Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.5K subscribers
36.3K photos
4.41K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Cораў_жуўап

✴️ Сайтқа қапта картошка жетистириў бойынша сораў түсти:

🗨 Бизиң шәраятымызда да картошканы қапларда теплицада жетистириўге болама ҳәм қайсы айларда?

💎 Жуўапты картошкашылық бойынша қәниге Саодат Досмуратова береди:

🗨 Картошка салқынды жақсы көретуғын өсимлик, ыссы ҳаўа шәраятында оның раўажланыўы қыйынласады. Қыс-ерте бәҳәрги мәўсимде теплицада жетистирсе болады. Хәзирге туўры келмейди.

Саўал бериў: 👉 https://bit.ly/3c9DRt

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Cораў_жуўап

💎ЭКСПЕРТТЕН МӘСЛӘҲӘТ👇👇

🍈🍉Сораў:

🗨 Ассалаўма әлейкум. Үй алды қыйтақ жерлеримизде шаңарағымыз ушын қаўын ғарбыз егемиз. Қаўынға ҳәр жылы қурт түсип кетеди. Соңғы ўақытлары дәрилердиң эффекти пәс. Қандай мәсләҳәт бересиз? Алдыннан рахмет.

💎Жуўапты өсимликлер қорғаўында бағшылық ҳәм жүзимшилик бойынша қәниге Зарип Пулатов береди:

🗨 Ўәлейкум ассалам. Қаўын ҳәм ғарбызды қаўын шыбынының қурты зыянлайды. Қаўын шыбыны палыз егинлери гүллей баслағанда ушып келип, гүлдиң ишине мәйегин салады. Кейин ала оннан жүдә майда қурт шығып мийўе найшаларының ишине кирип алады, себеби бул пайытта мийўениң қабығы жүдә нәзик ҳәм жуқа болады. Қурт кишкенелигинен оны ҳәм тесип өткен жерин әпиўайы көз бенен көре алмайсаң. Кейнинен қаўын ҳәм ғарбыз қабықлары қалыңласқанда қурт кире алмайды.

🐛Қуртлар мийўениң ишинде раўажланып үлкейгеннен кейин тесип шығады ҳәм жерге түсип қуўыршаққа айланады ҳәм және шыбынға айланып ушып шығады. Үлкен қаўынлардағы тесик усы шығып кеткен қурттың излери. Ҳәмме ширкейлер сыяқлы қаўын шыбынына да бир түрдеги препаратты үсти-үстине бир неше мәрте себиў олардың дәриге болған шыдамлылығын арттырып жибереди. Буның алдын алыў ушын препаратларды алмастырып қолланыў керек.

Буннан тысқары қаўынның мийўесиниң ишине кирип кеткен қуртқа дәрилердиң тәсири жүдә аз болады. Қаўынның шыбын қуртына қарсы нәтийжели гүресиў ушын дәри себиў мүддетин дурыс таңлаў керек, яғный шыбын гүллеў дәўиринде ушып келип гүлдиң ишине мәйек қойыўын есапқа алып, дәрилеўди сол ўақыттан баслаў керек.

Буның ушын таң сәҳәрде, еле шық түспестен алдын әсте-ақырын гүлдиң ишин бақлап қарағанда шыбынын көриўге болады. Әне усы пайытта дәрилеў жумыслары өткерилсе жақсы нәтийже береди. Усы тәризде дәри себиўди ҳәр ҳәпте өткериў керек, себеби бир ҳәптеден кейин себилген дәриниң "күши" кемейеди.

📍Үй алдына азырақ муғдарда егилгенде баклашкадан стакан таярлап, 150-200 мл дизель жанылғысы (солярка) салып, ҳәр бир түптиң астына биреўден, жығылмайтуғын ҳәм төгилмейтуғын етип жайластырылса сол атызға қаўын шыбыны ҳәм басқа ширкейлердиң ушып келиўи азаяды, яғный олар солярканың ийсинен қашады ҳәм өз-өзинен химикатсыз өним жетистириў имканияты пайда болады.


Эксперттен онлайн (сайт арқалы) мәсләҳәт алыў: 👉 https://bit.ly/2WR5OyV

🌱@uzagromart

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Cораў_жуўап

💎ЭКСПЕРТТЕН МӘСЛӘҲӘТ👇👇👇

🗨Ассалаўма әлейкум, бул помидорларымды көриң, қандай кеселлик бул?

💎Жуўапты бағшылық ҳәм жүзимшиликте өсимликлерди қорғаў бойынша қәниге Зарип Пулатов береди:

🗨Ўәлейкум ассалам. Бул азық элементлери (калий, фосфор, кальций, магний) жетиспеўшилигиниң белгиси. 10 литр суўға 20 мл гумимакс, 40 гр монофосфат калий, 25 гр магний сульфат қосып себиледи. 3 күннен кейин 10 литр суўға 30 гр кальцийли селитра қосып себиледи. Бул азықлар 10 күн өткерип 3-мәрте берилсе, нәтийжеси жақсы болады.

Эксперттен онлайн (сайт арқалы) мәсләҳәт алыў: 👉 https://bit.ly/2WR5OyV

Дәрек:🌱@uzagromart

Бизиң каналымыз:📍https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati