Joqarǵi keńes.uz
39.3K subscribers
20.2K photos
1.54K videos
11 files
8.5K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Республика дәрежесиндеги Тақыятас санаториясының жаңа имәраты пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 98-санлы қарарына тийкар республикамыз аймағындағы бир қатар объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Қарар тийкарында Тақыятастағы районлық Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясының улыўма баҳасы 6 млрд. 650 млн. сумлық жаңа имәраты қурып питкерилди.

Имәратты тапсырыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қоры баслығы Т.Абдижаббаров, район ҳәкими Д.Курбанов ҳәм район белсендилери, нураныйлар қатнасты.

Жаңадан қурып питкерилген санаторияның қуўатлылығы 125 адамға хызмет көрсетиўге жеткерилген болып медициналық қурылмалары 80 пайызға жаңаланған.

Атап айтатуғын болсақ, Комплекс физиотерапиялық БТЛ аппараты, суў процедураларына арналған қурылмалар, электротерапия, ультра даўыслы терапия, магнитотерапия ҳәм лазерли терапия ушын аппаратлар ҳәм басқада инсан саламатлығын беккемлеўге хызмет етиўши үскенелер менен тәмийинленген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔰 Президентимиздиң қарары менен жаслардың шет тиллерин үйрениўине айрықша итибар қаратылып атыр

Усының нәтийжесинде 18 түрдеги халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен 13 мыңнан аслам жаслардың имтихан қәрежетлери ушын 24,4 млрд. сум компенсация пуллары төлеп берилди.

❗️ Соннан Қарақалпақстан Республикасынан 403 жасқа 709,9 млн сум компенсация төленди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласындағы Телеорай мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды

Усы жыл 28-апрель күни Нөкис қаласы Телеорай мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 61-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрельдеги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайы менен байланыслы машқалаларды шешиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 120 орынға мөлшерленген 61-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының қурылысына 4 миллиард 431 миллион сум қаржы ажырытылып, «Айдос қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қысқа мүддетте сапалы етип питкерилди. Бул жерде балалар ушын барлық шараят жаратылған.

Ашылыў мәресими қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🥇 Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада» спорт жарысларында алтын медальды қолға киргизди

Баскетбол 3х3 (Стритбол) спорт ойыны усы жылы биринши мәрте «Универсиада» спорт жарысларына киргизилген еди.

Усы жыл 26-30-апрель күнлери аралығында Әндижан ўәлаятында баскетбол 3х3 (стритбол) спорт түри бойынша «Универсиада» спорт жарысларының республикалық басқышы болып өтпекте.

Биринши мәрте «Универсиада» спорт ойынларында ойналып атырған бул спорт ойынларында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент-жаслары арасынан дүзилген Қарақалпақстан Республикасының сайланды командасы ер балалар арасында болып өткен жарыста қарсылас командалар үстинен жеңиске еристи.

Спортшыларымыз «Универсиада» спорт жарысларында сыйлы 1-орынды қолға киргизди.

Мағлыўмат орнында Стритбол (Streetball) - 1950-жыллары АҚШда пайда болған ойын. Ол әпиўайы баскетболдан ойыншылар саны менен парықланады. Бир команда қурамында 4 ойыншы, соннан 3 ойыншы майданда ойнайды 1 ойыншы резервте болады.

Стритбол майданы баскетбол майданынан киши болып, “Корт” деп аталады ҳәм еки команда бир себетке қарай ҳужим етеди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Айырым ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде усыныс бериледи

📃 Министрлер Кабинетиниң 402-санлы қарары менен тастыйықланған критерияға тийкарланып,

  Мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына кириўде мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў шеңбериндеги таңлаўда қатнасыў ушын усыныс бериледи.

❗️Усыныс төмендеги өлшемлер тийкарында бериледи:

🟢 кем тәмийинленген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;

🟢 толық болмаған шаңарақларда тәрбияланып атырған, яғный, әкеси ямаса анасы яки олардың екеўи де дүньядан өткен социаллық қорғаўға мүтәж қызлар;

🟢 өмирлик жолдасы дүньядан өткен, ержетпеген перзентлерин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар;

🟢 майыплығы болған перзенти бар мүтәж шаңараклардағы ҳаял-қызлар;

🟢 2 ҳәм оннан да көп перзентин тәрбиялап атырған, жақынларынан бөлек (ижарада) жасап атырған жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери;

🟢 ата-анасынан бири яки хәр екеўи де I яки II топар майыбы болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар.

❗️Усыныс алыў ушын қала ҳәм районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине электрон формада мүрәжат етиледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Арал теңизи самаллары» - қарақалпақ эпикалық мийрасы Европа сахналарында

Қарақалпақстанлы музыкантлар Германия, Бельгия ҳәм Нидерландия мәмлекетлеринде 11-28-апрель күнлери «Арал теңизи самаллары» атлы дөретиўшилик сапарда болды. Онда жас қәбилетли бақсы Азада Қарлыбаева ҳәм сәзенде Гумисай Бердихановалар қарақалпақ эпикалық мийрасларының ең жақсы дәстанлары — «Ғариб-ашық», «Саятхан-Хамре», «Базерген», «Алпамыс»тан үзиндилер ҳәмде халық қосықларынан ибарат 10 нан артық концерт ҳәм шеберлик сабақларын қарақалпақ тилинде атқарды.

Дөретиўшилик сапар ОXUS Culture мәмлекетлик емес шөлкеминиң Өзбекстан мәдениятын халықаралық майданға танытыўдағы «Алба Култур» халықаралық музыка бюросы менен биргеликте гезектеги бирге ислесиў жойбары есапланады.

«Арал теңизи самаллары» қарақалпақ бақсышылық жөнелисиндеги Европада ең узақ даўам еткен профессионал концертлерден бири. 11-апрельден 28-апрельге шекем даўам еткен дөретиўшилик сапар 10 концертти өз ишине алған.

«Арал теңизи самаллары» дүнья музыкасының Европадағы ықласбентлерин және бир мәрте Орайлық Азия, сондай-ақ, өзбек ҳәм қарақалпақ эстрада орталығына қыялый саяхат етиўи, бул арқалы Арал теңизи апатшылығынан хабардар болыўына себеп болады.

Жойбардың өзине 2 жыл, сәзенде ҳәм музыкантлар менен болса 1 жыл таярлық көрилген.

Жойбар атының «Арал теңизи самаллары» деп аталыўы арқалы аймақ халқының мәдений мийрасы, турмыс тәризине, атқарыў арқалы болса Арал теңизи апатшылығы, ол жердеги экологиялық жағдайға адамлардың дыққатын қаратыў мақсет етип алынған.

Атқарыўларда Арал теңизи сөз етилмеген. Қандайда апатшылық та көрсетилмеген. Көркем өнер хызметкерлериниң усы аймақтан екенлигиниң өзи үлкен фактор есапланады. Жойбардың булай аталыўы арқалы атқарыўға, атқарыў арқалы экология машқаласына дыққат қаратыў мақсет етип қойылған.

Қарақалпақ көркем өнери Европада жыллы жүзлилик пенен күтип алынды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалында Қарақалпақстан Республикасының бир қатар көркем өнер тараўы ўәкиллери қатнасады

Усы жылдың 5-8-май күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы өткерилиўи режелестирилген.

Фестивалдың ашылыў ҳәм жабылыў салтанатларына бағышланған концерт бағдарламасына Бердақ атындағы Қарақалпак мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти, фестиваль болып өтетуғын орында Қарақалпақстан Республикасы ушын ажыратылған аймақта Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы жәмәәти қатнасыўы күтилмекте. Ҳәзирги ўақытта дөретиўши жәмәәттиң барлық ағзалары Гүлистан қаласына жетип барған ҳәм таярлық жумысларына қатнаспақта.

Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын таңлаўдың бақсышылық жөнелиси бойынша Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли көркем басшысы Ерисбай Асқаров;

Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқытыўшысы Улдәўлет Сәрсенбаева;

Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқытыўшысы Қылышбай Алламуратовлар қатнасыўы режелестирилген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Мәмлекет жоқары билим бериў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған 200 абитуриент ушын Президент грантын жәриялады.

➡️
Грантта жеңимпаз болған студентлерге Президент мәмлекетлик стипендиясы тайынланады ҳәм төленеди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Кун_фотосы

Қыйтақ жер дәрамат дереги


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔰 Дәраматы жетерли болмаған пухараларға ипотека кредитин алыў имканияты жаратылды

📌 Ипотека кредити ҳәм субсидия менен көбирек пухаралар қамтып алынады:

1-майдан баслап рәсмий дәраматы жетерли болмаған пуқараларға да ипотека кредити алыў имканияты жаратылады. Бунда олардың төлеў қәбилетин анықлаўда банк картасындағы айланба, ижара, коммунал ҳәм басқа қәрежетлерге төленген пуллары да есапқа алынады;

дәслепки төлемди көбирек төлеген пуқаралар банктен арзанырақ кредит алыў имканиятына ийе болады;

субсидияға ажыратылған қаржыларды тезирек ислетиў ушын субсидия хабарнамасының әмел етиў мүддети 12 айдан 4 айға түсириледи. Яғный, бул мүддет қысқартылыўы арқалы субсидиядан көбирек пуқаралар пайдаланыўы ушын имканият жаратылады.

Соның менен бирге, 4 ай даўамында сертификаттан пайдаланбаған пуқараларға субсидия алыў ушын қайта мүрәжат етиў ҳуқықы бериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM