Жоқарғы Кеңес Баслығы Инвестиция, санаат ҳәм экспорт мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
Өткерилген мәжилисте инвестиция бағдарламасына киргизилген жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўи, туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын өзлестириў бойынша белгиленген режелердиң орынланыўы, экспорт прогнозының орынланыўы ҳаққындағы мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, республикамыз экономикасын беккемлеў, экспорт потенциалын асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм пуқаралардың дәраматын арттырыўда жаңа инвестициалық жойбарлардың иске түсирилиўиниң әҳмийети айрықша.
Белгиленген ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис жумысларды орынлаўда жол қойған кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын Нөкис қаласы, Қоңырат районы ҳәм Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслықлары интизамый жазаға тартылды.
Сондай-ақ, Қанлыкөл, Тақыятас, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслықларының жумысларын көрип шығыў, зәрүр жағдайда интизамый жазаға тартыў бойынша тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге, инвестициялық жойбарларға кредит қаржыларын ажыратыўда ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлерге жол қойғаны ушын Халық банки Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм Санаат қурылыс банк Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслықларын интизамый жазаға тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша да тапсырмалар берилди.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Республика прокуроры орынларда үйрениў жумысларын алып барды
Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Эркабай Таджиев басшылығында тийисли тараў ўәкиллери Нөкис қаласындағы газ басымы азайған “Анасай” мәҳәллесине барып, пуқаралар менен сәўбетлести ҳәм жағдайды жумсартыў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығы аймақ турғынларына түсиндирилди. Сол орынның өзинде жүзеге келген машқаланы сапластырыў бойынша тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилди.
Толық мағлыўмат – Ўзб – Рус

Дийқан базарларында саўда ярмаркалары даўам етпекте
Бүгинги күндеги суўық ҳаўа райы жағдайында пуқаралардың азық-аўқатлық өнимлерге болған талабы артады.
Сонлықтан, Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы халқымызды сапалы, арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ушын орынларда азық-аўқат ярмаркалары шөлкемлестирилип, халқымыз дастурханына азық-аўқат өнимлери жеткерип берилиўи жолға қойылған.

⚡️Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы исбилерменлик субъектлери ушын:
🔰 пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, социаллық салық, жеке пуқаралардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша орнатылған салық ставкалары 1 процент етип белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
🔰 пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, социаллық салық, жеке пуқаралардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша орнатылған салық ставкалары 1 процент етип белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар исбилерменлер менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың барлық орынларынан келген бир қатар исбилерменлер менен ушырасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен исбилерменлик субъектлери ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, өз бизнесин жолға қойыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде болған баслама ийелери ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредит қаржылары, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылыўы тийис жойбарлар бойынша сөз етилди.
Мәжилисте сондай-ақ, “Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин буннан былайда кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўы бойынша жумыслар көрип шығылды. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў хәм бул бағдардағы ушырасып атырған машқалалар кең түрде талқыланып, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табыў бойынша ийгиликли жумыслар бүгин Төрткүл районында баслап жиберилди
Бүгинги күнде мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әлбетте, бундағы тийкарғы мақсет халқымыздың бүгинги күнинен, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў болып есапланады.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтиң басламасы менен Төрткүл районы халқын жыллар даўамында қыйнап келген, жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайлы топырақ жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
Буннан тысқары, елимизде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басламасы менен жолға қойылған “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде райондағы шараяты аўыр шаңарақларды қыс мәўсиминен бийзыян алып шығылыўын тәмийинлеў, материаллық қоллап-қуўатлаў, турақ-жайларын оңлап, зәрүрлерин шиферлап бериў, наўқаслығы бар пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша да ўазыйпалар белгилеп алынған болып, бул жумыслар бүгинги күнде турмыста әмелий көринисин таўып атыр.
Ҳәр бир пуқара бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарындағы ийгиликли басламаларды бүгинги күнниң өзинде сезиниўи керек ҳәм бул әмелде өзиниң тастыйғын таўып атыр. Басланып атырған жумыслар да мине усы жоқары мақсетлерди гөзлеген түрде жолға қойылып, мәмлекетлик реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы тәмийинленеди.