Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
12.3K subscribers
22.6K photos
3.95K videos
57 files
7.63K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Билесизбе☝️

Адамлар жасайтуғын ең суўық районлар қайсылар?

▪️Россияның Верхоянск ҳәм Оймакон районлары жер жүзинде ең пәс температура дизимге алынған адамлар жасайтуғын орын есапланды. Бул ҳаққында Хрress.uz социаллық тармағы хабар бермекте.

Ең пәс температура Верхоянскийдe -67 дәреже анықланған. Аймақларда жыллық орташа температура -14 дәреже әтирапында болады.

Верхоянскийде 1000нан артық адам жасаса, Оймаконда турақлы жасайтуғынлар 500ден зият.

Мухтар Умбетов

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе

28-январьдан концерт-илажларды өткериўге рухсат бериледи

▪️Арнаўлы комиссия қарарына муўапық, концертте санитария қағыйдаларына әмел етилиўи, тамашагөйлер залдың 50 процентинен көп болмаўы, ҳәмме медициналық нықапта болыўы лазым.

М. Умбетов

Дерек: Xpress.uz


👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

🥝 Тонга мәмлекетинде адамлардың дүньядан ерте көз жумыў ҳалатлары жүдә көп. Дуньядан ерте көз жумыў, басына кокос мийуеси түсиўи себепли жүзеге келер екен. Себеби, бул мәмлекеттиң ҳәр адым жерине кокос егип тасланған. Соның ушын, көшелерде ескертиў белгилери жүдә көп. Қалаберди, Тонгада екшемби күни ҳеш қайсы мекеме, базар, дүкан ислемейди. Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекет екшемби күнлери дем алады.

🚛 Белоруссияда дуньядағы ең үлкен жүк машинасы «БЕЛ АЗ-75710» ислеп шығарылады. Машинаның салмағы 360 тонна, баллонларының бәлентлиги болса 4 метрге тең. Егер бул автомобилди сатып алыў нийетинде болсаңыз, билип қойың, баҳасы 10 миллион доллар.

👨‍👩‍👧‍👧 Халқы 1 миллион адамға жеткен биринши қала эрамызға шекемги 133 жылда Рим қаласы еди. Лондон бул көрсеткишке 1810 жылда, Нью-Йорк 1875 жылда ерискен.

🤔 Eң қысқа мәнзил Швеция ҳәмде Норвегияда жайласқан «Е» аўыллары есапланады. Скандинавия тилинде «E» «Дәрья» мәнисин береди.


Таярлаған: М. Умбетов

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

Түслерсиз жасайтуғын инсан!

☝️ Урыс пайытында Ювалдың басын жарақатлаған рикошет кеселлиги пүткил дүнья бойлап шыпакерлерди таң қалдырды. 1982 жылға шекем ҳәмме ушын бир нәрсе анық еди - инсан уйқысыз ҳәм түслерсиз жасай алмайды. Түс көриў қәбилети эмбрионлық уақыттан-ақ, пайда болады. Бул процесс кишкене жастағы балалар арасында кең тарқалған. Кишкенелер күнниң 70% да уйықлайды ҳәм бул уақыттың 50% да болса, олар түрли сүўретлерди көреди. Өмирдиң биринши жыллары жедел раўажланыўға, әтирапымыздағы дүньяны ҳәм өзимизди үйрениўге бағышланған. Соның ушын уйқы ойлаў искерлигин қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди.(Даўамы бар)

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

90 минутлы түс. Биз өмиримиздиң үштен бир бөлегин уйқы ҳалатында өткеремиз. Ҳәр күни кеште шама менен 5 түс көремиз, олардың улыўмалық даўамлылығы бир ярым саатты қурайды.

🏊‍♂ Сиз жүзиў яки ушыўыңызға туўра келген түсти бир неше мәрте көрген болсаңыз керек. Изертлеўлер соны көрсетеди, усыған уқсас ҳәдийсе бәрше мәденият ҳәм жынс ўәкиллери арасында ушырайды. Бул түслердиң ең кең тарқалған түрлеринен бири. Физиологик көз қарастан, бундай пәрўазлар оншелли әҳмийетли емес. Сиз жүзип яки шөгип атырған түслер, уйқының түрли басқышында жүзеге келетуғын, денедеги өзгерислерге болған психологик реакция менен байланыслы. Сизиң денеңиз, әсте-ақырынлық пенен болса буўынларыңыз босасады.
😊 Исеним менен, биз тек бир нәрсени айта аламыз - толық уйқы инсанның физикалық ҳәм мәнаўий саламатлығы ушын жүдә әҳмийетли. Уйқының сыпатын гүзетип барың! Жағымлы түслер тилеймиз!

Таярлаған: Мухтар Умбетов

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

🌧 Жаўын жаўып қалса, ҳәмме қуслар баспана излейди. Бүргитлер болса, булытлар үстинен ушып жаўыннан қашады.

🚗 1865-жылы Огайо штатында тек ғана 2 машина болған. Ең қызығы күнлердиң биринде олар бир бири менен соқлығысқан. Өзиңизди жаман айдаўшы деп сезсеңиз, усы ҳәдийсени еске алың.

🏃‍♂ Африкадағы NIKE компаниясы заводы үлкен машқалаға дус келди - заводда үлкен көлемдеги красовкаларды урлаў ҳалатлары гүзетиле басланды. NIKE сонда бир иске қол урды ҳәм ҳеш қандай қәўипсизлик шараларысыз урлық жағдайларын пүткиллей тоқтатты! Пүткил дүнья буған таң қалды!

☺️ Статистик мағлыўматларға көре, дүньяда 2 млрд адамнан, тек ғана биреўи 116 жылдан көбирек жасайды.

Таярлаған: Мухтар Умбетов

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

🙇 Ериншек адамлар ҳәмме нәрсени жумыстан тезирек қутылыў ушын тез орынлайды. Ҳәм олар буларды нәтийжели ислейди. Соң және такрарланбаслық ушын.

📑 Facebook-да әллеқашан дүньядан өткенлердиң 25 миллионға жақын есап бетлери бар.

🌎 2011 жылы 92 процент бөлеги алмастан ибарат жаңа планета табылған.

🌳 Дүньядағы ең қары терек Литва дем алыў бағындағы "Қария" атлы терек есапланады. Ол 2000 жаста.

😴 Адамзат өмириниң орташа 25 жылын уйқыға сарыплайды. Бул дегени өмиримиздиң кеминде 3 тен 1 бөлеги уйқыда өтеди.

Таярлаған: Мухтар Умбетов

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

✔️Инсан денеси ҳаққында сиз билген хәм билмеген фактлер:
1️⃣Базы бир егизеклерди есапқа алмағанда дуньядағы хәр бир инсанның тәкирарланбас ийиси болады;
2️⃣Инсан аяғы астында ярым миллион тери безлери болып, олар кунине 230 миллилитр суйықлық ислеп шығарады; 3️⃣Инсан өпкесинде 300 миллион капилярлар жайласқан болып, оларды жайып шықса, биймәлел АҚШ аймағына тең келеди;
4️⃣Егер инсан қан тамырлары бир-бирине қосып шығылса, олардың узынлығы 96560 километрди қурайды. Бул "арқан" менен жер шарын 2, 5 мәрте орап шығыў мүмкин;
5️⃣Ҳаяллар еркеклерге қарағанда еки мәрте көп көзин ашып жумады;
6️⃣Инсан мийи денедеги кислород ҳәм калорияның 20 процентин ислетеди;
7️⃣Тойып ауқатланғаннан кейин қулағыңыз жақсы есите баслайды;
8️⃣Инсан туўылғанынан алты ай алдын оның тислери өсе баслайды.

Таярлаған: Мухтар Умбетов

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?☝️

😃Ёгурт қурамындағы пайдалы элементлер себепли, инсан шаршаўдан қутылыўы мүмкин.

💤Базы бир түслер турақлы даўам еткенге қусайды, бирақ олар көби менен 2-3 минут даўам етеди.

🌊Кариб аралларының тек ғана 1%ғана үйренилген!

🎙 Инсанияттың 4 адамнан 3еўи ғалабалық баянат сөйлеўден қорқады.

💵Дүньядағы бар болған пуллардың 90-92%и электрон көринисте сақланады!

Таярлаған: Мухтар Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе

1.Сүўреттеги ер адам жылына тек ғана еки мәрте жумысқа шығады.

Оның ўазыйпасы ҳәр алты айда жоқарыға шығып лампа алмастырыў. Бул исине 20.000$ ис ҳақы алады.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе

Эйфел минарасы жаратыўшысы Густав Эйфел ҳәм Париж ҳүкиметиниң келисимине көре минара 1909-жылда бузып тасланыўы керек еди. Кейиншелли, ҳүкимет бул пикирден ўаз кешти.

👉🏻👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

👫Инсан өмири даўамында 5 Жер экваторына тең аралықты басып өтеди. Бул шама менен 200 мың кмди қурайды.

📱Биринши “iPhone” қурылмасынан дәслепки қоңыраўды Стив Жобс әмелге асырған.
Ол Старбуксға қоңыраў етип, 4000 кофе буйыртырған, соң: “Ҳәзиллестим” - деп қойған.


Дүньяның ең бәлент шоққысы есапланыўшы Жамалунгма (Эверест) шоққысында интернетке байланыс ушын 2010 жылдан берли Wi-Fi ноқат ислеп турыпты.

🦒АҚШ алымларының статистик мағлыўматларына қарағанда: Жирафалар түйелерге қарағанда, суўсыз көп жасайды ҳәм жүре алады.

Таярлаған: М. Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

Бүгин 21-март Наўрыз байрамы менен бир қатарда, халық аралық поэзия кешеси күни.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

Бәлент имаратлар қасында бузылмай қалған кишкене үй!

▪️Вашингтон штатының Сиетл қаласында Едит Мейфилдтиң үйи сносқа түседи. Едитке $1 млннан артық пул усынылса да үйди сатпайды. Ол 2008-жылда дүньядан өткен. Үй туристик орынға айланған.
Ўақыя "Tepaga" ("Up") мультфильми ушын түртки болған.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе

⚡️Автомобиллердиң мәмлекетлик номериндеги хәриплерди билесизбе?

1.PAA-Өзбекстан Республикасы Президенти аппараты хызметкерлери
2. PSS-Өзбекстан Президентиниң қәўипсизлик хызмети
3.PPP-Олий Мажлис депутатлары ҳәм сенаторлары
4.UZB-мәмлекетлик хәкимияттың орайлық мәкемелери баслықлары
5.АРС-министрликлер хәм мәмлекетлик комитетлер басшылары(министрлердиң орынбасарлары)
6.VSB, VSC, VSF, VSD, VSG, VSV, PSF-ишки ислер мәкемелери мәмлекетлик номери
7.TSS, TST- мәмлекетлик қәўипсизлик мәкемелери мәмлекетлик номери
8.ZDF-Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы хызметкерлери
9.DXA- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәмлекетлик хызметлери агентлигиниң хызметкерлери
10.FVV-Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлери
11. TTA, TTB, TTC, TTD, TTE, TTF, TTG-таксилер
12.D-дипломатлар(жасыл реңли)
13.CMD-елшилер, ўәкиллер (жасыл реңли)
14.Т-техник персонал (жасыл реңли)
15. М-шет ел фирма хәм компаниялар хызметкерлери, инвесторлар (жасыл реңли)
16. Х-консулликлер, сауда уәкилханалары (жасыл реңли)
17. UN-БМШның Өзбекстандағы уәкилханасы номери (көк реңли)
18. Н-пуқаралығы болмағанлар(сары реңли)

Дерек: idum_uz

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

4-апрель Халықаралық Интернет күни

Бул сәне ҳәр жылы дүнья бойынша кең түрде өткериледи. 2005 жылдан берли Халықаралық Интернет күни телекоммуникация ҳәм технология тарийхындағы әҳмийетли күн сыпатында тән алынған. Бул 1969 жылда бир компьютерден екиншисине өткерилген биринши хабар, анықрағы, биринши электрон хабардың жиберилиў ҳәдийсеси еди. Бул ҳәдийсе АҚШ тың Калифорния қаласында жүз берген.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

7-апрель қандай күн?

Дүньяжүзилик саламатлық күни деп Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми 1948 жыл 7 апрель күни деп жариялаған. Усы сәне Дүньяжүзилик саламатлық күни сыпатында ҳәр жылы кең түрде өткериледи.

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
#Күн_тарийхы
#билесизбе

👨‍⚕Халық аралық ветеринар шыпакерлерлери күни;
🚫Пүткил дүнья жүзлик безгекке қарсы гүресиў күни;
🗿Пүткил дүнья жүзлик мүсиншилик күни;
🐧Халық аралық пингвинлер күни;
👭Қызлар күни;

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе

Жәрийманы өз ўақытында төлегенге шегирме бар!

➡️ Ҳуқықбузар оған жарима салыў ҳаққындағы қарар тапсырылған күннен баслап 15 күн ишинде жарийма муғдарының 70 процентин ықтыярий рәўиште төлеген жағдайда, ол жарийманың қалған бөлегин төлеўден азат етиледи.

Усы қағыйда төмендеги жағдайларда қолланылмайды:

👉 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық еткенлик ушын суд тәрепинен жәрийма салынғанда;

👉 жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үстинен наразылық яки протест билдирилгенде;

👉 әйне усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин 1 жыл даўамында тәкирар жүз етилгенде,-жазады Huquqiy_axborot телеграм каналы.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Билесизбе?

Дүньядағы ең қыйын тил қайсы?

▪️Шет тиллерди үйрениў ушын инглизлерге қанша ўақыт керек екенлиги изертленди.

Инглиз тилинде сөйлесетуғын адам:
600 саатта – италян, француз, испан, португал тилин;
750 саатта – немис тилин;
900 саатта – малай тилин;
1 100 саатта – венгер, грек
2 200 саатта – араб, япон, мандарин тилин үйрениўи мүмкин екен.

Аўдарма: М. Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi