Халила Дәўлетназаров
462 subscribers
206 photos
92 videos
11 files
62 links
Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы
Download Telegram
ӘКЕМНИҢ ШЫЖЛАН ҚАЛТАСЫ

Әкемниң бар еди шыжлан қалтасы,
Оннан ҳешўақ акша арылған емес.
Пул услап-тутыўға болса да қатты,
Кең пейили онша тарылған емес.

Аўылда пахтакеш ата-анамның,
Билмедим, ол ўақта қандай айлығы?
Бирақ та, бизиңше; усы шыжланда,
Дүньяның көл-көсир бираз байлығы...

Гә-гәде келтелик еткенде колым,
Муртымды кешмиштиң шаўып балтасы,
Сағынтып есиме түсе береди,
Әкемниң сол шерим шыжлан қалтасы.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (364-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
БИЗДЕ...

Бизде орманлар кем, бары да сийрек,
Жанғанда жете алмас жалынға жалын,
Көшпели қумларды байлаўшы шынжыр,
Тоғайлар зәрүр-ақ тутасқан қалың.

Олардың азлығын билдирмеў ушын,
Дарақлар орнына болалсақ дарақ?
Мисли үстимизде думанлар тунып,
Ҳәр бир шақа өзин сезинсин жарақ.

Пүткил халық ормандай сығассын мисли,
Заңғар “отыншы”лар пейлинен таўып.
Бир-бирин жаздырмай, мүмкин болмасын,
Бирде-бир ағашын алыўға шаўып.

Әлбетте, бизде де таўлар баршылық,
Болмағаны менен жудә бир бийик.
Саҳрамызға дәркар екенин сөзлеп,
Жүремиз әрманлап, кеўилге түйип.

Бәрҳа да белгили олардың орны,
Сусы сескендирип, турса сиресип.
Туўылды ма сондай мүтәжлик, демек
Шығыў шәрт айбатлы таўлардай есип.

Өзлерине қайтып урған сүймени,
Жаза тартсын қалып бәледе басы.
Мийтинлиги сонша, мүмкин болмасын,
Қозғалып, бөлинип бирде-бир тасы!

Назырқаныў неге туўылған жерден,
Мумкин бе ақыры, анаңнан налып.
Теңизден қурыкол емес едик-тә,
Тәбият оны да қояжақ алып.

Шөлиркер гезлери жудә көп шөлдиң,
Уллы суўлар лекин, дым гене жырақ.
Қүдирет тымсалы болған олардың,
Орны жийи-жийи билинер бирақ.

Халык, сонда гүркиреп теңиздей терең,
Қайтпас қайсарлырын көрсетип туўлап.
Мисли, уран салсын ҳәр бир арашы,
Даўыллы, жамғырлы торайдай шуўлап.

Таўлардың пәслигин билдирмеў ушын,
Ҳәр бир перзент өзин таў киби тутсын.
Жаман пыйғыл менен келсе кимде-ким,
Мисли, толқын атқан теңиздей жутсын.

Онша зәрур емес – таў, теңиз, орман,
Беккем қол устаскан ел турса толы.
Ҳәр нени күсермиз, бәринен бетер,
Мәрт болып жасаўдың изленгей жолы!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (364-365-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
БАҒ ҲӘМ БАҒМАНЛАР

Бағман үмит тикти, нәлшелер екти,
Маңлайы тер булап, көп мәнет шекти.
Мийрим нурын берип ҳәр бир дараққа,
Бағ айналды кем-кем қулпырған баққа.
Ол көзге көринип, алынып тилге,
Жаңа мейил берген пайт еди гүлге.
Таза бағман келип “рәўият” тапты,
Нәўше ағашларды путады, шапты.
Нырққа сыймас ислер бул жерде сыйды,
Жап-жас дарақлардың желкесин қыйды.
Өзинше топшыллап, шанышқан болып нәл,
Дөгерегин қоршап жүргизди дийўал.
Мақул екен мәйли, дүзетсин ҳәрем,
Әттең, қылғылықлар гүжиди ғәррем.
Бағ баслаған мәҳәл мийуа көрсетип,
Басқа бағман келип, бурынғы кетип...
Зобалаң тийгизди түпиринип мушқа,
Үмитлер тағы да айналды пушқа.
Қулақ еситпеген, бирақ көз көрди,
Бағманға сай бағ да талай өзгерди.
Нәўшелер бой тиклеп жалшымас есип,
Көргенлер ҳайрана: бул, калай?–десип.
Жемис-жийдегинен тәмедар журты,
Күтип жасап атыр ойылып урты...

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (366-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
АЎЫЛ ӘРМАНЛАРЫ

Дурыслы иси шамалы,
Бул жөлекпе каланың.
Қәдирине жеттик пе,
Туўып ескен даланың.

Төрт-бес китап жазғаным,
Қарқ болдым ба танылып.
Қайтар!–дермен аўылға,
Тәғдириме жалынып.

Қаладан ўаз кешермен,
Рәҳәти бар болсын.
Тас төселген көшелер,
Излериме зар болсын.

Қыйын, қыйын күнлерде,
Ҳешким саған қарамас.
Бул қосықлар әдира...
Бир дәртине жарамас.

Етпегенмен ҳеш тәме,
Артық-аспай нәрсени.
Аўылласлар сыяқлы,
Деп ойлаппан бәршени.

Үлестирип атыр деп,
Ким шақырды шәҳәрге!
Айлықшымыз көз сүзди,
Жетиў әрман бәҳәрге...

Бирим еки болар деп,
Қамтәмени қой енди,
Дарқан жасап далада,
Жазылсын бир бой енди.

Қәдириң жоқ жерлерде,
Жүре берип нетемен.
Бул, ең соңғы шешимим,
Мен аўылға кетемен.

Ески үйим орнында,
Жаңа жай бой тиклейди.
Аўыл, маған, билемен,
Бираз миннет жүклейди.

Онын ҳәр шөп, гиясын,
Зер сөзлерде тоқыйын.
Жол гүзеткен талларға,
Барып қосық оқыйын.

Олар мени күтпекте,
Таныр, тыңлар берилип.
Жасар едим рийза,
Мен өзиме көринип...

* * *

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (366-370-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
***
Анажаным, түсиме,
Жийи-жийи енесең.
Абыржыўлы жүзиңиз,
Бийтақатсаң неге сен?

Маған бираз наразы,
Тусинбедим байыбын.
Бар екенин билмеймен,
Қәйдем, қандай айыбым?

Излеп табар балаңды,
Қай-қайдағы уўайым.
Қәлбим солай қурылса,
Анажан, не қылайын!

Тартқысында турмыстың,
Не барымға бармадым.
Жай-жағдай деп бирақта,
Ҳешкимге тис жармадым.

Сөзден басқа ҳеш затқа,
Болмай шықты уқыбым.
Ой-қыялым бас жипсиз,
Гей ўақта жер шуқыдым.

Көрмегенмен бурын ҳеш,
Бүйтип қабақ шытқанын.
Еди ҳадал сыяқлы,
Ҳәр не услап-тутқаным.

Дизгинимиз тартыўлы,
Тәрбиясы уяның.
Тиймеп еди ҳешкимге,
Тилим, сөзим, зыяным.

Мийирман қыз туўысқан,
Гүл-мийўалы бағларым.
Тай-қулындай тебискен,
Әҳ, балалық шағларым...

Бес, он емес, изиме,
Ерген жалғыз иним бар.
Даўысласа аға деп,
Елжиреген үним бар.

Жорый алмай түсимди,
Қыял журтын шоларман.
Ис еттим бе намақул,
Хабар алмай олардан.

Ақлықларын жат жерде,
Еки қолым жағамда.
Аңсат болып жүрген жоқ,
Анажан, бул маған да!

Дурысы, бизди бурын ҳеш,
Көзден таса етпедиң.
Баллар киби бул күнги,
Талап ислеп кетпедим.

Қәўетериң орынлы,
Деймен; азмаз шыдайын.
Перзентлерим жырақта,
Өзиң сақла Қудайым!

Тәшўиш тасып төгилмиш,
Кеўил деген сабада.
Тийеберсин айтыўды,
Умыттым ба набада.

Пийшембиде келеси,
Зыяратлап қайтарман.
Қәбириңиз басында,
Анажан, не айтарман?!
***

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (366-370-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
***

Не-не заман, не заман,
Биз аўылдан кеткели.
Бул өмирдиң көп екен,
Тайғақ, қыснақ өткели.

Байтеректей шақалы,
Аўылымыз - қыясы.
Бунда мисли үйимиз,
Қурқылтайдың уясы.

Әрманлар-ек әжайып,
Не-не шийрин әрманды.
Шанарағы әкемниң,
Онда бираз бардамлы.

Шала ояў көп көрдик,
Үлкен-үлкен түслерди.
Атқарыстық атызда,
Аўыр-аўыр ислерди.

Тек, талапшыл жоқары,
Санаспайды ҳал менен.
Аўыл халқы жер тырнап, –
Күни кешкен мал менен.

Елеслердиң усы бир,
Қәдирли ҳәр қыйқымы.
Сезинбедим еле мен,
Сондай татлы уйқыны.

О, қаншама бул жерде,
Татылмаған дуз қалды.
Қыялымда доланып,
Ең бир сулыў қыз қалды.

Неге бунша, буншелли,
Асығыўлы атландым?..
Өзимди өзим жазғырып,
Сон көп мәрте дат салдым.

Кеўлим талай қулазып,
Басым талай ийилген.
Мушым талай түйилип,
Жаным талай күйинген.

Қашшан ақ түс алғалы,
Қара шашдек мойылдың,
Ҳақыйқатқа ашырқап,
Жалғанлардан тойындым.

Өмиримниң усы журт,
Екен алтын жасқасы.
Болмаса да жүдә сырт,
Басқашарақ басқасы.

***

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (366-370-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
***
Тандырдан нан ийиси,
Таралар тан азаңнан.
Отлы болып ошағы,
Сүт тасыйды қазаннан.

Жайнар қызғыш шереклер,
Сүтке ийлеп жабылған.
Қыйлы жемис-жийдеклер,
Дастурханнан табылған.

Қолы ашық сақыйым,
Тегин-шашын гүз ели.
Шертип, сайлап пәлектен,
Әкем қаўын үзеди.

Ерип оның изинде,
Моншак-моншақ терледик.
Анамыздың биз онша,
Дем алғанын көрмедик.

Айланшықлап шыраны,
Болып молламдөгерек.
Көзимиздиң майларын,
Китапларға төгер-ек.

Отырады анамыз,
Уйимизди толтырып.
Шай ишеди әкемиз,
Салтанатын келтирип.

Кетти, айтып таўысалмай,
Басланған туп сағасын.
Ақ суп көйлек кийгени,
Ҳеш кир шалмас жағасын.

Шынтлап жанса томарлар,
Отқа солай қаланған.
Темир пешти гүрлетип,
Қызыл тили жаланған.

Бундай уллы ыссыны,
Бундай шоқты көзимиз,
Елеберин көрмеген,
Әҳ, сол, сол бир гезимиз...

Бул, бул өмир... бул өмир,
Ағыслы да, ийримли.
Ушыратпадым ҳеш жерден,
Бундай уллы мийримди.

Кеўлинде бир еркинлик,
Кең аспан, кең жазығым.
Табар дейди атлар да,
Айланып өз қазығын...
***

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (366-370-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
***

Гүреңитер үн-түнсиз,
Баяны жоқ соқпақлар.
Өкинишли жүрегим,
Өзин-өзи тоқпақлар.

Күн қақлаған аңызлар,
Жатыр аппақ бозығып.
Шаршаңқырап келдим мен,
Жүзим бираз тозығып.

Тербелисер дарақлар,
Әлик алып сәлемим,
Олар менен бул жерге,
Тен шашылған нәл едим.

Ақшам шағал-мәслигин,
Қурады қус-анлары.
Атар еди тамылжып,
Қызыл борлат таңлары.

Опадарлық тымсалы,
Жуб жазбас жуп қумыры.
Барсызлар ма үстинде,
Жердиң мына жумыры?

Шымалайлар не дейсиз?
Мен сизлерди тыңлайман.
(Тәшўишсиз жан жоқ өзи)
Муңыңызды муңлайман.

Гүбелеклер еле сол,
Епелеклеп ушып жүр.
Ийнеликлер азанғы,
Мөлдир шықтан ишип жүр.

Бул жасыл журт, усы зер –
Топырақтан нәрленер.
Нектар жыйнап күн бойы,
Тынбайды пал ҳәррелер.

Жупынылаў болса да,
Қуўантады көзлерди.
Тердим бунда мендағы,
Ең ширели сезлерди.

Кеўилимде олардан,
Қосық деген гүл есип,
Журмен енди журтыма,
Сол жырларды үлесип.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (366-370-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
ШЫДАМ

Шыдағанша шыдаң, шыдаңлар, шыдаң...
Мурадына жеткен сабырлы мудам.
Кеўиллер шынлыққа жасассын питим,
Күтиң, күтиң... керек болғанша күтиң.

Оқлаўлы ма жигер аталмыш писен,
Исен, әўел, тек те өзиңе исен.
Жасаў деген қыйын, оғыры қыйын,
Тек те, Аллаға, тек, халқыңа сыйын.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (370-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
ЖАМАЛ МАҚСЫМ

Тәрезиси дурыс қурылған,
Бул журт текли ел бурыннан,
Ҳаслы қыпшақ-саңмурыннан,
Тебериктей Жамал мақсым.

Гүжимлер журты “Бес көрик”,
Кимлер етпеген төс керип,
Кеп сыр аңғартып-ескерип,
Жөн силтеген Жамал мақсым.

“Жаман аўыл”, “Қыйсық терек”,
Ат шаппаған елден ерек,
Ҳалаллықтан мәртлик дөреп,
Жәўҳар киби Жамал мақсым.

“Шағал көпир”–“Шоқ тораңғыл”,
Бир жаға бой – бир жол даңғыл,
Ели-халқы десе: жанғыл!
Жалынлаған Жамал мақсым.

Кеўиллеринде бар жақты,
Жақтылық, демек, бар бахты,
Қалың аўыл “Қазаяқлы”, –
Қол қаўсырысқан Жамал мақсым.

Анна, Бексыйық, Қуйында,
Сән-саўлат болып жыйынға,
Халқы дус келсе қыйынға,
Қанатлаған Жамал мақсым.

Таңлап Айжамал апаны,
Дәўранлар сүрген сапалы,
Жубатқан кеўли қапаны,
Шийрин сөзли Жамал мақсым.

Ҳақ бәрин билип-көриўши,
Жақсылар тәлим бериўши,
Естек, Әйтеке, Шериўши,
Жайлап өткен Жамал мақсым.

Өтти нешше қыс ҳәм жазы,
Қатарының жоқ биразы,
Туўған топырақ ыразы,
Азаматы – Жамал мақсым.

Болды қолы гүл, өнерли,
Ар-намыслы, аңлы-серли,
Десек: гәўҳарды гөнерди,
Жарасар ма Жамал мақсым.

Гүжимдей қойыў саялы,
Хәр истиң бардур паяны,
Жанын қайўақ бир аяды,
Журтым деди Жамал мақсым.

Халқабадтың уламасы,
Перзентлер – шадлы қаласы,
Қутлы болсын Сексен жасы,
Қыдыр сыпат Жамал мақсым!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (375-377-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
ҚАРАЖАН ҚАЙСАР

Мәйли-дә... жүзиме салың минимди,
Нетейин, бездирсе меннен динимди...
Мәртти дос деп билдим душпан болса да,
Намәртлерге қалдырмағай күниңди.

Менменшилик моншағынан сытылдым,
Тәғдир ойынында яман утылдым,
Жаны қурғыр татлы екен ғой дым гене...
Алпамысты мойынлап, дос тутындым.

Қай-қайдағы теги басқа қалмақпан,
Қасарысқан жеримнен қан алмақпан,
Байшубарды оздырсам деп бәйгиде,
Қара атым қарқыратып шалмақпан.

Мақул я намақул қәдем тасладым,
Ҳеш жас шықпас жанарымды жасладым,
Бар үмит, әрманым – пүткил болмысым,
Усы дослық, ушын айырбасладым.

...Бүйириме тарттым қанша яранды,
Биразының көкиреги караңғы,
Нәпси ийти үрип, сайып сыртымнан,
Жаңартады жүректеги жарамды.

Журт сораған беглер көзге илмеди,
Не ғәрремлик баўырымды тилмеди,
Өмиримше халық деп қанлар жутсам да,
Бул ел мениң қәдиримди билмеди.

Пәрўардигар, көкке жеткер наламды,
Жаныў-жисмим дәрт отына қаланды,
Тайшаханның иси сумлық, жаўызлық,
Қарсы қайрар Доспанбеттей баламды.

Айтар сөзим ақ семсерде айтарман,
Бассыз аламанға тек бас шайқарман...
Өз елинен теңлик таппай, дос таппай,
Аш қасқырдай жалғыз жортқан қайсарман.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (378-379-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
ШАҒЫНЫЎ

Художник Қыдырбай аға САЙЫПОВқа

Дәрт шаңын жутып жасаған,
Көкирегин қайғы қашаған,
Халқыңа кимдур тасадан,
Тас атса, қәлбиң кан аға!
Бар еле бираз минимиз,
Сөйлесек шықпас үнимиз,
Не көрген барды күнимиз,
Айлана дузлы шаң аға.
Жети жат бизге ҳарамлық,
Ҳадаллық әйлер яранлық,
Тәбият етип сараңлық
Пейиллер кем-кем тар аға.
Көзлер тояты қанған жер,
“Балам!” деп бозлап қалған жер,
Сендей шад, сендей жанған жер,
Тек, сүўретиңде бар аға.
Тақылдатқанлар таңлайын,
Сорлатар, сордың маңлайын,
Журтыңның жайы-жағдайын,
Сорасаң, усы ҳал аға.
Кеўлиңе дурыслық хат еди,
Нәпеклик, сумлық жат еди,
Илҳамың – дүлдил ат еди,
Әрманың саған яр аға.
Гүл болдың қызлар қолында,
Көп гездиң ҳақлық жолында,
Жасаўда даңқын соңында,
Нурланып атқан таң аға.
Үйрендиң бүлбил ҳаўазың,
Ап-аппақ өмир қағазың,
Инсанлық – уллы лаўазым,
Өзиңдек жанға тең аға.
Қосыққа саз боп үйлестиң,
Жалғанға шын боп жүзлестиң,
Халқыңның бахтын излестиң,
Пәрўазы белент жан аға.
Жүректи жағып жазғаның,
Сүўрети екен әрманның,
Сайрағыш кеўил тарларың,
Қарақалпақша намаға.
Ескерсин өмир бунымды,
Сорарман оннан қуныңды,
Өнерде көркиң-сыныңды,
Айтыссақ, көзлер ләм, аға.
Сөзиңнен шытнап тас сынған,
Еплемейлер сенсиз асқынған,
Зәўрениң көзин жас қылған,
Изге бир нәзер сал, аға.
Гүбелегим урған жалынта,
Қусымсаң түскен қалыңға,
Сүйенген сәрўи талыңа,
Нәллериң саўлат-сән, аға.
Шаҳ едиң, болды гәдалық, –
Даналық, гейде садалық,
Ертеңин елдиң яд алып,
Еңиреп кеткен жан аға!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (379-381-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
БАХЫТ

Алдыңда ас турып аш болдырмағай,
Шын иштейиң менен асаған бахыт.
Ҳешкимге көз сатпай, бул қара жерди,
Қайра-қайра басып жасаған бахыт.

Оны күткендурсыз, әй, сиз, бирадар,
Бул дүнья дегенге келиў де бахыт.
Соңыра жасың жетип, жаманлық көрмей,
Өз әжелиң менен өлиў де бахыт.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (381-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
БИРАҚТА.. .

Ҳасыл инсанлар көп Қарақалпақта,
Ҳақ жанларды жақын тутады Ҳақ та,
Халықтың атына сай халық дийдиндеги,
Урпақлар баўлынбақ дәркар, бирақ та...

Белгили беглер бар Қарақалпақта,
Ҳәр бири ылайық бир ханлық, тахтқа,
Семирип жүргенлер өз демлерине,
Жолы халық жолынан бурыў бирақта.

Уламалар өрнек Қарақалпақта,
Дурыслық дәргайында ҳәр қандай ўақта,
Қәсийетли базары обал-саўаптьң,
Бираз жарлы түсип кеткен бирақта.

Зиялы аз емес Қарақалпақта,
Не жазар халық қәлби аталмыш хатқа?
Ел-улысқа ықпал өткизе билер,
Батыл, билимданы кемлеў бирақта.

Ең расгөй халық Қарақалпақта,
Дәўирлер мойынлап көп шыққан атқа,
Бабалардай болыўға – мәрт, бирликли,
Бир-бирин түсинисе бермес бирақта.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (382-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
ЖАРАСАР
Мәтжан ағаға

Аға, бүгин Сиз деп сөзлегим келди,
Сулыў сөз сейдинин гөзлегим келди,
Бул жолларда бираз төзбегиң келди,
Бүгин ат-жөниңиз елге жарасар.

Қаршыға қайғырар ушыўдан талса,
Арғымақ ар билер шабыстан қалса,
Дәрья, дәрья емес – бос аңғар болса,
Халыққа хызмет етпек ерге жарасар.

Инсанға – пазыйлет, Күнге – нур төкпек,
Жақсылықтың ҳинжи-дәнлерин екпек,
Бас - қатар, жүрекке – ҳәсирет шекпек,
Жылтырлық - алтынға, зерге жарасар.

Көркин көз-көз етип гүллер жайнаса,
Дарақлар бүр жарып, ғумша байласа,
Бүлбиллер таңларын мақтап сайраса,
Қулпы дөнген бағлар жерге жарасар.

Пасыллар атласы – бәҳәр, гүз болар,
Өмирдиң уйытқысы – жаўан, қыз болар,
Аңның-қустың Ата журты – дуз болар,
Айбат, ҳүкимдарлық шерге жарасар.

Теңиздиң етеги-жеңи желбирер,
Жүреги барлардың баўыры елжирер,
Әмиў аяғында бир Ел телмирер,
Қолдан көл дөретпек өрге жарасар.

Әжел салмай турып мойынға илмек,
Бул дүньяның қәдир-қымбатын билмек,
Дәўран баққан ўакта ойнамақ-күлмек,
Сақана, қулпы тас гөрге жарасар.

Сулыўға – жилўа-наз, сууға – қайнаўыт,
Ағаға – инилик, жаслыққа – заўық,
Қазыға – әдиллик, батырға – саўыт,
Сақлық, салдаманлық, мөрге жарасар.

Шайырды халқына танытар хаты,
Қусты көкке пәрўаз әйлер қанаты,
Жигит-иси билен беллидур аты,
Сиз – ел перзентисиз төрге жарасар!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (382-383б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
АНАМ – КӘАБАМ

Аллам, кеширгейсең кетсем қатаға,
Жасаў қыйын саған нағыз қул болып.
Аўзына ас салып ата-анамның,
Хызмет етеалмаппан дурыслы ул болып.

Отыз күн ораза, бес ўақ намазын,
Есимде, олар ҳеш қылмаған кенде.
Қулай түспесем де бул жолға, бирақ,
Жүдә бир жырақлап кетпеспен мен де.

Ат сабылтып жүрип шаба-шап пенен,
Қашшан еллиден де кетиппен өтип.
Ендиги жағында буйыртса тәғдир,
Жасарман Қудайға қулшылық етип.

Анаң – Кәабаң деген муқаддес сөзге,
Ҳәм қарыз, ҳәм парыз қылмағым әмел.
Намазға жығылып, Ҳаққа сыйынып,
Дуўалар етпектен бар бираз тәмем.

Диний илим-ҳикмет, о дүнья түўе,
Еле бу дүньядан билгенлерим аз.
Лекин, анам қәбири “Ийшан қала”ға,
Жүз тутсам керекти оқысам намаз.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (383-384-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
АЗҒЫН

Дийқан адам еди әкемиз, оның
Журтынан белгили – жасап өткени.
Өмиринше жерден шөпшеп ырысқалын,
Қолынан түспеген бели-кетпени.

Ҳәрқандай туқымды сайлап-серелеп,
Муқыятлап саклаў оған мақулы.
Меҳри, маңлай тери менен суўғарған,
Тикке турар еди еккен дақылы.

Дизерликтен келер бийик домбықлап,
Шаппатлаўын берип шапқан шанағы.
Та қол жайып, гүллеп, найша салғанша,
Тәрбиясының жоқтай есап-санағы.

Қаўынлар шыртылдап писиў дийдинде,
Торлар пәлеклерге оранып алып.
Әкемиз қарықпа-қарық аралап,
Гейде назырқанар бас шайқап налып.

Атызға қаяқтан түскен деп азғын,
Туқымнан алданып қалғанын айтар.
Шашқаның базыда басқаша шығып,
Шопақ, айныйтуғын болады пайтлар.

Халық – деген дийқан да пәнт жеген талай,
Еш болып соншелли еткен еңбеги.
Өмир бағына гүл тиктим дер, лекин
Гейпарасы мисли дүздиң шеңгели.

Қарақалпақтың сөз келтирип атына,
Ығына жығыла түсип ўаздың ҳәр.
Елде де айныған қаўын туқымдай,
Көбейип баратыр кем-кем азғынлар.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (384-385-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
ҲАҚЫЙҚЫЙ ИНСАН ҲАҚҚЫНДА ҚОСЫҚ

Мырзамурат баслық АБДУЛЛАЕВтың 100 жыллығына

Көкирегинде жолбарыстың жүреги,
Халқы – қуўанышы, дәрти, тиреги,
Уллылық журты дер жеткен мәнзили,
Қарақалпақта жақсылардың бири еди.

Ол туўралы көп әпсана тыңладым,
Хәр әңгиме сайын кеўлим шыңладым,
Қыялымда бой тиклеп сын-келбети,
Дараланды ишинен мың-мыңлардың.

Көп еситтим бул қосық, бул сөзлерди,
Өз ойымда көп көрдим бул көзлерди,
Әттең, сийрек келер бундай адамлар,
Соңғы биразының пейли өзгерди.

Ақыл, жигер менен қурсанған батыр,
Шоманай шөлине қурыпты шатыр,
Ол қәстерлеп, қәдир тутқан топырақта,
Сайрап сайрам-сайрам излери жатыр.

Көрген дәўир менен дәўир тартысын,
Бундайда халық пенен болмақ мәрт ушын.
Журтласлар күнине жумсап, жаратқан,
Өз өмири, өз бахтыньң жартысын.

Ел деп жазып, сарплап жүрек сыясын,
Буркитке тәқаббил қорғап уясын,
Илимниң-билимниң бәлент шоққысы,
Питкерген Инсанлық академиясын.

Заманлар дәрьясы тикжар, қулама,
Көкиреклер төзген дәрт қаққан сынаға,
Қуўдалаўға түскенде ғамқорлық көрген,
Дуўа етип өткен қанша улама.

Қәлбине нур үстине нур қуйылған,
Талайды жетелеп шыққан қыйыннан,
Әўлийе болмады бирақ та оған,
Журтшылық пирден де бетер сыйынған.

Сөз безбенин тартқан болмады шайыр,
Көп шайырлар ондай етеалмас қайыр,
Мисли дийдар көриссе Қызыр көргендей,
Жупыны жанлардың кеўили байыр.

Өмирге налынып қабақ шытпады,
Ҳеш тайсалмас, өз лебизин жутпады,
Тәқаббил Ерназар, Аалаярларға,
Бирақ, ол, қолына қылыш тутпады.

Кәтқудалық, дилўар тилин қолланған,
Уллылар өткен из бенен жолланған,
Ҳүждан тапсырмасы: халқын ардақлап,
Ел деп он ойланып, тоқсан толғанған.

Мәртлик, дослық, беглик, шынлық, сақыйлық,
Ҳақтан үйип-төгип берилген сыйлық,
Исмине ҳақыйқый инсанның бундай,
Қуба-қуп жарасар мәңгибақыйлық.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (385-386-б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
СЕБЕБИ. . .

Мен көп улығладым “Ийшан қала”ны,
Шынында бул жерди жақсы көрмедим.
Себеби, қаншама қәдирданымды,
Оның суўық топырағына жерледим.

Буныңдай қәсийетли, дәртли дәргайға,
Тил тийгизиўге мен қалай батарман.
Бир күни жаны жоқ денемди алып,
Оның кушағына кирип жатарман.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (387--б) Нөкис. “Билим” 2011.


Канал: @X_Dauletnazarov
БОЛҒАНЫ...

Усы өсип бойымның да болғаны,
Ойлап-ойлап ойымның да болғаны,
Бәлким, қашшан тарқағанды базары,
Ышқ-сәўгиде тойымның да болғаны.

Усы көңил күйимниң де болғаны,
Ийнимдеги кийимниң де болғаны,
Деген адам десе мәйли дей берер,
Иргем, шатпа-үйимниң де болғаны.

Усы танып кезимниң де болғаны.
Бар күш-жигер, төзимниң де болғаны,
Мақуллаўдан, тыңлаўдан да тойындым,
Айтатуғын сөзимниң де болғаны...

Канал: @X_Dauletnazarov