Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
12.3K subscribers
22.6K photos
3.95K videos
57 files
7.63K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Мойнақ_районы

Мойнақ маягында жаслардың саз-сәўбет кешеси болып өтти

Кеше район жаслары ушын Мойнақ маягында саз-сәўбет кешеси өткерилди. Илажға район жаслары менен жақыннан сәўбетлесиў нийетинде сектор басшылары да қатнасты.

Жасларға жоқары кейпият бағышлаў мақсетинде районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм  99951-санлы қәнигелестирилген тәбиятты тиклеў баталонының мүддетли әскерий хызметшилери тәрепинен қосықлар атқарылды. Бул ҳаққында Район ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети хабар бермекте.

Саз-сәўбет кешесинде көркем өнер шеберлери тәрепинен айтылып атырған қарақалпақ халық қосықлары, сондай-ақ, туўысқан халық намаларын илажға келген жаслар да биргеликте жанлы ҳаўазда орынлады.

Репортёр: С. Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

Әлий аўылдың 23 жасы фермерлерге, 9 жасы «Жаслар келешек қурыӯшылары» ЖШЖға бириктирилди

Кеше, 11-февраль күни Мойнақ районы ҳəкими, 1-сектор баслығы Е.Еденбаев «Ҳəким ата» АПЖ аймағындағы «Әлий аӯыл» жаслары менен ушырасып, олардың мүрəжатларын тыңлады.

Онда жасларға жер майданын ажыратыӯ, исбилерменлик жумысын баслаӯ ушын жеңиллетилген кредитлер алыӯ, аймақта жасалма көл шөлкемлестириӯ арқалы балықшылық пенен шуғылланыӯ ҳəм басқа да өзлериниң исбилерменлик режелери ҳаққында мүрəжат болды.

Ушырасыӯда Әзенова Насиба сиңлиси Жансаяның оқыўы ушын еткен мүрəжаты унамлы шешилип, олардың контракт пулы жергиликли бюджет тəрепинен төлеп берилетуғын болды. Бул ҳаққында Район ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети хабар бермекте.

Сондай-ақ, 23 жас фермерлерге, 9 жас «Жаслар келешек қурыӯшылары» ЖШЖға бириктирилди. Ушырасыӯ Мойнақ районы ҳəкими, 1-сектор баслығы Е.Еденбаевтың аймақ жасларын қабыллаӯы менен даӯам етти.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы
#Семинар

Дослық аӯылы жасларына семинар шөлкемлестирилди

Жумыссыз жаслардың бəнтлигин тəмийинлеӯ, оларды кəсип-өнерге оқытыӯ, жаслар ушын кредитлер ажыратыӯ, олардың пикир-усынысларын ҳəм мүрəжатларын тыңлаӯ мақсетинде Мойнақ районы ҳəкими, 1-сектор баслығы Е. Еденбаев «Ҳəким ата» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дослық» аӯылында болды.

Дəслеп сөзге шыққанлар аӯыл хожалығы тараӯындағы билим ҳəм тəжирийбелерин жаслар менен бөлисти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Ҳәким ата» АПЖ аймағында шарӯашылық комлекслери шөлкемлестирилип, район турғынларының гөш ҳəм сүт өнимлерине болған зəрүрлигин қанаатландырып келмекте, дейди район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети. Сондай-ақ, «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде, бул бағдарда исленип атырған жумыслардың нəтийжелери ҳəм жетискенлери ҳаққында мағлыӯмат берилди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы
#Ҳəр_бир_жасқа_бир_гектар

Мойнақта жумыссыз 28 жастың бәнтлиги тәмийинленди

Мойнақ районы ҳəкими, 1-сектор баслығы Е. Еденбаевтың жаслар бəнтлигин тəмийинлеӯге қаратылған семинар ҳəм қабыллаӯыннан соң «Ҳəр бир жасқа бир гектар» жойбары шеңберинде жер майданын ажыратыӯ бойынша мүрəжат еткен 28 жас ажыратылатуғын жер орынлар менен танысты. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Олар аймақтағы фермер хожалықларына бириктирилип, еки тəреплеме шəртнамалар дүзди. Жасларға берилип атырған бундай кең көлемли жумысларды əмелге асырыӯда сектор баслығы, районлық аӯыл хожалығы бөлими, дийхан фермер ҳəм қыйтақ жер ийелери кеңеси биргеликте бул жойбарды əмелге асырыӯға киристи.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы
#Көшпели_қабыллаў

Шағырлы аўыл жасларының мүрәжатлары унамлы шешилди

16-февраль күни Мойнақтың "Бозатаў" АПЖ аймағындағы Шағырлы аўылында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Онда жаслардың мүрәжатлары үйренилди ҳәм бир қаншасы орнында шешим тапты.

Аймақ турғыны Дилбар Каллибекова қайта таярлаў курсында тигиўшилик бойынша оқып, банк кредити есабынан тигиў машинасын алып тигиўшилик пенен шуғылланбақшы екенлигин, Ташкентбай Канназаров жеңиллетилген кредит есабынан шаштәрезхана ашыўды, Бердибай Каниязов шарўашылық тараўы бойынша исбилерменлик жумысын басламақшы екенлигин ҳәм бунда әмелий жәрдем берилиўин сорап мүрәжат етти. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Болып өткен илажда усы сыяқлы мүрәжатлар унамлы шешилип, Дилбар Каллибекова үш ай даўамында тигиўшилик бойынша оқытылатуғын, жеңиллетилген кредит бойынша мүрәжатлар "Агро банк"тың Мойнақ филалы тәрепинен ажыратылатуғын болды.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

Мойнақ районы жаслары дыққатына!

Район жасларының бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 18-февраль сәнесинде саат 10:00де «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайында спорттың футбол түри бойынша ер балалар арасында «Ҳәким кубогы» шөлкемлестирилмекте. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Спорт жарысынан бурын cизди, «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайына САЯХАТ ҳәм көркем-өнер шеберлериниң таярлаўында КОНЦЕРТ БАҒДАРЛАМСЫ күтеди. Соның менен бирге, қыз балалар арасында спорттың теннис түри бойынша жарыс өткерилиўи режелестирилмекте.

Жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған илажға районның бәрше жасларын мирәт етемиз! Сондай-ақ, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйының 18-30 жас аралығындағы жасларын өз топарын дүзген жағдайда футбол жарысына қатнасыўын сорап қаламыз.

☎️ Илаж бойынша сораў ҳәм усыныслар болса
+998913809600,
+998975087799,
+998613222305
телефон номерлерине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

Мойнақлы 50ден аслам жас Қараөзектеги "Панаев фарм"ға саяхат етти

Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Е.Еденбаевтың басламасы менен "Ҳәким ата" АПЖның Дослық ҳәм Әлий аўыллары, "Бозатаў" АПЖ жаслары бүгин, 17-февраль күни ерте азаннан уллы мақсет ҳәм жақсы нийетлерди жолдас етип бес саат ўақыт даўамында 300 километр шамасындағы "Панаев фарм" фермер хожалығына келди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

"Панаев фарм" фермер хожалығына саяхат ең дәслеп нәсилли қара малларды, қой-ешкилер, қоянлар ҳәм қусшылық тараўы бойынша алып барылып атырған илажлар менен танысыўдан басланды.

Илажға қатнасып атырған 50ден аслам жаслар тәрепинен өзлерине берилетуғын жеңиллетилген кредитлер бойынша сораўларына банк хызметкерлери тәрепинен жуўаплар алды. Илаж жуўмағында жаслар өзлери таңлаған нәсилли малларын паспорты арқалы белгилеп, кредит мәселеси шешилгеннен соң Мойнаққа алып кетиў ушын буйыртпа берди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

Қараөзектен соң мойнақлы жаслар Нөкистиң бир неше орынларына саяхат етти

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейи

Мойнақлы жаслар бул жерде уллы тулғалардың портретлери, қарақалпақ тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы экспонатларды заўық пенен тамашалады.

 - Музейдеги алдынғы Арал теңизи  сәўлеленген экспонатлар менде айырықша тәсир қалдырды. Арал тарийхына байланыслы турмысының музейде сақланыўы - пүткил халқымыздың, экологиялық машқала дыққат, итибарынан шетте емес екенлигинен дәрек береди - дейди Б.Батиев.

"Тәнҳә қайық" премьерасы

Кейинги мәнзил: Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры. Театр сахнасында Эркин Аъзамның "Тәнҳә қайық" премьерасы.

- Бизлер ушын Арал теңизи ертектей. Теңиз ҳаққында ата-әжелеримизден көп еситемиз. Ал, бүгинги премьерадан болса тарийхта ҳақыйқатында Арал теңизи бар екенлигине исендик.  Ата-бабаларымыздың өтмишин, турмысын көргендей болдық - дейди Мөлдир Еркежанова.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
#Мойнақ_районы Мойнақ районы жаслары дыққатына! Район жасларының бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 18-февраль сәнесинде саат 10:00де «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайында спорттың футбол түри бойынша ер балалар арасында «Ҳәким кубогы»…
#Мойнақ_районы
#Ҳәким_кубогы

Мойнақтағы биринши ойында «Бозатаў» жеңиске еристи

Бүгин Мойнақ районы ҳәкиминиң басламасы менен Бозатаў АПЖ аймағындағы «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайында ер балалар арасында спорттың футбол, қыз балалар арасында стол тенниси түринен жарыслар болып өтпекте.

Илаждың ашылыў салтанатында Мойнақ районы ҳәкими Е.Еденбаев сөзге шығып, жасларға жаратылған жеңилликлер ҳәм кең имканиятларды атап өтти. Буннан соң районлық Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими баслығы Р.Жусипов жарыс қатнасыўшыларына әўмет тилеп, бүгинги жарысты ашық деп жәриялады.

Футбол жарысына Мойнақ районы аймағындағы 11 АПЖ ҳәм МПЖдағы жәмлеспеген жаслардан 18 команда қатнасып, биринши ойында «Бозатаў» командасы жеңиске еристи.

Қыз балалар арасында спорттың стол тенниси түринен жарыслар болып, онда жеңимпазлықты қолға киргизген қызлар район ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Күнниң екинши ярымы футбол жарысы менен даўам етпекте.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

Бүгин «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде Мойнақ районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры А.Есбергенов тәрепинен "Исбилерменлик түсиниги" атамасында жаслар ушын семинар шөлкемлестирилди.

Буннан мақсет исбилерменлигин баслаў алдындағы яки нийетиндеги жасларға түсиник бериў ҳәм жаслардың бул бағдарда қызықтырған сораўларына жуўап бериў арқалы оларды исбилерменликке дурыс бағдарлаўдан ибарат.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы
#Көшпели_қабыллаӯ

Көшпели қабыллаўларда жаслар бәнтлигин тәмийинлеў даўам етпекте

Толық

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
Photo
#Мойнақ_районы
#Ҳәким_кубогы

Ҳəким кубогы «Мойнақ» МПЖ жасларына несип етти

Алдын хабар бергенимиздей, 2021-жыл 18-февраль күни Мойнақ районы «Бозатаӯ» АПЖдағы «Ақ кеме» балалар саӯалландырыӯ орайында жəмлеспеген жаслар ушын «Ҳəким кубогы» болып өтти. Онда ер балалар арасында спорттың футбол, қыз балалар арасында теннис түринен жарыслар шөлкемлестирилди.

Илаж даӯамында қарақалпақ эстрада жулдызлары менен бирге Мойнақ районлық мəденият бөлиминиң Арал ырғақлары қосық ҳəм аяқ ойын ансамбли тəрепинен "Бозатаӯ" АПЖ турғынлары ҳəм жаслар ушын концерт бағдарламасы қойып берилип, саяхат шөлкемлестирилди.

Кунниң екинши ярымында даӯам еткен илаж жуӯмағында, Ҳəким кубогы «Мойнақ» МПЖ жасларына несип етти. Екинши орынды «Таллыөзек» МПЖ, үшинши орынды «Дослық» МПЖ жаслары қолға киргизди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

Жетекшилер айлығы шеңберинде семинар-тренинг өткерилди

Кеше, 26-февраль күни Мойнақ районы Жаслар орайында Өзбекистан Жаслар аўкамы Мойнақ районлық Кеңеси ҳәм ХББне қараслы 18 мектептиң жетекшилерин жәмлестирген семинар-тренинг өткерилди.

Жетекшилер айлығы шеңберинде өткерилген семинарды 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң басланғыш шөлкем жетекшиси Амангул Қалбаева алып барды.

Онда ол Бухара ўәлаятында жаслар жетекшилериниң тийкарғы алып баратуғын жумыслары, жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, сондай-ақ қәбилетлерин жүзеге шығарыўда үйренип келген тәжирийбесин бөлисти.

Семинар-тренингтен соң жетекшилердиң интеллектуаллық қәбилетин жетилистириў мақсетинде «Заковат» ойынын шөлкемлестирди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы
#Жаслар 1+1    

Жумыссыз 17 жас исбилерменликке оқытылып, сертификат пенен сыйлықланды
                                                         
“Ҳәр бир исбилермен – жасларға сүйениш” принципи тийкарында “Жаслар: 1+1” бағдарламасы шеӊберинде Мойнақ районындағы жумыссыз жасларды исбилерменликке оқытыў курсы шѳлкемлестирилген еди.

Оқыў курсы 48 саат даўам етип, курсты табыслы тамамлаған жаслар 4 сектор баслықлары тәрепинен сертификат пенен сыйлықланды. Бул сертификатлар арқалы енди оларға жеңиллетилген банк кредитлери ажыратылып, жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленеди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

“Жас қутқарыўшы” әскерий спорт жарысының районлық басқышы өткерилди

Толық

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Мойнақ_районы

Алыс аўыл жасларының бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар даўам етпекте

Жақында Мойнақ районлық ишки ислер болими баслығы, 3-сектор басшысы А.Утегенов Мойнақ районы орайына ең алыс болған "Қазақдәрья" АПЖ аймағы жаслары менен ушырасыў өткерди. Онда жаслар сиясатына байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде амелге асырылып атырған ис-илажлар айрықша атап өтилди.

Соның менен бирге, илаж даўамында жаслардың пикир-усыныс ҳәм мүрәжатлары тыңланып, тийислилиги бойынша тараў қәнигелеринен ҳуқықый түсиниклер берилди. Орынланыўы мүддет күтетуғын мәселелер 3-сектор басшысы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Өткизилген илаждың әҳмийетли тәрепи болса "Ҳәр бир жасқа бир гектар" жойбары шеңберинде 34 жасқа бир гектардан жер берилип, фермер хожалықлары менен шәртнамалар дүзилди.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi