Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.01K subscribers
36.1K photos
4.38K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
Испаниялы сүўретши Ҳуан Лусен бул сүўретти коронавирус себепли қайтыс болған ҳәм өз ақлықлары менен ырзаласа алмай қалған барлық қарияларға бағышлап салды.

〰️〰️〰️〰️

Испанский художник Хуан Лучен посвятил эту картину всем пожилым людям, которые скончались от коронавируса и не смогли попрощаться со своими внуками.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
📍«Қызыл» аймаққа айланған Yргениш қаласында бир қатар шеклеўлер қайта жәрияланып, карантин шаралары күшейттирилди

Толық: 👉 https://t.iss.one/breaking_news_of_khorezm/1793

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
⚡️Бүгин 102 наўқас саўалды

Ҳәзирге дейин Ташкент қаласындағы Вирусология илимий-изертлеў институты клиникасында — 8 наўқас, Наўайы ўәлаятында — 28 (21+7) коронавирусқа шалынған наўқаслар саўалып, реабилитацияға жиберилди.

📈 Жәми саўалғанлар — 3459.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️⚡️Бүгин 118 адам коронавирусқа шалынды, 12 наўқас аўыр жағдайда

Күн даўамында есапқа алынған 118 наўқастың 70и Карантин шөлкемлеринде, 39ы халықтың арасынан, 9ы халықаралық жүк тасыўшы автомашина айдаўшыларының арасынан анықланған.

🔎 Бүгин саўалғанлар — 105.
Даўаланбақта — 1085.
Аўыр аўҳалда — 10.
Жүдә аўыр — 2 наўқас.

Дерек: @ssvmatbuotkotibi

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
⚡️ (+78) ~ 2020-жыл 12-июнь саат 10:00 ўақтына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 4819ды (бүгин +78) қурамақта.


🦠 Жаңа кеселлениў жағдайларының 66 наўқасы — Карантин орайындағы пуқаралар арасында, 5 наўқас — Сырдәрья ўәлаятында (соннан 4еўи наўқас пенен байланыста болып, карантинге алынған, 1еўи болса халықаралық жүк тасыўшы автомашина айдаўшысы), 5 наўқас — Бухара ўәлаятында ҳәм де 2 наўқас — Самарқанд ўәлаяты Ургут районында халық арасында анықланған.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
📍Шыршық қаласы «қызыл» аймаққа киргизилди

11-июньнан баслап, Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында «жоқары қәўипли аймақ» сыпатында есапланады.

🚧 Барлық блок-постлардағы қадағалаў күшейттирилген ҳалда ис алып бармақта. Автотранспорт қуралларының қатнаўы азанғы 7:00 ден 10:00 ге дейин ҳәм 17:00 ден 20:00 ге дейин әмелге асырылады.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️⚡️Ташкентте 7-июнь күни коронавирус жуқтырған 195 наўқастың 183 и — бир шөлкемде ислеп атырған қурылысшылар болған

Бул ҳаққында Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги директорының биринши орынбасары Ботиржон Қурбонов мәлим етти. Бул бойынша 300 ден аслам адам карантинге алынған, бирақ шаңарақ ағзалары емес...

🔹Усы 183 қурылысшы қайсы қурылыс компаниясының жумысшылары еди?

🔹Неге шаңарақ ағзалары карантинге алынбады?

🔹Қурылысқа жуўапкер шөлкемлерге қандай шаралар көрилди?

📹 Батафсил: видеода.

@aoka_uz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️ Өзбекстанда коронавирусқа шалынған наўқас ким менен байланыста болғанын көрсетиўши мобил қолланба енгизиледи

Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министри А.Шодмонов ҳәм Корея Республикасы Денсаўлықты сақлаў, социаллық тәмийинлеў министри Пак Нинг Ху менен телефон арқалы сәўбетлесиў өткерилди. Онда медицина тараўында, соннан «COVID-19» ға қарсы гүресиў бойынша ғамхорлықты күшейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

📍Еки мәмлекет министрлери елимизде коронавирусқа қарсы мобил қолланбаларды жаратыў, трекинг усылын ендириў бойынша келисимге келди. Бул бизге Кореядағыдай коронавирусқа шалынған наўқастың ким менен байланыста ҳәм қайсы аймақларда болғанын инновацион тәризде анық көрсетип бериў имканиятын жаратады.

🧪Сондай - ақ, ғамхорлықта коронавирус инфекциясына қарсы гуресте тестлар ҳәм дәрилер ислеп шығыў мәселелери де додаланды. Яғный, «COVID-19» ға қарсы вакцинани биргеликте клиник сынаўларын өткериў бойынша да келисимге келди.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

Қарақалпақшаға аўдарылды
❗️Бүгин 97 адамда коронавирус анықланды, 116 наўқас саўалды

97 жағдайдан 85и — карантин шөлкемлеринде, 5 наўқас — халықтың арасынан (соннан 3 наўқас Қарақалпақстанда, 2 наўқас Ташкент қаласында), 7 наўқас — халықаралық жүк тасыўшы айдаўшылар арасында есапқа алынды.

🔎 Саўалғанлардан 85 адам — Ташкент қаласындағы, 15 адам — Самарқанд ўәлаятындағы, 14 адам — Наўайы ўәлаятындағы, 2 адам — Қарақалпақстандағы медицина шөлкемлеринде шыпа тапты.

💉 Даўаланбақта — 1073 наўқас. Аўҳалы аўыр — 12 наўқас. Жүдә аўыр — 2 наўқас.

Дерек: @ssvmatbuotkotibi

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️⚡️РЕСПУБЛИКАЛЫҚ АРНАЎЛЫ КОМИССИЯНЫҢ ХАБАРЫ

пуқараларға қолайлықлар жаратып бериў мақсетинде Республикада эпидемиологиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда,

🚆🟡🟢 “сары” ҳәм “жасыл” тайпаларға ажыратылған аймақлар арасында санитария-гигиена қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда төмендеги ПОЕЗДЛАР ҚАТНАЎЫ тиклениўине рухсат берилди:

Ташкент - Бухара - Ташкент;
Ташкент - Термиз - Ташкент;
Ташкент - Хийўа - Ташкент;
Ташкент - Нөкис - Ташкент;
Әндижан - Хийўа - Әндижан;
Әндижан - Бухара - Әндижан;
Әндижан - Термиз - Әндижан.

📝 Бунда, Транспорт министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги менен биргеликте аймақлардағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, поездлар қатнаў режесин белгилеп береди.

☑️ Сондай-ақ, Ташкент-Самарқанд-Ташкент жөнелиси бойынша санитария-эпидемиологиялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда “Афросиёб” поездларының қатнаўлары жолға қойылыўына рухсат берилди.

😷 Жоқарыдағылар менен бир қатарда автотранспорт қуралларында жалғыз ҳәрекетленетуғын айдаўшыға медицина нықабынан пайдаланбаўына рухсат берилди.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
❗️(+68) — Халықтың ҳәм карантиндегилер арасынан коронавирус анықланды

17-июнь саат 10:00 ўақтына Өзбекстанда коронавирусқа шалынғанлар 5328 адамға жетти.

🦠 Жаңа кеселлениўде 62 наўқас — карантин орайындағы пуқаралар арасында, 6 наўқас Сурхандәрья ўәлаятында (соннан 4 еўи наўқас адам менен байланыста болып карантинге алынған, 2 еўи халықтың арасынан) анықланған.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Коронавирустан саўалған айырым наўқасларда өкпе функциясы толық тикленбейди

🔎 Covid-19 келтирип шығарған пневмонияны бастан кеширген 70 наўқастың 66 сына тийисли компьютер томографиясы анализлеринде өкпе жарақаты көринген.

🌀Усы жарақатланыўлар альвеоладағы қан тамырлары тығылып қалыўынан баслап өкпе тоқымаларында тыртықлар жүзеге келиўине шекем болған. Тыртықлар яки тоқыма қалыңласыўы — өкпе фиброзы деб аталады ҳәм демниң қысылыўына алып келеди. Ҳәзир бул процессти тоқтатыў яки арқаға қайтарыўдың имканияты жоқ.

🦠 Айырым наўқасларда өкпе функциясы толық тикленбейди. Раўажланыўшы фиброз жағдайлары да бар ҳәм олар жүдә қәўипли болып, ерте ме, кеш пе өлимге алып келеди.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️(+56) — Yш аймақта халықтың арасында коронавирус анықланды

Өзбекстанда коронавирусқа шалынғанлар 6272 ға жетти (бүгин +119).

koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Жаңа түрдеги коронавирус COVID-19 ға шалынғанлар дүнья бойынша 9 млнга жақынласты. 465 мыңға шамалас адам усы кеселликтен көз жумды. Өзбекстанда да жағдай ашынарлы. Кеселленгенлер 6358ди қурамақта.

Өзиңиз ҳәм жақынларыңызды абайлаң! Yш қағыйдаға қатаң әмел етиң:

❗️Нықап тағыўды умытпаң
❗️Тазалыққа әмел етиң
❗️Социаллық аралықты сақлаң


@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Аймақлардағы барлық базарлар санитария-эпидемиологиялық илажларды, соның ишинде дезинфекция ислерин әмелге асырыў ушын ҳәр ҳәптеде бир мәртебе жабылыўы белгиленди.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️⚡️РЕСПУБЛИКАЛЫҚ АРНАЎЛЫ КОМИССИЯСЫНЫҢ ХАБАРЫ

Республикалық арнаўлы комиссиясының қарарына муўапық күшейттирилген санитария-гигиеналық қадағалаўды тәмийинлеўге қаратылған бир қатар ис-илажлар белгиленди.

〰️〰️〰️〰️〰️

🚧 Әсиресе, Ташкент қаласында коронавирус инфекциясы анықланған “қызыл” аймақларды БЛОКПОСТЛАР орнатқан ҳалда мәҳәлле, дала үйлери (дача) ҳәм көшелер кесиминде жабылыўы, карантинге алынған пуқаралардың үйи алдында 24 саатлық нәўбетшилик шөлкемлестирилиўи белгиленди.

〰️〰️〰️〰️〰️

‼️ Коронавирус инфекциясы менен кеселлениў ҳалатлары кемеймеген мәмлекетлерден Өзбекстанға кирип атырған пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде олардың қәлеўи менен 14 күнлик карантин қадағалаўы дәўири ҳақысын төлеген ҳалда МИЙМАНХАНАДА өткериў ҳуқықы берилди. Енди жоқарыдағы топардағы мәмлекетлерден Өзбекстанға кирип киятырған пуқаралар өз қәлеўи менен 14 күнлик карантин мүддетин мәмлекет тәрепинен бийпул тәмийинленетуғын карантин орайларында яки ҳақысын төлеп, мийманханада өткериўи мүмкин болады.

📝 Пуқаралар карантин қадағалаўы дәўирин өткериўи мүмкин болған мийманханалар дизими Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен қәлиплестириледи.

Пуқаралар карантин қадағалаў дәўирин мийманханада өткериўде Карантин қадағалаў дәўирин мийманханаларда өткериўдиң ўақытшалық тәртибине қатаң әмел етиўлери керек.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️ Өзбекстанда кеше 6 сааттың ишинде 127 адамда коронавирус анықланды (күнлик өсим 201)

📈 Ташкент қаласы, Қашқадәрья, Харезм, Әндижан, Наманган ўәлаятларында халықтың арасында кеселлик есапқа алынды.

Инфекция жуқтырғанлар 6662ге жетти.

🦠 Жаңа наўқаслар: 79 — карантин орайынан, 14 — Харезм ўәлаятында (8 пуқара наўқас адам менен байланыста болған, 6 халық арасынан), 7 — Қашқадәрья ўәлаятында (3 адам наўқас пенен байланыста болған, 4 еўи халықтың арасында), 9 — Ташкент қаласында (соннан 6 адам халықтың арасында), 5 — Сырдәрьяда, 3 — Самарқандта, 3 — Әндижанда (соннан 2 еўи халықтың арасында), 3 — Ташкент ўәлаятында, 3 — Наманганда халықтың арасында, 1 наўқас — Қарақалпақстан Республикасында наўқас пенен байланыста болған.

@aoka_uz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Неге коронавирус жуқтырған 350 адам өзиниң наўқас екенин сезбеген?

АҚШлы белгили доктор Меҳмет Ўз коронавирусты жүдә түсиникли етип тәрийпледи:

"Бул вирустан қутылыў жоқ, жолдаслар. Оған ҳәр биримиз ҳәр қыйлы шалынамыз. Ҳәттеки көпшилик шалынып та үлгерген, бирақ өзи билмейди. Саўалып та болған. Организми вирус пенен жасаўға әллеқашан көниккен яки вирус ол денеде жасай алмай, басқа денеге өтип кеткен. Бул темада ең жақсы мысал "Даймонд Принцесс" кемеси. Ондағы 3700 жолаўшыдан 700 инде вирус анықланған. Бирақ, солардан 350 адамы кеселлигин сезбеген де. Жасы кекселигине қарамай жатаққа жатпай жасамақта.

❗️Неге бундай? Себеби усы 350 адамның иммунитети жүдә күшли. Яғный, бул кеселликте ең әҳмийетли тәреп — бул иммунитет. Арамызда иммун системасы күшли болғанлар, спорт пенен шуғылланғанлар, дурыс аўқатланғанлар, шекпейтуғынлар бул кеселликти улыўма сезбейди. Бәлким жеңил шамаллаў сыяқлы өткерип жасайбереди.

❗️Вируслар жүдә тез мутацияға кириседи. Ўақыт өткен сайын вирус мутация нәтийжесинде жуққан адамды набыт етпейтуғын ҳалға келеди. Демек, бул вирусқа қаншама кеш дус келсек, оның зыяны сонша кем болады.

Соның ушын, имканы болғанша үйден шықпай, гигиенаға әмел етип, дурыс аўқатланыў, шынығыўлар ислеў ҳәм карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў керек! Соны орынлағанлар, исене бериң, ҳәммеден көп жасайды!

〰️〰️〰️〰️

📌 ЖУЎМАҚ:

▪️Карантинге талапларын орынлаң. Вирусты қанша кеш ушыратсаңыз, сонша әўметлисиз.
▪️Гигиена. Тазалыққа қатаң әмел етиң.
▪️Мийўе ҳәм палыз өнимлеринен жең.
▪️Иммунитетти көтериўши сарымсақ, қатық, йогурт сыяқлы өнимлерди көбирек жең.
▪️Иммунитетти беккемлеўши витамин ҳәм қосымша затлар қабыл етиң.
▪️Ҳәрекетшең болың ҳәм үйде спорт пенен шуғылланың.
▪️Шекпең!
▪️Суўды көбирек ишиң.

Дерек:👇
@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️20-өлим: Сурхандәрьяда қайтыс болған 59 жаслы ҳаялда коронавирус тастыйықланды, оның менен байланыста болғанлар карантинге алынды

Денов қаласында жасаған марҳум наўқас Б.Х. соңғы 5 жылдан бери еки тәреплеме өкпениң өткир бронхопневмониясы диагнозы менен даўаланып келган. Усы жылдың 19-июнь күни наўқастың мүрәжатына көре, алынған анализде коронавирус инфекциясы бар екенлигине гүман етилген ҳәм наўқас тез жәрдем машинасында районлық жуқпалы кеселликлер шыпаханасына жатқарылған.

🔎 Шыпаханада наўқасқа “ Еки тәреплеме өткир бронхопневмония, өткир жүрек ҳәм өкпе жетиспеўшилигиниң аўыр дәрежеси, коронавирус инфекциясына гүман” диагнозы қойылған. Сондай-ақ, наўқаста "Өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги, созылмалы пиелонефрит, кемқанлықтың орта аўыр дәрежеси” сыяқлы кеселликлер диагнозы да қойылған.

Реанимациялық емлерге қарамастан ол жүрек-қан тамыр ҳәм өкпе жетиспеўшилигинен көз жумған.

🚧 Марҳумнан алынған анализде коронавирус инфекциясы тастыйықланған. Оның менен байланыста болған шаңарақ ағзалары, жақынлары ҳәм басқа пуқаралар қатаң карантинге алынған.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️«Биз билеги қуўатлы жигитлерденбиз, аға! Вирус өзиниң адамын табады, лекин мени емес!»

〰️〰️〰️〰️〰️

❗️Коронавирус жуқтырып, карантинде даўаланып шыққан бир инсанның өмири ҳаққында қысқа фильм

Көриң ҳәм жуўмақ шығарың!

ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati