🔴#live
#Nókis_rayonı
Нөкис районында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы даўам етпекте.
Райондағы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнери мектебине жәмленген аймақ сайлаўшыларына исенимли ўәкил Абат Данияров Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы, өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған рефоомалар ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген бес жыллық бағдарламасының мазмун мәниси ҳаққында сөз етпекте.
✍️ @abatdaniyarov

Исенимли ўәкил соңғы бес жылда ислеп шығылған Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм олардың әмелге асырылғанлығын күнделикли турмысымыздағы реформалар мысалында атап өтти.
- Сайлаўда қайсы талабанға даўыс бериў әҳмийетли әлбетте. Ал, сайлаў процеслеринде халқымыздың қатнасыўы оннан да әҳмийетли. Себеби, бизди Халықаралық бақлаўшылар бақлап турады. Сайлаўдағы белсендилигимизге бола, халқымыздың мәнаўияты, сана-сезими баҳаланады. Халықтың қай дәрежеде ертеңги күни ушын қайғырыўы, сиясый саўатлылығы баҳаланады. Сонлықтан, бәршени дәслеп сайлаўда белсендилик көрсетиўге ҳәм мүнәсип талабанға даўыс бериўге шақыраман - дейди А.Данияров.

#Билесизбе
Тәлим кредити қайсы тәртипте ажыратылады❓
✔️Тәлим кредитин алыў ушын Финанс министрлигиниң рәсмий веб-сайтыңда мәлим етилген саўда банклерине төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
— арза;
— төлем-конракт тийкарында оқыўы ҳаққындағы шәртнама;
— кретид қайтарылыўының тәмийнаты бойынша ҳүжжет;
— «Социаллық қорғаныўдың бирден-бир реестри»не киритилгенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама (реестрине киритилген шаңарақлар перзентлери ушын);
— банктың ишки ҳүжжетлеринде белгиленген басқа да ҳүжжетлер.
Ҳүжжетлер 5 жумыс күни ишинде көрип шығылады.
✍ @abatdaniyarov

Forwarded from O'zLiDeP Tadbirkor va Yoshlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#TARG‘IBOT_GURUHI_FAOLIYATI
Qoraqalpog’istonlik yoshlar barchani saylovda faol ishtirok etishga va Shavkat Mirziyoyevga ovoz berishga chaqirmoqda
O‘zLiDeP yoshlariga qo‘shiling: @Uzlidep_yoshlari

#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Ҳуқықбузарлық ислеген шахс жеткерилген зыянды қаплап, жәбирлениўши менен жарасса, жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққындағы Нызам (720-санлы Нызам, 04.10.2021-ж.) қабыл етилди.
🔰 Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў институты киргизилди.
➡️ Оған көре, Кодекстиң бир қатар статяларында нәзерде тутылған ҳәкимшилик жуўапкершиликти ислеген шахс, егер ол өз айыбын мойынласа, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм жеткерилген зыянды қапласа, ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.
☑️ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы исти көрип шығыўшы уйым (лаўазымлы шахс) тәреплердиң жарасыўы мүнәсибети менен исти судқа жибериў ҳаққында қарар шығарады ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққындағы мәселени шешиў ушын ис материалларын судқа жибереди.
📝 Жәбирлениўши ямаса оның нызамлы ўәкили жарасыў ҳаққындағы арзаны ис ўәкилликли уйымлар (лаўазымлы шахслар) тәрепинен көрип шығылыўы ўақтында, сондай-ақ суд додалаўының қәлеген басқышында, бирақ суд қарар шығарғанға шекем бериўи мүмкин.
❗️Егер ис бойынша бир неше жәбирлениўши болса, тек ғана барлық жәбирлениўшилер менен жарасыўға ерисилген жағдайда, жарасыў ҳаққындағы исти жүритиў мүмкин.
⚠️ Ҳуқықбузарлықты бир жыл ишинде қайта ислеген шахс тәреплердиң жарасыўы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилмейди.

⚡️O‘zauto Motors Түркменстанда автомобиль ислеп шығарыўды баслаўы мүмкин
▪️Өзбек-түркмен форумы шеңберинде "Uzavtosanoat" АЖ ҳәм "Turkmeniston-Motors" АЖ меморандум дүзди.
Меморандумда Түркменстан аймағында автомобиль, аўыл хожалығы ҳәм тиркеме үскенелерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Ҳәзир "Uzavtosanoat" Tүркменстан Республикасына автомобиль ҳәм коммерциялық үскенелерди экспорт қылады.

#Taxtakópir
Ҳәзир, Тахтакөпир районында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы өткерилмекте.
Райондағы 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнери мектебине аймақ сайлаўшылары жыйналған.
Ушырасыўды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил Абат Данияровты сайлаўшыларға рәсмий түрде таныстырды.
Исенимли ўәкил Абат Данияров сөзге шығып, бәршени Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмири ҳәм машақатлы мийнет жолы менен таныстырмақта.

Үгит-нәсият илажындағы барлық сайлаўшыларға тарқатылған Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасы, арнаўлы тарқатпа материаллар бәршениң итибарын тартпақта.
Баслы принципи "Инсан қәдири ушын" илгери сүрилетуғын реформалар әмелге асырылыўы режелестирилген бағдарламаның мазмун -мәниси исенимли ўәкил А.Данияров тәрепинен кеңнен түсиндирилмекте.