Joqarǵi keńes.uz
40K subscribers
19.2K photos
1.44K videos
10 files
8K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
📌 Дүньяға белгили шыпакер Қарақалпақстанға келди

Бүгин Россиядан келген белгили шыпакер,профессор Юрий Андреевич Козлов пайтахтымызда жайласқан Қарақалпақстан Медицина институты балалар клиникасында наўқаслығы бар балаларды медициналық тексериўден өткериўди баслады.

Бул медициналық тексериў, Өзбек-Словак анестезия-дем алыў үскенелери ҳәм вентиляторларын ислеп шығарыўшы  “Chirana Asia” қоспа кәрханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилди.

Усы күнниң өзинде шыпакер елиўден аслам балаларды медициналық бақлаўдан өткерди ҳәм олардың ата-аналарына мәсләҳәтлер берди. Ал, айырым наўқаслығы терең үйрениўди талап ететуғын балалар емлеўханаға сол ўақыттың өзинде жатқарылды.

📌 Медициналық көрик 2-май күнине шекем даўам етеди…


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев оила аъзолари билан бирга Тошкент шаҳри Мирзо Улуғбек туманидаги 59-референдум участкасига ташриф буюриб, референдумда овоз берди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев вместе с членами семьи посетил 59-й участок референдума в Мирзо-Улугбекском районе города Ташкента и проголосовал на референдуме.

#Mirziyoyev #referendum #Konstitutsiya #ovozberish

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Референдумға даўыс бериў даўам етпекте

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шаңарақ ағзалары менен бирге Нөкис қаласындағы Алланияз Қаҳарман мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде жайласқан 7-референдум участкасында болып, мәмлекетимиздиң келешектеги тәғдири ушын даўыс берди.

Референдум өткериўши участка комиссиясының баслығы Рано Бахиеваның атап өткениндей, аймақта жәми 2 мың 734 пуқара дизимге алынған болып, соннан 19 жас биринши мәрте даўыс береди. Сондай-ақ, 28 кексе жастағы ҳәм майыплығы болған пуқараның даўыс бериўи шөлкемлестирилди. Саат 11.00 ге шекемги мағлыўмат бойынша 1 мың 96 пуқараның даўыс бергенлиги, аймақ турғынларының сиясий процессте белсене қатнасып атырғанынан дәрек береди.

Референдум участкасында даўыс бериў даўам етпекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🗳 Ўзбекистон Республикасининг референдумида овоз берувчиларнинг иштироки тўғрисида ахборот

Соат 11:00 ҳолатига овоз берганлар сони



🗳 Өзбекстан Республикасының референдумында даўыс бериўшилердиң қатнасыўы ҳаққында мәлимлеме

Саат 11:00 жағдайына даўыс бергенлер саны


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
https://kknews.uz/kk/146037.html
Референдумда даўыс бергенлер 37 процентке жетти

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - https://t.iss.one/kknews_uz