#ҚАРАҚАЛПАҚНАМАДАН
Ҳәр бир адам басынан кеширгенлерин еслер екен,өз заманы,орталығы,әтирапындағы адамларды нәзерде тутқан ҳалда,өмиринде жүз берген жақсы яки жаман мәўритлерди олар менен үзликсиз байланыста баҳалаўға ҳәрекет қылады.
Мениң әкем я атам балалық ўақытларын еслеп, көп нәрселерден өкинсе де:
-Бизлердиң жаслығымыз қанша аўыр болмасын,қалайда,сизлерди бахытлы күнлерге жеткизгени ушын қуўанамыз,-дер еди.
Төлепберген Қайыпбергенов
"Қарақалпақнама" роман-эссеси.
Репортёр:Г.Абатбаева
👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi

-Күш неде?
-Бирликте.
-Және неде?
-Және бирликте.
-Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи?
-Мен билемен. Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның бири-жүреги,екиншиси-тили !
-Енди,адамды басқаларға жаман көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи?
-Және мен айтаман. Адамды басқаларға жаман көрсететуғын ағзалардың бири-тили,екиншиси-жүреги !
-Дурыс,дурыс !..
Төлепберген Қайыпбергенов "Қарақалпақнама" роман-эссеси.
Репортёр:Гүлбану Абатбаева
👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook

#Қарақалпақнамадан
Атамның нәсиятларынан: Әўеле, халық дана. Адамлардың өз ара мүнәсибетлеринен, өзиниң басқалар менен, басқалардың өзи менен қарым-қатнасынан тийисли жуўмақ шығара билген, сондай-ақ, оны орынлатып қағазға түсире билген адам – және де данарақ. Бундай адам халқын да дана қылып көрсете алады. Бул ис - уллылықтың да белгиси !
-Уллылықтың белгиси - әззилерди қорғаў,- деп үйретеди Көше бийи.
-Әззилерди қорғаў-қүдретлиликтен белги береди, -деп айтар еди әкем.
-Уллылықтың да, қүдретлиликтиң де белгиси - ҳадал, пәк жасаў,- деп айтар еди анам.
Төлепберген
Қайыпбергенов "Қарақалпақнама" роман-эссесинен.

Атамның нәсиятларынан: Жаслық бар жерде кекселик бар, даналық бар жерде наданлық бар.
Үйдиң ыссы-суўығы қыс келгенде билинеди.
Нуқсаныңды таўып айтқан адам менен тартысыў-наданлық.
Айыбың бар екенлигин мойыныңа ал, оны дүзетиўге ҳәрекет қыл !
Төлепберген Қайыпбергенов
"Қарақалпақнама" роман-эссеси.
👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
Атамның нәсиятларынан: Жаслық бар жерде кекселик бар, даналық бар жерде наданлық бар.
Үйдиң ыссы-суўығы қыс келгенде билинеди.
Нуқсаныңды таўып айтқан адам менен тартысыў-наданлық.
Айыбың бар екенлигин мойыныңа ал, оны дүзетиўге ҳәрекет қыл !
Төлепберген Қайыпбергенов
"Қарақалпақнама" роман-эссеси.
👉Telegram
👉Youtube
#ҚАРАҚАЛПАҚНАМАДАН
☝️Анамның нәсиятларынан:
Дүняға көз қараслары өз ара сай келмейтуғын дослар бир пазнаны еки тәрепке тартып атырған қос өгизге уқсайды.
Дүнядағы ең аўыр жүк- дослық. Өз-ара тартысқанда абайлы болмаған, достының кеўлине қарамаған адам өз жүгин достының желкесине аўдарып атырғанын сезбей, еки арада мәлеллик пайда қылады. Бир-бириниң қәдемин аңлып жасайтуғын адамлар ҳеш қашан дос болалмайды.
Ҳақыйқый дослық әўеле ата-анаңа, қалаберди, өз халқыңа қәдирданлықтан басланады. Әне сонда ғана сен ҳәр бир достыңның қәдирин билип аласаң.
Төлепберген Қайыпбергенов "Қарақалпақнама" роман-эссеси.
Репортёр:Гүлбану Абатбаева
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi

#ҚАРАҚАЛПАҚНАМАДАН ☝️
Мен әкемниң жигирма бир жасында, анамның он тоғыз жасында көрген туңғыш перзентимен. Анамның ыссы баўырында, әкемниң сүйип-еркелеўлери астында өсип-үлкейген болсамда, шаңарақтағы тийкарғы тәрбияны атам менен кемпир апамнан алғанман.
Атам көп тәкирарлайтуғын еди:
-"Балам, жылағаннан сорама, күлгеннен сора. Жылағаннан сорасаң-өлгени, күлгеннен сорасаң-көргени болады".
Кемпир апам бәрҳама нәсият кылатуғын еди:
-"Балам, жолдан бир нәрсе таўып алсаң, жолдасыңа айт, жолдасың болмаса: "Усындай нәрсе таўып алдым"- деп үш мәрте бақыр. Кейин оны биринши дус келген адамға берип кет!"