Joqarǵi keńes.uz
43.2K subscribers
19.4K photos
1.47K videos
10 files
8.12K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Имкон» шөлкеминдеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.

Бүгин Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, баркамал инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылып атыр.

Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалмайды. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған бул реабилитация орайына ийе балалар бақшасында да бир қатар тәрбияланыўшылар оқып, билим алмақта. Сондай-ақ, саламатлығын тиклеп атыр. Балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Олардыӊ саламатлығы турақлы қадағалаўға алынған ҳәм тәжирийбели медицина хызметкерлери менен педагог устазлар күн-түни аянбай мийнет етпекте.

“Имкон” шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.

Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
“Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде параспорт жарысларына старт берилди

Соңғы жылларда елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға мәҳәллелерде спорт пенен шуғылланыўшы жаслардың санын арттырыўға саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, имканияты шекленген шахсларды параспорт дөгереклерине тартыў илажлары және де жеделлесип, оларға барлық қолайлы шараятлар жаратылып атыр.

Бүгин 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде шөлкемлестирилип атырған параспорт жарыслары Қарақалпақстан Республикасы басқышының ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети баслығы орынбасары Отабек Эргашев шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларын қутлықлады ҳәм әўметлер тиледи.

Буннан соң параспорт жарысларына старт берилди.

Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Қарақалпақстанда имканияты шекленген 200 ден аслам жаслар 14 параспорт түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Олар арасынан пара-спортшыларымыз 2022-жылы Өзбекстан көлеминде өткерилген жарысларда 49 медальды, ал быйылғы жыл басынан берли 24 медальды қолға киргизиўге миясар болды. Соны да айрықша атап өтиўимиз керек, келеси жылы өткерилетуғын Паралимпия ойынларына 4 спортшымыздың жоллама алыўы күтилмекте.

Бугинги өткерилип атырған жарыс қатнасыўшылары арасында да мине, усындай табысларды қолға киргизетуғын жаслар жетилисип шығары анық.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
5 млн айлық ис ҳақы ушын тек ғана 50 мың сум салық - Қарақалпақстандағы исбилермен орталығы ушын жеңилликлер

Қарақалпақстан Республикасында инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған нызам Сенатта мақулланды.

Танзила Норбоева пикир билдирди:

“Енгизилип атырған жеңилликлер жүз миллиардлап пуллар Қарақалпақстан Республикасындағы исбилерменлерде қалыўына хызмет қылады.

Қалаберсе, социаллық салық ставкаларының кескин төменлетилиўи исбилерменден тысқары жеке секторда бәнт болған жумысшылардың ис ҳақы дәраматларына да унамлы тәсир ететуғыны анық”.

Сенат баслығы мысал ретинде айлық ис ҳақына салыстырғанда жеңилликти келтирип өтти. Оған бола, 5 млн сум айлық мыйнет ҳақы ушын 600 мың сум социаллық салық төлеўши исбилермен енди тек ғана 50 мың сум социаллық салық төлейди.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўы барқулла мәмлекетлик сиясат дәрежесинде ҳәм итибарда болып келген.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, мал-мүлк салығы ҳәм жер салығы 50 процентке кемейтиледи

Сенат тәрепинен мақулланған Нызамға бола Салық кодексине Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик субъектлери ушын пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, мал-мүлк салығы ҳәм жер салығы 2028-жылдың 1-январь сәнесине шекем 50 процентке кемейтилиўин нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанға оқыў процесси ушын тартылатуғын сырт елли қәнигелер мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи

Сенаттың қырқ биринши жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Қарақалпақстан Республикасында инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Нызам көрип шығылды.

Онда "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў процессине тартылатуғын сырт елли қәнигелердиң консуллық жыйымы ҳәм турақлы жасаў ҳәмде ўақтынша турған орны бойынша дизимнен өткергенлик ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы төлеўден 2027-жылдың 1-октябрь сәнесине шекем азат етилетуғынын нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.

Бул нызам Қарақалпақстан Республикасының инвестицияларды тартыў потенциалын арттырыўға, исбилерменликти раўажландырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде билим бериў сапасын арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джонатан Хэник ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) миссиясы директоры Микаэла Мередит пенен ушырасты.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы мийманларға Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған жумыслар, кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында берилген бир қатар жеңилликлер ҳаққында айтып өтти.

Болып өткен ушырасыўда мәмлекетимиз бенен Америка Қурама Штатлары арасындағы байланыслар, бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы менен де әмелге асырылып киятырған бирге ислесиўлер, экономикалық байланыслар ҳаққында атап өтилди.

Өткерилген ушырасыўда Америка Қурама Штатлары ҳәм Қарақалпақстан арасындағы өз-ара байланысты беккемлеў, саўда, социаллық-экономикалық, билимлендириў, мәденият, туризм тараўлары бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөз етилди.

Соның менен бирге, республикамыз аймағында сонғы ўақытлары инвестициалық орталықты жақсылаў ҳәм халықаралық инвесторларды елимизге кеңнен тартыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы, сондай-ақ, Қарақалпақстанның өзине тән тәбиятынан туристлик мақсетлерде пайдаланыўға қаратылып атырған итибар ҳәм үлкениң бай мийрасқа ийе екенлиги айрықша тилге алынды.

Өз нәўбетинде мийманлар да Қарақалпақстанға болған қызығыўшылық жоқары екенлиги ҳәм қатар жойбарлар шеңберинде бирге ислесиў бойынша режелер бар екенлигин атап өтти.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Америка Қурама Штатлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында өз-ара бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы оғада әҳмийетлилиги ҳәм барқулла бирге ислесиўге таяр екенлиги билдирилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы питкериўши жасларды қутлықлады

Жақында ҳүрметли Президентимиз питкериўши жасларға жоллаған қутлықлаўында “Өз билим ҳәм қәбилетин Ўатанымызға мүнәсип перзент болыўдай мақсетлерге сарыплаўға бел байлаған Сиз сыяқлы жаслар – жаӊа ϴзбекстанныӊ алтын фонды, бийбаҳа ғәзийнеси екениңизге гүман жоқ” деген оғада əҳмийетли пикирди билдирип өткен еди. Сондай-ақ, “Мен Сиз, әзиз перзентлеримнен бир нәрсени сорайман: тынымсыз оқып, изленип, заманагөй билимлерди ийелеўден ҳеш қашан тоқтамаӊ!” деген сөзлери мектепти питкериўши жаслардың келешекке деген исенимин жəне де беккемлеп, ийгиликли ислерге руўхландырады.

Жасларға болған усындай улкен итибар нәтийжесинде олар арасынан бир қатар жоқары билимли, Ўатанымыз раўажланыўына өз үлесин қосатуғын жаслар жетилисип шықпақта.

Бүгин Нөкис қаласындағы Президент мектебинде дөретиўшилик мектеби ҳəмде қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлары питкериўшилериниң “Соңғы қоңыраў” кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, оқыўды табыслы питкерип, үлкен өмирге қәдем қойып атырған жасларды қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен ашылған дөретиўшилик мектеби ҳəмде қəнигелестирилген мектеп ҳəм мектеп интернатлары елимиздеги ең абырайлы билим дәргайларынан саналады. Себеби бул билим дәргайларында жасларымыз халықаралық талаплар тийкарында оқыў менен бирге, оларда барлық пәнлер алдынғы билимлендириў методикалары тийкарында тереңлестирип үйретилмекте.

Бүгинги өткерилген байрам илажында да усындай жаратылган мүмкиншиликлерден пайдаланып, өзиниң айрықша билими ҳәм белсендилиги менен көзге түскен жаслардан бир топары ҳәм үлгили перзентлерди тәрбиялап камалға келтирген ата-аналар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен сыйлықланды.

Илаж көркем өнер хызметкерлери ҳәм мектеп питкериўшилериниң көркем әдебий шығыўлары менен даўам етти.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM