Daniyarov Abatbay Saparbaevich
237 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
Шымбайлы сайлаўшылардың пикир ҳәм усыныслары менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
Forwarded from MAKAN.UZ
⚡️11 жыллық билимлендириўдиң қайта тиклениўи түп бурылысларға себеп болмақта

👉
https://makan.uz/kk/article/19014

@makan_uz
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 3 күн қалды

@abatdaniyarov
Әзийз ҳәм қәдирли ўатанласлар!

⚡️Бүгин, 21-октябрь – өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн.

✍️ @abatdaniyarov
Abdulla ARIPOV,
Ózbekstan qaharmanı, xalıq shayırı

ÓZBEK TILIM

Dım eskimen,
Kárwan menen zamanlar keshtim,
Nar túyeniń narlıǵı da ápsana eken.
Bir kún túye shubatınan shıpa dep ishtim,
Ana túye atın bildim-árwana eken.

Dáwri-dáwran súrippen men aq attı minip,
Hay-hay, onıń qoltıǵında bar eken qanat.
Waqtı kelip, dańq-dawrıqtan qıyalım tınıp,
Bilsem sońıra sol atımdı der eken – boz at.

Sen tawsılmas sháshmedursań oh, ana tilim,
Jetpis eki tamırıma máwij urıp kirdi.
Bir kún únsiz qalıp edi baǵda búlbilim,
Sanduwǵashım! – degen edim sayrap jiberdi.

Insan degen qutlı sózdiń tappadım teńin,
Ol tánhadur aspandaǵı quyashtay mısal.
Biraq birin bala deydi, birin óspirim,
Bul jigitdur, bul jasıullı, baba, aqsaqal.


2015-jıl
Awdarǵan:
Bahamdulla NURABULLAEV

Qaraqalpaqstan xabar agentligi rásmiy saytınan alındı

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
⚡️БАРЛЫҚ РЕФОРМАЛАР ИНСАН МӘПИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫ УШЫН

«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2021-жыл 19-октябрь күнги саны

✍️ @abatdaniyarov
⚡️Россиядағы өзбекстанлылар президент сайлаўларында қатнасыўы мүмкин

Мүддетинен бурын даўыс бериў Өзбекстанда, сондай-ақ, сырт елдеги сайлаў участкаларында да өткериледи. Усы жыл 24-октябрь сайлаў күнинде Россияда жайласқан Өзбекстан пуқаралары республиканың Санкт-Петербург, Казань, Ростов-на-Дону, Екатеринбург, Новосибирск ҳәм Владивостоктағы алты консуллығында жергиликли ўақыт пенен саат 8:00  ден 20:00 ға шекем даўыс бериўи мүмкин деп хабар береди xs.uz.

Өзбекстанның барлық ер жеткен пуқаралары консуллық дизимге қарамастан даўыс бериў процесинде қатнасыўы мүмкин.

Даўыс бериў ушын паспортыңызды көрсетиўиңиз керек.

Сайлаў нәтийжелери 2021-жыл 3-ноябрьге шекем жәрияланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@abatdaniyarov
#Тайынлаў

⚡️Турсынов Махсет Мухамедярович
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары лаўазымына тайынланды

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары лаўазымына Турсынов Махсет Мухамедярович тайынланды. Ол 1988-жылы Шоманай районында туўылған. Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 2015-жылы питкерген. 2016-жылдан «Камолот» ЖЖҲ, 2018-жылдан Жаслар аўқамы, 2020-жылдан Жаслар ислери агентлиги системасында нәтийжели мийнет етип келмекте.

М.Турсынов усы күнге шекем, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Мәлимлеме-таллаў ҳәм қадағалаў бойынша қәнигеси лаўазымында жумыс иследи.

✍️ @abatdaniyarov
⚡️Өзбекстан республикасы жаслар ислери агентлиги Беруний районы бөлими баслығы тайынланды

Өзбекстан республикасы Жаслар ислери агентлиги Беруний районы бөлими баслығы лаўазымына Матякупов Темур тайынланды.

Т.Матякупов усы күнге шекем, Жаслар ислери агентлиги Беруний районы бөлиминиң Жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлигин раўажландырыў бойынша қәнигеси лаўазымында жумыс иследи.

✍️ @abatdaniyarov
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 2 күн қалды

@abatdaniyarov
“Ҳәр бир студентке айына 5 ГБ бийпул интернет бериледи” — Шавкат Мирзиёев

▪️Президентликке талабан Ш. Мирзиёевтиң айтыўынша, Ташкентте, Жаңа Өзбекстан көшеси бойлап бир неше ЖООларды байланыстырған ҳалда 25 мың орынлы кампуслар шөлкемлестириледи.

▫️Магистратура ушын Ташкенттеги жеке ЖООларға 200 грант орны ажыратылады. Магистратураға киретуғын ҳаял-қызлар ушын мәмлекет жоқары оқыў орныларына 500 грант бериледи.

▫️Жас илимпазлардың илимий мақалаларын белгили халық аралық илимий журналларда баспадан шығарыў қәрежетлери бюджеттен қаплап бериледи.

KRuz.uz

@abatdaniyarov
Өзбекстан Республикасы Президентиниң көкирек белгиси ҳәм штандарты енгизиледи

▪️Көкирек белгиси ҳәм штандарт (байрақ) жаңадан сайланған президентке ант ишкенинен соң тапсырылады. Тийисли нызам жойбары бүгин нызамшылық палатасында қабылланды.

Парықлаўшы белги ҳәм штандарт – “шет ел тәжирийбеси” екени, “халық ҳәм жәмийет тәрепинен билдирилген исеним белгиси” болыўы айтылмақта.

KRuz.uz

@abatdaniyarov
⚡️Президент перзентликке алыў бойынша нызамды имзалады

👉 Толық оқыў

✍️ @abatdaniyarov
#Bozataw

Бүгин, Бозатаў районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил Абат Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровқа сөз берди.

Исенимли ўәкил А.Данияров сайлаўшыларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырып, өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған реформаларды турмыслық мысаллар атап өтти.

Әйне маўритлерде, исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Кегейли районында даўам етпекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Кегейли районы Халқабад аймағындағы 2-санлы кәсип өнер мектебинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың аймақ сайлаўшылары менен ушырасыўы даўам етпекте.


✍️ @abatdaniyarov