Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
12.3K subscribers
22.6K photos
3.94K videos
57 files
7.62K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Бүгин

⚡️14-ЯНВАРЬ – «ЎАТАН ҚОРҒАЎШЫЛАРЫ КҮНИ»

Мәрт ўатан қорғаўшылары, арысландай айбатлы жигитлер!
Сизлерди Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң шөлкемлестирилгенлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаймыз!

Сизлердиң мәртлик хызметлериңиз нәтийжесинде аспанымыз ашық, перзентлеримиз, теберик аналарымыз, кекселеримиз тынышлығы тәмийинленип, елимиз абат болып, халқымыз тыныш өмир сүрмекте.

Пүткил ўатан қорғаўшыларымызға беккем ден-саўлық, бахыт, машақатлы ҳәм жуўапкершиликли жумысларында табыслар тилеймиз!

©️Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Бүгин

🗓26 январь – Халықаралық бажыхана хызмети хызметкерлериниң күни

Бәршеге мәлим, бул шөлкемниң тарийхы 1947-жылдан басланған. Бажыхана бирге ислесиўши кеңеси (ҳәзирги Жәҳән бажыхана шөлкеми)ниң 1993 жыл 25-январдағы Қарарына тийкар ҳәр жылы 26-январда Халықаралық бажыхана хызмети хызметкерлериниң күни дүнья бойлап кең нышанланады.

Бажыхана хызмети уйымлары хизметкерлерин бүгинги сәне мүнәсибети менен қутлықлайыз. Елимиз раўажланыўы жолындағы пидайылық хызметлеринде табыслар тилеймиз!

©️Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

telegram facebook instagram
#Бүгин
#Бозатаў

Бозатаў районында «Жаслар:1+1» бағдарламасы

Бозатаў районындағы Жаслар орайында «Жаслар:1+1» бағдарламасы тийкарында жасларды исбилерменликке оқытыў бойынша шөлкемлестирилген окыў-семинары районлық Мǝмлекетлик хызметлер орайы ҳǝм Халық бǝнтлигине көмеклесиў орайыныӊ тийисли хызметкерлериниӊ қатнасында өткерилди.

Онда тараў хызметкерлери тǝрепинен, тараўда исбилерменлик ушын жаратылған имканиятлар ҳǝм жеӊилликлер ҳаққында түсиндирилди.


Репортёр: Азизбек Дабылов

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Бүгин

"Ҳәр бир жасқа бир гектар" жойбары район аймақлары бойлап даўам етпекте.

Бүгин Бозатаў районындағы 3-секторға бириктирилген Көксуў аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы талапшаң жаслардан бири Абдиразақ Аблакулов басшылығында Жаслар кооперациясы шөлкемлестирилип, 30 жасқа жер ажыратылды.
Жаслар менен болып өткен ушырасыўда жаслар ушын кооперацияны жүритиў тәртип-қағыйдалары қәнигелер тәрепинен түсиндирилди.
Соның менен бирге, ажыратылған жерлерге агротехникалық қәделерге сай ислеў бериў жумыслары алып барылды.
Илажға районы ҳәкими орынбасары Қ.Қайыпов ҳәм сектор басшылары менен бирге тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мǝлимлеме хызмети

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Мотивация

Бир күн келеди. Ерте таңда оянасыз. Тарийхқа – артқа қарайсыз да, орынлай алмаған ислериңизди еслеп, өзиңизден қапа боласыз.
«Енди ол мәўритлер артқа қайтпайды», деп те қоясыз. Келешектен турып артқа қарағанда сол күнниң аты «БҮГИН» деп аталады.

#Бүгин_баслаң
#Бүгин_ҳәрекет_етиң
#Бүгин_алға_қәдем_таслаң

© Пауло Коело

👉 telegram 👉 facebook 👉 instagram
#Бүгин
#19_март

Халық аралық тутыныўшылар күни

Тутыныўшымәкеме, шөлкем, кәрхана хызметлеринен пайдаланатуғын шахс, турақлы сатып алыўшылар, буйыртпашылар.

Сурияда - Оқытыўшылар күни.

Испания, Италия ҳәм Португалияда - Аталар күни.

Каналға қосылыў:
👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi