Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
Әзелден халқымыз арасында көпшиликке сөзи өтетуғын, халықты өзине қаратып, машқалаларына шешим табыўда белсендилик көрсететуғын кәтқуда инсанлардың орны үлкен болған. Бундай инсанлар көше бийи деп аталып, олардың атқаратуғын хызмети салмақлы болып келген.
Бүгинги өткерилген ушырасыў да ашық-айдын сөйлесиў усылында болып, көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди.
Жақында ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында айрықша республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында бир қатар әҳмийетли басламаларды көтерген еди. Усы басламалар қатарында, Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатуғынлығы, оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум бағдарланатуғынлығын атап өткен еди.
Өткерилген ушырасыўда халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы турмысқа енгизилип атырған жаңалықлар, түпкиликли реформалар кең түрде сөз етилди.
Өз нәўбетинде көше бийлери бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда белсендилик көрсететуғынлығын атап өтип, бүгинги күндеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳәр бир мәҳәллеге кирип барып атырғанлығы ушын Президентимизге, республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласындағы зәўлим сарайда ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылды
Бүгинги күнде республикамыздың барлық аймақларында мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен мәҳәллелердеги кексе-нураныйлар, кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары ҳәм жас шаңарақлар ушын аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик белгиси болған ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылып атыр.
Нөкис қаласында бүгин зәўлим сарайда «Ҳаўа жоллары» ҳәм «Қутлы қоныс» мәҳәллелериниң бир қатар нураныйлары, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары ушын мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылды.
Ифтарлық Қураны Кәрийм тиләўаты менен басланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен қутлықлады.
Ифтарлық дастурханы әтирапында бүгинги тыныш, абадан турмысымызға шүкиршилик келтирилип, кеңпейил халқымыздың аўызбиршилиги, татыўлығы даўамлы болсын деген жақсы нийетлер билдирилди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда 21 мың үй оңланып, 709 үй жаңадан қурып бериледи
Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 2023-жылда 1,5 триллион сум берилип атырғанлығын атап өтти.
Буннан тысқары, 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум ажыратылады.
452 мәҳәлледеги шараяты аўыр 21 мың үй оңланады, 709 үй жаңадан қурып бериледи. Буған бюджеттен 132 миллиард сум, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан 232 миллиард сум ажыратылып атыр.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
«Қарақалпақстанда 47 мың үй-жай ҳәм көшпес мүлклердиң кадастры жоқ. Көп ойлап, Қарақалпақстан халқына усы мәселеде жеңиллик жаратпақшыман», — деди мәмлекет басшымыз.
Президент Жоқарғы Кеңес Баслығына еки айда 47 мың адамның қолына кадастр ҳүжжетлерин толық ислеп бериў бойынша тапсырма берди.
Соның менен бирге халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады. Оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихдан жер ажыратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Президент Жоқарғы Кеңес Баслығына еки айда 47 мың адамның қолына кадастр ҳүжжетлерин толық ислеп бериў бойынша тапсырма берди.
Соның менен бирге халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады. Оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихдан жер ажыратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Кун_фотосы
Жаңа Өзбекстан тийкарында Жаңа Қарақалпақстанды биргеликте қурамыз
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Жаңа Өзбекстан тийкарында Жаңа Қарақалпақстанды биргеликте қурамыз
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирдан халқымыз!
Сизлерди бүгинги Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Инсан мәпи ҳәр қандай нәрседен үстем екенлиги, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, миллетлер аралық татыўлықты, пуқаралардың тынышлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў Конституциямызда белгилеп қойылған болып, усы тийкардағы ийгиликли әмеллер бүгинги күнде турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.
Қәдирли Ўатанласлар, Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық, тынышлық ҳәм татыўлық тилеп қаламыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы кең түрде белгиленди
Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған «Конституциямыз – бахтымыз тийкары» атамасында салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, Конституциямыз – бул миллий ҳуқық системасының тийкарын қураў менен бирге, инсанлардыӊ ҳуқық ҳәм еркинлигин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.
Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық- экономикалық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер – Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардыӊ нәтийжеси саналады.
Өткерилген илажда сөзге шыққанлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, республикамыздың халқына, соның ишинде, жасларымызға айрықша ҳүрмет ҳәм итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.