Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
15.8K subscribers
21.6K photos
3.26K videos
55 files
6.7K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Әмиўдәрья_районы
#Ҳәр_бир_жасқа_бир_гектар

Райондағы жумыссыз үш жасқа бир гектардан жер ажыратып берилди

Бүгин райондағы “Эркин Расулов” палшылық фермер хожалығында "Ҳәр бир жасқа - бир гектар" жойбары шеңберинде жер ажыратып бериў жумысларының басланыўы мүнәсибети менен илаж өткерилди. Илажда район ҳәкими С. Йўлдашев, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, Жаслар ислери агентлиги бөлими, аўыл хожалығы кәрхана басшылары ҳәм жуўапкерлери, сондай-ақ, 40қа жақын жас қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимиз басшысының “Ҳәр бир жасқа - бир гектар” басламасы шеңберинде аўыл хожалығы бағдарында ислеўди қәлеўши жасларға қолайлы егин майданларын ажыратып бериў, оларға агротехникалық илажларды әмелге асырыўда көмеклесиў көплеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде зәрүрли фактор болыўын атап өтти ҳәм бул илажда үш жасқа жер майданлары ажыратып берилди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Елликқала_районы
#Жаслар_сиясаты_әмелде
#Ҳәр_бир_жасқа_бир_гектар

Елликқалада және 10 жумыссыз жасқа 30 сотоктан жер ажыратып берилди

Аўыл хожалығында жаслар бәнтлигин тәмийинлеў, оларды финанслық қоллап-қуўатлаў, аўыллық орынларда жаңа жумыс орынларын жаратыў илажлары даўам етпекте.

Райондағы 34 мыңнан аслам жаслардың 3530 данасы “Жаслар дәптери”не киритилген.

🔷 Бүгин 2-сектор аймағындағы “Ақшакөл” АПЖда жайласқан “Худайберган Эрназаров” фермер хожалығының 3 гектар жер майданынан сол аймақта жасаўшы 10 жумыссыз жасқа 30 сотоктан жер ажыратып берилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Мағлыўмат ушын, буннан алдын райондағы “Муроджон-Мухиджон” фермер хожалығының 3 гектар жер майданынан да 10 жумыссыз жасқа жер майданы ажыратып берилген еди. Бүгинги күнге шекем жәми 501 жасқа жер ажыратып берилген.

Жойбар тийкарындағы жумыслар районның барлық аймақларында еле де даўам етеди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Тахтакөпир_районы
#Ҳәр_бир_жасқа_бир_гектар

Бүгин Тахтакөпир районындағы “Досым шеге” фермер хожалығында "Ҳәр бир жасқа - бир гектар" жойбары шеңберинде жер ажыратып бериў жумыслары басланды. Илажда район ҳәкиминиң аўыл хожалық ислери бойынша орынбасары С.Талханбаев, Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими ҳәм 30 ға жақын жаслар қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимиз басшысының “Ҳәр бир жасқа - бир гектар” басламасы шеңберинде
✔️аўыл хожалығы бағдарында ислеўди қәлеўши жасларға қолайлы егин майданларын ажыратып бериў;
✔️оларға агротехникалық илажларды әмелге асырыўда көмеклесиў
✔️көплеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде зәрүрли фактор болыўын атап өтти.
Илаж даўамында 12 жасқа 1 гектардан жер ажыратылып берилди ҳәм сол жердиң өзинде 12 жастың бәнтлиги тәмийнленди.

Репортёр: Мухтар Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Әмиўдәрья_районы
#Ҳәр_бир_жасқа_бир_гектар

Әмиўдәрьяда және бес жумыссыз жастың бәнтлиги тәмийинленди, оларға фермер хожалығынан жер ажыратып берилди

Бүгин райондағы 2-сектор аймағы "Қиличбой" АПЖға қараслы “Аширов Қахрамон” фермер хожалығынан 5 жасқа 0. 5 гектардан жер майданлары ажыратып берилди.

Жер ажыратып бериў жумысларында район Прокурорының орынбасары Р. Санкибаев, район ҳәкими орынбасары М. Шерметов, Жаслар ислери агентлиги район бөлими баслығы Ж. Давлетов ҳәм жумыссыз жаслар қатнасты.

"Ҳәр бир жасқа - бир гектар" жойбары шеңберинде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў жумыслары еле де даўам етеди.

Мағлыўмат ушын, бүгинги күнге шекем райондағы жәми 568 жасқа жер ажыратып берилген.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Нөкис_районы
#Ҳәр_бир_жасқа_бир_гектар

Районда 10 жасқа жер ажыратылып берилди

Кеше, Нөкис районында «Ақтерек» МПЖ аймағындағы «Хамза Жуманияз» фермер хожалығында жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «Ҳәр бир жасқа бир гектар» жойбары шеӊберинде 10 жасқа жер ажыратылып берилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы Х.Бекчанов ҳәм Нөкис районы ҳәкими О. Уснатдиновлар қатнасып, жер ажыратылған жасларға арнаўлы сертификатлар тапсырды.

Репортёр: У. Қурбанбаева

👉👉@jaslar_isleri_agentligi