#Тахтакөпир_районы
#Сәрдарлар_беллесиўи
🏃♀🏃♂"Спорт саламатлық гиреўи" акциясы
Тахтакөпир районы Даўқара стадионында Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими басламасы менен районлық сәрдарлар ҳәм мектеп сәрдарлар Кеңеси арасында «Спортты сүй, спорт пенен жаса!» ураны астында жеңил атлетика ҳәм спорттың футбол түринен жарыс шөлкемлестирилди. Жарысқа жәми 90 нан аслам жаслар қамтып алынды. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Репортёр: Мухтар Умбетов
👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi

#Ашылыў
⚡️Шымбайда "Жаслар мийнет гүзары" комплекси ашылды
Күни кеше, 15-февраль күни Шымбай районы орайындағы "Көкши қала" мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында жас исбилермен Жәнибек Пирниязов тәрепинен қурылған "Жаслар мийнет гүзары" комплексиниң ашылыў салтанаты өткерилди.
Илажда район ҳәкими А. Тәжетдинов тәрепинен жасларға берилген кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланған исбилерменге қутлықлаў тилеклерин билдирип, табыслар тиледи.
Ашылыў салтанатында район жаслары, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Исбилермен Ж.Пирниязов "Жаслар келешегимиз" фонды арқалы 500 миллион сўм жеңиллетилген кредит алыў арқалы, комплекс қурылысын баслаған еди. Бул комплексте 7 жас жумыс пенен бәнтленди.
Бул мийнет гүзарында жақын күнлерде жаслар ушын шет тиллерин үйретиўге бағдарланған оқыў орайының да ис баслаўы режелестирилмекте.
Каналға ағза болыў: 👉 @jaslar_isleri_agentligi

#Очилиш
⚡️Чимбойда «Ёшлар меҳнат гузари» комплекси очилди
Ёш тадбиркор Жанибек Пирниязов "Ёшлар келажагимиз" жамғармасидан 500 миллион сўм имтиёзли кредит олиш орқали «Ёшлар меҳнат гузари» комплекси қурилишини бошлаган эди.
Чимбой туманидаги «Кўкчи қалъа» маҳалласида қад кўтарган мазкур комплекснинг тантанали очилиш маросими ўтказилди.
Мазкур комплексда 7 нафар ёш иш билан таъминланди.
Меҳнат гузарида яқин кунларда ёшлар учун чет тилларини ўргатишга йўналтирилган ўқув мрказини ҳам иш бошлаши режалаштирилмоқда.
Каналга уланиш 👉 @jaslar_isleri_agentligi

#Мойнақ_районы
#Көшпели_қабыллаў
Шағырлы аўыл жасларының мүрәжатлары унамлы шешилди
16-февраль күни Мойнақтың "Бозатаў" АПЖ аймағындағы Шағырлы аўылында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Онда жаслардың мүрәжатлары үйренилди ҳәм бир қаншасы орнында шешим тапты.
Аймақ турғыны Дилбар Каллибекова қайта таярлаў курсында тигиўшилик бойынша оқып, банк кредити есабынан тигиў машинасын алып тигиўшилик пенен шуғылланбақшы екенлигин, Ташкентбай Канназаров жеңиллетилген кредит есабынан шаштәрезхана ашыўды, Бердибай Каниязов шарўашылық тараўы бойынша исбилерменлик жумысын басламақшы екенлигин ҳәм бунда әмелий жәрдем берилиўин сорап мүрәжат етти. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Болып өткен илажда усы сыяқлы мүрәжатлар унамлы шешилип, Дилбар Каллибекова үш ай даўамында тигиўшилик бойынша оқытылатуғын, жеңиллетилген кредит бойынша мүрәжатлар "Агро банк"тың Мойнақ филалы тәрепинен ажыратылатуғын болды.
Репортёр: Сапура Темирханова
👉👉@jaslar_isleri_agentligi

👨👩👦Перзент тәрбиялаўдың тәжирийбеден өткен 3 түрли жолы бар☝️
✔️ 1. ПЕРЗЕНТИҢИЗ СИЗДИ ЖАЗАЛАЎШЫ ЕМЕС, ДҮЗЕТИЎШИ ЕКЕНИҢИЗДИ БИЛИЎИ КЕРЕК.
Қол көтерип урысыў менен, бақырыў менен ҳеш қандай нәтийже шығара алмайсыз. Бала болған соң, бир нәрсени сындырып алады, қолынан түсирип алады. Бул – әпиўайы нәрсе. Егер қатты урысып, жазалайтуғын болсаңыз, сизден қорқып қалған бала ендигиде ол қылмысын жасыратуғын болады, сизге сырын айта алмай қалады ямаса әпиўайы ғана өтирик айтып, алдайтуғын болады. Яғный, оның ойында «ғәзебинен қутылсам болды» деген ой турады. Сонлықтан бир нәрсени бүлдирип, сындырып алған балаға бул қылған иси дурыс емес екенлигин түсиндирип, надурыс жерин дүзетип жибериң.
✔️ 2. СЕБЕБИН СОРАП АНЫҚЛАЎ КЕРЕК.
Перзентиңиз биреўдиң ойыншығын урлап алыўы мүмкин. Бундай ўақытта «оны неге алдың?» деп сорасаңыз, себебин айтады. Сиз де соған қарай ҳәрекет ислейсиз ҳәм сиз соны сораған гезде бала ишинен ойланып, өз-өзине есап береди. Не ушын бундай қылғанын ойланыўға мүмкиншилик болады. Соннан кейин ғана буның дурыс емес екенлигин айтсаңыз, барлығы орынлы болады!
✔️ 3. ПЕРЗЕНТКЕ УСЫНЫЎ КЕРЕК.
Перзентти дус келген нәрседен улыўма тыйып таслай алмайсыз. «Яқ!» деген тыйым оның кеўлине, талап, жигерине тиккелей тәсир етеди. Егер балаңызды бир нәрседен тыйсаңыз, оның орнын басатуғын басқа нәрсе таўып бериўиңиз керек. Мысалы, бүгин телевизор көриўге рухсат бермесеңиз, онда оның орнына далада ойнаўына имканият жаратыўыңыз керек. Егер дийўалға сүўрет саламан десе, дийўалға сүўрет соғыўға болмайды деп тыйып ғана қоймай, сол сүўретти бәри бир жерге салғысы келетуғынын билип, қолына қағаз-қәлем бериң.
👉 @jaslar_isleri_agentligi

⚡️ФИЛИАЛ СТУДЕНТЛЕРИ СТИПЕНДИЯ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ БОЛДЫ
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының студентлери Кеңесбаева Перийзат, Ахунов Фаррух ҳәм ТИТУ Нөкис филиалы академиялық лицей оқыўшысы Әскербаева Шахнозалар Өзбекстан Республикасы информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң 2020-2021-жылғы стипендиясын қолға киритти. Бул ҳаққында филиалдың мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Мағлыўмат ушын: стипендия муғдары ТИТУ ҳәм оның филиаллары студентлери ушын ең кем ис ҳақының 5 есеси, ал академиялық лицей оқыўшылары ушын 2 есеси деп белгиленген.

#Шымбай
Шымбай районында исбилерменликти баслаў алдында турған жасларға семинар-тренинг шөлкемлестирилди
2021-жылы жаслар менен нәтийжели ислесиўдиң жаңа механизимин енгизиў бойынша белгиленген бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шымбай районы Мәмлекетлик хызметлер орайында "Жаслар: 1+1" бағдарламасы тийкарында 25 жасқа оқыў семинары шөлкемлестирилди.
Бунда тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен жасларға исбилерменлик тийкарлары, бизнес жойбар дүзиў бойынша көнликпесин асырыўға бағдарланған билимлер берилди.

Мойнақ районы жаслары дыққатына!
Район жасларының бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 18-февраль сәнесинде саат 10:00де «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайында спорттың футбол түри бойынша ер балалар арасында «Ҳәким кубогы» шөлкемлестирилмекте. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Спорт жарысынан бурын cизди, «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайына САЯХАТ ҳәм көркем-өнер шеберлериниң таярлаўында КОНЦЕРТ БАҒДАРЛАМСЫ күтеди. Соның менен бирге, қыз балалар арасында спорттың теннис түри бойынша жарыс өткерилиўи режелестирилмекте.
Жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған илажға районның бәрше жасларын мирәт етемиз! Сондай-ақ, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйының 18-30 жас аралығындағы жасларын өз топарын дүзген жағдайда футбол жарысына қатнасыўын сорап қаламыз.
☎️ Илаж бойынша сораў ҳәм усыныслар болса
+998913809600,
+998975087799,
+998613222305
телефон номерлерине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақша_мотивация
Арнаўлы сиз ушын !
"Skreenshot" лаң хәм өзиңиз ушын арналған мотивацияны оқың!
Белгили инсанлардан сизге мәсләҳәт!
Таярлаған : Г. Нургалийева
@jaslar_isleri_agentligi

Xosh xabar!
Nókis qalasındaǵı Prezident mektebiniń pitkeriwshisi Nursultan Dúysenbaev bir waqıttıń ózinde shet eldiń 3 joqarı oqıw ornına oqıwǵa qabıllanǵanı haqqında aldın xabar bergen edik.
Búgin ol AQShtıń Nyu York qalasında jaylasqan taǵı 2 universitetten unamlı juwap aldı. Olar: SUNY University at Albany hám Long Island University in New York.
Kanal adminstraciyası tárepinen Nursultannıń aldaǵı oqıwlarında tabıslar tileymiz!
Reportyor: Azizbek Dabılov

⚡️АЛЫС АЙМАҚТАҒЫ ЖАСЛАРҒА ВЕЛОСИПЕД САЎҒА ЕТИЛДИ
Қараөзек районы "Қуралпа " АПЖ аймағындағы екинши сектор баслығы Н.Джолманов басламасы менен бир қатар қәўендерлер есабынан аймақтағы 20-21-санлы улыўма билим бериў мектеплерине алыс аўыллардан оқыўға қатнап оқып атырған 15 оқыўшыға велосипедлер саўға етилди.
Сектор баслығы бул жерде оқыўшы жаслар менен ушырасып, олардың оқып билим алыўы ушын имканият дәрежесинде шәраятлар жаратып бериўин атап өтти ҳәм жақсы баҳаларға оқыўына тилек билдирди. Буннан соң оқыўшы жаслар ҳәм олардың ата-аналары берилип атырған итибар ушын өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.
Репортёр: Гүлшира Атамуратова

Шерзод Шерматов: «Жаңа қурылатуғын комплекслер арасынан мектеп те қурып бериледи»
Халық билимлердириў министри Шерзод Шерматовтың мәлим етиўинше, жаңа қурылып атырылған үй-жай комплекслери арасындағы қурыўшы компаниялар есабынан қосымша мектеп те қурып бериледи, деп жазады «Газета.uz».
Ҳабарға бола, Президент Мәмлекетлик бағдарлама додалаўындағы видеоселекторда бул унамлы тәжирийбени барлық аймақлардағы жаңа қурылып атырылған үй-жай комплекслерине кең енгизиў бойынша аймақлар басшыларына тапсырмалар берди.
«Ҳәр бир жаңа қурылатуғын үйге шама менен 1,5 оқыўшы орны есабын алып, мәмлекетлик мектепти қурып бериў керек болады. Егер саўда мақсетлеринде 1000 квартиралы комплекс қурылса, 1500 орынлы мәмлекетлик мектеп те қурып тапсырылады», делинеди хабарда.
Айдана Алламбергенова