Daniyarov Abatbay Saparbaevich
246 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Shımbay

Шымбай районы саўлаўшылары талабан Ш.Мирзиёев ҳәм оның халықшыл сиясаты ҳаққында пикирлерин, сондай-ақ районды раўажландырыў бойынша усынысларын билдирди.

Шымбайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Шымбай районында ушырасыў болып өтпекте.

Исенимли ўәкил А.Данияров аймақ сайлаўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң өмирбаяны ҳәм алдағы жылларда әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық сайлаў алды бағдарламасы туўралы кең түрде мағлыўматлар бермекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

- Шымбай районында жоқары оқыў орынларына төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланған 15 жастың шәртнама пулларының 50 проценти төлеп берилди. Басқа районларда да быйыл оқыўға қабылланған жасларға контракт шәртнамасы пуллары төлеп берилмекте.

Әне усы имканияттан да аңлаў қыйын емес, жоқары мағлыўматлы болыў нийетиндеги жаслар ушын жаратылып атырған имканиятларды. Тәлим кредитлери ажыратылыўы, квоталардың асырылыўы, бәршеси ҳүрметли талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң халықшыл сиясатының жемиси,
- дейди исенимли ўәкил А.Данияров.

@abatdaniyarov
#Shımbay
#fotoreportaj

Шымбайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Шымбай районы "Кеңес" АПЖ аймағындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде исенимли ўәкил А.Данияровтың аймақтағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Исенимли ўәкил А.Данияров дәслеп, сайлаўшыларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы менен таныстырды. Өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған реформалар турмыслық мысаллар менен атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳүрметли талабанның «Инсан қәдири, еркинлиги, қәўипсизлиги ушын» принципине тийкарланған сайлаўалды бағдарламасының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирилди.

- Ҳүрметли әмелдеги Президентимиз айтқанындай, барлық әмелге асырылатуғын реформалар халық мәпи ушын хызмет етеди, - дейди А.Данияров.

@abatdaniyarov
#Shımbay

Шымбайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Әйне мәўритлерде, Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде
Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың аймақтағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдынлары хызмет сапары менен районларға барғанымда, аянышлы жағдайлардың гүўасы болар едик. Исши топар менен колледжлерге барсақ, оқытыўшылар оқыўшылардың колледжге келмеслигинен қыйналар еди. Қатнас мәселесинде тексергенимизде, бир топардағы балалар санын санап болғанымыздан соң, екинши этажға бизлер көтерилемен дегенше, төменги этаждағы оқыўшылар бизден алдын кирип үлгерген болар еди. Дурыс, барлық оқыўшыларды бир көргеннен есте сақлап қалыў қыйын. Бирақ, ҳәр аудиторияда бир-бирине уқсас оқыўшылар итибарды тартар еди. Буған, оқытыўшылар айыплы емес еди. Олар мәжбүр болар еди.

Мине усындай машқалаларды жоқ етиў мақсетинде әмелдеги Президентимиз басламасы менен колледжлер искерлиги сапластырылып, 11 жыллық тәлимниң қайта тиклениўи, жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў дәрежесиниң сезилерли дәрежеде көбейиўи билимлендириў тараўында түп бурылысларға себеп болмақта.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Дурыс, машқалаларымыз жоқ емес. Бар.

Ҳәммеси басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта.

Ҳүрметли Ш.Мирзиёев Қарақалпақстанға болған сапарында:

- Билемен, еле машқалаларымыз бар. Маған ўақыт жетпей атыр, 25 жыл ўақтымызды жоғалтып қойдық, -деген еди.

Мине соңғы 5 жылда қаншадан-қанша машқалаларымыз өз шешимин тапты. Нақ пул ҳәм пластик, мәжбүрий мийнет сыяқлы шешим тапқан машқалаларымызды атап өтсек сан-санағы жоқ.

Биз әмелдеги Президентимизге исениўде даўам етсек, ҳеш бир машқаламыз шешимсиз қалмаслығын биз бүгинги реформалардан аңлаўымыз қыйын емес.

@abatdaniyarov