#Бул_қызық
⚡️Президентке неше күн мийнет дем алысы бериледи? Ол дем алысқа шықса, ўазыйпаларын ким атқарады?
Президенттиң мийнет дем алысына шыққанлығы ҳаққындағы хабар көпшиликке қызық, әлбетте.
Президент неше күн мийнет дем алысына шығыўы мүмкин? Ол мийнет демалысына шыққанда оның ўазыйпаларын ким атқарады? Бул сораўларға xushnudbek.uz'дан толығырақ мағлыўмат аламыз.
«Өзбекстан Республикасы Президенти искерлигиниң тийкарғы кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамның 4-статьясына муўапық, Президентке мүддети 36 жумыс күнинен ибарат жыллық ҳақы төленетуғын дем алыс бериледи.
Президент мийнет дем алысына шыққанда оның ўазыйпалары кимниңдур мойнына жүклениўи ҳаққында нызамшылықта қандайда-бир қағыйда жоқ. Себеби Президент халық тәрепинен сайланған жоқары кепилликлерге ийе шахс есапланады, оның ўазыйпалары ўақтынша халық сайламаған шахсқа берилиўи керек емес.
Тек Конституциямыздың 96 -статьясында бир ғана қағыйда бар, әмелдеги Президент өз ўазыйпаларын атқара алмайтуғын жағдайларда оның ўазыйпасы ҳәм кепилликлери ўақтынша Олий Мажлис Сенаты Баслығының мойнына жүклетиледи. Бунда тийкарғы шәрт - 3 ай ишинде нәўбеттен тысқары сайлаў өткерилиўи керек. «Өз ўазыйпаларын атқара алмайтуғын жағдай»ға тийкарынан нелер кириўине түсиндирме берилмеген, бирақ мийнет дем алысы буған кирмеўи анық.
Берилген мағлыўматларға көре, Шавкат Мирзиёев 14 жыл Бас министр, дерлик 3 жыл Президент лаўазымындағы искерлиги даўамында биринши рет 2019-жылда мийнет дем алысына шыққан еди. Бул екиншиси.
Мәмлекет басшысының мийнет дем алысына шыққанлығы ҳаққындағы 2 қатарлы кишкене хабар төрт тәрептен зәрүрли әҳмийетке ийе:
Бириншиден, бул Президентке тийисли мағлыўматлар аудиториясының кеңейиўи болып табылады ҳәм бул жақсы. Бизде жыллар даўамында Президентке тийисли хабарлар жәмийетшиликтен сыр тутылған, жүдә кем мағлыўмат ҒХҚға берилген.
Екиншиден, 2020-жылда пандемия себепли Ҳүкимет жүдә тығыз графикта иследи. Мәмлекет хизметкерлери ямаса онлайн, ямаса оффлайн болса да, және нормаланбаған жумыс режимине, ески дәўирге қайтып қалды. Оның үстине өткен жылы пандемиядан тысқары да бир неше басқа ири бахытсыз жағдайларды көрдик. Бүгинги хабар өз-өзинен бул айрықша жумыс режими бираз болса да өз қәлпине келе баслағаны ҳәм жумыс тәртибинде бираз еркин болыў мүмкинлигине белги болып табылады.
Үшиншиден, бизде жыллар даўамында мийнет дем алысына шықпастан ислеў айрықша «дәстүр»ге айланған. Әсиресе, басшылар арасында. Олардың мийнет дем алысына шығыўы, тап жумыстан қашыў ямаса ериншеклик ретинде қаралыўынан қәўетер алады. Бирақ, әлбетте, бул мийнет нызамшылығы бойынша мақулланбайтуғын «дәстүр».
Президенттиң мийнет дем алысына шыққанлығы ҳаққындағы хабар сонысы менен унамлы, бул төменги буўын басшыларына және бир айырықша сигнал ўазыйпасын өтейди. Солай екен, қалған басшылар да мийнет дем алысына шығыўы мүмкин, бул уятлы ис емес, яки сол баслықсыз пүткил система бирден тоқтап, жумыслар кейин басып кетип қалмайды.
Барлық хызметкер, ол қайсы лаўазымда ислеўине қарамастан, нызамшылықта белгиленген мийнет дем алысын алыўы керек.
Төртиншиден, Президенттиң мийнет дем алысына шыққанлығы ҳаққындағы хабар айырым басқа мәмлекетлердиң басшылары менен болған ҳәдийсеге уқсас жағдайлардың алдын алыў ушын жақсы. Яғный белгили мүддет баспасөзде шықпаў артынан мәмлекет басшысының ден саўлығы менен байланыслы түрли гәп-сөзлер пайда болыўы мүмкин еди. Әсиресе, пандемия дәўиринде бул жүдә актуал мәселе.
Аўдарма: Сапура Темирханова
👉👉 👉 @jaslar_isleri_agentligi

📲Егер Facebook пайдаланыўшылары бир мәмлекет болғанда, ол дүньядағы ең көп халыққа ийе мәмлекетлер бойынша 3-орынды ийелеген болар еди.
🌱1981-жылы Қытайда арнаўлы нызам қабыл етилген. Оған көре, 11 жасқа толған балалар ҳәр жылы белгиленген мәнзилде бир теректен отырғызыўы шәрт.
🤔Изертеўлерге қарағанда, инсанда қанша көп бос уақыт болса, оны соншелли бийпайда нәрселерге сарыплайды.
✅Геркулес қоңызы тек ғана 100 гр салмаққа ийе. Соған қарамастан ол 8 кгға шекем болған жүкти көтере алады. Оны жер жүзиндеги ең күшли жанзат деп атаў мүмкин.
Таярлаған: Мухтар Умбетов
👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi

🍽Японияда антистресс кафе бар болып, усы кафе пайдаланыўшылары аўқатланып болғаннан соң тарелкаларды жерге урып сындырыўы мүмкин.

#Бул_қызық👇
Рио де Жанейро қаласында транспорт басқарыўшылар саат 22:00ден 5:00ге шекем қызыл шырақта тоқтамаўы мүмкин! Бул усыл түнги машина урыларынан сақланыў ушын ойлап табылған!
Аўдарма: Мухтар Умбетов

❓Ишки органлары терис жайласқан инсанлар ҳаққында еситтиңиз бе?
✳️ Шамалаўларға қарағанда, ҳәр он мың адамнан биреўиниң ишки органлары терис жайласқан ҳалда дүньяға келер екен: олардың жүреги, асқазаны ҳәм талағы оңда, баўыр ҳәм өт қалташасы шеп тәрепте жайласқан.
🫀Бундай адамларда жүрек нуқсанларының болыў итималы көбирек, бирақ айырымлары әдеттегидей өмир кеширеди ҳәм өзлериниң өзгешеликлери ҳешқандай машқала туўдырмайды.
🔸Бул киби наўқасларға анық диагноз қойыў ушын толық тексериўлер талап етиледи. Себеби, бир ғана аўырып турған жерине қарап шыпакердиң диагноз қойыўы қыйын.
Репортёр: Бийбижамал Дилимбетова