Даўыс бериў мүддети келеси пост салынғанша даўам етеди.
Төлепберген Мәтмуратов
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 5-бөлим Қас қарайып, ымырт жабылды. Айландырды тағы Сабырды Шийрин ойлар, шийрин қыяллар. Айсәнемге сондай интизар. Ушырасып Сабыр иңирде, Жүрген болар екеўи бирге, Сабыр сонда ,,сүйемен" дейди. Уялады, қыз үндемейди. Қыз уялып, төмен қарайды…
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 6-бөлим
Әтирапқа бәҳәр гезеди,
Айсәнемниң ақыл-ҳуўшы лал,
Қыздың кеўли нени сезеди?
Шайқалады сырлы қара тал,
Айсәнемниң ақыл-ҳуўшы лал.
Қара таллар сыбырласады,
Айсәнемге олар не айтар?
Шымшықлар да шуғырласады,
Жуғырлысын әбден молайтар.
Айсәнемге олар не айтар?
Жап жағалап жүрипти бүгин,
Ҳешким бөлмес оның ойларын,
Жоғалтқан ба яки жүзигин?
Неге гезер жаптың бойларын?
Ҳешким бөлмес оның ойларын.
Төлепберген МӘТМУРАТОВ
"Айсәнем" (1973) китабынан
Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
Әтирапқа бәҳәр гезеди,
Айсәнемниң ақыл-ҳуўшы лал,
Қыздың кеўли нени сезеди?
Шайқалады сырлы қара тал,
Айсәнемниң ақыл-ҳуўшы лал.
Қара таллар сыбырласады,
Айсәнемге олар не айтар?
Шымшықлар да шуғырласады,
Жуғырлысын әбден молайтар.
Айсәнемге олар не айтар?
Жап жағалап жүрипти бүгин,
Ҳешким бөлмес оның ойларын,
Жоғалтқан ба яки жүзигин?
Неге гезер жаптың бойларын?
Ҳешким бөлмес оның ойларын.
Төлепберген МӘТМУРАТОВ
"Айсәнем" (1973) китабынан
Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
👍2
Төлепберген Мәтмуратов
"AYSÁNEM" poeması 5-bólim Qas qarayıp, ımırt jabıldı. Aylandırdı taǵı Sabırdı Shiyrin oylar, shiyrin qıyallar. Aysánemge sonday intizar. Ushırasıp Sabır ińirde, Júrgen bolar ekewi birge, Sabır sonda ,,súyemen" deydi. Uyaladı, qız úndemeydi. Qız uyalıp, tómen…
"AYSÁNEM" poeması 6-bólim
Átirapqa báhár gezedi,
Aysánemniń aqıl-huwshı lal,
Qızdıń kewli neni sezedi?
Shayqaladı sırlı qara tal,
Aysánemniń aqıl-huwshı lal.
Qara tallar sıbırlasadı,
Aysánemge olar ne aytar?
Shımshıqlar da shuǵırlasadı,
Juǵırlısın ábden molaytar.
Aysánemge olar ne aytar?
Jap jaǵalap júripti búgin,
Heshkim bólmes onıń oyların,
Joǵaltqan ba yaki júzigin?
Nege gezer japtıń boyların?
Heshkim bólmes onıń oyların.
Tólepbergen MÁTMURATOV
"Aysánem" (1973) kitabınan
Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
Átirapqa báhár gezedi,
Aysánemniń aqıl-huwshı lal,
Qızdıń kewli neni sezedi?
Shayqaladı sırlı qara tal,
Aysánemniń aqıl-huwshı lal.
Qara tallar sıbırlasadı,
Aysánemge olar ne aytar?
Shımshıqlar da shuǵırlasadı,
Juǵırlısın ábden molaytar.
Aysánemge olar ne aytar?
Jap jaǵalap júripti búgin,
Heshkim bólmes onıń oyların,
Joǵaltqan ba yaki júzigin?
Nege gezer japtıń boyların?
Heshkim bólmes onıń oyların.
Tólepbergen MÁTMURATOV
"Aysánem" (1973) kitabınan
Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
#Жаңа_китап
Белгили жазыушы, илимпаз, Қарақалпақстан Халық жазыушысы Алланазар Әбдиевтиң жақында "Өмир хәм Өлим" дилогиясының биринши романы—"Әййемги қарақалпақлар" китабы Ташкентте басылды.
Роман пүткил адамзаттың, түркий халықларының, соның ишинде бүгинги қарақалпақ миллетиниң уйытқысы, ууызы есапланған айырым ески қәуим, рууларымыздың пайда болыу, қәлиплесиу дәуирлеринен сөз етеди.
Бундай әййемги көркем тарийх Сизлерди де қызықтырары сөзсиз.
Китап сатылыўда бар. Бахасы—75 мың сум.
Автордың қолы қойылғанын алыўды қәлеўшилерге де автор тайын.
Нөкис қаласындағы алыўшылар орайлық базар әтирапына келсе апарып бериледи.
Райондағы қардарларға да автор такси арқалы жеткериўди (кеминде 3-5 адам жыйылса) өз миннетине алады.
Хабарласыў ушын тел.: +998949001700
https://t.iss.one/a_blognot
@Tolepbergen_Matmuratov
t.iss.one/kitap_al_qr
Белгили жазыушы, илимпаз, Қарақалпақстан Халық жазыушысы Алланазар Әбдиевтиң жақында "Өмир хәм Өлим" дилогиясының биринши романы—"Әййемги қарақалпақлар" китабы Ташкентте басылды.
Роман пүткил адамзаттың, түркий халықларының, соның ишинде бүгинги қарақалпақ миллетиниң уйытқысы, ууызы есапланған айырым ески қәуим, рууларымыздың пайда болыу, қәлиплесиу дәуирлеринен сөз етеди.
Бундай әййемги көркем тарийх Сизлерди де қызықтырары сөзсиз.
Китап сатылыўда бар. Бахасы—75 мың сум.
Автордың қолы қойылғанын алыўды қәлеўшилерге де автор тайын.
Нөкис қаласындағы алыўшылар орайлық базар әтирапына келсе апарып бериледи.
Райондағы қардарларға да автор такси арқалы жеткериўди (кеминде 3-5 адам жыйылса) өз миннетине алады.
Хабарласыў ушын тел.: +998949001700
https://t.iss.one/a_blognot
@Tolepbergen_Matmuratov
t.iss.one/kitap_al_qr
👍3👏1
Төлепберген Мәтмуратов
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 6-бөлим Әтирапқа бәҳәр гезеди, Айсәнемниң ақыл-ҳуўшы лал, Қыздың кеўли нени сезеди? Шайқалады сырлы қара тал, Айсәнемниң ақыл-ҳуўшы лал. Қара таллар сыбырласады, Айсәнемге олар не айтар? Шымшықлар да шуғырласады, Жуғырлысын әбден молайтар.…
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 7-бөлим
Бийпәрўалық бойда жоқ еди,
Жақсы көрер жалғыз жүргенди.
Шийрин ойға шүмеди жанан.
Ойнап ессе ойыншыл самал,
Сондай сулыў талланған үштен,
Аш белине қуйылып түскен,
Қыздың сыйдам жипек шашларын,
(Жақсы-аў қыз баланың жас ўағы!)
Арман-берман жулқып өтеди,
Орамалын желбиретеди.
Ойнап ескен шоқ минез самал:
,,Неге сениң ақыл-ҳуўшың лал?
Бурынлары мендей шоқ едиң,
Сени көрип ессем деп едим.
Сыңғырлаған сениң сесиңдей,
Сес жоқ шығар деймен ҳеш кимде.
Сол ушын да мениң әрманым:
Сыңғырлап күл. Күлкиңди, жаным,
Жеткерейин сәўер ярыңа, –
Шын ашығың – қарыйдарыңа.
Сен де шоқ бол, жеңил бол мендей,
Маған усап ойна" дегендей,
Желбиретип көк орамалын,
Алып қашпақ болар қыялы.
Төлепберген МӘТМУРАТОВ
"Айсәнем" (1973) китабынан
Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
Бийпәрўалық бойда жоқ еди,
Жақсы көрер жалғыз жүргенди.
Шийрин ойға шүмеди жанан.
Ойнап ессе ойыншыл самал,
Сондай сулыў талланған үштен,
Аш белине қуйылып түскен,
Қыздың сыйдам жипек шашларын,
(Жақсы-аў қыз баланың жас ўағы!)
Арман-берман жулқып өтеди,
Орамалын желбиретеди.
Ойнап ескен шоқ минез самал:
,,Неге сениң ақыл-ҳуўшың лал?
Бурынлары мендей шоқ едиң,
Сени көрип ессем деп едим.
Сыңғырлаған сениң сесиңдей,
Сес жоқ шығар деймен ҳеш кимде.
Сол ушын да мениң әрманым:
Сыңғырлап күл. Күлкиңди, жаным,
Жеткерейин сәўер ярыңа, –
Шын ашығың – қарыйдарыңа.
Сен де шоқ бол, жеңил бол мендей,
Маған усап ойна" дегендей,
Желбиретип көк орамалын,
Алып қашпақ болар қыялы.
Төлепберген МӘТМУРАТОВ
"Айсәнем" (1973) китабынан
Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
Төлепберген Мәтмуратов
"AYSÁNEM" poeması 6-bólim Átirapqa báhár gezedi, Aysánemniń aqıl-huwshı lal, Qızdıń kewli neni sezedi? Shayqaladı sırlı qara tal, Aysánemniń aqıl-huwshı lal. Qara tallar sıbırlasadı, Aysánemge olar ne aytar? Shımshıqlar da shuǵırlasadı, Juǵırlısın ábden…
"AYSÁNEM" poeması 7-bólim
Biypárwalıq boyda joq edi,
Jaqsı kórer jalǵız júrgendi.
Shiyrin oyǵa shúmedi janan.
Oynap esse oyınshıl samal,
Sonday sulıw tallanǵan úshten,
Ash beline quyılıp túsken,
Qızdıń sıydam jipek shashların,
(Jaqsı-aw qız balanıń jas waǵı!)
Arman-berman julqıp ótedi,
Oramalın jelbiretedi.
Oynap esken shoq minez samal:
,,Nege seniń aqıl-huwshıń lal?
Burınları mendey shoq ediń,
Seni kórip essem dep edim.
Sıńǵırlaǵan seniń sesińdey,
Ses joq shıǵar deymen hesh kimde.
Sol ushın da meniń ármanım:
Sıńǵırlap kúl. Kúlkińdi, janım,
Jetkereyin sáwer yarıńa, –
Shın ashıǵıń – qarıydarıńa.
Sen de shoq bol, jeńil bol mendey,
Maǵan usap oyna" degendey,
Jelbiretip kók oramalın,
Alıp qashpaq bolar qıyalı.
Tólepbergen MÁTMURATOV
"Aysánem" (1973) kitabınan
Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
Biypárwalıq boyda joq edi,
Jaqsı kórer jalǵız júrgendi.
Shiyrin oyǵa shúmedi janan.
Oynap esse oyınshıl samal,
Sonday sulıw tallanǵan úshten,
Ash beline quyılıp túsken,
Qızdıń sıydam jipek shashların,
(Jaqsı-aw qız balanıń jas waǵı!)
Arman-berman julqıp ótedi,
Oramalın jelbiretedi.
Oynap esken shoq minez samal:
,,Nege seniń aqıl-huwshıń lal?
Burınları mendey shoq ediń,
Seni kórip essem dep edim.
Sıńǵırlaǵan seniń sesińdey,
Ses joq shıǵar deymen hesh kimde.
Sol ushın da meniń ármanım:
Sıńǵırlap kúl. Kúlkińdi, janım,
Jetkereyin sáwer yarıńa, –
Shın ashıǵıń – qarıydarıńa.
Sen de shoq bol, jeńil bol mendey,
Maǵan usap oyna" degendey,
Jelbiretip kók oramalın,
Alıp qashpaq bolar qıyalı.
Tólepbergen MÁTMURATOV
"Aysánem" (1973) kitabınan
Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov