетип келди.
Ҳәзирги ўақытта ўалаят ҳәкимлиги қәўендерлиги менен райондағы оңлаўға мүтәж үйлерде қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди.

Нөкис қаласындағы бир қатар мектеплерге «Заманагөй мектеп» дәрежеси берилди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Заманагөй мектеп»лерди шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар алдынғы архитектуралық шешимлер ҳәм энергия тежеўши технологиялар тийкарында қурылатуғын ҳәмде үскенеленетуғын, халықаралық талаплар тийкарында сапалы билим-тәрбия бериў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға қаратылған «Заманагөй мектеп»лерди шөлкемлестириў ҳәм усы тийкарда улыўма билим бериў мектеплерин қурыў, реконструкциялаў, толық оңлаў ҳәм үскенелеў белгиленген.
Буннан тысқары, «Инновация, технология ҳәм стратегия орайы» МУК улыўма билим бериў мәкемелерин «Заманагөй мектеплер»ге қойылған талаплар тийкарында баҳалаў бойынша жуўапкер мәкеме етип белгиленген.
Сондай-ақ, Президенттиң «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәмде оның системасындағы мәкемелер жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-79-санлы пәрманы қабыл етилген.
Усы пәрманның қосымшасы менен тастыйықланған «Жол картасы»ның тийисли бәнтине муўапық Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине "I-II дәрежели «Заманагөй мектеп» ҳәм «Заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми» дәрежесин алған мектепке шекемги ҳәм улыў билим бериў мәкемелери басшыларын жергиликли бюджетлердиң қосымша дереклери есабынан бир мәртелик хошаметлеўди шөлкемлестириў белгиленген.
Жақында Нөкис қаласындағы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеби 647,2 бал топлап, «II дәрежели Заманагөй мектеп» дәрежесин алды. Бул дәрежеге 6-санлы, 8-санлы ҳәм 19-санлы улыўма билим бериў мектеплери де ылайық деп табылды.
Сондай-ақ, 7, 11, 12, 17, 21, 24, 26-санлы улыўма билим бериў мектеплери «III дәрежели Заманагөй мектеп» дәрежесине еристи.

"Арал" "Пахтакор"ды жеңип топарда биринши орын менен Өзбекстан кубоги плей-офф басқышына шықты
Өзбекстан Кубоги "G" топары 3-туры шеңбериндеги "Арал" – "Пахтакор" ушырасыўында "Арал" командасы 2:0 есап пенен жеңиске еристи ҳәм топарда биринши орынды ийеледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Өзбекстан Кубоги "G" топары 3-туры шеңбериндеги "Арал" – "Пахтакор" ушырасыўында "Арал" командасы 2:0 есап пенен жеңиске еристи ҳәм топарда биринши орынды ийеледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында Қол урысының R1 жѳнелиси бойынша Профессионал спортшылар арасында Халықаралық турнир жарыслары болып өтти
Турнирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Онда Россия, Германия, Беларусь, Әзербайжан, Молдавия, Тәжикстан мәмлекетлеринен професионал спортшылар қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкери Сейтмуратов Нурсултан, Миллий гвардия хызметкерлери Абдиреймов Икрам, Хожабеков Батырбек ҳәм басқа да күнниң орайлық беллесиўлеринде республикамыздың белгили спортшылары қатнасты.
80 кг (орта) салмақта У.Усмонов (Тәжикстан) ҳәм Н.Ситмуратов (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде Н.Ситмуратов жеңип шықты.
88 кг (ярым аўыр) салмақ категориясында Д.Гвоздев (Беларусь) ҳәм Ж.Рахмоналиев (Өзбекстан) беллесиўинде Ж.Рахмоналиевтиң қолы бәлент келген болса, күнниң ең аўыр 97 кг салмақ категориясы бойынша Чакуста Дмитрий (Молдава) ҳәм Б.Хожабеков (Өзбекстан) арасындағы беллесиўде Б.Хожабеков қарсыласына имканият қалдырмады.
Кескин беллесиўлер, аяўсыз соққылар астында өткен ушырасыўлар жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.
Жеңимпазлар қутлықланып, оларға пул сыйлықлары менен естелик саўғалары тапсырылды.
Толық мағлыўмат