press_Bozataw | Rásmiy kanal
5.55K subscribers
38.4K photos
3.56K videos
32 files
12.4K links
Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri.
Web-sayt
https://bozatawrk.uz/
Instagram
https://instagram.com/press_bozataw
Facebook
https://www.facebook.com/pressbozataw
https://www.youtube.com/@bozatawuz3466
Bot mánzili:
@Bozataw_murajat_bot
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#билесизбе #видео_блог 📷
«Қоронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша ис-илажлар ҳақкында» ғы Ҳүкимет қарарынын мазмун-маниси

@KRAdillikMinistrligi
#Билесизбе

Медициналық (маска) нықапларсыз кɵшелерде ҳәрекетленгенлик ушын 1 млн сумнан аслам жәрийма белгиленген. Соның ушын сондай-ақ, ɵз қәўипсизлигиңиз ушын да медициналық нықап тағып жүриўди умытпаң.
https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе
Ҳәкимият ӯәкилиниң нызамлы талабын орынламаӯ жуӯапкершиликке себеп болады

Ҳәкимият ӯәкили бул – мәмлекеттиң қандайда-бир ҳәкимият органының атынан ис көрип, белгили бир ӯазыйпаларды турақлы ямаса ӯақтынша әмелге асырыӯшы ҳәм өз ӯәкилликлери шеңберинде көпшилик ямаса барлық пуқара ямаса лаӯазымлы шахслар ушын мәжбүрий болған ҳәрекетлерди ислеӯ ямаса бийликлер бериӯ ҳуқықына ийе (https://www.lex.uz/acts/111453) болған шахс.
Ҳәкимият ӯәкилиниң нызамлы талапларын орынламаӯ ямаса хызмет ӯазыйпаларын орынлаӯға тосқынлық етиӯ ҳәкимшилик жуӯапкершиликке яғный, пуқараларға 111 500 сӯмнан 223 000 сӯмға шекем, лаӯазымлы шахсларға 223 000 сӯмнан 446 000 сӯмға шекем муғдарда жәрийма салыӯға себеп болады (https://lex.uz/docs/97664).
Усы ҳуқықбузарлықты тәкрар ислегенлиги, пуқараларға 223 000 сӯмнан 669 000 сӯмға, лаӯазымлы шахсларға 669 000 сӯмнан 1 115 000 сӯмға шекемги муғдарда жәрийма салыӯға себеп болады.

Дерек: @huqiqiymalimleme
#Билесизбе
Дийқан хожалығы ҳәм 4 сотоктан кем болмаған қыйтақ жеринде бәнт болған ямаса сол участкада қарамал ямаса 50 бастан кем болмаған қус бағып атырған физикалық шахслар тәрепинен Бюджеттен басқа пенсия қорына жылына Базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында қамсызландырыў төлеми төленген жағдайда, қамсызландырыў төлеми төленген жыл мийнет стажына киргизиледи.

Дерек huquqiyaxborot

@bozataw_uz
#Билесизбе

Ҳәкимшилик қамақ кимлерге қолланылмайды?

Нызамшылыққа муўапық (https://www.lex.uz/docs/97664), тɵмендегилерге ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасын қолланыў мүмкин емес:

-ҳәмиледар ҳаялларға;
-3 жасқа шекемги баласы болған ҳаялларға;
-14 жасқа шекемги болған баласын бир ɵзи тәрбиялап атырған шахсларға;
-18 жасқа толмаған шахсларға;
-I ҳәм II топар майыпларына.

Дерек: huquqiy axborot

Каналға қағза болыў: https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе

Үй ҳайўаны тәрепинен жеткерилген зыян ушын ҳайўанға ийелик етиўши ҳәм оннан пайдаланыўшы шахс жуўапкер (https://www.lex.uz/docs/180552) болады.

Дерек:huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе

📷 Жол ҳәрекети қатнасыўшылары жол-патруль хызметкерлери менен өз-ара мүнәсибетин өзине тийисли болған аудио, фото ҳәм видео қурылмасына жазып алыў ҳуқықына ийе.

❗️Жол-патруль хызметкериниң фото ҳәм видеоға алыў қадаған етиледи белгиси бар болған аймақларда хызмет ўазыйпасын атқарыўы буған кирмейди.

Дерек: huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў: @bozataw_uz
#Билесизбе

Жергиликли ҳәкимлик уйымларының ықтыярына қандай мәселелер киреди?

👉 Нызамшылыққа муўапық, жергиликли ҳәкимлик уйымларының ықтыярына тɵмендегилер киреди:

-нызамшылықты, нызамды тәртиплестириў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў;

-аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений жақтан раўажландырыў;

-жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, жергиликли салықлар, жыйымларды белгилеў, бюджеттен тысқары фондларды шɵлкемлестириў;

-жергиликли коммунал хожалыққа басшылық етиў;

-қоршаған орталықты қорғаў;

-пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыўды тәмийинлеў;

-норматив ҳүжжетлерди қабыл етиў және Конституция ҳәм нызамларға қайшы келмейтуғын басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыў.

Дерек: huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе
Түнги ўақытта – саат 23:00 ден 06:00 ге шекем – пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў, яғный:

👉 бәлент даўыста қосық айтыў;
👉 музыка шертиў;
👉 даўыс сигналларын күшли шығарыў;
👉 шаңарақларда, турақ жайларда, кўшелерде даўысы жоқары дәрежеде бәлентлетилген телевизорлар, радиоприёмниклер, магнитофонлар ҳәм даўыс күшейтиўши басқа да аппаратуралардан пайдаланыў;
👉турақ-жай имаратларында ҳәм олардан тысқарыда жүдә зәрүр болмаған ҳалда шаўқым шығарыўшы жумысларды ислеў, сондай-ақ, басқа да шаўқымларды келтирип шығарыў ҳәрекетлерин ислеў⬇️

❗️пуқараларға 74 333 сум, лаўазымлы шахсларға болса 111 500 сумға шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Дерек:huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе

⚠️2020-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында (https://www.lex.uz/docs/4673445):

👉мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 679 330 сум;

👉пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 238 610;

👉жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 466 680 сум;

👉балалықтан майыплығы бар пухараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 466 680 сум;

👉 керекли мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 286 390 сум;

Сондай-ақ базалық есаплаў муғдары – 223 000 сумды қурайды.

Дерек:huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе

Автотранспорт қуралын кимлерге исеним хатысыз (доверенность) басқарыўына рухсат етилген?

Транспорт қуралы ийесиниң төмендеги жақынлары транспорт қуралын исеним хатысыз (доверенность) басқарыўына болады:

-ата анасы;
-өмирлик жолдасы;
-балалары;
-аға-инилери;
-ажапасы ҳәм қарындасы.

Усы жақын туўысқанлар ҳаққындағы мағлыўмат (фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўысқанлық дәрежеси) транспорт қуралы ийесиниң қамсызландырыў полисинде көрсетилген болыўы керек.

Дерек: huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў:@bozataw_uz
#Билесизбе

Төмендегилер қыстаўлы тез жәрдем көрсетиў ушын арнаўлы транспорт қуралының салонында болыўы шәрт болған зәрүрли медициналық буйымлар есапланады.

Дерек:huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў:@bozataw_uz
#Билесизбе

Ҳеш жерде ислемейтуғын шахстан қанша алимент өндириледи?

Егер алимент төлеўши ислемейтуғын болса ямаса оның ис ҳақы ҳәм (я болмаса) дәраматын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер усынылмаған болса, алимент қарзы өндирилип атырған ўақытта алимент Өзбекстандағы орташа мийнет ис ҳақы муғдары бойынша есаплап шығылады.

Егер қарызды усы тақлетте белгилеў тәреплерден бириниң мәплерине сезилерли зыян жеткерсе, мәплерине зыян жеткерилген шахс судқа мүрәжат етиўине ҳақылы.
Суд тәреплердиң материаллық ҳәм шаңарақлық сондай-ақ, басқа да итибарға ылайық жағдайларын есапқа алып, қарыздың пул менен төленетуғын суммасын белгилеўи мүмкин. (https://lex.uz/docs/104720).

Дерек:huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе
Өзбекстанның турақлы халқы 2020-жыл 1-июль жағдайына бойынша 34,191 млн адамды қурамақта. Яғный, жыл басынан берли 286,5 мың адам ямаса 0,85% ке өскен.

Дерек: https: Rasmiy_xabarlar_Official

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе

Камбағал ҳәм жумыссыз пухаралар заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылады. Социаллық қорғаўға мүтәж болған халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

Толық инфографикалар арқалы танысың

Дерек: huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/bozataw_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе

Тәлим кредитлери кимлерге бериледи?

Усы видеоролик арқалы толық танысың.

Каналға ағза болың: https://t.iss.one/bozataw_uz
#Билесизбе

Транспорт қуралын басқарыўшы баянламаға өз пикирин жазыўы мүмкин

Ҳуқықбузар ҳәкимшилик баянламаның мазмуны бойынша баянламаға өз пикирлерин, сондай-ақ, баянламаға қол қойыўдан бас тартыў себеплерин жазыўға ҳақылы.
(
https://lex.uz/docs/1832522).
Ҳуқықбузар ҳәкимшилик баянламаға қол қойыўдан яки жазба түсиник бериўден бас тартқан жағдайда баянламаға бул ҳаққында оны дүзген шахс тәрепинен жазып қойылады.
Буған гүўалар ямаса қалыслар қатнасында акт дүзиледи ҳәм ҳәкимшилик баянламаға қосымша етиледи.

Дерек: huquqiyaxborot

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/bozataw_uz
#билесизбе
2020-жыл даўамында Бозатаў районы ПҲАЖ бөлими тəрепинен дизимге алынған 198 нəрестеге туўылыў ҳаққындағы гүўалықлар рəсмийлестирилген.
#билесизбе
2020-жыл даўамында Бозатаў районы ПҲАЖ бөлими тəрепинен 83 шаңарақтың нызамлы некеси рəсмийлестирилген.
#Билесизбе

Бозатаў районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен усы жылдың 6 айы даўамында жәми жәми 7708 мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

🔵Соннан юридикалық шахсларға 216 хызмет, физикалық шахсларға болса 7492 хызмет түри көрсетилди.

🔵Жыл басынан усы күнге шекем 173 исбилерменлик субъектлери жаңадан мәмлекетлик дизимнен ɵткерилди. Оннан 67 субъект юридикалық, ал, қалған 106 сы физикалық шахслар болып табылады.

🔵Сондай-ақ 29 исбилерменлик субъектлери қайта мәмлекетлик дизимнен ɵткерилди. Олардың 15 юридикалық, ал, 14и физикалық шахслар үлесине туўра келеди.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети