Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў ҳәм бар болған энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылды
Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы 57-санлы қарары тийкарында социаллық ҳәм үй-жай коммунал хызмет көрсетиў тараўында ҳәмде экономикалық тармақларда қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы энергия жетиспеўшилигин қаплаў мақсетинде социаллық объектлер, исбилерменлик субъектлердиң имаратлары ҳәм пуқаралардың турақ-жайларында қуяш панеллери ҳәм қуяш суў ысытқышларын орнатыўды ен жайдырыў белгиленген. Усы тийкарда бүгинги күнде республикамыздағы бир қатар объектлерде қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў жумыслары басланған еди.
Қайта тиклениўши энергия дереклерин пайдаланыўды ен жайдырыў бойынша бир қатар жеңилликлер, қолайлықлар берилмекте. Усыған қарамай, бүгинги күнде социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымларында қуяш панеллерин орнатыў режеси 39,2 процентке орынланып, -7500 киловатлық панельлер, 4,1 мың литрлик қуяш суў ысытқышлары орнатылмаған.
Өткерилген мәжилисте бул мәселе айрықша қарап шығылып, белгиленген реже тийкарындағы жумысларды жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, мәжилисте энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды дурыс шөлкемлестириў бойынша да бир қатар әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар сөз етилди. Электр энергиясы ҳәм гәз тәмийнаты бойынша артықша пайдаланылып атырған жағдайлары бойынша энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды дурыс жолға қоймаған айырым басшылар жумыслары сынға алынды.
Мәжилис жуўмағында тийисли тараў басшыларына белгиленген тапсырмаларды орынлаў бойынша тапсырма берилип, алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимизде бизнес орталығын жақсылаў, исбилерменликти ҳәм ислеп шығарыўды раўажландырыў бағдарында усынысларды тыңлаў мақсетинде республикамыз аймағында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.
Онда бир қатар исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары, тийисли тараў ўәкиллери, коммерциалық банк басшылары қатнасты.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, республикамыз аймағында исбилерменлик субъектлери жумысларын еле де раўажландырыў, олардың еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў ҳәм басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бар болған системалы машқалаларды сапластырыў илажларын көриў бойынша ҳәр қандай пикир-усыныслар тыңланатуғынлығы ҳәм шешимин табыў бойынша тийисли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Ушырасыў даўамында исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли, әлбетте, қоллап-қуўатланыўы тийис мәселелер көтерилди.
Мәселен, Нөкис қаласы “Мебель орайы” ЖШЖ баслығы экспорт-импорт қылыў тәртиплери ҳаққындағы түсиниклерди исбилерменлерге күнделикли түрде жеткерип барылыўы, инвесторларға итибар қаратыў, олар ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанынан Исеним телефонлары шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ислеп шығарыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын еле де жақсылаў бойынша әмелге асырылыўы тийис илажлардың барлығы көрилетуғынлығы, ҳәр бир усыныс итибардан шетте қалмайтуғынлығын билдирди.
Ушырасыў даўамында тараў басшыларына билдирилген усынысларды үйренип шығыў ҳәм тийисли тәртипте шешимин табыў бойынша тапсырмалар берилди.

Социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың үйлери оңланып, жарамсызлары қайта қурып берилмекте
Министрлер Кабинетиниң 52-санлы арнаўлы қарары менен аўыр турмыс шараятындағы шаңарақларға тийисли уйлерди оңлаў, төбесин бастырыў ҳәмде жасаўға жарамсыз авариялық жағдайдағыларын жаңадан қурыў белгиленген.
Қарар тийкарында Әмиўдәрья районында 49 аўыл ҳәм мәҳәлледе дизимге алынған 1868 үйден 1856 үйдиң төбеси шиферланып бериледи. Сондай-ақ, жасаўға жарамсыз авариялық жағдайдағы 12 үй қайтадан қурылады. Қалған 190 үй толық оңлап бериледи.
"Бозжап" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы А.Базарбаевтиң үйи де қарар шеңберинде қайта қурып берилмекте. Буннан тысқары, "Қызылшалы" мәҳәллесинде жасаўшы Н.Сейтмамутованың үйи де қайтадан қурылып жаңадан бой тикледи.
Соның менен бирге, арнаўлы қарар менен Қарақалпақстанның қубла районларындағы ишки жолларды оңлаў бойынша жәми 2000 км топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў режелестирилген. Усы тийкарда да райондағы ишки жолларды оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Президентимиз басшылығында алып барылып атырған бундай ийгиликли жумыслар ҳәр бир шаңарақтың абадан турмысын тәмийнлеў жолында еле де даўам еттириледи.

Дийхан хожалығы жерлерин e-auksion.uz арқалы ижараға алыӊ!
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2188 жер майданлары ашық таӊлаўға шығарылған. Ашық электрон таӊлаўда қатнасыӊ!
🔹 Әмиўдәрья районы — 446 жер
🔹 Беруний районы — 161 жер
🔹 Қараөзек районы — 62 жер
🔹 Кегейли районы — 14 жер
🔹 Қоңырат районы — 153 жер
🔹 Қаңлыкөл районы — 75 жер
🔹 Мойнақ районы — 19 жер
🔹 Нөкис районы — 105 жер
🔹 Тахтакөпир районы — 235 жер
🔹 Төрткүл районы — 147 жер
🔹 Хожели районы — 90 жер
🔹 Шымбай районы — 133 жер
🔹 Шоманай районы — 493 жер
🔹 Елликқала районы — 55 жер майданлары

Нөкис халықаралық аэропорты аймағында "Сәркардалық-диспетчерлик пункти"ниң (СДП) салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти
Бүгин Нөкис халықаралық аэропорты аймағында "Өзаеронавигация" орайы мәмлекетлик унитар кәрханасының Нөкис ҳаўа ҳәрекетин бақлаў ҳәм басқарыў ханасы болған "Сәркардалық-диспетчерлик пункти"ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Онда тараў ўәкиллери, жуўапкер мәкемелер басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, объектти жойбарлаў Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен архитектор Орынбай Торениязов тәрепинен басланған Архторус ислеп шығарыў-техникалық устаханасы тәрепинен әмелге асырылды. Жойбар Н.Торениязов тәрепинен жуўмағына жеткерилди.
Бул объект иске түсирилиўи менен бир қатар имканиятлар жаратылды:
-Ушыў-қоныў жолы, таксилер жоллары ҳәм самолётлар ҳәрекети, техникалық қураллар, ушыў, қоныў ўақтында, пәрўәзлар ўақтында қәўипсизликти тәмийинлеў ушын еледе визуал көринис тәмийинленеди;
-Нөкис аймағында ҳаўа ҳәрекетин басқарыў бөлими хызметкерлериниң жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараят жаратылады;
-Алдынғы барлық объектлер түрли орынларда болғанлығы себепли ҳаўа ҳәрекетин тәмийинлеў ҳәм пәрўазларды радиотехникалық қоллап-қуўатлаў менен байланыслы машқалаларды сапластырыў имканияты жаратылады.

🔰 “Бирлемши медицина-санитария жәрдемин халыққа жақынластырыў ҳәм медициналық хызметлер нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарарына (ПҚ–215-санлы, 25.04.2022-ж.) бола:
2022-жыл 1-июльдан:
- алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған барлық шыпакерлер айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди ҳәмде оларға ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ, БЕМның 500 есесинен (135 млн сумнан) аспаған муғдарда қаплап бериледи;
- алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз 3 жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынаўларысыз қабыл етиледи.
Ҳәр жылы 1 000 ға шекем жеңиллиги болмаған, узақ жыллар мәмлекетлик медицина мәкемелеринде ислеп атырған бийтап хызметкерлерге жоқары технологиялық операциялар қамсызландырыў төлемлери есабынан өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
2022-жыл 1-июльдан:
- алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған барлық шыпакерлер айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди ҳәмде оларға ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ, БЕМның 500 есесинен (135 млн сумнан) аспаған муғдарда қаплап бериледи;
- алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз 3 жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынаўларысыз қабыл етиледи.
Ҳәр жылы 1 000 ға шекем жеңиллиги болмаған, узақ жыллар мәмлекетлик медицина мәкемелеринде ислеп атырған бийтап хызметкерлерге жоқары технологиялық операциялар қамсызландырыў төлемлери есабынан өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!
🇺🇿🇨🇳 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы сизди усы жылы Қытай халық республикасында болып өтетуғын ең ири Халық аралық көргизбелеринде қатнасыўға мирәт етеди!
Республикамыздың барлық аймақларындағы санаат өндириўшилери, усақлап сатыў ҳәм көтере саўдасы менен шуғылланыўшы тараўдың барлық исбилерменлерин төмендеги көргизбе илажына белсене қатнасыўға шақырамыз;
🫥 The Canton Fair
🫥 Beijing International Automotive Exhibition
🫥 Yiwu International Commodities Fair
🫥 Bauma (China)
🫥 ECF (East China Import and Export Commodity Fair)
🫥 China International Import Exposition
🫥 China Electronics Exhibition
Усы көргизбе илажларына қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы яки төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына болады:
📞 +998(94) 212-55-77
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

✉Telegram 🌐Website
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM