Daniyarov Abatbay Saparbaevich
251 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Qaraózek

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Қараөзек районында даўам етпекте

Еслетип өтемиз, ушырасыўды инстаграм социал тармағымыз арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Өткен бес жыл даўамында гендер теңлиги ҳәм билимлендириў тараўында тарийхый түп бурылыслар болды. Тек бул тараўда емес, барлық салаларда жаңа механизм енгизилди.

Мен студент ўақтымда көплеген қыйыншылықлар болған. Студентлигимде контракт шәрнамасы төлемине 25 мың сўм жетпей қалса да сабақтан шығарып жиберилгенмен. Сол ўақытта 25 мың сўм ушын устазымыздан алатуғын билимлеримизди өзлестириўде үзилислер болар еди. Ҳәзир қандай?

Ҳәзир оқыйман деген жаслар ушын тәлим кредитлери, грантлар ажыратылмақта. Қосымша квоталар бар.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

Қараөзек районы саўлаўшылары районды раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Усыныслар жазып алынып, терең үйренилген ҳалда арнаўлы бағдарламаға киритиў белгиленди.

Қараөзекли сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

Қараөзек районы ҳәкимлигинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың аймақ сайлаўшылары менен ушырасыўы өткерилмекте.


✍️ @abatdaniyarov
#Qaraózek
#fotoreportaj

Қараөзекли сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсеьинде Қараөзек районы "Мәденият" АПЖ аймағындағы Мәденият орайында исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.

Ушырасыўға нуранийлар, жас сайлаўшылар ҳәм жәмлеспеген халық жәмленген.

Илажды ӨзЛидеп Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровқа сөз берди.

Исенимли ўәкил Абат Данияров топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдынлары ҳәкимлер, аймақ ҳәм аймақ турғынлары машқалаларына шешим табыўда көп қыйыншылықларға дус келер еди. Ҳәзир, ҳәкимлер өз қала, районын абаданластырыў, раўажландырыў бойынша зәрүр шараятларын өзи жаратыў имканиятына ийе. Халықтың ишине кирип олардың машқалаларын унамлы тәрепке шешип бермекте, анағурлым дәрежеде машқалалар сапластырылмақта.

Бул, ҳүрметли талабан Ш.Мирзиёевтиң соңғы бес жыл ишинде жергиликли ҳәкимликлердиң ўәкиллигин кеңейтиў бойынша жаңа система жаратып бергенлиги нәтийжеси.

Өйткени, алдын арттырылған бюджет дәраматлары орайласқан бюджетке барып тусер еди. Ҳәкимлер орайласқан бюджеттен қаржы алыўы қыйын болған. Алса да, оларға қаржылар ссуда (қайтарыў шәрти менен) тийкарында берилетуғын болған. Ал, ҳәзир қала, районлардың арттырылған бюджет дәраматлары өзлеринде қалатуғын болды.

Енди, ҳәкимлер "еркин қалдық" есабынан пуқаралар мүрәжатларының унамлы шешим табыўы ушын қаржы жумсаў ўәкиллигине ийе болды.

@abatdaniyarov
#Qaraózek

Қараөзекли сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қараөзек районындағы Кәсип өнер мектебинде исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

- Бүгинги күнде, оқыўшылар металлом ҳәм макулатура жыйнамайды.Оқытыўшылар көше сыпырмайды, пахтаға бармайды, газета журналларға мәжбүрий жазылыў тоқтатылды. Әмелдеги Президентимиздиң халықшыл сиясаты нәтийжесинде мәжбүрий мийнетке шек қойылды, -дейди исенимли ўәкил.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдын республикамызда жоқары билимлендириўге қамтыў 9 процентти қурайтуғын еди. Ал, ҳәзир соңғы бес жылда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде 28 процентке жетти. Алдағы бес жылда 50 проценике көтериў жобаластырылған.


✍️ @abatdaniyarov
#Qaraózek

Ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov