Төлепберген Мәтмуратов
495 subscribers
213 photos
18 videos
5 files
24 links
Муҳаббетте болады күлки,
Муҳаббетте болады көз жас.
Муҳаббет – ол адамзат мүлки,
Алтын киби айнымас, тозбас!
(Төлепберген МӘТМУРАТОВ)

Байланыс: @Orekeev_Azamat
Топар: @T_MatmuratovPoeziyasinaPikirler

Тағы да:
@SHawdirbay_Seyitov
@Kengesbay_Raxmanov
Download Telegram
Төлепберген Мәтмуратов
(9-bólim) Nurı menen jandı jılıtqan Haqıyqattı aytıp turıppan. Haqıyqatqa haqıyqat dushpan Bolǵan emes. Bolmaydı hesh hám. Haqıyqattıń jawın jek kórmek – Mına aspan astı kóp-kómbek Túsin joyıltpay jadırap tursa, Qulpı dónip átirap tursa, – Degen jaqsı niyet…
(10-bólim)

Qanday gózzal mına tábiyat!
Oǵan sirá bir nárse zıyat
Qoyılmaǵan. Hámmesi sarras.
Adam biraq, táriypley almas...
Átirapqa názer sal sen bir,
Gúller taza, aspan hám móldir.
Salmadan suw sezilmey aǵar,
Áne, qulın! – quldırap barar.
Átirapqa salaman zeyin;
Qızıl tiken sheńgelge sheyin
Gúl shıǵarıp jazda jasanar.
Gózzallıqtan kewil yosh alar.

Mınaw turǵan juldızlı aspan
Jetkizbeydi qolımdı sozsam.
Sen juldızday joqarı boldıń,
Ómirimniń báhári boldıń.
Juldızlarǵa tússe názerim,
Men esleymen turqıńdı seniń.
Sóytip meniń dártim qozǵalar,
Jismim janıp, jismim qoz bolar.
Men ózińdi oylap turıppan...
O, periyzat! Seni umıtqan
Bul dúnyanı umıtar deymen.
Bul sózlerim jılıtar deymen
Júregińdi seniń, súygenim,
Kózi qusap hátte iyneniń
Seniń kewliń ashılsa maǵan,
Soǵan-aq men ırza bolaman.
Juldız bolıp jaslıq ómirge,
Júregimniń túpkirlerinde
Tatlı árman bolıp oyandıń.
Kórineseń sulıw qıyaldıń
Shamshıraǵı – sáwlesi bolıp,
Ómirimniń hámmesi bolıp.
Jadıraǵan jazlı, báhárli –
Mına sheksiz jaqtı jáhándi
Men periyzat halında kórip
Hám ózińdi janıńda kórip –
Júrgim keler mına dúnyada.
Endi meni artıq qıynama.
Birge jasap, birge qartayıp,
Áwladlarǵa ertek aytayıq.
Bul ómirdiń tatlı boların,
Onda sonsha jaqtı boların,
Ómirimshe aytıp júreyin.
Seniń turqıń, seniń húreyiń
Kózlerimniń aldın toltırıp,
Gúńgirt tústiń bárin óltirip,
Gúlge túsken shıqtay jıltırar,
Aynalamnıń bárin gúl qılar...
Bunıń bárin kózlerim qıymas.
Men usınnan ruwhıy párwaz –
Alıp kókke kóterilermen.!
Salınsa da qalası zerden,
Basqa jurtlar Watan bolalmas,

Basqa gózzal tolǵandıralmas –
Kewlimdi búytip naǵıslap,
Maǵan bunsha shadlıq baǵıshlap.
Ózim házir tawdı arqalap,
Basqa jerge aparıp qalap
Qoyatuǵın kúshke iyemen,
Sebebi, men seni súyemen!"

Xojeli – Yalta – Nókis,
1969-1973-jıllar.

Tólepbergen MÁTMURATOV

"Aysánem" (1973) kitabınan

Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
3
Бүгин 9-ҳәсет (июль) Төлепберген Мәтмуратовтың әдебиятта қатар жүрген зәңгилес шайыры, өмирде де қатар жүрген жорасы — Теңелбай Сәрсенбаевтиң туўылған күни,
85 жыллық юбилейи. Олар арасындағы дослық-татыўлықты Т. Сәрсенбаевтиң Т. Мәтмуратовқа арнаған мына қатарларынан да билиў мүмкин:

Қараға да, аққа да теңдей,
Еки ортада қалыққан сеңдей,
Жазыўдағы, әй жорам, сендей,
Бир жорам бар, жоражанларым.


   Олардың дослығы екинши өмиринде де жалғасыўына тилеклес болған ҳалда бүгинги туўылған күн ийесин қутлықлап, каналымызда кишигирим лирикалық шегинис жасаў ойымыз бар.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
@Tolepbergen_Matmuratov

Теңелбай СӘРСЕНБАЕВ
@Tengelbay_Sarsenbaev
👍41
СЕНИҢ ЖАҢА ТҮСКЕН КҮНЛЕРИҢ ЕДИ

Сениң жаңа түскен күнлериң еди.
Таңның да асығып атып жүргени,
Күнниң де кешигип батып жүргени,
Сениң жаңа түскен күнлериң еди.

Дүньяда барлығын билдирип бахыт,
«Бахытлы жигит» деп белги — гүл тағып,
Үйге интизарлық қамалған ўақыт,
Сениң жаңа түскен күнлериң еди.

Елим елп-елп етип қанатын жайып,
Қутлы қонағына көкиреги байып,
Менде саған деген ықлас улғайып,
Сениң жаңа түскен күнлериң еди.

Умыт боп жолыңда азап шеккеним,
Өзи ушып келген яңлы кептерим,
Бетиме бетиңди айна еткеним,
Сениң жаңа тускен кунлериң еди.

Көлбеп қуўаныштан атам ҳәм анам,
Үй толы қонақ та шайға қулаған,
Журт сынаған сайын маған унаған,
Сениң жаңа түскен күнлериң еди.

Теңелбай Сәрсенбаев

@Tengelbay_Sarsenbaev
@Tolepbergen_Matmuratov
@SHawdirbay_Seyitov
@Kengesbay_Raxmanov
🔥7
ЖАС  ШАЙЫРҒА

Тилеп алғанындай аҳыў-зарлының,
Ерке, өр көкирек сен ғой ақыры!
Саған айып емес, кеўли жарлының,
Кеўил мүддәҳәсин айтып аҳ урыў.

Саған айып емес тек те, тек саған,
Басқаға ерсидур бәлки бул әдет.
Дебдиў шығара алмаў — дүньяда жаман,
Сен сыймай атырсаң ханаңа себеп!

Көкирек деген қуўыс — ата-бабадан
Киятқан бир сарай, өзлик ҳәўирли.
Өмирди түсинсең усы шамадан,
Қолдан бересең бе мына дәўирди?!

Саған бәне де көп, көп ҳәм себеп те,
Қосық деп жутынған қулақты тындыр.
Шымшықтай тап болған "баспа себет"ке,
Түртип турған ўақта көкиреги қурғыр...

Сени алып ушқан сақый заманың,
Сонша жеңил аяқ, сонша шаўқымлы.
Жазып дәўраныңның усы таманын,
Баспасаң болама бүгин маўқыңды?

Бүгин бир хошгейли мыңсан гүрилди,
Зуўлап баратырған шығыс-батысқа.
Сениң көкирегиңди қаплар дирилди,
Төзим бермегенсип тыныш жатысқа.

Дүньяда кәсип көп, көп маманлық та,
Сен соның бәрине шериксең шеттен.
Майлы тиллеринен найзағай атқан,
Бир шайыр шығыўы керек ғой көптен!

Керек бир азада жүрис-турыслы,
Шайда ететуғын журттың ақылын.
Керек, бир сезеген шайыр дурыслы,
Ағаға ини де керек, ақыры!

Жаслық дебдиў менен жанып титиреп,
Жәҳәнди жалынлы сөз бенен сыйла.
Бүгин қақпақлама мына қүдирет
Дүнья өз-өзине сыйсын, сен сыйма?!..

Саған айып емес, тек те, тек саған,
Басқаға ерсидур, бәлки бул әдет.
Дебдиў шығаралмаў — дүньяда жаман,
Сен сыймай атырсаң ханаңа себеп!...

Теңелбай Сәрсенбаев
@Tengelbay_Sarsenbaev
@Tolepbergen_Matmuratov
@SHawdirbay_Seyitov
@Kengesbay_Raxmanov
🔥3
ТАҢЫРҚАНТ
 
Өмирим, кетпегил бийҳуўда өтип,
Кеўлиңде әндийше ҳәм зерде барда!
Жәҳән бийҳуш болсын өзинен кетип,
Өзи кеширмеген бурқасын ҳалға!

Таңырқант!
Биймәлел, төте жол менен
Жөнеп баратқанның бәрин таңырқант?!...
Өмирге кележақ, еле келмеген
Келмеген, кележақ нәлин таңырқант?!...

Үсти ер, езиўи жүўен көрмеген,
Дөнендей дөңистен аспанға секир!
Бийкар буғаўлаймыз деген тер менен,
Тершигениң сайын теңиздей лепир!

Ийесин излеген "инкөз пайда"дай,
Бир бардам қалтаға бардағы "жалп" ет!
Яки ҳо жылларғы Әмиўдәрьядай,
Бет алдың қараған таманды ғарқ ет?!...

Йошларым, жигерим! Қулласы калам,
Тыныш океандай туншықпа ҳәр дем!
Дуньяда бар ўақта ҳадал ҳәм ҳарам,
Және бар ўақтында ғәремет, ғәррем.

Вулкандай өзиңди аспанға атып,
Иштен шығармасаң қандайда ҳәўир.
Бармағын тислеген баладай натық,
Болғанды сүймейди бүгинги дәўир!


Теңелбай Сәрсенбаев
@Tengelbay_Sarsenbaev
@Tolepbergen_Matmuratov
@SHawdirbay_Seyitov
@Kengesbay_Raxmanov
🔥7
Forwarded from Kitap sawda
ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

Гәп көп...


Мий айланып кетти,
Гәп көп...
Қарар көп,
Билип баратырған кимди көрсең тек,
Ҳас, жеме-жемеде сала аласаң еп.
Қалай болып кеттиң, заманам өзи?
Бир-биринен басым еки адам таптың,
Жәнеўит шатнаўы, шарпыўы оттың,
Гәпи гүрпилдисин мегзеткен топтың.
Қалай болып кеттиң, заманам өзи?
Шапқан терегиңниң шаншып шақасын,
Бердиң сөйтип «қайта қурыў» баҳасын,
Майың-майға түсип, кетти «жасасын!»
Қалай болып кеттиң, заманам өзи?
Жиниң жердиң асты, үстине тусип,
Еттиң не жанларды қап-қара күшик,
Журтқа күлки болып өкпедей исип,
Қалай болып кеттиң, заманам өзи?

@Tengelbay_Sarsenbaev
🔥41
Төлепберген Мәтмуратов
(10-бөлим) ,Қандай гөззал мына тәбият! Оған сирә бир нәрсе зыят Қойылмаған. Ҳәммеси саррас. Адам бирақ, тәрийплей алмас... Әтирапқа нәзер сал сен бир, Гүллер таза, аспан ҳәм мөлдир. Салмадан суў сезилмей ағар, Әне, қулын! – қулдырап барар. Әтирапқа саламан…
👍2
Төлепберген Мәтмуратов
ПЕРИЙЗАТ поэмасы Тәй – тәбиң хош мүлайым, хош тохаллим, хош әдеп, Зәйни – залым өңириңе мәрўар мунаққашыны безеп, Әйни – ақлымны алан элгимдеги қалан сәдеп, Ғәйни – ғамзең көксиңе ярашады қуп әжеп, Пэ – пәрең румал тур гүл йузиңде гүл шәний.           …
АЙСӘНЕМ поэмасы

     Муҳаббат – бул ески нәрсе,
     бирақ та,
     Ҳәрбир жүрек оны жаңартар.


          Татар шайыры Ҳади Тахташ
          (01. 01.1901 – 08. 12. 1931)


1-бөлим

Муҳаббат – бул қәдимги нәрсе,
Бирақ, оны әдиўлер бәрше.
Муҳаббат – ай көринген үштен
Сәўлеси шар тәрепке түскен.
Айға усап ол да толысар,
Нур-сәўлеси әлемди қушар.
Муҳаббат – бул сезим шәшмеси,
Ағар тынбай ертели-кеши.
Бирақ та ол қалай ағады,
Ҳәм өз жолын қалай табады?
Мәселениң усы жағына
Мен айланып келдим тағы да.
Көп китапты үйде сақладым,
Бәринен де жуўап таппадым,
Қызығымды мениң сорама,
Күнде бардым китапханаға,
Сол жердеги қызға бир күни:
(Бул ўақыя болды күлкили),
,,Бар ма, – дедим, – ышқы уставы",
,,Мынаў ғой" деп мурнын услады.
Соннан бери салқын саяда
Жазыла берди усы поэма.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ

"Айсәнем" (1973) китабынан

Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
🔥3👍1👏1
Төлепберген Мәтмуратов
PERIYZAT poeması Táy – tábiń xosh múlayım, xosh toxallim, xosh ádep, Záyni – zalım óńirińe márwar munaqqashını bezep, Áyni – aqlımnı alan elgimdegi qalan sádep, Ǵáyni – ǵamzeń kóksińe yarashadı qup ájep, Pe – páreń rumal tur gúl yuzińde gúl shániy. …
AYSÁNEM poeması

     Muhabbat – bul eski nárse,
     biraq ta,
     Hárbir júrek onı jańartar.


          Tatar shayırı Hadi Taxtash
          (01. 01.1901 – 08. 12. 1931)

1-bólim

Muhabbat – bul qádimgi nárse,
Biraq, onı ádiwler bárshe.
Muhabbat – ay kóringen úshten
Sáwlesi shar tárepke túsken.
Ayǵa usap ol da tolısar,
Nur-sáwlesi álemdi qushar.
Muhabbat – bul sezim sháshmesi,
Aǵar tınbay erteli-keshi.
Biraq ta ol qalay aǵadı,
Hám óz jolın qalay tabadı?
Máseleniń usı jaǵına
Men aylanıp keldim taǵı da.
Kóp kitaptı úyde saqladım,
Bárinen de juwap tappadım,
Qızıǵımdı meniń sorama,
Kúnde bardım kitapxanaǵa,
Sol jerdegi qızǵa bir kúni:
(Bul waqıya boldı kúlkili),
,,Bar ma, – dedim, – ıshqı ustavı",
,,Mınaw ǵoy" dep murnın usladı.
Sonnan beri salqın sayada
Jazıla berdi usı poema.

Tólepbergen MÁTMURATOV

"Aysánem" (1973) kitabınan

Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
👏2👍1
Төлепберген Мәтмуратов
АЙСӘНЕМ поэмасы      Муҳаббат – бул ески нәрсе,      бирақ та,      Ҳәрбир жүрек оны жаңартар.           Татар шайыры Ҳади Тахташ           (01. 01.1901 – 08. 12. 1931) 1-бөлим Муҳаббат – бул қәдимги нәрсе, Бирақ, оны әдиўлер бәрше. Муҳаббат – ай көринген…
Муҳаббат – бул қәдимги нәрсе,
Бирақ, оны әдиўлер бәрше.
Муҳаббат – ай көринген үштен
Сәўлеси шар тәрепке түскен.
Айға усап ол да толысар,
Нур-сәўлеси әлемди қушар.
Муҳаббат – бул сезим шәшмеси,
Ағар тынбай ертели-кеши.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
"Айсәнем" поэмасынан
@Tolepbergen_Matmuratov
👍5👏1
Төлепберген Мәтмуратов
AYSÁNEM poeması      Muhabbat – bul eski nárse,      biraq ta,      Hárbir júrek onı jańartar.           Tatar shayırı Hadi Taxtash           (01. 01.1901 – 08. 12. 1931) 1-bólim Muhabbat – bul qádimgi nárse, Biraq, onı ádiwler bárshe. Muhabbat – ay kóringen…
Muhabbat – bul qádimgi nárse,
Biraq, onı ádiwler bárshe.
Muhabbat – ay kóringen úshten
Sáwlesi shar tárepke túsken.
Ayǵa usap ol da tolısar,
Nur-sáwlesi álemdi qushar.
Muhabbat – bul sezim sháshmesi,
Aǵar tınbay erteli-keshi.

Tólepbergen MÁTMURATOV
"Aysánem" poemasınan
@Tolepbergen_Matmuratov
🔥7👍1
Төлепберген Мәтмуратов
АЙСӘНЕМ поэмасы      Муҳаббат – бул ески нәрсе,      бирақ та,      Ҳәрбир жүрек оны жаңартар.           Татар шайыры Ҳади Тахташ           (01. 01.1901 – 08. 12. 1931) 1-бөлим Муҳаббат – бул қәдимги нәрсе, Бирақ, оны әдиўлер бәрше. Муҳаббат – ай көринген…
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 2-бөлим

Суўлар липлеп жап-салмаларда,
Ағып атыр кең далаларға.
Аққан ўақта суўлар сылдырар,
Аққан ўақта суўлар жылтырар.
Күлимлеген қуяш нур төгер,
Төккен ўақта шырайланар жер.
Елпип-елпип еседи самал,
Ескен ўақта тербеледи тал.
Кең далада турып қулақ түр:
Гүрилдейди тынбай трактор.
Желкилдесер жел менен көк шөп,
Әлле қайда шақырар атшөк.
Әне тоқылдаўықтың сеси,
Даўысындай шөккиштиң мисли.
Ермеклей ме я ол устаны?
Түрли гөбелектиң ушқаны
Жарасықлы жоңышқалыққа.
О, тәбият не деген пухта!
Гей гүбелек пәшек гүлиндей,
Көк шөпликте турар билинбей,
Гүбелектиң түрлери аз ба,
Гүбелек деп жүргениң базда
Болып шығар пәшектиң гүли.
(Мен алданған едим бир күни).
Қой ҳәм ешки көк шөпке ҳәўес,
Отлақларда пытыр-пытыр сес.
Қозышақлар жүреди мөмин,
Отлап-отлап алады демин.
Күн шыжғырған түсте де бирақ,
Шошаңлайды секирип ылақ.
Қарамастан ыссы қуяшқа,
Тентек теке турып ырашта,
Әтирапқа шекелеп қарар,
Пәске түсип ойнақлап алар.
Қандай жақсы қойлар қозылы,
Қандай жақсы бәҳәр сезими!
Нелер сезбес сениң жас жаның,
Қандай жақсы бәҳәр ақшамы!...

Төлепберген МӘТМУРАТОВ

"Айсәнем" (1973) китабынан

Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
👍3🔥1
Төлепберген Мәтмуратов
AYSÁNEM poeması      Muhabbat – bul eski nárse,      biraq ta,      Hárbir júrek onı jańartar.           Tatar shayırı Hadi Taxtash           (01. 01.1901 – 08. 12. 1931) 1-bólim Muhabbat – bul qádimgi nárse, Biraq, onı ádiwler bárshe. Muhabbat – ay kóringen…
"AYSÁNEM" poeması 2-bólim

Suwlar liplep jap-salmalarda,
Aǵıp atır keń dalalarǵa.
Aqqan waqta suwlar sıldırar,
Aqqan waqta suwlar jıltırar.
Kúlimlegen quyash nur tóger,
Tókken waqta shıraylanar jer.
Elpip-elpip esedi samal,
Esken waqta terbeledi tal.
Keń dalada turıp qulaq túr:
Gúrildeydi tınbay traktor.
Jelkildeser jel menen kók shóp,
Álle qayda shaqırar atshók.
Áne toqıldawıqtıń sesi,
Dawısınday shókkishtiń misli.
Ermekley me ya ol ustanı?
Túrli góbelekvtiń ushqanı
Jarasıqlı jońıshqalıqqa.
O, tábiyat ne degen puxta!
Gey gúbelek páshek gúlindey,
Kók shóplikte turar bilinbey,
Gúbelektiń túrleri az ba,
Gúbelek dep júrgeniń bazda
Bolıp shıǵar páshektiń gúli.
(Men aldanǵan edim bir kúni).
Qoy hám eshki kók shópke háwes,
Otlaqlarda pıtır-pıtır ses.
Qozıshaqlar júredi mómin,
Otlap-otlap aladı demin.
Kún shıjǵırǵan túste de biraq,
Shoshańlaydı sekirip ılaq.
Qaramastan ıssı quyashqa,
Tentek teke turıp ırashta,
Átirapqa shekelep qarar,
Páske túsip oynaqlap alar.
Qanday jaqsı qoylar qozılı,
Qanday jaqsı báhár sezimi!
Neler sezbes seniń jas janıń,
Qanday jaqsı báhár aqshamı!...

Tólepbergen MÁTMURATOV

"Aysánem" (1973) kitabınan

Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
👍2
Төлепберген Мәтмуратов
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 2-бөлим Суўлар липлеп жап-салмаларда, Ағып атыр кең далаларға. Аққан ўақта суўлар сылдырар, Аққан ўақта суўлар жылтырар. Күлимлеген қуяш нур төгер, Төккен ўақта шырайланар жер. Елпип-елпип еседи самал, Ескен ўақта тербеледи тал. Кең далада…
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 3-бөлим

Әне усы бәҳәр паслында,
Айсәнем қыз – сүмбил шашлым да
Кәмалына келе баслады.
Бир қыялап нәзер таслады.
Аяқларын жерге жай басып,
Еркек көрсе араны ашып,
Жүрди, лекин өзи аўлақта.
Қарай берди жигитлер жаққа.
Қарай берди Айсәнем урлап,
Көзи жайнап, жүзлери нурлап.
Ол терекли аўыл қызы еди,
Шашын сыйпап, қәддин дүзеди.
Қәддин ақ терекке мегзетип,
Қәдем қойса гүллер ержетип,
Қәдем қойса жылўа наз бенен,
Бүлбил сайрар хош ҳаўаз бенен.
Ол қыз сулыў еди соныңдай.
Суўда жүзген көлдиң қуўындай
Жүрер еди қәддин көтерип,
Көлеңкесин қыялап көрип.
Қыздың кеўли – дәрья бурқыды,
Мерўерт тистен шыққан күлкини
Еситкенлер ,,ким?" деп сорасты,
Солай етип сөзге жол ашты.
Суўға шөккен айдай дирилдеп,
Әрманларын айтты биримлеп,
Ашықлықтан гәпти қозғады,
Қыза берди ышқы қозлары.
Хош қылықлы қыздың минези,
Хош қылықлы қыздың бир өзи
Көп жигитти дәмедар етти,
Жүреклерде ышқы дөретти.
Ғош жигитлер оған қарасқан...
Саўлатына шайы жарасқан
Назлы нигар еди Айсәнем.
Үйден шығар еди Айсәнем...
Буратылған шыбықтай сыйдам,
Қәдем қойып салланар бийғам.
Туўры қарамайды ҳеш кимге,
Ойнақшыған көзлер үстинде
Қаслар қарлығаштай мысалы,
Аңлатады шадлық нышанын.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ

"Айсәнем" (1973) китабынан

Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
👍4
Төлепберген Мәтмуратов
"AYSÁNEM" poeması 2-bólim Suwlar liplep jap-salmalarda, Aǵıp atır keń dalalarǵa. Aqqan waqta suwlar sıldırar, Aqqan waqta suwlar jıltırar. Kúlimlegen quyash nur tóger, Tókken waqta shıraylanar jer. Elpip-elpip esedi samal, Esken waqta terbeledi tal. Keń dalada…
"AYSÁNEM" poeması 3-bólim

Áne usı báhár paslında,
Aysánem qız – súmbil shashlım da
Kámalına kele basladı.
Bir qıyalap názer tasladı.
Ayaqların jerge jay basıp,
Erkek kórse aranı ashıp,
Júrdi, lekin ózi awlaqta.
Qaray berdi jigitler jaqqa.
8Qaray berdi Aysánem urlap,
Kózi jaynap, júzleri nurlap.
Ol terekli awıl qızı edi,
Shashın sıypap, qáddin dúzedi.
Qáddin aq terekke megzetip,
Qádem qoysa gúller erjetip,
Qádem qoysa jılwa naz benen,
Búlbil sayrar xosh hawaz benen.
Ol qız sulıw edi sonıńday.
Suwda júzgen kóldiń quwınday
Júrer edi qáddin kóterip,
Kóleńkesin qıyalap kórip.
Qızdıń kewli – dárya burqıdı,
Merwert tisten shıqqan kúlkini
Esitkenler ,,kim?" dep sorastı,
Solay etip sózge jol ashtı.
Suwǵa shókken ayday dirildep,
Ármanların ayttı birimlep,
Ashıqlıqtan gápti qozǵadı,
Qıza berdi ıshqı qozları.
Xosh qılıqlı qızdıń minezi,
Xosh qılıqlı qızdıń bir ózi
Kóp jigitti dámedar etti,
Júreklerde ıshqı dóretti.
Ǵosh jigitler oǵan qarasqan...
Sawlatına shayı jarasqan
Nazlı nigar edi Aysánem.
Úyden shıǵar edi Aysánem...
Buratılǵan shıbıqtay sıydam,
Qádem qoyıp sallanar biyǵam.
Tuwrı qaramaydı hesh kimge,
Oynaqshıǵan kózler ústinde
Qaslar qarlıǵashtay mısalı,
Ańlatadı shadlıq nıshanın.

Tólepbergen MÁTMURATOV

"Aysánem" (1973) kitabınan

Kanalımız:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
👍1
Төлепберген Мәтмуратов
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 3-бөлим Әне усы бәҳәр паслында, Айсәнем қыз – сүмбил шашлым да Кәмалына келе баслады. Бир қыялап нәзер таслады. Аяқларын жерге жай басып, Еркек көрсе араны ашып, Жүрди, лекин өзи аўлақта. Қарай берди жигитлер жаққа. Қарай берди Айсәнем урлап…
"АЙСӘНЕМ" поэмасы 4-бөлим

Сабыр деген жигит бар еди.
Гүл жүзине ол қумар еди
Аўылласы Айсәнем қыздың,
Жамалына Шолпан жулдыздың
Телмиргендей телмирсем екен,
Ашықлықты билдирсем екен, –
Деген тилек бар еди онда,
Қызға аҳыў-зар еди ол да.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ

"Айсәнем" (1973) китабынан

Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
👍5