Daniyarov Abatbay Saparbaevich
234 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Kegeyli

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Кегейли районында даўам етпекте

Еслетип өтемиз, ушырасыўды инстаграм социал тармағымыз арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Соңғы бес жылда, ҳүрметли талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң алып барған нәтийжели сиясаты себеп, еркин демократиялық мәмлекет қурылды. Дурыс, алдынлары да "Еркин демократиялық мәмлекет қурамыз" деп баннерлерди шығарар едик. Ал, ҳәзирде баннерлердеги сөзлер әмелде. Әйне мәўритлерде де усы ушырасыўымыз социал тармақлар арқалы жанлы эфирге узатылмақта. Бул абат ҳәм тыныш елимизде демократиялық мәмлекетимизде еркин нәпес алып атырғанымыздан дерек.

Талабанымыздың келеси 5 жылда әмелге асыратуғын бағдарламасы "Инсан қәдири ушын" принципине сүйенип, халықшыл сиясат әмелге асырылады.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Район ҳәкимлигине жыйналған саўлаўшылар районды раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Усыныслар жазып алынып, терең үйренилген ҳалда арнаўлы бағдарламаға киритиў белгиленди.

Кегейли районы сайлаўшылары менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Әйне мәўритлерде Кегейли районында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы даўам етпекте.

Райондағы 10-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнери мектебине Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасы менен жақыннан танысыў нийетиндеги сайлаўшылар жыйналған.

Илажды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил Абат Данияровқа сөз берди.

Исенимли ўәкил Абат Данияров сөзге шығып, топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы, өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген бес жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдынлары муғаллимшилик кәсибин мақтанышлы кәсип деп айтыўға уялар едик, себеби устаз муғаллимлер пахта мапазында да, ҳәттеки жыйым-терим мапазынан соң үйме-үй жүрип үй алды шығындыларыңызды тазалап отырың деп айтып шығар едик, абаданластырыўда да муғаллимлер тыным таппас едик. Ал, ҳәзир тек ғана балажанларымызға тәлим берип атырмыз. Қосымша жумыс ҳәм мәжбүрий мийнетлерден азат етилдик. Соңғы бес жылда устаз ҳәм муғаллимлерге деген ҳүрмет иззет күшейтилди. Устазлар ҳүрметли атақлар, медал, көкирек нышанлары менен сыйлықланбақта. Енди, биз муғаллимлер ҳақыйқаттанда мақтанышлы кәсип ийелеримиз деп бәлент даўыста айта аламыз, - деген еди шоманайлы муғаллимлердиң бири.

Ҳақыйқаттан да, талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен билимлендириў тараўында оқыўшыдан баслап оқытыўшы турмысына шекем түп бурылыслар болды.

@abatdaniyarov
#Kegeyli

Район сайлаўшыларының пикир ҳәм усыныслары менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Кегейли районында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил Абат Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы басланыў алдында тур.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Кегейли районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде ушырасыў болып өтпекте.

Ушырасыўда исенимли ўәкил А.Данияров, дәслеп жыйналған сайлаўшыларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмирбаяны ҳәм мийнет жолы менен таныстырып, өткен бес жыл даўамында әмелдеги Президентимиздиң тиккелей басшылығында барлық тараўларда әмелге асырылған реформалар ҳаққында сөз етпекте.


@abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

🎤 Исенимли ўәкил А.Данияров:

- Елимизде жоқары билимлендириўге қамтыў, алдын 9% болған болса соңғы 5 жыл ишинде 28%ке көбейди. Бир ғана Қарақалпақ мәмлекетлик университетин мысал етип айтатуғын болсақ, алдын студентлери 7 мыңға жетпейтуғын еди, ал ҳәзир бул университетте студентлер саны 23 мыңға жетти.

Алдын Қарақалпақстанда 5 ЖООлары болған болса, ҳәзир соңғы 5 жылда әмелге асырылған реформалар, жаңадан енгизилген механизмлер нәтийжесинде жоқары оқыў орынлары саны 10 ға жетти.

Алдын ЖООларына кириў қыйын еди. Ҳәзир аңсатласып, квоталар арттырылды, контракт төлемлери менен оқыўды қәлеўшилерге тәлим кредитлери ажыратылып, жеңилликлер жаратылмақта.

Әмелдеги Президентимиз айтқанындай;

- Енди ЖООларына кириў аңлатласады, бирақ енди диплом ушын емес ҳәр ким өзи ушын оқыйды.

Кадрлар мәселесинде де жаңа механизм енгизилмекте.

@abatdaniyarov
#Kegeyli

- Ертеңги келешегимизди, тынышлығымыздың кепиллигин биз тек ғана ҳүрметли талабан Ш.Мирзиёевқа исенемиз. Ол инсанның халық ушын қайғырыўы, инсан мәплери, халық пенен пикирлесиўи халықшыл инсан екенлигин ҳәр бир пуқара сезинип атырғанлығы сөзсиз, -дейди Шернияз Панаев. Биз бир даўыста Ш.М.Мирзиёевти сайлаймыз.

Жыйналған барлық сайлаўшылар Шернияз Панаев сөзлерин қоллап- қуўатлады. Соң, жас сайлаўшылар пикир ҳәм усыныслары тыңланып ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Кегейли районы Халқабад аймағындағы 2-санлы кәсип өнер мектебинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың аймақ сайлаўшылары менен ушырасыўы даўам етпекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Ушырасыўда аймақ сайлаўшыларының пикир ҳәм усыныслары билдирилмекте.


✍️ @abatdaniyarov
#Kegeyli_rayonı
#Jaslardıń_bos_waqtı

Kegeyli rayonı "Xalqabad" hám "Quyashli" máhállelerindegi jámlespegen jaslardiń bos waqtların mazmunlı ótkeriw maqsetinde sporttiń “Mini futbol” túri boyınsha jaslar komandaları arasında sport ilajları shólkemlestirildi.

@abatdaniyarov