Халила Дәўлетназаров
491 subscribers
207 photos
93 videos
11 files
62 links
Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы
Download Telegram
#Архив

"Қарақалпақстан жаслары" газетасының 1993-жылдағы санларынан бири

Канал: @X_Dauletnazarov
#Бүгин

Бүгин Өзбекстан Республикасы хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың туўылған күни.


Халила Дәўлетназаров 1952-жылдың 10-февраль сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында дүньяға келген.

Канал: @X_Dauletnazarov
Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 10-февраль туўылған күни менен Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи жәмәәти атынан қутлықлаймыз.

Өзине беккем ден саўлық ,шаңарағына аманлық,жумысларында үлкен табысларға ерисиўине тилеклеслик билдиремиз.

Халила Дәўлетназаров шайыр, дөретиўши инсан. Оның өмир жолы,ерискен табыслары, халық, ел ҳаққындағы меҳир муҳаббет пенен жырланған шығармалары ҳаққында биз Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи хызметкерлери музей көриўшилерине мақтаныш пенен айтыўдан шаршамаймыз.Себеби шайырдың мийнетлери музей фондынан орын алып, музей экспозициясында көрсетиледи.

Демек арадан нешше мың жыллар өтеди,музей фондынан орын алған бийбаҳа мийраслар сыпатында келешек әўлад та Халила ағамыздың мийнетлерин шын ықласы менен көрип,оннан руўхый азық алады.

Канал: @X_Dauletnazarov
Saginip kettim
Mirzagul Sapaeva
Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

ДЫМ САҒЫНЫП КЕТТИМ СЕНИ…

Сүйиў қандай еди жақсы...?
Айралығы əттең, ашшы,
Көзлериңниң ойған нақшы,
Жан дүньяма битти сени.

Кеўлимди дəрт дəптер етип,
Ишинде не гəплер етип,
Қолға үйренген кептер етип,
Жалтаң қағып күтти сени.

Ɵз өзиме: тек жүр! тек! леп,
Қоймадым ба бахтым шеклеп?
Сезимлерим баса-көклеп,
Азап қылып шектим сени.

Аз болмаған поса сыйым,
Жүреклерге салдық тыйым...
Муҳаббатта бираз қыйын,
Сабақ етип өттим сени.

Жүз бурсам да, тез сағына,
Қайта кирсем деп бағыңа,
Жанымның зер сабағына,
Дизип талай сөттим сени.

Ада қылып болмас айтып,
Хош еттиң... соңыра муңайтып,
Барғым келер саған қайтып,
Дым сағынып кеттим сени....

@a_blognot
@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Forwarded from МЕРЎЕРТ
Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!

Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.

Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.

Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.

Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.

Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.

Ғаз қуўға, көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.

Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!

Мерўерт
DALIBAY---MAMBETMURATOV
JASLIGIM
Жаслығым, сен мени таслап барасаң

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Муҳаббат ҳақкында бираз жырларым,
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!

Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ карады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!

Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!

Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.

Кеўлим сезимлерге болған тасқынлы,
Жүрек дәртсизлерге бизди қас қылды,
Алдап сөз айтпадым, тийдим нәпсимди,
Мәгар бул исимди жаклап барасаң?!

Бул жолда көп екен өткел, дығырық,
Оннан жүрип емес өттим жүгирип,
Қыл қыймас жан достым жүзиң үгирип,
Енди… ең соңғы рет лаплап барасаң.

Хош қалыңлар, арзыў-шәменлер ели,
Бүгин айнымалы тәғдирдиң жели,
Ығызып барар мен минген кемени,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң?

1986
.

💎 Мерўерт
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Сизден мийрас болып жақсылық қалсын!»

2023-жыл, 7-ноябрь.

@X_Dauletnazarov
Audio
#Шайыр_ҳаўазы

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

БИЗДИ ҚЫЙЫН ҲАЛҒА БАРҒЫЗБА

Яратқан, сақлайгөр бәле-мәтерден,
Бул жерден муң-дәрттиң жабын жарғыз ба?
Халқым қалас болғай қәўип-қәтерден,
Журтынан безигер күнге барғыз ба?

Душпанға инсап бер, досқа диянат,
Кеўилге жақсылық қусын уялат,
Ҳеш кеширилип болмас елге қыянат,
Қыңыр иске, қыйсық жолға барғыз ба?

Қай перзент умытса ата-ананы,
Адамның өтпейди оннан жаманы,
Дүнья сүдининдей ақылы дананы,
Нәмәртке мүтәжин салып барғыз ба?

Түсерлиги де бар шыққан бийиктиң,
Зарпы көзге урар ишки күйиктиң,
Үйинде тынышы болсын жигиттиң,
Уясы бузылар ғамға барғыз ба?

Жоқ ығбал жоқ излеп шапсаң да атлы,
Барын қәдир тутар көргенли-затлы,
Болғанға не жетсин дурыс-инабатлы,
Тилди зәҳәр қатлы сөзге барғыз ба?

Кимлер түйистирди намысты-арды,
Кимлер сыңар билди муң менен зарды,
Мүлк пенен дәскеден етсең де жарлы,
Руўхый әптада ҳалға барғыз ба?

@IYu_Ayaziy

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Муҳаббат ҳаққында бираз жырларым,
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!-деп өткен әсирде хит дәрежесине шыққан бул қосықты ҳәммемиз ыңылдап айтқанбыз.

Усы қосықтың авторы, Қарақалпақстан халық шайыры, устазымыз Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВты бүгинги туўылған күни менен шын жүректен қутлықлаймыз!
Халық сүйген шайыр, устазымызға узақ өмир, беккем денсаўлық, шаңарағында аманлық, дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз!

Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ қарады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!

Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!

Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.

Кеўлим сезимлерге болған тасқынлы,
Жүрек дәртсизлерге бизди қас қылды,
Алдап сөз айтпадым, тийдим нәпсимди,
Мәгар бул исимди жаклап барасаң?!

Бул жолда көп екен өткел, дығырық,
Оннан жүрип емес өттим жүгирип,
Қыл қыймас жан достым жүзиң үгирип,
Енди… ең соңғы рет лаплап барасаң.

Хош қалыңлар, арзыў-шәменлер ели,
Бүгин айнымалы тәғдирдиң жели,
Ығызып барар мен минген кемени,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң?

Журналист Қундыз Жумағалиева

@X_Dauletnazarov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы телерадиоканалы «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниң дөретиўшилери тәрепинен шайырдың туўылғаны күнине бағышлап арнаўлы сюжет таярланыпты.

Бул ушын телеканал администрациясы ҳәм дөретиўшилик жәмәәтке айрықша миннетдаршылық билдиремиз.

Канал: @X_Dauletnazarov
Далибай Мамбетмуратов - Аққу | Dalibay Mambetmuratov - Aqquw
ALYONMEDIA
МУҲАББАТ ИСМЛИ ҚЫЗ ЕДИ — АҚҚУЎ...

Х. Дәўлетназаров сөзи,
Д. Мәмбетмуратов атқарады.


Көзим ярдың гүлдей жүзине түсти,
Жазған — жүрек-баўырым үзиле түсти...
Ышқы қайттан мениң изиме түсти,
Әрман моншақларын дизеди Аққуў.

Муҳаббаттың алтын оқларын атып,
Ғумшадек ләбинен көрмедим татып,
Тил — мәрт болалмады сөзлерин қатып,
Кеўил тарларымды үзеди Аққуў.

Қуп әжеп муқамлы ойын қурыўы,
Мың жилўа-наз әйлеп мойын бурыўы,
Жулдыз көзлериниң жайнап турыўы...
Бунша сән-салтанат дүзеди Аққыў.

Дийдары мөрленип қалған ядыма,
Ығбал қулақ аспас шеккен дадыма,
Жазған қосықларым кетсин әдира...
Қыялымда сыңсып жүзеди Аққуў.

Ышқым — гүмис жалы таралмаған ат,
Қардарына жетип баралмаған хат,
Яр — әрман мәнзили, мен — талған қанат,
Қыслап қалар журтым гүз ели Аққуў.

Айтпайын, көксимди дәртлер тилгенин...
Жоқшыдай мыс рең кеўил гүллерим,
Жүзген айдынларын билә-билмедим,
Муҳаббат исмли қыз еди — Аққуў!

@Shawdirbay_Seyitov
@X_Dauletnazarov

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Forwarded from Jas dóretiwshiler (Аllayar Darmenov)
Бүгин Устазымыз, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровты туўылған күни менен қутлықлаў ушын бардық.

Устаздың кеўили көтерилип, өзиниң ақ пәтиясын берип, ағалық нәсиятларын айтты.
Қарақалпақ әдебиятының омыраўлы тулғасы бүгин өзиниң 73 жасын қарсы алды.

Устазымыз алдымызда аман болсын.

@QRJas_doretiwshiler
Forwarded from Кеўилге Жол🪁 (Мукаррама Оразбаева ️)
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойынлау🤍
Халила Дәулетназаров

Қайсы қатарлары сизге арналған бир ер жигитти ашық еткен гоззал?)

Былай қарасам бәри маған арналғандай)🤭