Daniyarov Abatbay Saparbaevich
222 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ҳуқықбузарлық ислеген шахс жеткерилген зыянды қаплап, жәбирлениўши менен жарасса, жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққындағы Нызам (720-санлы Нызам, 04.10.2021-ж.) қабыл етилди.

🔰 Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў институты киргизилди.

➡️ Оған көре, Кодекстиң бир қатар статяларында нәзерде тутылған ҳәкимшилик жуўапкершиликти ислеген шахс, егер ол өз айыбын мойынласа, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм жеткерилген зыянды қапласа, ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.

☑️ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы исти көрип шығыўшы уйым (лаўазымлы шахс) тәреплердиң жарасыўы мүнәсибети менен исти судқа жибериў ҳаққында қарар шығарады ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққындағы мәселени шешиў ушын ис материалларын судқа жибереди.

📝 Жәбирлениўши ямаса оның нызамлы ўәкили жарасыў ҳаққындағы арзаны ис ўәкилликли уйымлар (лаўазымлы шахслар) тәрепинен көрип шығылыўы ўақтында, сондай-ақ суд додалаўының қәлеген басқышында, бирақ суд қарар шығарғанға шекем бериўи мүмкин.

❗️Егер ис бойынша бир неше жәбирлениўши болса, тек ғана барлық жәбирлениўшилер менен жарасыўға ерисилген жағдайда, жарасыў ҳаққындағы исти жүритиў мүмкин.

⚠️ Ҳуқықбузарлықты бир жыл ишинде қайта ислеген шахс тәреплердиң жарасыўы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилмейди.


@abatdaniyarov
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды үй-жай менен тәмийинлеў тәртиби белгиленди

Ҳүкимет қарары (656-сан, 25.10.2021-ж.) менен Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды үй-жай менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды

🔰 Режеге көре, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға үй-жайлар ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен базардағы көп квартиралы үйлерден ажыратылады.

➡️ Бунда оқыў-тәрбия мәкемелери ҳәм район (қала) ҳәкимликлери балаларды мәкемеде болыў мүддети тамамланыўынан бир жыл алдын үй-жайға мүтәж ретинде “онлайн-нәўбет”ке киргизип береди.

❗️Балаларға 18 жасқа толған жылда:

көп квартиралы үй-жайлардан улыўма майданы 25 квадрат метрден кем болмаған
1 ханалы;
ер жеткен жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ортасында неке дүзилген ҳалларда, 50 квадрат метрден кем болмаған 2 ханалы квартиралар ажыратылады.

📌 Үй-жайлар мүлкке ийелик етиў ҳуқықы тийкарында, бирақ 30 жасқа толғанға шекем оны сатыў ҳуқықысыз бериледи.

Режеге көре, үй-жайлар район ҳәкимлиги тәрепинен ажыратылып, жасаў ушын барлық зәрүр шараятларға ийе ҳалда тапсырылады.

🖥 Үй-жай менен тәмийинлениў ҳалаты ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр айда жаңаланады ҳәм Халық билимлендириў министрлиги рәсмий веб-сайтында жайластырып барылады.

☑️ Үй-жай бериў ҳаққындағы қарар тийкарында район (қала) ҳәкимлиги ордер береди ҳәм усы ордер берилген үй-жайға көшип кириў ушын тийкар есапланады.

📋 Ордерлер “онлайн-навбат” мәлимлеме системасындағы қатаң избе-излик тийкарында бериледи.

⚖️ Үй-жай ордер берилген күннен 10 күннен кешикпей нотариал рәсмийлестириледи.

🔘 Қарарға көре сондай-ақ, 2022-жыл
1-январьдан:

● жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың үй-жайға мүтәжлиги “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы анықланады;

● жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды перзентликке, қәўендерликке (әменгерликке, патронатқа) алыў “Қәўендерлик ҳәм әменгерлик” електрон платформасы арқалы онлайн мүрәжатқа тийкар әмелге асырылады.

2022/2023-оқыў жылынан “Социаллық ис” бакалавриат тәлим бағдарында “Қәўендерлик” ҳәм “Әменгерлик” тараўы бойынша жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў жолға қойылады.

Дерек: @huqiqiymalimleme

✍️ @abatdaniyarov