This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Баҳодир Жалолов екинши мәрте жәҳән чемпионы болды
Боксшымыз Баҳодир Жалолов Жәҳән чемпионаты финалында Кубалы Алехандро Арзола Лопеске қарсы ринге көтерилди.
Алехандро Арзола Лопес 1-раундтағы нагдауннан соң жеңилгенин тән алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔰 Алыс мәҳәллелерде жумысты үйде бөлип алып ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлерге субсидия ажыратылады
📌 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 14.10.2022-жылдағы 596-санлы қарарына муўапық:
Қарақалпақстан Республикасындағы алыс ҳәм барыў қыйын болған районларда жайласқан 19 мәҳәлледе бөлип алып ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлери 3 айдан кейин бәнтликке көмеклесиў орайына жазба түрде яки Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы бир мәртелик субсидия алыў ушын мүрәжат етиўи мүмкин.
Бир мәртелик субсидия ҳәр бир жумысты үйде бөлип алып ислеўшиге оның орташа айлық дәраматы муғдарында (Жәмийетлик жумыслары фондынан) төленеди.
Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик фонды қаржылары есабынан исбилерменлик субъектлерине «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген яки «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»нде болған ҳәм үйде бөлип алып ислеў менен шуғылланып атырған пуқараларға әсбап-үскенелер сатып алып бериў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги болған бөлеги, бирақ, базалық есаплаў муғдарының 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады.

🔰 Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жеңиллетилген кредитлер қанша мүддетке ҳәм қайсы тараўларға ажыратылады?
Бугинги күнде Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер жыллық 14 процент ставкада шаңарақлық исбилерменлик, дәрамат табыўға қаратылған белгили мийнет жумыс алып барыў менен шуғылланыў ҳәм жумыс алып барыў түрин кеңейтиў қәлеўшилигин билдирген пуқаралар ҳәмде исбилерменлик субъектлерине улыўмалық тәртипте тийкарғы қарыз бойынша 3 айдан 6 айға шекемги болған жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекемги мүддетке ажыратылады.
Бағдарламалар шеңберинде жеңиллетилген кредитлер:
➖ шарўашылық (қара мал, қой, ешки), балықшылық ҳәм қусшылық (мәйек жөнелиси) ушын – 1 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекемги мүддетке;
➖ бағшылық, жүзимгершилик ҳәм лимоншылықты шөлкемлестириў, ыссыхана, аўыл хожалығы техникасы ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке;
➖ «Өнерментлер» аўқамы ағзаларына ислеп шығарыў мүтәжликлери ушын әсбап-үскене, аўысық бөлеклер ҳәм шийки зат өнимлерин сатып алыў, өнерментшиликти раўажландырыў орайлары, «уста-шәкирт» мектеплерин шөлкемлестириў, үй-музейлер ҳәм устаханалар қурыў яки усы мақсетлерде имарат ҳәм конструкциялар сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги мүддетте ҳәмде айланба қаржыларын толтырыў ушын 18 айға шекемги мүддетке ажыратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Бугинги күнде Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер жыллық 14 процент ставкада шаңарақлық исбилерменлик, дәрамат табыўға қаратылған белгили мийнет жумыс алып барыў менен шуғылланыў ҳәм жумыс алып барыў түрин кеңейтиў қәлеўшилигин билдирген пуқаралар ҳәмде исбилерменлик субъектлерине улыўмалық тәртипте тийкарғы қарыз бойынша 3 айдан 6 айға шекемги болған жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекемги мүддетке ажыратылады.
Бағдарламалар шеңберинде жеңиллетилген кредитлер:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳаял-қызларға 7 жылға процентсиз тәлим кредити бериледи
Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириўде билим алыўшы ҳаял-қызларға 7 жылға 14 проценттен кредит ажыратылады. Бунда процент ставкаларын Финанс министрлигиниң фонды қаплап береди. Ҳаял-қызлар болса, тийкарғы қарызды оқыўды жуўмақлағаннан соң 7 жыл даўамында төлейди.
"Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде ҳаял-қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында"ғы Президент қарарына тийкар 2022/2023-оқыў жылынан баслап барлық жеке меншик, сырт ел ҳәм мәмлекетлик жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде күндизги, сыртқы ҳәм кешки тәлим формасында ҳаял-қызлардың төлемли-контракт тийкарында оқыўы ушын жеңиллетилген шәртлерде тәлим кредитлерин мәмлекет бюджетинен ажыратыўдың жаңа системасы енгизиледи.
Коммерциялық банклер Финанс министрлиги тәрепинен жайластырылған депозит қаржылары есабынан тәлим кредитлерин 7 жыл мүддетке 14 процент ставкада ажыратады. Бунда кредиттиң пайыз ставкаларын сөндириў Финанс министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў фонды қаржылары есабынан, оларды коммерциялық банклерге төлеў арқалы әмелге асырылады.

❗️Пенсионерлер ҳәм 1-2-топар майыплығы болған шахслар мал-мүлк салығынан азат етиледи
📃 Салық кодексиниң 421-статьясына тийкар, пенсионерлер ҳәмде 1-2-топар майыплары мүлкинде болған мал-мүлк салығынан алпыс квадрат метр шеңберинде салық төлеўден азат етиледи.
✅ Пенсионерлер усы хуқықларынан пенсия гуўалығы, 1-2-топар майыплығы болған шахслар болса пенсия гуўалығы ямаса медициналық-мийнет эксперт комиссиясының мағлыўматнамасын өзи жасап киятырған аймақтағы салық уйымына жеке усыныў жолы менен пайдаланыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
📃 Салық кодексиниң 421-статьясына тийкар, пенсионерлер ҳәмде 1-2-топар майыплары мүлкинде болған мал-мүлк салығынан алпыс квадрат метр шеңберинде салық төлеўден азат етиледи.
✅ Пенсионерлер усы хуқықларынан пенсия гуўалығы, 1-2-топар майыплығы болған шахслар болса пенсия гуўалығы ямаса медициналық-мийнет эксперт комиссиясының мағлыўматнамасын өзи жасап киятырған аймақтағы салық уйымына жеке усыныў жолы менен пайдаланыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Транспорт тараўы хызметкерлери ҳәм олардың жақынларының мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жаңа Өзбекстан», «Жаңа Қарақалпақстан» ураны астында усы жылдың 14-май күни саат 19:00 де «Амфитеатр» да Нөкис қаласындағы жәмийетлик транспорт басқарыўшылары ҳәм техник хызметкерлерине бағышланған концерт бағдарламасы болып өтеди.
Концерт бағдарламасына Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет кѳрсеткен мәденият хызметкерлери қатнасады.
Концертке қатнасыўшы автотранспорт басқарыўшылары ҳәм техник хызметкерлери ушын миратнамалар тасыўшы кәрхана басшыларына тарқатылған.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Халқымыз бүгинги күнинен кеўилли
Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында Бозатаў районы аймағындағы 6 км ишки топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў бойынша 1,2 млрд. сум қаржы ажыратылып, бул бағдардағы ийгиликли жумыслар даўам еттирилмекте.
Пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша ийгиликли жумыслар буннан-былай да даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

✉Telegram 🌐Website
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Лимонзар шөлкемлестириўге субсидия бериледи
📄 Министрлер Кабинетиниң 17.01.2022-жылдағы 24-санлы қаранына тийкар, жаңа лимонзар шөлкемлестириў ҳәм нәл сатып алыў менен байланыслы қәрежетлер ҳәр бир сотих ушын 300 мың сумға шекемги муғдарда субсидия сыпатында қаплап бериледи.
❗️Субсидия лимонзарлар шөлкемлестириў жумыслары жуўмақланып, район исши комиссиясының оларды пайдаланыўға қабыл етиў бойынша тастыйықланған акти Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигине усынылғаннан соң 1 ай мүддетте ажыратылады.

❗️Педагогика бағдарында оқып атырған студентлер бақшаларда жумыс ислеўи мүмкин
📃 Ҳүкиметтиң 2018-жылдағы 10-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар
❗️жоқары оқыў орынларының педагогика бағдарында күндизги, кешки, сыртқы бөлимлериниң 3-4-курс студентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў системасында педагогикалық искерлигин әмелге асырыўына болады.
✅Оларға орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына ийе болған лаўазымдағы хызметкердиң базалық тариф ставкасы бойынша мийнет ҳақы белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
📃 Ҳүкиметтиң 2018-жылдағы 10-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар
❗️жоқары оқыў орынларының педагогика бағдарында күндизги, кешки, сыртқы бөлимлериниң 3-4-курс студентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў системасында педагогикалық искерлигин әмелге асырыўына болады.
✅Оларға орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына ийе болған лаўазымдағы хызметкердиң базалық тариф ставкасы бойынша мийнет ҳақы белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👨🌾 Аўыл хожалығы саласында бәнтликти тәмийнлеў мақсетинде субсидия
🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4716-санлы қарары менен Аўыл хожалығы саласында бәнтликти тәмийинлеў мақсетинде субсидия ажратыў тәртиби белгиленген.
📌 Атап айтқанда, халық бәнтлигине көмеклесиў орайы, жеткерип беретуғын шөлкемлер ҳәм қыйтақ жер ийелери арасында дүзилген үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында:
➖ жеңил конструкциялы ыссыханалар орнатыў ушын - базалық есаплаў муғдарының 30 есесине шекем;
➖ суўғарыў қуралларын сатып алыў ушын - базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекем;
➖ туқым ҳәм нәллер сатып алыў ушын - базалық есаплаў муғдарының 3 есесине шекемги муғдарда субсидиялар ажратылады.
📍 Соның менен бирге, аўыл хожалығы кооперативлеры устав фондына үлес ретинде киргизиўи ушын — базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекемги муғдарда субсидиялар ажратылады.
Бунда кооперативлер балықшылық, қояншылық, қусшылық, палшылық, мийўе-овощ, жүзимшилик, тигиўшилик, өнерментшилик ҳәм басқада алдыңғы тараўларда шөлкемлестирилип, оларға жумыссыз пуқаралар, кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары, сыртқы мийнет миграциясынан қайтып келген шахслар ҳәмде кооператив искерлиги бағдары бойынша тәжрийбеге ийе жетекши исбилерменлер бирлестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4716-санлы қарары менен Аўыл хожалығы саласында бәнтликти тәмийинлеў мақсетинде субсидия ажратыў тәртиби белгиленген.
📌 Атап айтқанда, халық бәнтлигине көмеклесиў орайы, жеткерип беретуғын шөлкемлер ҳәм қыйтақ жер ийелери арасында дүзилген үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында:
📍 Соның менен бирге, аўыл хожалығы кооперативлеры устав фондына үлес ретинде киргизиўи ушын — базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекемги муғдарда субсидиялар ажратылады.
Бунда кооперативлер балықшылық, қояншылық, қусшылық, палшылық, мийўе-овощ, жүзимшилик, тигиўшилик, өнерментшилик ҳәм басқада алдыңғы тараўларда шөлкемлестирилип, оларға жумыссыз пуқаралар, кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары, сыртқы мийнет миграциясынан қайтып келген шахслар ҳәмде кооператив искерлиги бағдары бойынша тәжрийбеге ийе жетекши исбилерменлер бирлестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:
2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылмақта.

Шаңарағында майыплығы болған ағзасы бар шахслар аукцион арқалы жер участкасын сатып алыўда оларға 33 миллион сумға шекем бир мәртелик жәрдем пулы бериледи
Ҳүкиметтиң 23.03.2023 жыл күнги 122-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, жер участкасын аукцион арқалы сатып алыў қәрежетлеринен келип шыққан ҳалда, шаңарағы қурамында майыплығы болған шахслар санына қарамастан БЕМның 100 есеси (33 миллион сум) ға шекемги муғдарда бир мәртелик төлем ажыратылады.
Бунда жеңилликли категориядағы шахслар төмендеги нормаларға туўра келиўи керек: ⬇️
🟢 соңғы 12 ай даўамында өзи ямаса шаңарақ ағзаларының атында жасаў ушын мөлшерленген турақ-жай ямаса жер участкасы бар болмаўы;
🟢 жер участкасы ақырғы 3 ай ишинде аукцион арқалы сатып алынған ҳәм Өзбекстан аймағында болыўы;
🟢 майыплығы бар шахс деп табылған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»ниң биреўинде турған болыўы керек.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Ҳүкиметтиң 23.03.2023 жыл күнги 122-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, жер участкасын аукцион арқалы сатып алыў қәрежетлеринен келип шыққан ҳалда, шаңарағы қурамында майыплығы болған шахслар санына қарамастан БЕМның 100 есеси (33 миллион сум) ға шекемги муғдарда бир мәртелик төлем ажыратылады.
Бунда жеңилликли категориядағы шахслар төмендеги нормаларға туўра келиўи керек: ⬇️
🟢 соңғы 12 ай даўамында өзи ямаса шаңарақ ағзаларының атында жасаў ушын мөлшерленген турақ-жай ямаса жер участкасы бар болмаўы;
🟢 жер участкасы ақырғы 3 ай ишинде аукцион арқалы сатып алынған ҳәм Өзбекстан аймағында болыўы;
🟢 майыплығы бар шахс деп табылған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»ниң биреўинде турған болыўы керек.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезектеги қырқ үшинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги қырқ үшинши сессиясы 2023-жыл 16-май күни саат 10:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги қырқ үшинши сессиясы 2023-жыл 16-май күни саат 10:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Транспорт тараўы хызметкерлерине арналған концерт бағдарламасы болып өтти
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Транспорт тараўы хызметкерлери ҳәм олардың жақынларының мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жаңа Өзбекстан», «Жаңа Қарақалпақстан» ураны астында орайлық «Амфитеатр» да Нөкис қаласындағы жәмийетлик транспорт басқарыӯшылары ҳәм техник хызметкерлерине бағышланған концерт бағдарламасы болып ѳтти.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, халқымызға сапалы транспорт хызметин усыныўда жәмийетлик транспорт кәрханалары, басқарыӯшылары ҳәм техник хызметкерлериниң тутқан орны ҳәм хызметлери жоқары екенлигин атап өтти.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде көпшилик күнделикли турмысымызда жәмийетлик транспортлардан пайдаланады. Адамлардың узағын жақын етиў, мәнзилине бийқатер ҳәм ўақтында жетип барыўын тәмийинлеўде транспорт тараўы хызметкерлериниң тутқан орны айрықша.
Өткерилген концерт бағдарламасында усындай ийгиликли жумысларды инабатлы атқарып киятырған бир қатар транспорт тараўы ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Миннетдаршылық хаты» салтанатлы түрде тапсырылды.
Өткерилген илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери қатнасыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.