#Аттестация_2021

ЕЛЛИКҚАЛАЛЫ ОҚЫТЫӮШЫЛАР 100 БАЛЛ НӘТИЙЖЕ МЕНЕН ЕҢ ЖОҚАРЫ КӨРСЕТКИШКЕ ИЙЕ БОЛДЫ

❇️Бүгин, 14-апрель күни оқытыӯшылардың қәнигелик категориясы бойынша болып өткен қәнигелик(тест) сынаӯларында избе-из 2 елликқалалы оқытыӯшы 100 балл нәтийже менен ең жоқары көрсеткишке ийе болды.

❇️ Елликқала районы халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 67-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң оқытыӯшысы Мамбетова Нафиса жоқары ҳәм усы райондағы 56-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң оқытыӯшысы Реимов Аббос болса биринши категорияны қолға киргизди.


Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги Мәлимлеме хызмети


👉t.iss.one/kkeduuz👈