Daniyarov Abatbay Saparbaevich
255 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Taqıyatas

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Соңғы жылларда мектепке шекемги билимлендириў системасы түптен жаңаланды.

- Келеси жылдың жуўмағы менен мектепке шекемги билимлендириўдиң қамтыў көрсеткишин 65 процентке, 2023-жылдың соңында болса 75 процентке жеткериўимиз керек. Бул жумысларға бюджеттен 600 миллиард сум субсидия бериў есабынан қосымша 2 мың мәмлекетлик емес бақша шөлкемлестирилип, жеке меншик сектордың үлеси 25 процентке жеткериледи. Сондай-ақ, 2021-жылы мектепке таярлаўдың бийпул системасы менен 6 жасқа толған 560 мың бала ямаса олардың 82 проценти қамтып алынады,-деген еди Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында.

Мине бүгин биз бүгин әмелдеги көринисиниң гүўасы болмақтамыз.Мектепке шекемги билимлендириўге қамтыў күн сайын сезилерли дәрежеде артып бармақта. Алдағы ўақытьлары, мектепке шекемги қайта таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Taqıyatas

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

2017-жылы Тақыятас районының қайта шөлкемлестирилиўи, аймақты раўажландырыў бойынша әмелге асырылған ис-илажлар тиккелей әмелдеги Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылды.

Ш.Мирзиёев халық дәрти менен жасайтуғын, халық кеўлиндеги нийетлерин жүректен сезинетуғын халықшыл инсан. Ол Қарақалпақстанды қарақалпақстанлылардан да, Тақыятасты тақыятаслылардан да жақсы биледи.
Халқымыздың нийетин, әрманын орынлаў жолында тынымсыз ҳәрекеттеги жанкүйер, ҳақыйқый лидер.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил Абат Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Шоманай районындағы "Мамый" аўыл пуқаралар жыйынында даўам етпекте.

Илажды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровқа сөз берди.

Сайлаўшылар Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы менен таныспақта.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Мине биз турған "Мамый" аўыл пуқаралар жыйыны "Абат аўыл" мәмлекетлик бағдарламасына киритилип, бул имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы, аймақта автомашина ҳәм пиядалар жолларының оңланыўы, 11-санлы МШБМ алдына балалар майданшасының қурылыўы, пуқаралардың өз-ара байланысын жақсылаў мақсетинде шийше талшықлы кабеллериниң толық тартылыўы, мектеплердиң жаңа заманагөй инвентарлар менен тәмийинлениўи, қайта реконструкцияланыўы соңғы бес жылда ҳүрметли әмелдеги Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген халықшыл сиясатының жемиси.


@abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay
#fotoreportaj

Сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

Хожели районындағы "Жайҳун" ШФЙ аймағындағы 26-санлы улыўма билим бериў мектебинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў илажы өткерилмекте.

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров сайлаўшыларды дәслеп, Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм машақатлы мийнет жолы менен таныстырды. Соң, әмелге асырылған реформалар турмыслық мысаллар менен атап өтилмекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

- Ҳәзир, оқытыўшылар көше сыпырмайды, оқыўшылар металлом ҳәм макулатура жыйнамайды. Әмелдеги Президентимиздиң турмысымызға енгизген инсан мәплерине хызмет етиўши жаңа механизми нәтийжесинде мәжбүрий мийнетке шек қойылды.
Шегарамыздағы әскерлер минут емес, секунд уйықламастан қәўипсизлигимизди тәмийинлемекте. Егерде, Сурхандәрья ўәлаятында танысларыңыз болса шегарадағы жағдайды сорасаңызлар, шегарадан төрт адым қәдем басса аҳўал қандай екенлигин еситесизлер. Ол жақта аҳўал жүдә аўыр екенлигин, социаллық тармақлардағы видеокөринислерден де көрсеңиз болады.

Бүгинги тынышлығымыз Ш.Мирзиёевтиң армиямызға деген айрықша итибарының нәтийжеси.Кеширесизлер, әмелдеги Президентимиз ўақтында армиямызға күш салмағанында Талибан ҳәрекети алдымызда турар еди.

Ол инсанның күшли сиясый ғайраткер, халықшыл екенлигин бүгинги абат ҳәм пәраўан турмысыз дәлийлеп береди.

Президентимиздиң басламаларының, халықтың тынышлығы ушын әмелге асырған ийгиликли ислериниң сан санағы жоқ, -дейди А.Данияров

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Taqıyatas

Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Тақыятас районы "Найманкөл" аўыл пуқаралар жыйынында даўам етпекте.

Исенимли ўәкил аймақ сайлаўшыларын Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.

- Хабарыңыз бар, ҳүрметли әмелдеги Президентимиз ең дәслеп сайлаўалды ушырасыўын Қарақалпақстаннан баслады. Бозатаўда болып өткен ушырасыўда:

- Мениң бара алмаған аймақларыма, Қарақалпақстанның барлық шетки аймақларына барып пикир усынысларын тыңла, кейинги бес жылда әмелге асыратуғын реформаларымыздан хабардар ет, -деп исеним билдирген еди. Мине, усыннан аңлаў қыйын емес ол инсанның пүткил халқымыздың дәрти менен жасайтуғын халықшыл екенлигин.
Мине, бүгин Тақыятас районы аймақларына төртинши мәрте келиўимиз. Ҳәр сапар, халықтың усынысларын тыңлаў мақсетинде барлық аймақларды қамтыўға ҳәрекет етип атырмыз, -дейди исенимли ўәкил А.Данияров.


@abatdaniyarov
🔴#live
#Taqıyatas

🎤 Исенимли ўәкил А.Данияров:

- Бәршеге мәлим, әмелдеги Президентимиз жақында Түркменстан Президенти менен ушырасыўында өз-ара меморандум имзалады. Онда 23 ҳүжжет қабылланып, қарарлар қабыл етилди.

Еки мәмлекет Президенти ушырасыўын туўрыдан-туўры эфир арқалы бақлап барғанымызда ҳүрметли Ш.Мирзиёев:

- Биз өз товарларымызды теңиз арқалы Европа мәмлекетине алып шығыўға келистик,- деген еди.

Бул дегени, енди Қарақалпақстан товарларын, Найман алмаларын сырт еллерде жүрип алыў имканиятына ийе боламыз.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қараөзек районындағы Кәсип өнер мектебинде исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

- Бүгинги күнде, оқыўшылар металлом ҳәм макулатура жыйнамайды.Оқытыўшылар көше сыпырмайды, пахтаға бармайды, газета журналларға мәжбүрий жазылыў тоқтатылды. Әмелдеги Президентимиздиң халықшыл сиясаты нәтийжесинде мәжбүрий мийнетке шек қойылды, -дейди исенимли ўәкил.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдын республикамызда жоқары билимлендириўге қамтыў 9 процентти қурайтуғын еди. Ал, ҳәзир соңғы бес жылда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде 28 процентке жетти. Алдағы бес жылда 50 проценике көтериў жобаластырылған.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Әйне мәўритлерде, Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде
Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың аймақтағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдынлары хызмет сапары менен районларға барғанымда, аянышлы жағдайлардың гүўасы болар едик. Исши топар менен колледжлерге барсақ, оқытыўшылар оқыўшылардың колледжге келмеслигинен қыйналар еди. Қатнас мәселесинде тексергенимизде, бир топардағы балалар санын санап болғанымыздан соң, екинши этажға бизлер көтерилемен дегенше, төменги этаждағы оқыўшылар бизден алдын кирип үлгерген болар еди. Дурыс, барлық оқыўшыларды бир көргеннен есте сақлап қалыў қыйын. Бирақ, ҳәр аудиторияда бир-бирине уқсас оқыўшылар итибарды тартар еди. Буған, оқытыўшылар айыплы емес еди. Олар мәжбүр болар еди.

Мине усындай машқалаларды жоқ етиў мақсетинде әмелдеги Президентимиз басламасы менен колледжлер искерлиги сапластырылып, 11 жыллық тәлимниң қайта тиклениўи, жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў дәрежесиниң сезилерли дәрежеде көбейиўи билимлендириў тараўында түп бурылысларға себеп болмақта.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Дурыс, машқалаларымыз жоқ емес. Бар.

Ҳәммеси басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта.

Ҳүрметли Ш.Мирзиёев Қарақалпақстанға болған сапарында:

- Билемен, еле машқалаларымыз бар. Маған ўақыт жетпей атыр, 25 жыл ўақтымызды жоғалтып қойдық, -деген еди.

Мине соңғы 5 жылда қаншадан-қанша машқалаларымыз өз шешимин тапты. Нақ пул ҳәм пластик, мәжбүрий мийнет сыяқлы шешим тапқан машқалаларымызды атап өтсек сан-санағы жоқ.

Биз әмелдеги Президентимизге исениўде даўам етсек, ҳеш бир машқаламыз шешимсиз қалмаслығын биз бүгинги реформалардан аңлаўымыз қыйын емес.

@abatdaniyarov