#Жаңалық
⚡️Кегейли районында "Жаслар орайы" қурылады
Кегейли районындағы "Нурлы бостан" МПЖ аймағында усы проект бойынша "Жаслар орайы" имаратының қурылысы басланыў алдында тур.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-майдағы “2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында” ғы 327-санлы қарары қабыл етилген.
Оған бола, 2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қосымша дереклери есабынан 30,0 млрд ҳәм Кегейли районы жергиликли бюджетиниң қосымша дереклери есабынан 16,0 млрд сўм қаржы ажыратыў белгиленип, ҳәзирги ўақытта қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Сол тийкарда, район орайында "Жаслар орайы" имаратының қурылысы басланыў алдында тур.
✍ @abatdaniyarov