#Дөретпе
📗 Қарақалпақнама.
Адам атаның перзентлери көбейип бир жерде жасаў қыйынласқаннан кейин ҳәр қайсысын өз алдына үй қылып басқа шығарыу́ды мақсет етеди. Ҳәркимниң өз ошағына от жағып, өзи күнелтиўи ушын оған ең әўели жер керек. Сол ушын ол барлық балаларын жыйнап, бул кең әлемнен ким қайерди қәлесе сөйерди мәңгилик мәкан қылып белгилеп беретуғынлығын хабарлайды. Бирақ алдыма нәўбет пенен келиңлер дейди. Балалары ата-анасынан бөлинсе шексиз бостанлыққа шығатуғындай қуу́анысып ҳәм ҳәрким пайына ең жақсы жер алғанша асығып, атасының есиги алдына дүбеп келеди. Жер таласы басланады. Барлық туўысқанларының ең жақсы жер алыў ушын таласып-шаўқымласып атырғанын көрген атаның Қарақалпақ исмли кишипейил бир перзенти "Атамның қулағын, ең болмаса, бир дау́ыстан тыныш қояйын" деген ой менен өз орнына барып уйқылап, талас-тартыс басылғаннан кейин келеди. Атаға барлық перзенти бирдей!
- Ооо, балам, усы у́ақытқа дейин қайда жүрдиң? Саған оңлы жер қалмады ғой! - депти оның кишипейил улына жаны ашып.
- Дым жоқпа?-депти баласы.
- Дым жоқ емес! Ҳеш ким алыу́ға жүрексинбеген, қум деп қум емес, таўлы деп таўлы емес, ушы-қыйырсыз жазық дала деп жазық дала емес,-депти Атасы.
- Мениң өз жерим болса бәс, Ата, - депти Қарақалпақ. Гия көгермеген жерди жер қылатуғын да, жерге елат шақыратуғын да сениң әу́ладың - бизлер емес пе, Ата?-депти баласы.
Адам ата өзиниң әри кишипейил, әри ақыллы перзентине ырза болып маңлайынан сыйпайды да, жол силтеп жибереди.
✍️ Т. Қайыпбергенов
Website | Telegram | Instagram | YouTube | Facebook

Telegram
I.Yusupov atındaǵı dóretiwshilik mektebi 🏢
✅ Instagram: https://www.instagram.com/i.yusupov_mektebi?igsh=anYyM3FteDZhcGRq
✅ Telegram: https://t.iss.one/i_yusupov_mektebi
✅ Mektep direktorı: https://t.iss.one/Ruslantashimov3110
☎️Baylanıs ushın: (361) 223-20-24

👍7