Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
14.6K subscribers
21.7K photos
3.32K videos
55 files
6.81K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Жас_китапқумар
#20_30_жас_категориясы_ЖЕҢИМПАЗ_АНЫҚЛАНДЫ

Күни кеше, «Жас китапқумар» таңлаўының қарақалпақстан Республикалық басқышы жуўмақланды.

Таңлаўда 20-30 жас категрориясы бойынша жеңимпаз болған китапқумарлар менен танысың
Нөкис районы ХББне қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшысы Ешмурадов Асқар Жаңабаевич сыйлы 1-орынды ийелеп, Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Сондай-ақ, 2-орынды Елликқала районы ХББне қараслы 56-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшысы Рейимов Аббос Рустам улы, 3-орынды Қоңырат районы ХББне қараслы 52-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшысы Зикриллаева Шоира Абдуҳаким қызы ийелеп, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен "Диплом" ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз, таңлаў барысы каналымызда онлайн тәризде сәўлелендирилип барылды. Таңлаў ҳаққында улыўмаластырылған толық мағлыўмат бериледи.


Каналға ағза болыў👉@jaslar_isleri_agentligi
🏫 Жәҳән мектеплери ҳаққында қызықлы мағлыўматлар

🇷🇺 Россияда биринши мектепти Петр I шөлкемлестирген. Онда тек ул балалар оқыған.

🇺🇸 Америка оқыўшылары биринши класта сабақ баслаўдан алдын, ўатаныма садықпан, деп ант қабыл етеди.

🇨🇿 Чехияда ең жаман баҳа - “5”, айырықша баҳа - “1”.

🇳🇴 Норвегияда оқыўшылар 8-класқа шекем баҳа алмайды.

🇮🇳 Ҳиндистанда балалар 4 жастан мектепке барады. Сондай-ақ, Ҳиндистан мектеплери ең көп оқыўшыларды қабыллаўы менен де белгили. Айырым мектеплеринде оқыўшылар саны 28 мыңға шекем жетеди.

🇫🇮 Финляндия мектеплеринде сабақ өтиўде оқытыўшыға жәрдемши де қатнасады. Финляндияда ҳәр қандай ҳаўа райында да оқыўшылар тәнеписте кластан сыртқа шығыўға мәжбүр.

🇨🇳 Қытай мектеплеринде сабақ басланыўынан алдын оқытыўшы оқыўшылар менен бирге дене шынығыўын ислеўге мәжбүр.

🇯🇵 Японияда оқыў жылы Сакура гүллеген ўақыттан басланады. Япон мектеплеринде асхана болмайды. Япон мектеплеринде ручка орнына қәлем ислетиледи. Япон мектеплеринде улыўма “екиши” оқыўшылар болмайды.

🇨🇺 Куба мектеплеринде оқыўшылар аўыл хожалық жумысларына үйретиледи.

🏴󠁧󠁢󠁥󠁮󠁧󠁿 Оқыўшыларға форма кийдириў биринши болып Англияда ойлап табылған.

Аўдарма: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Елликқала_районы

Мектеплерде "Ең жақсы китапқумар оқыўшы" таңлаўы өткерилмекте

Кеше, 23-февраль күни райондағы 36 -улыўма орта билим бериў мектебинде жасларды кытапқумарлыққа бағдарлаў ҳәм мектеп оқыўшылары арасында кытапқумарлықты еле де асырыў мақсетинде "Ең жақсы китапқумар оқыўшы" таңлаўы болып өтти.

Таңлаўда 130 оқыўшы қатнасты. Олар таңлаўда қатнасыў арқалы өз билимлерин сынақтан өткерди. Бул сыяқлы таңлаўлар оқыўшыларды китапқумарлыққа бағдарлаў менен бир қатарда, жаслардың жасырын қәбилетлерин көрсетиўге де жәрдем береди. Илаж мектеплер арасында тез-тезден өткерилип келинбекте.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Тахтакөпир_районы

🥇Тахтакөпирли Шахноза Өзбекстан чемпионы жеңимпазы!

20-22- февраль күнлери Ташкент қаласында спорттың туран жеке гүресинен өткерилген Өзбекстан чемпионатында Тахтакөпир районындағы 11-санлы улыўма билим бериў мектеп оқыўшысы, "Балалар өспиримлер спорт мектеби" тәрбияланыўшысы Шахноза Оразбаева сыйлы 🥇1-орынды жеңип алды.

Жеңимпазды мектеп жәмәәти ҳәм район Жаслар ислер агентлиги саўғалар менен күтип алды.

Репортёр: Мухтар Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Бул_қызық👇

Рио де Жанейро қаласында транспорт басқарыўшылар саат 22:00ден 5:00ге шекем қызыл шырақта тоқтамаўы мүмкин! Бул усыл түнги машина урыларынан сақланыў ушын ойлап табылған!

Аўдарма: Мухтар Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
“Жас китапқумар” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазлары анықланды

👉 Толық оқыў

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Хожели

Хожели районы улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында "Жас қутқарыўшылар" кеўиллилер жарысы болып өтпекте.


👉👉👉 jaslar_isleri_agentligi
#Шымбай


Шымбай районында «Жаслар:1+1» бағдарламасы тийкарында
80 жас ушын оқыў семинары болып өтти


Шымбай районында исбилерменлик пенен шуғылланыўды өз алдына мақсет қылған жаслар ушын район Прокуратурасы, Жаслар ислери агентлиги, Саўда-санаат палатасы, комерциялық банк филиаллары, Салық инсфекциясы ўәкиллери қатнасында «Жаслар:1+1» бағдарламасы тийкарында райондағы «Жаслар дәптери»не киритилген 80 жас ушын оқыў семинары болып өтти.
Шымбай кәсип-өнер мектеби ҳәм 49-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген оқыў семинарда жасларға исбилерменликти баслаў тәртиби, талап ҳәм усыныс, маркетинг, жеңиллетилген кредитти алыў тәртиби, бренд, салық жеңилликлери бойынша тийкарлы мағлыўматлар түсиндирилди.
48 саат даўамында жаслар исбилерменлик бойынша пайдалы болған көплеген мағлыўматлар алады ҳәм жеңиллетилген кредитке ийе болады.


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi