Joqarǵi keńes.uz
39.4K subscribers
19.3K photos
1.47K videos
10 files
8.1K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қарар орынланыўы тәмийинленип, пуқаралардың машқалалары өз шешимин таўып атыр

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы аймағында бир қатар қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылыўы режелестирилген.

Режеде белгилеп алынған жумыслар шеңберинде қала ҳәм районларда жумыслар баслап жиберилип, бүгинги күнде де қызғын даўам етпекте.

Қарар орынланыўын тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша Кегейли районында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынып, соннан, ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 6 мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм 1 аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 8,5 км топырақ жолларға 1,8 млрд. сумлық қум-щебень араласпасын төсеў белгиленген еди.

Бүгинги күнге келип жойбар-сметада белгиленген 8 км жолларда ЩПС төселди ҳәм белгиленген реже жуўмақланыў алдында тур.

ЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ жеке қабыллаўы болып өтти

Кегейли районында 25-март күни азанғы саат 10:00 де басланған қабыллаў 26-март таңғы саат 05:00 ге шекем, яғный 19 саат даўам етти.

Жоқарғы Кеңес Баслығына 250 ден аслам пуқара 300 ге шамалас мәселеде мүрәжат еткен болса 70 пайыз мүрәжатлар орнында өзиниң унамлы шешимин тапты.

Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта шешип бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Инвестиция, экспорт ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери додаланды

Инвестиция, экспорт ва халқаро ҳамкорлик масалалари муҳокама қилинди

Обсуждены вопросы в области инвестиций, экспорта и международного сотрудничества


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент қарары тийкарында мәҳәллелерди абат етиў бойынша жумыслар даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 408-санлы қарары тийкарында Қараөзек районында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Қарар тийкарында район бойынша 5 мәҳәлледе 5 жойбарды әмелге асырыў ушын 6,6 млрд. сумлық қурылыс оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Бүгинги күнде 3,4 млрд. сумлық қурылыс жумыслары жуўмақланған.

Соннан, 3 жойбарда 2,8 млрд сумлық 11,6 км ишки хожалық жолларын оңлаў режеде белгиленип, бүгинги күнге шекем 1,4 млрд сумлық 6,7 км топырақ жолларға қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары жуўмақланды.

Суў объектлери бойынша 1 жойбарда 2,9 млрд сумлық 5 км суў тармағын тартыў ҳәм суўды душшыландырыўшы станциясын қурыў белгиленип, ҳәзирги күнде 1,2 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланған ҳәм 4,2 км суў тармағы жаңадан тартылған. Суўды душшыландырыўшы станцияда қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Бир ғана Есимөзек аўыл пуқаралар жыйыны мысалында алатуғын болсақ, 2400 ден аслам халық жасаўшы аймақ «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, бул тийкарда көплеген жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, көшелер оңланып, оларға жақтыландырыўшы шырақлар орнатылды. Жаңадан 160 орынлық балалар бақшасы қурылып, 11-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде реконструкция жумыслары жүргизилди. Электр линиялары жаңадан тартылып, жаңа трансформаторлар қурып берилди.

Сондай-ақ, өткен жылы жыйын орайында бурын жабылып қалған шаңарақлық шыпакерлик пункти қайтадан ашылып, өз жумысын баслады. АПЖ орайы, Аталық ҳәм Қошқарбай елатлы пунктлери тәбийғый газге қайта жалғанды. 3 елатлы пунктке киши суўды душшыландырыўшы станциялар қурып берилди. Соның менен бирге ишки жолларда оңлаў жумыслары даўам етпекте.

Толық мағлыўматЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Кун_фотосы

Аўыл ҳаялларының хоширей келбети


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле елимиз көрки

Соңғы жылларда республикамыздың ең шетки аўылларының социаллық инфраструктураларын жақсылаў бойынша көплеген әмелий жумыслар орынланып атыр.

Бул бойынша ҳүрметли Президентимиздиң бир неше арнаўлы қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилип, турмысқа еңгизилмекте.

Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң бир ғана 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Усы қарар шеңберинде Беруний районында 28 мәҳәлледе 21,7 млрд сумлық 31 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген болып, бүгинги күнде 10,9 млрд. сумлық жумыслар орынланды.

Соннан, 72 км ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 20 жойбарда 15,5 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланыўы белгиленген болса, ҳәзирги ўақытта 6,5 млрд сумлық 45,3 км жолларда қурылыс жумыслары жуўмақланды.

3 жойбар шеңберинде 2 объектте 8,2 км суў тармағын тартыў, 1 объектте суўды душшыландырыўшы станция қурылысы әмелге асырылыўы режелестирилген болып, әмелде 1,7 млрд сумлық жумыс көлеми орынланды ҳәм 4 км ишимлик суў тармағы жаңадан тартылды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Президентимиз бүгин ис ҳақы, пенсия ҳәм напақа пуллары муғдарын арттырыў ҳаққындағы пәрманға қол қойды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығының орынбасары – Президент баспасөз хаткери брифингде мәлим етти.

Президент пәрманына бола, 1-апрельден баслап пенсия ҳәм напақалар, 1-майдан баслап болса бюджет мәкемелери хызметкерлериниң айлық ис ҳақысы арттырылады.


Пенсиялар 7 процентке арттырылады
:

- пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - 347 000 сўм;

- жасқа тийисли ең кем пенсия - 677 000 сўм;

- майыплығы болған ҳәм мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясы муғдары - 747 000 сўм.


Бюджеттен айлық алатуғынлардың айлық ис ҳақысы 7 процентке арттырылады:

- мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары - 980 000 сўм;

- базалық есаплаў муғдары - 330 000 сўм.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президентининг “Иш ҳақи, пенсиялар ва нафақалар миқдорини ошириш тўғрисида"ги Фармони

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ис ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын арттырыў ҳаққында"ғы Пәрманы

Указ Президента Республики Узбекистан "О повышении размеров заработной платы, пенсий и пособий"


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM