Joqarǵı keńes.uz
41K subscribers
21.4K photos
1.72K videos
13 files
9.06K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Тақыятас районында байрам салтанаты болып өтти

Елимизде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам салтанаты болып өтпекте.

Бүгин Тақыятас районында Наўрыз байрамы мүнәсибети менен байрам илажи өткерилди.

Онда Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Ш.Өтемисов район халқына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қутлықлаўын жеткерди.

Наўрыз улыўма халықлық байрамы тамашаларында көркем-өнер шеберлери менен бирге жас талант ийелери тәрепинен атқарылған театрластырылған байрам тамашасы, миллий қосық ҳәм ойынлар жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бозатаў районында Наўрыз байрамы көтериңки түрде белгиленди

«Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам салтанаты республикамыз бойлап даўам етпекте.

Бүгин Бозатаў районында Наўрыз байрамы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Д.Қурбаниязов район халқына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қутлықлаўын жеткерди.

Байрамға тән сән-салтанат пенен безелген саҳнада қосықлар жаңлап, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге сай саҳналық көринислер жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Наўрыз байрамы Бозатаў районында көтериңкилик пенен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM